Өмир сабақлары.
19.9K subscribers
7.76K photos
1.09K videos
9 files
756 links
Жеке канал
Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған.

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл
Download Telegram
#Бас_қатырма

Аппақ кеңликте бир атты үш шабандоз минип баратыр. Артынан из қалдырып, гейде оңға гейде шепке бурылып кетип баратыр.

Сораў.
Гәп не ҳаққында кетпекте.
Шабандоз неге теңестирилген?
Ат ше? Аппақ кеңлик не дегени.

👉 @omir_sabaqlari
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
@omir_sabaqlari

Ҳәр сапар кимгедур жақсы сөйлеў мүмкиншилиги болса, сөйлеў керек...

Қандайда бир кисиге жақсылық қылыў мүмкиншилиги болғанда, әлетте оны қылыў керек...

Кимгедур жәрдем, кимгедур үмит, кимгедур исеним, кимгедур  мийир керек.

Бәлким, биз ушын әпиўайы көринген бул затларға кимдур жүдә мүтәж шығар.
​​Суд залынан

Ер: Ҳаялым менен ажыраспақшыман!

Ҳаял: Мен де!

Судья: Не себептен?

Ер: Себебин айтыў шәрт пе?

Судья: Әлбетте, айтпасаңыз болмайды!

Ер: Себебин айтыўды қәлемеймен!

Судья: Сиз ше?

Ҳаял: Күйеўим айтсын!

Судья: Айтпасаңыз ажратпайман, даўайыңызды қанаатландырмайман!

Ер: Онда ажраспайман!

Ҳаял: Айыбымды жасыратуғын ерден мен де ажралмайман!


@omir_sabaqlari
Қапшық жыртық болса да ишинде мазалы алмалар бар.Базы адамлар тозған, гөне кийимде жүрсе де , ишлеринде алтындай қəлби болады.
Соның ушын инсанларға олардың сыртқы көринисине қарап баха бермең ....
Стамбулда Хажы Мазлум деген бир əулийе киси жасап өткен.Ол " Жақсылықты пышықтан үйрендим ", дейди.

" Бир күни Стамбулдағы Айюб Султан гүзарынан кетип баратырған едим.Бир пышық балық сатыушылардың прилавкисинен бир балықты аузына тислеп алып қашты.Кейин бир үйге кирип кетти де сол заматы аузы бос қайтты.

Изинен сол уйге кирдим,үй ишинде көзи əззи бир кемпир дууа етип атыр еди: " Эй Рəббим , мениң жетим қалған ақлығымның бүгинги несийбесин пышық арқалы жибергениңе мың шүкирлер болсын !"
Үйден шығып тууры устазым Осман Камолияның алдына барып болған уақыяны айтып бердим.Устазым : " Не қылып отырыпсаң , бар тез, ол кемпир дүньядан өтемен дегенше оның итияжына керек ғəрежетлерин өз мойныңа ал !" , деди.
Əне сондай қылып инсан қылмаған пазыйлетти пышықтан уйрендим ,дейди.
Өз ишки гүреслеринде жеңилиске ушыраған инсан аңсыз түрде əтирапындағылардан өш алады.

⸺ Франс Кафка

@omir_sabaqlari
#Гейде_солай

• Егер ҳаял адам пул табыўды басласа, ғәрезсиз турмыс кешириў ҳаққында ойлаўды баслайды.

• Егер ер адам пул табыўды басласа, өз шаңарағы ушын ҳәмме жуўапкершиликти мойнына алады.

• Бай ер адамның жарлы қызды ушыратыўы, оның өмирин өзгертиўи мүмкин.

• Бай ҳаял адам болса жарлы жигитке бурылыпта қарамайды.

• Ер адам жақсы көрсе, мәплерсиз, шәртлерсиз сүйе алады...
Мийнет инсанды үш тийкарғы апаттан қутқарады:
зеригиўден, бузықлықтан ҳәм мүтәжликтен.

ⓒ Вольтер


https://t.me/+bUNxyMpsXNIwMTZi
Муңласлық ⸺ сыртқы көринисти унатқаныңызда,  дослық ⸺ характерди унатқаныңызда, ал муҳаббат болса ⸺ инсанның кемшиликлерин унатқаныңызда пайда болады.

© Антуан де Сент-Экзюпери

@omir_sabaqlari
Исенимде жан киби. Тәннен бир шықса қайтып кирмейди.

©Шекспир


@omir_sabaqlari
Муҳаббат - дүньядағы ең қəўипли қырғын келтириўши қуралдур. Ол турмысыңда бар болса да өлтиреди, олсыз жасасаң да.

© Лорен Оливер

@omir_sabaqlari
⸺ Ең әжайып күн қайсы?
⸺ Ертең!
⸺ Неге?
⸺ Өйткени ертеңнен баслап шегиў тасланады, пархез басланады, спорт пенен шуғулланылады, қарызлар төленеди...


@omir_sabaqlari
Соны аңлап жеттим, ўақтында айтылмаса сөзлер де суўып қалар екен...

@omir_sabaqlari
Бир дана адамнан сорапты:
⸺ Әке менен перзенттиң қуўанышлы күлкисинде қандай айырмашылық бар?
Дана адам жуўап берипти:
⸺ Перзент бахытлы болған ўақтында қуўанады. Әке болса перзентиниң бахытлылығын көргенде қуўанып күледи...

@omir_sabaqlari
Еслейсизбе, жаслығымызда әжағамыз ямаса әжапамыздың ески ямаса болмай қалған кийимлерин кийдиретуғын еди.
- Оо, жүдә жарасты! - деп қояр еди кейин.- Гүллерине, нағысларына қара!..
Мақтаўларды еситип, биз де кийим маған жарасты, деген жуўмаққа келип, гәрдийип көшеге жуўырар едик...
Соннан берли де еле көп нәрсе өзгермеди, достым! Әтирапымыздағылар мине бул бахыт, мине бул байлық, деп еле бизди алдап киятыр...

©Байрам Али

@omir_sabaqlari
#Өмир_ҳақыйқатлары...


Видеолар избе-из турған файлға кирдим. Көрдим-де...

Бир видеода күйеўим қандайда бир кафеде. Ярым жалаңаш ойын түсип атырған қызлар менен ойнай баслады. Оларға пул қыстырды.

Тағы биринде қандайда бир бөлме. Әпиўайы шаңарақтың бөлмеси сыяқлы. Бир ҳаял жүзине перде тутып жүрип келди. Кейин ашық беллерин дирилдетип, қарынларын селкилдетип былғаңлап ойнай баслады. Бул ҳаялда ярым жалаңаш еди. "Жақсылап ойна, мине, мине буны беремен”, деген күйеўимниң даўысы еситилди. Экранда бир қол жаңағы ҳаялға еки бес мың сумлық қыстырды. Таныдым, қол күйеўимдики еди. Басқа биринде болса тап сол ҳаял енди күйеўимниң желкесине басын қойып отырар, күйеўим кебап жеў менен бəнт. Ҳаял болса өзин ҳəм өзине қосып күйеўимди де суўретке алып тур еди... Қалғанын көриўге шыдамым жетпеди.

Бирден үйдиң берекети қаша баслады. Қаяққа кетип атырғанын аңлап жеттим. Пуллары неге күтпегенде жоғалып кетиўин, не ушын ҳəр еки күнде күйеўимниң жол патруль хызметине жəрийма төлеўин түсингендей болдым. Демек, күйеўимниңи "жол патруль хызмети деп қылып атырған сылтаўлары да, өз үйине урылық етиўге мəжбүр етип атырғанда мине усы ҳаяллар.

Хорлығым келди. Өйткени шаңарақтағы жетпесинлик себепли балаларым ҳəр күни гөшли аўқат жемейди. Менде мудамы апа-сиңлилеримниң ески кийимлерин кийип жүрмен. Кишкене балаларым сирә таза кийим кийген емес. Мудамы үлкен перзентлеримнен қалған кийимлерди кийеди.

Езилип таўсылдым-аў. Демек неше жыллардан берли усы өтириклердиң ишинде былғанып жасап киятыр екенмен-ғой!

Мудамы ҳайран болар едим, машинасы барлар, такси қылып атырғанлар ҳешқашан кем болған емес. Бир-еки жылға қалмай үйлерин салтанатлы етип алып және машинасын да алмастырып алар еди. Тек бир ғана бизики мудамы жол патруль хызметиниң "қармағы”на илинип, бәрҳә ақшасын алдырып жүрер еди...
Негизинде булардың ҳəммеси де сылтаў екенлигин енди түсиндим. Дат салып бақырғым келди. Тағы кейнин ойладым. Ең алдын балаларымның кеўли сынады... Мине үлкен балам өзгерип қалды-ғой! Әкеси келиўи менен өзин алып қашады. Жүзине қарағысы келмейтуғыны сезиледи, тап билип жүргендей әкесиниң қылықларын. Пулды көшеге шашып, ал шаңарағының қыйналып жасап атырғанының себебин билгендей...

Мине сол ўақыяға да, ҳəмме сырдан хабардар болғаныма да алты айдан асты. Еле күйеўиме ләм-мийим деп бир нәрсе айта алғаным жоқ. Телефонын көрип тураман. Ҳəрсапары жаңа видеолар пайда болады. Биресе ана ресторан, биресе мына кафедеги ойын-күлки, ўақты-хошлықлар сәўлеленген көринислер...

Мен еле сол сылтаўлар қушағында жасап атырман.

- Анасы,- деп кирип келеди өзин жəбирлениўши етип көрсетип. -Бирталай пул ислеп таўып едим. Әттең, Шиназға киреберисте, патруль тоқтатты... Бар-жоғымды төлеп зордан қутылдым. Мине, барым усы. Алып қой. Барына берекет берсин, мейли... Жүдə шаршадым, бир уйықлап дем алайын. Азанда тағы кетемен. Көзим ойылып түсемен деп тур. Жол жеп қоядыдә, адамды. Жолға тигиле берип, көзлерим жасаўрап кетти. Азырақ дем алайын...

Ҳəммесин бетине айтып-айтып таслағым келеди. Тағы үнсиз қаламан. Басласам, жəнжел болады. Қайнене-қайнатамның қулағына жетеди. Өзи олардың қан басымы бар. Кейин өз ата-анам еситеди. Оларға да аңсат емес. Балаларым билсе не болады?

Көп затларды ойлап, ишиме жутаман. Ҳайранман, қашанға шекем сабыр етемен? Қашанға шекем үнсиз жүремен? Өйткени үндемей жүриўде мүмкин емес. Перзентлеримниң келешеги ушын да күйеўимди бул жолдан қайтарыўым керек. Бирақ, қалай?

Бир неше мəрте сөйлемекши едим бирақ үним шықпады. Ҳəрсапары жаңа видеоларды, жаңа кеўилхошлықларын көргенимде өз майыма өзим қуўырыламан. Қызғаныш жүрегимди күйдиреди. Бирақ шыдайман. Ўақты-сәти жетер, деймен. Бирақ қашан? Неге мен бундайман? Не ушын ҳақыйқатлықтан бунша қорқаман? Билмеймен, қандай жол тутаман енди? Билемен, шамамда күйеўим бес-алты жылдан берли солай жасап жүр. Үйренип қалған, ўақтыхошлыққа. Айтқаным менен бул жолдан қайтармекен. Сол тəреплерин ойлайманда өзимди жəнжелден тыяман.

Дурыс жол қайда өзи, дурыс жолды қайдан табаман...
Егер садық дос таба алмасаң, өзиң ушын дос бол.

ⓒ Пифагор

https://t.me/+bUNxyMpsXNIwMTZi