Paziyletuz | Рәсмий канал
63K subscribers
25.2K photos
3.48K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
#ҳикмет

"Егер Аллаҳ таала еки қәлбти жәмлеўди қәлесе, арада аспан менен жердей парық болса да, араларына меҳир салып қояды".

Шайх Муҳаммад Мутаўалий Шаъроўий раҳимаҳуллаҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

  Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#аят #ҳикмет

🌙 Қураны кәриймди қабыл етип алыўдың тәртиплери:

1. Еситиў:
"Қуран тиләўат қылынғанда оны тыңлаң ҳәм тыныш турың. Қәнекей рейим қылынсаңыз!" Аъроф сүреси, 204-аят.

2. Тиләўат:
"Биз китап бергенлеримизден оны туўры тиләўат қылатуғынлары, әне солар оған (Муҳаммадқа ҳәм Қуранға) ийман келтиретуғын". Бақара сүреси, 125-аят.

3. Ядлаў:
"Яқ! Ол (Қуран) – илим берилгенлердиң кеўлиндеги (яд болыўшы) ашық-айдын аятлар" Анкабут сүреси, 49-аят.

4. Пикирлеў ҳәм терең ойлаў:
"(Ҳәй Муҳаммад! Бул Қуран –) аятларын терең ойланыўы ҳәм ақыл ийелери еслетпе алыўы ушын Биз саған нәзил еткен мүбәрек Китап" Сод сүреси, 29-аят.

5. Әмел:
"Енди (ҳәй Муҳаммад!) Мениң сондай бенделериме хош хабар бериң, олар гәпти еситип, кейин ең жақсысына (пайдалысына) ереди" Зумар сүреси, 18-аят.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Бахыт бул – шаңарақ!

Бахыт бул – ҳәр қандай жағдайда жақсы күниңде де, жаман күниңде де, қуўанышта да, қайғыда да сени түсинетуғын, қоллап-қуўатлайтуғын шаңарағың болыўы, олардың меҳирин сезиниўиң, саған исениўи, сениң барлығыңды умытып қоймаўы ҳәм оларға кереклигиңди сезиниўиң!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Жунайд раҳматуллоҳи алайҳ былай деген екен:

    "Ықлас Аллаҳ таала менен бенде ортасындағы сондай бир сыр, оны жазайын десе периште, бузайын десе шайтан, мейил қылайын десе нәпси билмей қалады".

Ықластыӊ көринислеринен:
1. Таўҳидта ықлас қылыў.
2. Нийет етиўде ықлас қылыў.
3. Намаз, сәжде, ораза, Рамазан уйқысызлығы, Қәдир түни уйқысызлығы, мешитлерге муҳаббат, зәкат, садақа, ҳаж, умра, тәўбе, зикир, истиғфар, дуўа, Қураны кәрийм қирәәти ҳәм басқа қурбатларда ықлас қылыў.
4. Барлық гәп-сөзлерде ықлас қылыў.
5. Садықлық, сабыр, зуҳд, кишипейиллик сыяқлы шырайлы минез-қулықларда ықлас қылыў.
6. Аллаҳ таалаға тәўекел етиўде ықлас қылыў.
7. Бәрше ислерде ықлас қылыў.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Жунайд раҳматуллаҳи алайҳ айтады:
«Расгөйликтиӊ ҳақыйқаты өтириктен басқа (нәрсе) аманлық бермейтуғын жерде рас сөйлеўде».

Расгөйликтиң пайдаларынан:
1.
Расгөйлик жақсылардыӊ жәннетке баратуғын жолы.
2. Расгөйлик Аллаҳтыӊ муқарраб (жақын) сүйиклилери.
3. Расгөйлерди адамлар жақсы көреди, оларға исенеди ҳәм аманатларын тапсырады.
4. Расгөйлердиң жәмийетте иззети болады.
5. Расгөйлик әмеллерди көтереди ҳәм абрайын уллылайды.
6. Расгөйлик қуўаттыӊ белгиси.
7. Расгөйлик өзине исениўдиӊ белгиси.
8. Расгөйлик утыс.
9. Расгөйлер пайғамбарлар, шейитлер ҳәм солиҳлар менен бирге тириледи.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

⤵️ Гәп тасыўдың себеплери:

1. Гәпин жеткизип атырған адамға жаманлықты нийет етиў.
2. Гәпти жеткерип атырған адамына жақсы көриниў.
3. Өзин өзи қуўандырыў ҳәм басқалар.


⤵️ Гәп тасыўдың зыянлары:

1. Гәп тасыў дозаққа алып баратуғын жол болып есапланады.
2. Гәп тасыў дослар арасында душпаншылық отын жағады.
3. Гәп тасыў ол – азар, зыян, қыйнаў, тартысыў ҳәм ғәзеплениў.
4. Гәп тасыўдың ақыры ўайран.
5. Гәп тасыў жақсылықларды кеткизеди.
6. Гәп тасыў ол – пәс кетиў, қорқақлық, әззилик, жалатайлық ҳәм еки жүзлилик.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

БАХЫТ ГИЛТИ

Ер адам бес нәрсе менен бул дүньяда бахытлы болады:

1. Күйеўине пикирлес ҳаялы.
2. Если перзентлер.
3. Садық дослар.
4. Жақсы қоңсылар.
5. Ырысқысын өз журтында табыўы.

Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

🏠Үйинде мийман болып, кейин (үй әҳлиниң) жасаў тәризи ҳәм үйиндеги нәрселерди сынға алып, айыплайтуғын адам — инсанлардың ең жаманы есапланады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

🙄 СОЛИҲЛАР СӘЎБЕТИН ЛАЗЫМ ТУТЫҢ!

Солиҳлар (жақсылар) менен сәўбетлес болыўыңыз сизди алты ҳалаттан алты ҳалатқа өзгертеди:

▪️Гүман ҳалынан исенимге;
▪️Көзаба ҳалынан ықласқа;
▪️Ғәплет ҳалынан зикирге;
▪️Дүньяға қызығыў ҳалынан ақыретке қызығыўға;
▪️Кибр ҳалынан кишипейилликке;
▪️Жаман нийет ҳалынан шырайлы нийетке өзгертеди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Шырайлы тәрбия кемшиликлерди жасырып турады...

🔹Жақсылық қылған адамға жақсылық қылыў ҳәммениң қолынан келеди. Бирақ, жаманлық қылған адамға да, жақсылық қылыў тек уллы инсанлардың қолынан келеди.

🔹 Ибн Атауллаҳ Сакандарий:
"Адамлардың саған иси, мүтәжлиги түсиўи Аллаҳ тааланың саған деген пазыйлети ҳәм мийрими есапланады", деди.

🔷Жаман минез-қулық адамдағы көп жақсы пазыйлетлерди жасырып турғаны киби шырайлы тәрбия адамдағы көплеген кемшиликлерди жасырып турады.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM