ҚАРАҚАЛПАҚША.
Туўған ана емес, сақлаған ана,
Деген гәп бар, мениң ата-бабамда,
Ойнап өскен болсаң, усы мәканда,
Онда сөйлесейик, қарақалпақша.
Аўыр сынақларда жоғалмай тилим,
Әўладтан-әўладқа сен жетип келдиң,
Бабалар мийрасын қәдирлеп билиң,
Сөйлесейик таза қарақалпақша.
Гей биреўлер шатастырып тилимди,
Көринеди өзлеринше билимли,
Умытпа шығысың ҳәм кимлигиңди,
Сөйлесейик таза қарақалпақша.
Халқыма уллы тил несип етипти,
Сөйлесе жети өлшеп, бир кесипти,
"Өли тил" дегенлер қәтелесипти,
Биз сөйлеймиз таза қарақалпақша.
Өзлигиңди аңлап жасайын десең,
Алтын мийрасымды сақлайын десең,
Тилимди жоғалтып алмайын десең,
Сөйлең онда таза қарақалпақша.
Не бир асыўлардан сүринбей өттиң,
Беглигиңди бузбай бүгинге жеттиң,
Әлпешлейди бүгин сени перзентиң,
Тарийхыңды жазар қарақалпақша.
Жумаханова Гүлбазар✍
17-май 2020-жыл.
Туўған ана емес, сақлаған ана,
Деген гәп бар, мениң ата-бабамда,
Ойнап өскен болсаң, усы мәканда,
Онда сөйлесейик, қарақалпақша.
Аўыр сынақларда жоғалмай тилим,
Әўладтан-әўладқа сен жетип келдиң,
Бабалар мийрасын қәдирлеп билиң,
Сөйлесейик таза қарақалпақша.
Гей биреўлер шатастырып тилимди,
Көринеди өзлеринше билимли,
Умытпа шығысың ҳәм кимлигиңди,
Сөйлесейик таза қарақалпақша.
Халқыма уллы тил несип етипти,
Сөйлесе жети өлшеп, бир кесипти,
"Өли тил" дегенлер қәтелесипти,
Биз сөйлеймиз таза қарақалпақша.
Өзлигиңди аңлап жасайын десең,
Алтын мийрасымды сақлайын десең,
Тилимди жоғалтып алмайын десең,
Сөйлең онда таза қарақалпақша.
Не бир асыўлардан сүринбей өттиң,
Беглигиңди бузбай бүгинге жеттиң,
Әлпешлейди бүгин сени перзентиң,
Тарийхыңды жазар қарақалпақша.
Жумаханова Гүлбазар✍
17-май 2020-жыл.
Forwarded from QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Умытпадым сени.
Айралық азабы жүректи езип,
Көксиме тығылды бир ашшы өксик,
Өзге бағдың гүлин кетсең де үзип,
Умытпадым сени.
Келер қыйқыўласқан қуслардың сести,
Сарғайған жапырақ үзилип түсти,
Келмесин билсем де күткеним неси,
Умытпадым сени.
Ай менен жулдызлар болды сырласым,
Сенсизликке көнбей ағар көз жасым,
Яр етип кетсеңде жаным басқасын,
Умытпадым сени.
Жалғызлықтың қыйын демлерин түйип,
Жасайман өзиңди бир өмир күтип,
Маған жетер еди бирғана үмит,
Умытпадым сени.
Ашынып бийҳуда өткен өмриме,
Ышқымды жасырдым жүрек төриме,
Бир күни жетерсең мениң қәдриме,
Умытпадым сени.
Жумаханова Гүлбазар✍
5.07.2020-жыл.
Айралық азабы жүректи езип,
Көксиме тығылды бир ашшы өксик,
Өзге бағдың гүлин кетсең де үзип,
Умытпадым сени.
Келер қыйқыўласқан қуслардың сести,
Сарғайған жапырақ үзилип түсти,
Келмесин билсем де күткеним неси,
Умытпадым сени.
Ай менен жулдызлар болды сырласым,
Сенсизликке көнбей ағар көз жасым,
Яр етип кетсеңде жаным басқасын,
Умытпадым сени.
Жалғызлықтың қыйын демлерин түйип,
Жасайман өзиңди бир өмир күтип,
Маған жетер еди бирғана үмит,
Умытпадым сени.
Ашынып бийҳуда өткен өмриме,
Ышқымды жасырдым жүрек төриме,
Бир күни жетерсең мениң қәдриме,
Умытпадым сени.
Жумаханова Гүлбазар✍
5.07.2020-жыл.
Forwarded from QARAQALPAQ ÁDEBIYATÍ
Яр дәстиңнен.
Өзиңнен еситип тойың хабарын,
Қалмады тәнимде диңке-димарым,
Бир сөз айтыўға да шықпай зибаным,
Лал ҳайранман, бийопа яр дәстиңнен.
Кешир мени дедиң, жай ғана әсте,
Арамызда болмағандай ҳеш нәрсе,
Түске айланғандай бәри бир пәсте,
Ада болдым, бийопа яр дәстиңнен.
Еки ете алмай әкеңниң сөзин,
Жаным ышқымызды қәбирге көмдиң,
Мен ушын да шешим қабыллап өзиң,
Айра түстик, бийопа яр дәстиңнен.
Ышқымыз тиллерде болады дәстан,
Айыралмас бизди ҳешким, ҳеш қашан,
Деген сөзиң енди болды ма жалған,
Жүрек жанды, бийопа яр дәстиңнен.
Көшелерди гездим, әўере-сарсан,
Жаныма жылыў жоқ, аўҳалым жаман,
Ҳеш нәрсе болалмас, дәртиме дәрман,
Қәсте болдым, бийопа яр дәстиңнен.
✍Жумаханова Гүлбазар.
17.07.2020-жыл.
Өзиңнен еситип тойың хабарын,
Қалмады тәнимде диңке-димарым,
Бир сөз айтыўға да шықпай зибаным,
Лал ҳайранман, бийопа яр дәстиңнен.
Кешир мени дедиң, жай ғана әсте,
Арамызда болмағандай ҳеш нәрсе,
Түске айланғандай бәри бир пәсте,
Ада болдым, бийопа яр дәстиңнен.
Еки ете алмай әкеңниң сөзин,
Жаным ышқымызды қәбирге көмдиң,
Мен ушын да шешим қабыллап өзиң,
Айра түстик, бийопа яр дәстиңнен.
Ышқымыз тиллерде болады дәстан,
Айыралмас бизди ҳешким, ҳеш қашан,
Деген сөзиң енди болды ма жалған,
Жүрек жанды, бийопа яр дәстиңнен.
Көшелерди гездим, әўере-сарсан,
Жаныма жылыў жоқ, аўҳалым жаман,
Ҳеш нәрсе болалмас, дәртиме дәрман,
Қәсте болдым, бийопа яр дәстиңнен.
✍Жумаханова Гүлбазар.
17.07.2020-жыл.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
ПЕРИГҮЛ.
(Перий достым сени ең сулыў гүлге теңеген жигит атынан туўылған күниңе арнайман)
Шәменде ашылған гүлсең доланған,
Хош ийисиң әтирапқа таралған,
Сулыўлықта өзиң тәнҳә жаралған,
Гөззаллықта теңи жоқсаң, Перигүл.
Самалда ырғалған бағдағы гүлим,
Ҳүр яңлы назланып турысын көриң,
Шырайыңды тәрийплеўге лал тилим,
Ақылымды алдың өзиң, Перигүл.
Өзиңди көргенде еталмай төзим,
Үзип алсам деймен, қыймайды көзим,
Ишиме сыймай тур, айтажақ сөзим,
Ышқыңда аҳыў-зар болдым, Перигүл.
Қорқаман өзиңди алмасын үзип,
Паналайман өзге көзден жасырып,
Кетпе гүлим басқасына буйырып,
Мен тәрепке бир қыя бақ, Перигүл.
Жумаханова Гүлбазар✍
21.07.2020-жыл.
(Перий достым сени ең сулыў гүлге теңеген жигит атынан туўылған күниңе арнайман)
Шәменде ашылған гүлсең доланған,
Хош ийисиң әтирапқа таралған,
Сулыўлықта өзиң тәнҳә жаралған,
Гөззаллықта теңи жоқсаң, Перигүл.
Самалда ырғалған бағдағы гүлим,
Ҳүр яңлы назланып турысын көриң,
Шырайыңды тәрийплеўге лал тилим,
Ақылымды алдың өзиң, Перигүл.
Өзиңди көргенде еталмай төзим,
Үзип алсам деймен, қыймайды көзим,
Ишиме сыймай тур, айтажақ сөзим,
Ышқыңда аҳыў-зар болдым, Перигүл.
Қорқаман өзиңди алмасын үзип,
Паналайман өзге көзден жасырып,
Кетпе гүлим басқасына буйырып,
Мен тәрепке бир қыя бақ, Перигүл.
Жумаханова Гүлбазар✍
21.07.2020-жыл.
Қорақалпоқча.
Туғган она эмас боқгани она
Деган гап бор мени ота бобомда
Ўйнаб ўсган бўлсанг ўша маконда
Унда сўзлашайлик қорақалпоқча.
Оғир синавларда юқолмай тилим
Эллардан элларга сен етиб келдинг
Боболар мисрасин қадрини билинг
Сўзлашайлик тоза қорақалпоқча.
Қай биравлар адаштириб тилимди
Куринади ўзларича билимли
Унутма хеч қачон сен кимлигингни
Сўзлашайлик тоза қорақалпоқча.
Халқимга гўзал тил насиб этибди
Сўзласа етти ўлчаб бир кесибди
"Ўлик тил" деганлар хато айтибди
Биз сўзлаймиз тоза қорақалпоқча.
Ўзлигингни англаб яшайин десанг
Олтин мисраларим сақлайин десанг
Тилимни юқотиб қўймайин десанг
Сўзланг унда тоза қорақалпоқча.
Не бир орзуларга қоқилмай етдинг
Беклигингни бузмай бугунни кутдинг
Ардоқлайди бугун сени дилбандинг
Тарихингга назар Қорақалпоқча.
Қорақалпоқ шоираси Гулбазар Жумахонова ижодидан мухлис сифатида ўзбекчага шоир Махмуд Ўзбекистоний ўгирди
Туғган она эмас боқгани она
Деган гап бор мени ота бобомда
Ўйнаб ўсган бўлсанг ўша маконда
Унда сўзлашайлик қорақалпоқча.
Оғир синавларда юқолмай тилим
Эллардан элларга сен етиб келдинг
Боболар мисрасин қадрини билинг
Сўзлашайлик тоза қорақалпоқча.
Қай биравлар адаштириб тилимди
Куринади ўзларича билимли
Унутма хеч қачон сен кимлигингни
Сўзлашайлик тоза қорақалпоқча.
Халқимга гўзал тил насиб этибди
Сўзласа етти ўлчаб бир кесибди
"Ўлик тил" деганлар хато айтибди
Биз сўзлаймиз тоза қорақалпоқча.
Ўзлигингни англаб яшайин десанг
Олтин мисраларим сақлайин десанг
Тилимни юқотиб қўймайин десанг
Сўзланг унда тоза қорақалпоқча.
Не бир орзуларга қоқилмай етдинг
Беклигингни бузмай бугунни кутдинг
Ардоқлайди бугун сени дилбандинг
Тарихингга назар Қорақалпоқча.
Қорақалпоқ шоираси Гулбазар Жумахонова ижодидан мухлис сифатида ўзбекчага шоир Махмуд Ўзбекистоний ўгирди
Ғойибона ошиқ
Бунча қийин мухаббатни савдоси
Ғойибона ошиқман ишқни шайдоси
Сизни мен севганим бўлмас фойдаси
Чеккан озорларим билмайсана сен?
Муҳаббат азобидан куйганимни
Айта олмай пинхон севганимни
Ҳар лағза ўзингни кутганимни
Интизор бўлганим билмайсана сен?
Хаёлингга келмас ох у зорлигим
Сенсизликда кенг дунё хам торлигим
Ҳатто сезмайсан менинг борлигим
Излайман изингни билмайсана сен?
Дунёда ўзингни борлиғим билиб
Яшайман қалбимда бир умид қилиб
Кўнглимга бўйсунай жонимдан kечиб
Шунда ошиқлигим англайсанми сен?
Гулбазар Жумаханова
Таржима шоир Махмуд Ўзбекистоний
Бунча қийин мухаббатни савдоси
Ғойибона ошиқман ишқни шайдоси
Сизни мен севганим бўлмас фойдаси
Чеккан озорларим билмайсана сен?
Муҳаббат азобидан куйганимни
Айта олмай пинхон севганимни
Ҳар лағза ўзингни кутганимни
Интизор бўлганим билмайсана сен?
Хаёлингга келмас ох у зорлигим
Сенсизликда кенг дунё хам торлигим
Ҳатто сезмайсан менинг борлигим
Излайман изингни билмайсана сен?
Дунёда ўзингни борлиғим билиб
Яшайман қалбимда бир умид қилиб
Кўнглимга бўйсунай жонимдан kечиб
Шунда ошиқлигим англайсанми сен?
Гулбазар Жумаханова
Таржима шоир Махмуд Ўзбекистоний
БАХЫТЛЫҒА.
Бендеси екенсең алланың сүйген,
Аямай өзиңе талантты берген,
Исмиң жисмиңе сай инсан болыпсаң,
Өмирде өзиңди бахытлы сезген.
Тәғдириңде исмиң менен жаралған,
Сөзлериңнен бахыт нуры таралған,
Кеўиллерге мәлҳам болып қосығың,
Көптиң жүрегине жетип баралған.
Ишиңе сыймай тур сөзлер тығылып,
Шықса бәри қаламыз-аў жығылып,😁
Билмеймен,сыйқыршы таяғың барма?
Дөретип ҳәриптен соншама қосық.😳
Кеш болсада қутлы болсын айтайын,
Сексен,тоқсан,жүзди көриң илайым,
Йош-илҳәмың таса берсин Бахытлы,
Тез-тез қосығыңды оқып турайын.😊
Жумаханова Гүлбазар.
30.08.2020-жыл.
@sahra_gul
Бендеси екенсең алланың сүйген,
Аямай өзиңе талантты берген,
Исмиң жисмиңе сай инсан болыпсаң,
Өмирде өзиңди бахытлы сезген.
Тәғдириңде исмиң менен жаралған,
Сөзлериңнен бахыт нуры таралған,
Кеўиллерге мәлҳам болып қосығың,
Көптиң жүрегине жетип баралған.
Ишиңе сыймай тур сөзлер тығылып,
Шықса бәри қаламыз-аў жығылып,😁
Билмеймен,сыйқыршы таяғың барма?
Дөретип ҳәриптен соншама қосық.😳
Кеш болсада қутлы болсын айтайын,
Сексен,тоқсан,жүзди көриң илайым,
Йош-илҳәмың таса берсин Бахытлы,
Тез-тез қосығыңды оқып турайын.😊
Жумаханова Гүлбазар.
30.08.2020-жыл.
@sahra_gul
Бөртик жарған ўақта әлем қуўанған,
Шырайланып бағқа жасыл сән болған,
Енди қысқа өмирине жылаған,
Үзилген, шарасыз жапырақ яңлы.
Кеўлим қулазыйды, билмеймен неден,
Титиркенер денем жағымсыз желден,
Өли тынышлыққа үйренип кеткен,
Адамсыз атаўда қалған жан яңлы.
Сағыныштан сарғайғандай жамалы.
Жүзин сыйпар гүздиң салқын самалы,
Әтирапқа үнсиз бағып тербелер,
Келмеген ашығын күткен яр яңлы.
Мениңде қәлбиме гүз келди қашшан,
Төбемде түнерип булытлы аспан,
Көзим гиреўленип ақпаған жастан,
Жаўа алмай турған бир жаўын яңлы.
Жумаханова Гүлбазар✍
04.09.2020
Шырайланып бағқа жасыл сән болған,
Енди қысқа өмирине жылаған,
Үзилген, шарасыз жапырақ яңлы.
Кеўлим қулазыйды, билмеймен неден,
Титиркенер денем жағымсыз желден,
Өли тынышлыққа үйренип кеткен,
Адамсыз атаўда қалған жан яңлы.
Сағыныштан сарғайғандай жамалы.
Жүзин сыйпар гүздиң салқын самалы,
Әтирапқа үнсиз бағып тербелер,
Келмеген ашығын күткен яр яңлы.
Мениңде қәлбиме гүз келди қашшан,
Төбемде түнерип булытлы аспан,
Көзим гиреўленип ақпаған жастан,
Жаўа алмай турған бир жаўын яңлы.
Жумаханова Гүлбазар✍
04.09.2020
ӨМИР КӘРЎАНЫ.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Жумаханова Гулбазар✍
23.09.2020.
Мәнзил қайда барар, қайда дуз-несийп,
Алдыннан айтпаға қыйындур кесип,
Баратырман мен де журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Тырмасаман, көштен қалып қоймаўға,
Тырысаман жолда түсип қалмаўға,
Шарасызлық үстин келген ўақытта,
Мәжбүр болдым тал шыбықты қармаўға.
Көзди ашырмас ҳеш дузлы самаллар,
Жолымды тосады қумлы қамаллар,
Саҳра сынағына берместен төзим,
Жолда қалып кетти қанша адамлар.
Тәғдир самаллары аяўсыз есип,
Жулқылайды арман-берман тиресип,
Жасап билмегенлер түссин кәрўаннан,
Деп турады гейде өмир сиресип.
Ғалма-ғаллы өмирде мен гүресип,
Баратырман, журт қатары илесип
Абайлап басаман ҳәр бир қәдемим,
Кетпейин ийримли қурдымға түсип.
Тоқтамастан жүрсе өмир кәрўаны,
Қәлеўинше сүрсин ҳәрким дәўранды,
Асықпайық, мәнзилге тез жетиўге,
Берекетли болсын жолдың қалғаны.
Мәнзилим қай жерде, қайда дуз-несийп,
Айта алмас ҳешким алдынан кесип,
Баратырман менде журтлар қатары,
Өмир кәрўанына еплеп илесип.
Жумаханова Гулбазар✍
23.09.2020.
Бийғам балалықта өсип ойнаған,
Ер жеткен мәканы уллы Шахаман,
Питкерди мектепти отыз жыл бурын,
Жигит-қызлар 74-те туўылған.
Жыллар зымырайды, тоқтамас ўақыт,
Еслеймен жаслықтың қосығын айтып,
Балалықтың умытылмас демлерин,
Аңсайман билсемде, келмесин қайтып...😔
Базыда муңайып, базыда күлип,
Көрмедикғой шынтлап кеўилге тийип,
Меники, сеники дегенди билмей,
Бир папкиден нанды жегенбиз бөлип.😋
Базыда тартысып, жүрдик урысып,
Бир майданнан кетер едик жарасып,
Гейде жигитлердиң шоқлығы тутып,
Жылатқан қызлардың шашынан тартып.😠😖😩
Жаслық сезимлери кеткен алаўлап,
Мектепте басланған туңғыш муҳаббат,
Исмлерин айта алмай уялып,
Сүйгенине берген үшмүйешлик хат 😊
Үшмүйешлик хаттың жазып нешшесин,
Жуўабын алалмай гезген көшесин,
Әттең, тәғдир екен, болмай тилегиң,
Сизлер емес, ўақыт болды төрешиң.😔
Досларым, сизлерди жүрмен сағынып,
Гей ўақытта кеўлим қалар жабығып,
Еслеўге арзырлық демлеримиз көп,
Көрискенде қалар едик бир шалқып.😔😊
Бүгинде кеткенсиз жән-жаққа тарап,
Орынланып арзыўларыңыз аппақ,
Кеўлинде гирбиң жоқ, сада досларым,
Отырсыз ҳәр бириң шаңарақ қурап.❤️❤️
Карантин таўсылып жоллар ашылса,
Көрисейик, аман-есен, саўлықта,
Сабымыз бузылмай түўел барайық,
Питкериў кешеси отыз жыллыққа.🙏🌺
Жумаханова Гүлбазар.✍
Нөкис
Ер жеткен мәканы уллы Шахаман,
Питкерди мектепти отыз жыл бурын,
Жигит-қызлар 74-те туўылған.
Жыллар зымырайды, тоқтамас ўақыт,
Еслеймен жаслықтың қосығын айтып,
Балалықтың умытылмас демлерин,
Аңсайман билсемде, келмесин қайтып...😔
Базыда муңайып, базыда күлип,
Көрмедикғой шынтлап кеўилге тийип,
Меники, сеники дегенди билмей,
Бир папкиден нанды жегенбиз бөлип.😋
Базыда тартысып, жүрдик урысып,
Бир майданнан кетер едик жарасып,
Гейде жигитлердиң шоқлығы тутып,
Жылатқан қызлардың шашынан тартып.😠😖😩
Жаслық сезимлери кеткен алаўлап,
Мектепте басланған туңғыш муҳаббат,
Исмлерин айта алмай уялып,
Сүйгенине берген үшмүйешлик хат 😊
Үшмүйешлик хаттың жазып нешшесин,
Жуўабын алалмай гезген көшесин,
Әттең, тәғдир екен, болмай тилегиң,
Сизлер емес, ўақыт болды төрешиң.😔
Досларым, сизлерди жүрмен сағынып,
Гей ўақытта кеўлим қалар жабығып,
Еслеўге арзырлық демлеримиз көп,
Көрискенде қалар едик бир шалқып.😔😊
Бүгинде кеткенсиз жән-жаққа тарап,
Орынланып арзыўларыңыз аппақ,
Кеўлинде гирбиң жоқ, сада досларым,
Отырсыз ҳәр бириң шаңарақ қурап.❤️❤️
Карантин таўсылып жоллар ашылса,
Көрисейик, аман-есен, саўлықта,
Сабымыз бузылмай түўел барайық,
Питкериў кешеси отыз жыллыққа.🙏🌺
Жумаханова Гүлбазар.✍
Нөкис