Paziyletuz | Рәсмий канал
63K subscribers
25.2K photos
3.48K videos
33 files
30.7K links
Download Telegram
#Пикирлеў

👎 Қуранға бийпәрўалық ақыбети

"Қуран тиләўат қылынғанда оны тыңлаң ҳәм тыныш турың. Қәнекей, рейим қылынсаңыз!" (Аъроф сүреси, 204-аят).

Қуран тиләўаты ўақтында басқа нәрселерге шалғымаў талап етиледи.

Бир адам бул ҳаққында рәўият қылады:

👉 Қуран оқып атырған едим, қолымда Мусҳаф (Қуран) бар еди.
👉 Телефоныма келген хабарларды оқыў пикири ойыма келди.
👉 Мен қирәәттен тоқтап, телефоныма келген хабарларды бирме-бир оқый басладым.
👉 Қуран қолымда турар еди.
Хабарлар арасында Мәлик ибн Динар раҳимаҳуллаҳтың төмендеги сөзлерин оқып, өзимнен уялып кеттим:


"Ким мақлуқатлардың сөзинен ўаз кешип, Аллаҳтың Сөзине дос болмаса, ҳақыйқатында да, ОНЫҢ ИЛИМИ АЗ, ҚӘЛБИ КӨР БОЛЫПТЫ ҲӘМ ӨМИРИН ЗАЯ ЕТИПТИ".

📖 Доктор Аҳмад Ийса ал-Маъсараўий.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

🙄 ТАСТАН ӨСКЕН ӨСИМЛИКТЕ ЖАСЫРЫНҒАН ҲИКМЕТ

"Ҳәм Зайтунды да (өндирдик)..." (Абаса сүреси, 29-аят).

Зайтун ең жумсақ өсимлик болып, тамыры таўда болады.
Ал, таў ең қатты дене.

👉 Ең қатты нәрседен ең жумсақ нәрсени шығарыўға қәдир болған Аллаҳ, ҳеш бир гүмансыз, жоқтан бар қылыў ҳәм қайта тирилтиўге де қәдир.

Солай екен:
👉 Ең қатты нәрседен ең жумсақ нәрсени шығарыўға қәдир болған Аллаҳ, ҳеш бир гүмансыз қатып қалған қәлблерди жумсатып, Аллаҳтың зикири менен ләззет таптырыўға да қәдир.


©️ Имам Матуридий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

📖 Шаңарақлық хатмы Қуран режеси

🌙 "Ямаса оған (бираз ўақыт) қос (ярымынан көбирегинде уйқылаң) ҳәм Қуранды «тартийл» менен (дана-дана етип) тиләўат ет!" (Муззаммил сүреси, 4-аят).

Ҳасан ибн Солиҳ ибн Яҳя раҳимаҳуллаҳтың шаңарағы хатмы Қуран қылыўды әжайып усылда жолға қойған еди.
Ҳасан раҳимаҳуллаҳтың егизеги бар еди. Ата-анасы оларды Қуран муҳаббаты менен тәрбиялады.
Аға-ини егизеклер анасы менен бирге реже дүзип, түнди үшке бөлип алған еди:
👉 Ҳасан раҳимаҳуллаҳ түнниң әўелинде Қуран оқыйтуғын еди.
👉 Түнниң екинши бөлиминде Қуран оқыў гезеги инисине өтетуғын еди.
👉 Ал, түнниң қалған үшинши бөлиминде анасы Қуран оқыйтуғын еди.
Анасы қайтыс болғаннан кейин аға-ини түнди тең бөлип, Қуран оқыйтуғын болды.
Иниси де қайтыс болғаннан кейин, Ҳасан раҳимаҳуллаҳ бир өзи түнди Қуран қирәәти менен өткеретуғын болды.

📖 Имам Заҳабий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

РАСУЛУЛЛАҲ ﷺ ҚУРАНДЫ ҚАНДАЙ ЯДЛАҒАН?

🔹 "(Ҳәй Муҳаммад!) Биз саған (Қуранды Жәбрайыл арқалы) қирәәт еттиремиз, кейин сен (оны) есиңнен шығармайсаң" (Аъла сүреси, 6-аят).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ўаҳий қылынған аятларды бир мәрте еситип, ядлап алыўы пайғамбарлық белгиси есапланады.

Себеби, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жазыўды да, китап оқыўды да билмейтуғын еди.

Бундай инсанлар (әдетте) бир нәрсени өз ана тилинде бир неше мәрте еситсе де ядлаўы қыйын болады.

Ал, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бир мәрте еситип, ўаҳий қылынған бәрше аятларды ядлап, соң оқып берер еди.

Демек, бул да пайғамбарлықтың бир белгиси!

📖 Имам Матуридий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

🙄 СОННАН КЕЙИН ТӘРЕЗИДЕН УРМАЙТУҒЫН БОЛДЫ

"(Саўдада тәрези ҳәм өлшеўден) урып қалыўшыға ўайл болсын!" (Мутоффифийн сүреси, 1-аят).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы аятты Мәккә халқына оқып бергенинде, мәккәлылар өлшеўден кемейтиўди тәрк қылды.

Мәккәлылар соннан кейин ҳасла өлшеўди кемейтпейтуғын болды.

📖 Имам Матуридий раҳимаҳуллаҳ.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тек Мәккәға пайғамбар етип жиберилмеген.

Ол пүткил әлемге, бәрше инсанларға пайғамбар болған.

Бул аятты ким ҳәм қайерде оқыўына қарамастан, оған әмел қылыўы тийис.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#пикирлеў

ШАЙТАНҒА ЕРГЕН КИМГЕ УҚСАЙДЫ?

📖 "Қашан Қуран оқысаң, әлбетте, қуўылған шайтан (ўасўасасы)нан Аллаҳ пана бериўин сора!"

Ким шайтанның жаманлығынан пана тилеп, Аллаҳға илтижа қылса, соң шайтанға ерип, гүнаға кетсе, бундай инсан кимге уқсайды?

Бундай инсан көп ҳәм үлкен муғдардағы мал-дүнья менен сапарға шыққан адам киби. Ол өз мал-мүлкин әззи ҳәм күшсиз қорғаўшыға тапсырып, оны қорғаў ушын дүньядағы ең шебер урыларды жәрдемге шақырғандай!

📖Әбиў Ҳафс Насафий раҳимаҳуллаҳ.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

"ТӘЎБӘ" СҮРЕСИ НЕГЕ "БАСМАЛАСЫЗ" БАСЛАНҒАН?

"Тәўбә" сүресиниң басында "Басмала" жоқ. Яғный "Анфал" сүресинен кейин "Тәўбә" сүреси "Бисмилләҳ"сыз басланады.
Буның себебин Усман разыяллаҳу анҳу былай түсиндирген:

👉 "Анфал" сүреси Мадинада нәзил болған дәслепки сүрелерден болған.
👉 Ал, "Тәўбә" сүреси Қураннан нәзил болған соңғы сүрелерден еди.
👉 (Соған қарамай) екеўиниң қыссасы (мазмуны) бир-бирине уқсас еди.
👉 Нәтийжеде "Тәўбә" сүреси "Анфал" сүресинен болса керек, деген гүман пайда болды.
👉 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам да "Тәўбә" сүресиниң "Анфал" сүресинен екенин баян етпей қайтыс болды.
👉 Сол себепли, бул еки сүрениң арасы жақын етилип, олар арасына
"Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм" жазылмайды".

©️ Шаҳ Ўалийюллаҳ Деҳлаўий раҳматуллаҳи алайҳ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

👍👍 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

ҲӘР НӘРСЕНИ КЕЎИЛГЕ АЛА БЕРМЕҢ!

"...Егер сизлер (оларды) әпиў етсеңиз, гүнасынан өтсеңиз ҳәм кеширсеңиз, онда, әлбетте, Аллаҳ – (сизлерге де) Кеширимли, Рейимли". (Тағобун сүреси, 14-аят).

Масъуд ибн Муҳаммад ал-Ҳамаданий раҳимаҳуллаҳ жақсы адам еди.
👉 Көбинесе инсанларды кеширер ҳәм олардың қәтесин кеўилге алмас еди.
👉 "Өтмиш еске алынбайды", деп қояр еди.
Қайтыс болғанынан кейин бир адам оны түсинде көрди ҳәм сорады:
👉 Аллаҳ сизге қандай мәмиле қылды?
Масъуд ибн Муҳаммад ал-Ҳамаданий раҳимаҳуллаҳ былай жуўап берди:
👉 "Аллаҳ мени алдында турғызып, былай деди:
❗️"Ҳәй Масъуд! Өтмиш еске алынбайды! Оны жәннетке алып барың!"


©️ Шамсуддин Заҳабий раҳимаҳуллаҳ "Сияр аълам ан-нубала" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

Шайх Әлий Тантаўий былай деди: "Бир күни өзиме өзим: "Аллаҳ ҳақыйқатта сени жақсы көреди ме?" деп сораў бердим. Кейин еслеп көрсем, Аллаҳ бенделерине болған муҳаббатының себеплерин Өзиниң Китабында айтқан екен. Сораўыма жуўап табыў ушын Аллаҳтың Китабын оқый басладым. Қарасам, онда "Әлбетте, Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди" деген аят шықты. Өзимди тақўалылардан деп есаплаўға жүрек ете алмадым. Кейин "Аллаҳ сабырлыларды жақсы көреди" деген аятты таўдым. Өзимде сабыр жетиспеўин еске алдым. Соң "Әлбетте, Аллаҳ ийгиликли ис қылыўшыларды жақсы көреди" деген аятты таўдым. Буннан онша узақласпай, излеўди тоқтаттым. Себеби, Аллаҳ мени жақсы көриўине себеп болыўшы бир нәрсе де таба алмаўдан қорықтым. Кейин әмеллеримди тексериўди басладым. Қарасам, көпшилиги ҳәрекетсизлик, кемшилик ҳәм гүналарға қарысып кеткенин сездим. Сонда, Оның "Әлбетте, Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди" деген сөзи есиме түсти. Әне усы аят мен ҳәм мен киби гүнакарларға тийисли екенин түсинип, қәнекей Аллаҳ мени де жақсы көрсе деген үмитте "Әстәғфируллоҳәл азийм ўә әтуўбу иләйҳ" (Уллы Аллаҳтан кеширим сорайман ҳәм Оған тәўбе қыламан" деп айта басладым".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇
👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Пикирлеў

🙄 ЗИКИР – СОЛИҲ ДОСҚА МҮТӘЖ

Оны исимде шерик қыл, Саған көбирек тасбиҳ айтыўымыз ушын ҳәм Сени көп зикир қылыўымыз ушын (Тоҳа сүреси, 32-34-аятлар).

Бул аятларда Муўса алайҳиссалам Аллаҳ таалаға илтижа қылып, әжағасы Ҳарун алайҳиссаламның жәрдемине мүтәж екенин айтып атыр.

Ҳақыйқатта, Аллаҳты көп зикир қылыў, Оны мудамы еслеў ушын солиҳ (жақсы) досларға мүтәжбиз.

Себеби:
👉 Солиҳ дос Аллаҳты умытсақ, Оны еслетип турады.
👉 Ийгиликли ислеримизде жәрдемши болады.
👉 Жаман жоллардан қайтарады.
👉 Туўры жол таңлаўымызда көмекши болады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM