Paziyletuz | Рәсмий канал
62.9K subscribers
25.3K photos
3.5K videos
33 files
30.8K links
Download Telegram
#арафа_пазыйлети

Рамазанның ақырғы он күнлиги абзал ма яки зулҳижжаның биринши он күнлиги ме?

Рамазанның ақырғы он күнлиги түн тәрепинен алып қарағанда абзал, себеби онда Қәдир түни бар.
Зулҳижжаның биринши он күнлиги кундиз тәрепинен алып қарағанда абзал, себеби онда "
арафа" күни, "қурбанлық" күни бар. Екеўиде ең абзал күнлерден.

Кирип киятырған қурбан ҳайыты байрамы мүбәрек болсын әзийз ўатанласлар!
Аллаҳ таала бәршемиздиң соятуғын қурбанлығымызды қабыл қылсын әмийн!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

Алдынғы уламалар өзлери мүтәж болған нәрселерин сорап, дуўа қылыўды Арафа күнине алып қояр еди.

Қанша мүтәжликлер, арзыў-үмитлер ҳәм дуўалар бар, әйне Арафа күни қабыл болған.

Биз Рамазандағы Қәдр түни қашан болыўын анық билмеймиз. Ал, Зулҳижжадағы Арафа күнин Аллаҳ таала анық етип бизге билдирип қойған.

Солай екен, неге усы ғәниймет мәўритлерден пайдаланып қалмаймыз?

Арафа күни намазлыгер менен шам намазы арасында жалғыз қалыў имканыңыз болса, әлбетте солай етиң. Жалғыз қалып зикирде болың.

Алымлардан бири былай деген:
"Арафа күнинде қайсы дуўаны қылған болсам, бир жыл өтпестен (оның қабыл болғанын) аппақ таңдай (анық) көрдим".

Демек, өзлеримизге ҳәм жақынларымызға жақсылық қылыў, яғный өзимиз ҳәм жақынларымыздың ҳақына дуўа қылыўдай үлкен имканият қарсысында турыппыз.

Аллаҳ дуўа ҳәм тилеклериңизди қабыл етсин!

❗️Еслетпе: Песин намазының парызынан кейин тәкбири ташриқ айтыўды естен шығармаң.

"Аллооҳу акбар, Аллооҳу акбар, ләә иләәҳә илләллооҳу ўаллооҳу акбар, Аллооҳу акбар ўә лилләәҳил ҳәмд".

Мәниси: Аллаҳ ең уллы. Аллаҳ ең уллы. Аллаҳтан басқа иләҳ жоқ, Аллаҳ ең уллы, Аллаҳ ең уллы, мақтаўлардың ҳәммеси Аллаҳқа тән.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

Арафа гүналар кеширилетуғын ҳәм жанлар дозақтан азат етилетуғын күн

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: «Аллаҳ таала ҳеш бир күнде Арафа күниндей көп бендени дозақтан азат етпейди. Ол жақынласып, соң дозақтан азат қылған бенделери менен периштелер алдында мақтанады ҳәм: «Олар не қәлейди?» - деп сорайды» (Муслим, 3354).

Ибн Абдул Барр айтады:
– Бул сол бенделердиң гүналары мәғфират етилгенининиң белгиси. Себеби, Аллаҳ таала гүна ҳәм мәсият әҳли менен ҳеш қашан мақтанбайды. Тек тәўбе ҳәм мәғфираттан соң бул нәрсе болыўы мүмкин.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

Aрафа шайтан езилип, ҳәсирет шегетуғын күн

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
«Шайтан басқа күнлерде
арафа күнинде көрингениндей киши, жеңилиске ушыраған, хорланған ҳәм ғәзепленген ҳалында көринбеген. Бул оның Aллаҳ субҳанаҳу ўа тааланың раҳматлары түсип атырғанын ҳәм бул күнде үлкен гүналарды кеширип жиберип атырғанын көргени себебинен». (Имам Мәлик рәўияты)

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Админ)
#арафа_пазыйлети

АРАФА КҮНИ ОРАЗАСЫ

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
"
Арафа күни ораза тутқан адамның еки жыллық өткен ҳәм келеси жылғы гүналары кеширилиўине үмит қыламан", делинген.

Аўыз жабыў ҳәм ашыў ўақты:

Аўыз жабыў ўақты: 03:37
Аўыз ашыў ўақты: 20:38

Арафа күни оразасын тутаман деп нийет еткен қәдирданларымыздың нийетлери Аллаҳ дәргайында қабыл болсын! Еки жыллық гүналарымыз кеширилип, бүгин қылған дуўаларымыз қабыл болсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

Рамазанның ақырғы он күнлиги абзал ма яки зулҳижжаның биринши он күнлиги ме?

Рамазанның ақырғы он күнлиги түн тәрепинен алып қарағанда абзал, себеби онда Қәдир түни бар.
Зулҳижжаның биринши он күнлиги күндиз тәрепинен алып қарағанда абзал, себеби онда "
Арафа" күни, "Қурбанлық" күни бар. Екеўиде ең абзал күнлерден.

Бул жылы
Арафа күни 27-июнь күнине туўра келеди.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

АРАФА КҮНИ ОРАЗАСЫ

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
"
Арафа күни ораза тутқан адамның еки жыллық өткен ҳәм келеси жылғы гүналары кеширилиўине үмит қыламан".

Аўыз жабыў ҳәм ашыў ўақты:

Аўыз жабыў ўақты: 03:24
Аўыз ашыў ўақты: 20:48

Арафа күни оразасын тутаман деп нийет еткен қәдирданларымыздың нийетлери Аллаҳ дәргайында қабыл болсын! Еки жыллық гүналарымыз кеширилип, бүгин қылған дуўаларымыз қабыл болсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

❗️Еслетпе: Бүгин таң намазынан кейин тәкбири ташрийқ айтып басланады. Тәкбири ташрийқ төмендегише айтылады:

"Аллооҳу әкбәр, Аллооҳу әкбәр, ләә иләәҳә илләллооҳу ўаллооҳу әкбәр, Аллооҳу әкбәр ўә лилләәҳил ҳәмд".

Мәниси: Аллаҳ ең уллы. Аллаҳ ең уллы. Аллаҳтан басқа иләҳ жоқ, Аллаҳ ең уллы, Аллаҳ ең уллы, мақтаўлардың ҳәммеси Аллаҳқа тән.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

Бүгин Арафа күни!

Қәдир түни қайсы түнде екени анық емес, бирақ арафа қайсы күн екенлиги анық. Қәдир түнинде периштелер нәзил болса, арафа күни Аллаҳ таала түседи.

❗️Ғәплетте қалмаң!

Шайх Маъсараўий

Бүгинги Арафа күнинен үнемли пайдаланып, күнимизди жақсы әмеллер, зикирлер ҳәм қайырлы дуўалар менен өткерейик. Пазыйлетли ҳәм саўаплар мол етип берилетуғын имканияттан қолдан келгенше пайдаланып қалайық.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

АРАФАНЫ ҲҮРМЕТЛЕЎ

27-июнь Арафа күни. Арафа күни ҳәммемизге мүбәрек болсын!

Ҳәдиси шәрийфте: "Арафаны ҳүрметлең! Себеби, ол Аллаҳ таала қәдирлейтуғын күн", делинген.

Зулҳижжа айының дәслепки он күнлиги жылдың басқа он күнликлеринен абзал болыўының себеби де әйне усы Арафа ҳәм Қурбан ҳайыты күнлериниң барлығында.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

Алдынғы уламалар өзлери мүтәж болған нәрселерин сорап, дуўа қылыўды Арафа күнине алып қояр еди.

Қанша мүтәжликлер, арзыў-үмитлер ҳәм дуўалар бар, әйне Арафа күни қабыл болған.

Биз Рамазандағы Қәдр түни қашан болыўын анық билмеймиз. Ал, Зулҳижжадағы Арафа күнин Аллаҳ таала анық етип бизге билдирип қойған.

Солай екен, неге усы ғәниймет мәўритлерден пайдаланып қалмаймыз?

Арафа күни намазлыгер менен шам намазы арасында жалғыз қалыў имканыңыз болса, әлбетте солай етиң. Жалғыз қалып зикирде болың.

Алымлардан бири былай деген:
"Арафа күнинде қайсы дуўаны қылған болсам, бир жыл өтпестен (оның қабыл болғанын) аппақ таңдай (анық) көрдим".

Демек, өзлеримизге ҳәм жақынларымызға жақсылық қылыў, яғный өзимиз ҳәм жақынларымыздың ҳақына дуўа қылыўдай үлкен имканият қарсысында турыппыз.

Аллаҳ дуўа ҳәм тилеклериңизди қабыл етсин!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

Арафа гүналар кеширилетуғын ҳәм жанлар дозақтан азат етилетуғын күн

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди:

«Аллаҳ таала ҳеш бир күнде Арафа күниндей көп бендени дозақтан азат етпейди. Ол жақынласып, соң дозақтан азат қылған бенделери менен периштелер алдында мақтанады ҳәм: «Олар не қәлейди?» - деп сорайды» (Муслим, 3354).

Ибн Абдул Барр айтады:
– Бул сол бенделердиң гүналары мағфират етилгенининиң белгиси. Себеби, Аллаҳ таала гүна ҳәм мәсият әҳли менен ҳеш қашан мақтанбайды. Тек тәўбе ҳәм мәғфираттан соң бул нәрсе болыўы мүмкин.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#арафа_пазыйлети

       АРАФА КҮНИ ОРАЗАСЫ

    Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
   "
Арафа күни ораза тутқан адамның еки жыллық өткен ҳәм келеси жылғы гүналары кеширилиўине үмит қыламан".

      Аўыз жабыў ҳәм ашыў ўақты:

Аўыз жабыў ўақты: 03:33
Аўыз ашыў ўақты: 20:47

💬 Арафа күни оразасын тутаман деп нийет еткен қәдирданларымыздың нийетлерин Аллаҳ таала Өз дәргайында қабыл етсин! Еки жыллық гүналарымыз кеширилип, бүгин қылған дуўаларымыз қабыл болсын!
    
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#арафа_пазыйлети

🙄  АРАФАНЫ ҲҮРМЕТЛЕЎ

🖖 15-ИЮНЬ АРАФА КҮНИ. АРАФА КҮНИ ҲӘММЕМИЗГЕ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

     Ҳәдиси шәрийфте: "Арафаны ҳүрметлең! Себеби, ол Аллаҳ таала қәдирлейтуғын күн", делинген.

🗣 Зулҳижжа айының дәслепки он күнлиги жылдың басқа он күнликлеринен абзал болыўының себеби де әйне усы Арафа ҳәм Қурбан ҳайыты күнлериниң барлығында.
    
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#арафа_пазыйлети

Алдынғы уламалар өзлери мүтәж болған нәрселерин сорап, дуўа қылыўды Арафа күнине алып қояр еди.

Қанша мүтәжликлер, арзыў-үмитлер ҳәм дуўалар бар, әйне Арафа күни қабыл болған.

Биз Рамазандағы Қәдр түни қашан болыўын анық билмеймиз. Ал, Зулҳижжадағы Арафа күнин Аллаҳ таала анық етип бизге билдирип қойған.

Солай екен, неге усы ғәниймет мәўритлерден пайдаланып қалмаймыз?

Арафа күни намазлыгер менен шам намазы арасында жалғыз қалыў имканыңыз болса, әлбетте солай етиң. Жалғыз қалып зикирде болың.

Алымлардан бири былай деген:
"Арафа күнинде қайсы дуўаны қылған болсам, бир жыл өтпестен (оның қабыл болғанын) аппақ таңдай (анық) көрдим".

Демек, өзлеримизге ҳәм жақынларымызға жақсылық қылыў, яғный өзимиз ҳәм жақынларымыздың ҳақына дуўа қылыўдай үлкен имканият қарсысында турыппыз.

Аллаҳ дуўа ҳәм тилеклериңизди қабыл етсин!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM