Бөртик жарған ўақта әлем қуўанған,
Шырайланып бағқа жасыл сән болған,
Енди қысқа өмирине жылаған,
Үзилген, шарасыз жапырақ яңлы.
Кеўлим қулазыйды, билмеймен неден,
Титиркенер денем жағымсыз желден,
Өли тынышлыққа үйренип кеткен,
Адамсыз атаўда қалған жан яңлы.
Сағыныштан сарғайғандай жамалы.
Жүзин сыйпар гүздиң салқын самалы,
Әтирапқа үнсиз бағып тербелер,
Келмеген ашығын күткен яр яңлы.
Мениңде қәлбиме гүз келди қашшан,
Төбемде түнерип булытлы аспан,
Көзим гиреўленип ақпаған жастан,
Жаўа алмай турған бир жаўын яңлы.
Жумаханова Гүлбазар✍
04.09.2020
Шырайланып бағқа жасыл сән болған,
Енди қысқа өмирине жылаған,
Үзилген, шарасыз жапырақ яңлы.
Кеўлим қулазыйды, билмеймен неден,
Титиркенер денем жағымсыз желден,
Өли тынышлыққа үйренип кеткен,
Адамсыз атаўда қалған жан яңлы.
Сағыныштан сарғайғандай жамалы.
Жүзин сыйпар гүздиң салқын самалы,
Әтирапқа үнсиз бағып тербелер,
Келмеген ашығын күткен яр яңлы.
Мениңде қәлбиме гүз келди қашшан,
Төбемде түнерип булытлы аспан,
Көзим гиреўленип ақпаған жастан,
Жаўа алмай турған бир жаўын яңлы.
Жумаханова Гүлбазар✍
04.09.2020
ӨМИР КӘРЎАНЫ.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Жумаханова Гулбазар✍
23.09.2020.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Жумаханова Гулбазар✍
23.09.2020.
Бийғам балалықта өсип ойнаған,
Ер жеткен мәканы уллы Шахаман,
Питкерди мектепти отыз жыл бурын,
Жигит-қызлар 74-те туўылған.
Жыллар зымырайды, тоқтамас ўақыт,
Еслеймен жаслықтың қосығын айтып,
Балалықтың умытылмас демлерин,
Аңсайман билсемде, келмесин қайтып...😔
Базыда муңайып, базыда күлип,
Көрмедикғой шынтлап кеўилге тийип,
Меники, сеники дегенди билмей,
Бир папкиден нанды жегенбиз бөлип.😋
Базыда тартысып, жүрдик урысып,
Бир майданнан кетер едик жарасып,
Гейде жигитлердиң шоқлығы тутып,
Жылатқан қызлардың шашынан тартып.😠😖😩
Жаслық сезимлери кеткен алаўлап,
Мектепте басланған туңғыш муҳаббат,
Исмлерин айта алмай уялып,
Сүйгенине берген үшмүйешлик хат 😊
Үшмүйешлик хаттың жазып нешшесин,
Жуўабын алалмай гезген көшесин,
Әттең, тәғдир екен, болмай тилегиң,
Сизлер емес, ўақыт болды төрешиң.😔
Досларым, сизлерди жүрмен сағынып,
Гей ўақытта кеўлим қалар жабығып,
Еслеўге арзырлық демлеримиз көп,
Көрискенде қалар едик бир шалқып.😔😊
Бүгинде кеткенсиз жән-жаққа тарап,
Орынланып арзыўларыңыз аппақ,
Кеўлинде гирбиң жоқ, сада досларым,
Отырсыз ҳәр бириң шаңарақ қурап.❤️❤️
Карантин таўсылып жоллар ашылса,
Көрисейик, аман-есен, саўлықта,
Сабымыз бузылмай түўел барайық,
Питкериў кешеси отыз жыллыққа.🙏🌺
Жумаханова Гүлбазар.✍
Нөкис
Ер жеткен мәканы уллы Шахаман,
Питкерди мектепти отыз жыл бурын,
Жигит-қызлар 74-те туўылған.
Жыллар зымырайды, тоқтамас ўақыт,
Еслеймен жаслықтың қосығын айтып,
Балалықтың умытылмас демлерин,
Аңсайман билсемде, келмесин қайтып...😔
Базыда муңайып, базыда күлип,
Көрмедикғой шынтлап кеўилге тийип,
Меники, сеники дегенди билмей,
Бир папкиден нанды жегенбиз бөлип.😋
Базыда тартысып, жүрдик урысып,
Бир майданнан кетер едик жарасып,
Гейде жигитлердиң шоқлығы тутып,
Жылатқан қызлардың шашынан тартып.😠😖😩
Жаслық сезимлери кеткен алаўлап,
Мектепте басланған туңғыш муҳаббат,
Исмлерин айта алмай уялып,
Сүйгенине берген үшмүйешлик хат 😊
Үшмүйешлик хаттың жазып нешшесин,
Жуўабын алалмай гезген көшесин,
Әттең, тәғдир екен, болмай тилегиң,
Сизлер емес, ўақыт болды төрешиң.😔
Досларым, сизлерди жүрмен сағынып,
Гей ўақытта кеўлим қалар жабығып,
Еслеўге арзырлық демлеримиз көп,
Көрискенде қалар едик бир шалқып.😔😊
Бүгинде кеткенсиз жән-жаққа тарап,
Орынланып арзыўларыңыз аппақ,
Кеўлинде гирбиң жоқ, сада досларым,
Отырсыз ҳәр бириң шаңарақ қурап.❤️❤️
Карантин таўсылып жоллар ашылса,
Көрисейик, аман-есен, саўлықта,
Сабымыз бузылмай түўел барайық,
Питкериў кешеси отыз жыллыққа.🙏🌺
Жумаханова Гүлбазар.✍
Нөкис
Forwarded from ➡ADMIN
АҚЫБЕТ.
Ата-анаң бар дәўлетиң,
Тирисинде қәдир етиң,
Қайтарсын десең перзентиң,
Ойлап ис қыл ақыбетти.
Туўысқаның-тиренишиң,
Басыңа ис түскен күниң,
Болар ҳәрдем сүйенишиң,
Билер олар ақыбетти.
Жаслығыңда ойнап-өскен,
Сағынып, аңсап көрискен,
Жақсы-жаманды бөлискен,
Дослар билер ақыбетти.
Гей биреўлер нәпсин тыймас,
Өзи тойып, көзи тоймас,
Ҳәргиз өзгени ойламас,
Билмес олар ақыбетти.
Ал, биреўлер қыйнап жанды,
Ҳадаллап жер тислем нанды,
Ҳазар қыларлар ҳарамды,
Ойлар олар ақыбетти.
Телек дәнге толып турса,
Қоңсы нанға мүтәж болса,
Жақсылықтан кеўли толса,
Ойлағаның ақыбетти.
Жалған дүнья, бул бес күнлик,
Ғапыл қалма, кетер өтип,
Қалар болса өмир питип,
Сорар қудай ақыбетти.
Жумаханова Гүлбазар✍
19-июнь 2020-жыл.
@sahra_guli
Ата-анаң бар дәўлетиң,
Тирисинде қәдир етиң,
Қайтарсын десең перзентиң,
Ойлап ис қыл ақыбетти.
Туўысқаның-тиренишиң,
Басыңа ис түскен күниң,
Болар ҳәрдем сүйенишиң,
Билер олар ақыбетти.
Жаслығыңда ойнап-өскен,
Сағынып, аңсап көрискен,
Жақсы-жаманды бөлискен,
Дослар билер ақыбетти.
Гей биреўлер нәпсин тыймас,
Өзи тойып, көзи тоймас,
Ҳәргиз өзгени ойламас,
Билмес олар ақыбетти.
Ал, биреўлер қыйнап жанды,
Ҳадаллап жер тислем нанды,
Ҳазар қыларлар ҳарамды,
Ойлар олар ақыбетти.
Телек дәнге толып турса,
Қоңсы нанға мүтәж болса,
Жақсылықтан кеўли толса,
Ойлағаның ақыбетти.
Жалған дүнья, бул бес күнлик,
Ғапыл қалма, кетер өтип,
Қалар болса өмир питип,
Сорар қудай ақыбетти.
Жумаханова Гүлбазар✍
19-июнь 2020-жыл.
@sahra_guli
Бир адам менен жазысып атырғанда сол секундта еки птичка шықса қандай әжайып нәрсе...✅✅ Бул жүзбе-жүз сөйлесип атырғанда көзи сеннен басқа жерге қарамағаны сыяқлы нәрседур...😊😊😊
@omir_sabaqlari
@omir_sabaqlari
ӨМИР КӘРЎАНЫ.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Жумаханова Гулбазар✍
@sahra_gul 23.09.2020.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Жумаханова Гулбазар✍
@sahra_gul 23.09.2020.