Халық ушын

Бүгин, қала ҳәкими А.Данияровтың басшылығында "Пайтахт бүгин ҳәм кеше" атамасындағы режелери бойынша 4 сектор, қаладағы мәкеме-шөлкемлер баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, аймақлардағы салық инспекторлары менен ушырасыўы болып өтти.

- "Инсан қәдири" принципи негизинде адамзаттың бахытлы турмыс кешириўи ушын исленген жумысларды талқыласақ, қаламыздағы бир қатар МПЖлар имаратлары, ишки жоллар, социаллық, исбилерменлик орынларда көзге көринерли жумыслар исленди ҳәм даўам етпекте.
Ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдармыз.
Буннан тысқары, 54-санлы улыўма билим бериў мектеби, қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы, Эндокринология подстанциясы, "Алтын жағыс" МПЖда бой көтерген спорт майданшалары жаңадан салынып, халқымызға тапсырылды.
Халықтың реаллық турмысында халық мәплерине бағдарланған әмелий ислер еле даўам етеди,-деди А.Данияров.
Буннан соң "Жасыл мәкан", бюджет параметлери ҳаққында сөз болып, тийисли тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.
#челендж

Өзбекстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен 9-14-сентябрь күнлери «Хан атлас» ҳәптелигиниӊ екинши басқышы өткерилиўи режелестирилген.

Усы илажға Нөкис қаласы ҳәкимлиги хызметкерлери де белсендилик пенен қатнаспақта.
Келешекте кеўилсиз ўақыяларды болдырмаўда...
Соңғы жылларда аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеўде көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, аз ушырасатуғын (орфан) ҳәм басқа генетикалық кеселликлерге шатылған балаларды бийпул дәри қураллары, медициналық әсбап-үскенелери менен тәмийинлеў, оларға медициналық ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў көлеми кеңейди.
Қалалық медициналық бирлеспесинде балалар бөлимлери, сондай-ақ, күни-түни қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўши постлар, шаңарақ поликлиникаларда балалар бөлимлери шөлкемлестирилген.
Деген менен аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаўда қала аймақларына бекитилген "Ҳаял-қызлар белсендилери",
медпрофилактика патронажлары ҳәмиледар ҳаялларды анықлап, олардың күнделикли тексерилиўин қадағалап, ерте ҳәмледарлықтың алдын алыўда үгит-нәсиятлаўға қаратылған мәселелер бойынша қала ҳәкиминиң орынбасары Д.Қутлымуратова, қалалық медицина бирлеспеси баслығы Ж.Тарихов ҳәм тийисли шыпакерлер менен бирге додаланды.
Нукус шаҳрида Ўзбекистон-Ҳиндистон қўшма бизнес-форуми бўлиб ўтмоқда

Жорий йилнинг 9-11 сентярь кунлари Ҳиндистон Савдо-саноат палаталари Федерацияси бошчилигидаги ишбилармон доира вакилларидан иборат делегациянинг Ўзбекистонга ташрифи амалга оширилмоқда.

Батафсил 👉 https://yuz.uz/a/oz/107258

Batafsil 👉 https://yuz.uz/a/uz/107258

Telegram | Facebook | YouTube | Instagram
    Маҳаллада тадбиркорликни ривожлантирмоқчи бўлган фуқаролар ва тадбиркорлар  Нукус шаҳар ҳокимлиги 2 қават 209-хонада  ташкил этилган Республика Ишчи гуруҳига  мурожаат этишлари мумкин.
       Бунда имтиёзли кредитлар, бўш ер ва бино иншоотлар ва бошқа йўналишларда мурожаат қилиши мумкин.
      Ташкил этилган Ишчи гуруҳдан унумли фойдаланиш - ўз навбатида  тадбиркорликни ривожлантириш,  аҳоли бандлигини таъминлаб, камбағалликни қисқартиришдан иборатдир.
Мурожаат учун телефонлар:
+998950939484, +998946544244, +998972200086
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бәрше интервьюлар ҳәкимлик имаратында алынды

Нөкисте және бир субсидия өз ийесине тапсырылды.
"Инсан қәдири"не тийкарланған сиясаттан миннетдар болған Шийрин апаның пикирлерин тыңлар екенбиз, Нөкис мәҳәллелериндеги адамлардың турмыслары және абат мәнзиллер көз алдымыздан өте береди...
Буннан соң Нөкис қаласы аймақларына бекитилген ҳәким жәрдемшилерине тосыннан сораўлар берип, халыққа керек мағлыўматларды алыўға еристик.
Бүгинги сәўбетимиз, исбилерменлик жумысын қалай басларын билмей жүрген пуқаралардың алдағы жумысларының қəлиплесиўине, раўажланыўына үлес қосары сөзсиз.
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Инсан қәдири жылнамасында халықтың разылығының көринислери сәўлеленеди.
Календарды ашып қарасақ👇👇👇
Nukus.uz
Инсан қәдири жылнамасында халықтың разылығының көринислери сәўлеленеди. Календарды ашып қарасақ👇👇👇
Календарь

Календарь сөзин латын тилинен аўдарғанда, қарыз дәптери деген сөзди аңлатар екен.
Биз бийкарға календар сөзи менен сөз басын басламадық.
Ҳүрметли Президентимиздиң  "Инсан қәдири " басламасы тийкарында мәмлекетимиздиң сиясатында, қарақалпақ халқының тәғдириндеги түпкиликли жаңа басқышындағы бурылыслары себепли, жыллар даўамында пуқараларға қыйыншылық туўдырып келген машқалалардың шешими табылып, ел-халықтың разылығына ерисилмекте.

Календарь бетиндеги сәнелерге, ҳәптелерге нәзер таслар екенбиз, алтын сыяда жазыўға ылайықлы болып, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған күнлер деп айрықша белгилеп қойыўға арзыйды.

"Инсан қәдири" Қарақалпақстан ушын не берди?-деген сораў менен жыллар календарын ашып қарасақ, қарақалпақ халқының тарийхында
"Бейнеў – Ақжигит – Өзбекстан шегарасы" халықаралық автомагистралы, Мойнақ районындағы "Ақ кеме" балалар саўалландырыў орайы, елимиздиң уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер А. Досназаров бюсти, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имараты, қаламыздағы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп интернаты,Қарақалпақстан медицина институты клиникасы,Нөкис районлық медицина бирлеспеси емлеўханасының жаңа имараты,
Хожели районындағы  "Социаллық қалаша",қаламыздағы Гемодиализ орайы, Кегейли районында "Aqtuba textil group" кәрханасы,Бостан каналы ҳәм Арал теңизиниң қурыған ултанына шекем баратуғын бетонлы жаңа каналдың қурылысы,Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының жаңа имараты, қаламыздағы "Гөне қала" МПЖ аймағында 10 дана 7 қабатлы турақ жай имаратлары, Әмиўдәрья районындағы жаңа көпир ,Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы,Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жаңа оқыў имаратының пайдаланыўға тапсырылыўлар, ашылыўларға жүзлесемиз.
Ал биз итибар қаратпаған, жазып өтпеген халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған аймақлардың инфраструктура объектлерин оңлаўдағы, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўдеги субсидиялар, ЖОО да оқыўшы жаслардың шәртнама пулларын мәмлекет тәрепинен қапланып берилиўлерин бирме-бир санап өтпедик.

Бүгинги репортажымызды қаламыздағы 9-санлы улыўма билим бериў мектебинен таярладық.
Кадрларымызға Бердақ бабымыздың "Балам" қосығы йош берип, репортажымызды жанландырады.
Э.Сагалатдинова

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети