NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.59K photos
591 videos
5.81K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳикмет

Түскинликтен шығып кете алмаған адам көп нәрсени жоғалтады. Аллаҳ жаратқан ҳәр бир гөззаллықтан рәҳәтленип түскинликтен шығың.

Имам Замахшарий



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

   БЕС НӘРСЕ БЕС НӘРСЕ АРҚАЛЫ БИЛИНЕДИ:

1.Терек - мийўеси пискенде;

2.Ҳаял -күйеўи кәмбағалласып қалғанда;

3.Расгөй адам - қыйыншылық ўақтында;

4.Мөмин - сынаў келгенде;

5.Сақый - оған адамлардың иси түскенде.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

ТУРМЫСЛЫҚ ҲИКМЕТЛЕР

Базыда бахыттың көзине де шаң-тозаң түседи, сондай ўақытта тегис емес, пәс-бийик жоллардан оны жетеклеп алып өтиў керек болады.

─ Егер пулың көп болса қуўанба, аз болса күйинбе, барына қанаат ет.

─ Сорап бир нәрсе алған дәмегөйдиң көзине алған нәрсеси көринеди, бирақ жоғалтқан затын, яғный ҳүрмет-иззетин кеткизгенин билмейди.

─ Жаман адамды дүзетип болмайды. Ол минез-қулқын емес, бет-әлпетин өзгертиўи мүмкин.

─ Кемшиликсиз дос излеме, доссыз қаласаң.

─ Бахыт адамға дәўлет береди. Дәўлетти сабырсызға сатады. Сабыр-тақатлыға болса саўға етеди.

─ Өш алғаннан гөре кеширген жақсы.

─ Ҳақыйқатты өзиңнен изле. Таба алмасаң тыныш отыр, өзиңде жоқ нәрсени басқа жерлерден излеп әўере болма.

─ Өзиңизге қаттырақ, басқаларға жумсақ болың. Сонда сиз өзиңизди адамлардың жаман көриўинен сақлаған боласыз.

─ Ҳақыйқый дос шадлы күнлериңде мирәтиң менен келеди, басыңа ис түскенде өзи келеди.

─ Рас сөйлеген еки аяқта, жалған бир аяқта жүреди. Бир аяқ пенен мәнзилге жетип барыў қыйын.

─ Адамларға сыр сақлаўға қарағанда тилинде көмир шоғын услап турыў аңсатырақ.

─ Билим ақыллы адамның мийинде турады, наданның тилинде жүреди.

⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

ҲӘММЕМИЗГЕ КЕРЕК ҮШ СӨЗ...

     Айрым инсанлар өзиниң жумыс столына үш сөзди жазып қояды.

    Олардың бириншиси: "Бүгин сен ушын ҳақыйқый күн" деп жазылған. Яғный, бүгинги күн шегарасында жаса.

    Екиншиси: "Пикир жүргиз ҳәм шүкир қыл!" деген ҳикмет жазылған. Яғный, Аллаҳ тааланың саған берген неъматларын есле ҳәм олардың шүкирин орынла.

    Үшиншиси: "Ғәзеп қылма!" деген ҳикмет жазылған.
Бул үш ўәсият ең аңсат ҳәм сизди бахытқа жетеклейтуғын, бирақ ҳәммениң де қолынан келмейтуғын ис.

    Сиз бул ҳикметлерди ядлап алып, ҳәр дайым еслеп жүриўиңиз керек. Себебы, олар әпиўайы бирақ пайдалы.

Доктор Ўайз Қарнийдың "Өкинбе" китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Дослық - төрт түрли болады

Данышпаннан, “Дослықтың қанша түри бар?” — деп соралды.
Данышпан жуўап берди:
— Төрт түри бар!

Бириншиси аўқатқа уқсайды — ол саған ҳәр күни керек.

Екиншиси дәриге уқсайды — зәрүр ўақытта оларды излейсең.

Үшиншиси кеселликке уқсайды — олар сени излейди.

Төртиншиси ҳаўаға уқсайды — олар көринбейди, бирақ бәрқулла қасыңда болады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Өмирде қыйын аўҳалға түскен ўақытыңда төмендеги төрт нәрсени естен шығарма:
1. Тийкарғы дүньяға қарасың;
2. Инсаныйлығың;
3. Дүньяның пәс екени;
4. Дүньяның тез айланыўы.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Адамлар 4 түрли болады:
Ашкөз, қызғаншақ, кеңпейилли ҳәм сақый.


1⃣ Ашкөз - өзи де жемейди, биреўге де бермейди.

2⃣ Қызғаншақ - өзи жейди, биреўлерге бермейди.

3⃣ Кеңпейил - өзи де жейди, өзгеге де береди.

4⃣ Сақый - өзи жемей, өзгеге береди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

ҚӘЛБ КӨЗЛЕРИН АШАЙЫҚ!

  Дүнья әҳлине берилген нәрселерге көре алмаўшылық қылып, оның менен қәлбиңди бәнт қылыўың наданлық.
Олар өзлерине берилген нәрсе менен бәнт.
Ал, сен өзиңе берилмеген нәрсе менен бәнтсең.
Көзиң аўырса, оны емлейсең. Себеби, оның менен дүнья ләззетлерин көресең-да!
Ишки дүньяң көп ўақытлардан берли соқыр, оны даўаламайсаң!"
   
     Ибн Атауллаҳ Сакандарий.
"Тажул арусил ҳаўий ли таҳзибин нуфус" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Үш нәрсени ҳәр дайым кылып жүрсең, бахытлы боласаң:

•Неъмат келсе, Аллаҳ таалаға ҳәмд айт.
• Ырысқың кешиксе, истиғфар айт.
•Кыйыншылық келсе «Ләә ҳәўлә ўаләә қуўўәтә илләә билләәҳ»ти көп айт («Аллаҳ таалаадан басқада куўат ҳәм қүдрет жоқ»).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Қуўаныштың ең жағымлысы жақынларыңның мүшкилин аңсат қылғанда, олардың жүзиндеги қуўанышты көриў.

Яҳя ибн  Муўаз.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook
#ҳикмет

Ғыйбат ең алды менен ғыйбатшыға зыян бериўин билгенимнен бери ҳеш кимди ғыйбат қылмадым.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Ҳикмет

"Бул Қуранға ең ҳақылы инсанлар, егер оны қирәәт қылмасада, әмел етиўи менен оған ериўшилер болады".

📖 Ҳасан Басрий раҳматуллаҳи алайҳ



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Дүньяда ең әстен ҳәрекетленетуғын нәрсе даўыс болып есапланады. 16 жасыңда ата-анаңның саған айтқан гәплери 40 жасыңда жетип барады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Илим мал-дүньядан көре жақсырақ. Себеби, илимиң сени асырайды, мал-дүньяны болса сен сақлаўың керек болады. Мал-дүнья сарыпланса кемейеди, илим болса өзгелерге үйретиў менен жәнеде зыяда болабереди.

©Әлий ибн Әбиў Талыб



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Бәршемиз бизлерди танымайтуғынлар көзқарасында әпиўайы адамлармыз.
Көреалмайтуғынларға менмен көринемиз, бизлерди түсинетуғынлар ушын болса, әжайып инсанбыз.
Жақсы көретуғынлар нәзеринде ең жақсы, жақтырмайтуғынлар көзқарасында жаманбыз.
Ҳәр кимниң өз көзқарасы бар. Басқалар алдында жақсы көриниўге урынып, өзиңизди шаршатпаң.
Аллаҳтың разы болыўы жеткиликли.
Адамларды разы қылыў қыйын, жетип болмайтуғын әрман, Аллаҳтың разылығы болса, тәрк етип болмайтуғын мақсет.
Солай екен, жетип болмайтуғынды тәрк етип, тәрк қылынбайтуғынға жетисиң!

Әлий Тантовий раҳимаҳуллаҳ




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Ҳәдден тысқары мийримсизлик қылғанлар жеңиледи, жүдә мүләйимлик болса сени шынжырлайды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума #ҳикмет #Каҳф_сүреси

Ибн Дақиқ ал-Ийд раҳматуллаҳ алайҳ айтты:

Бул дүньядан көз жумған бир достымды түсимде көрдим. Ол маған былай деди:

«Қәбирде мениң қасыма жүдә қорқынышлы бир ийт келди. Тап сол ўақытта шырайлы жүзли бир адам келип сол ийтти қуўып жиберди ҳәм мени жубатты.

Сен кимсен? деп сорадым.

Мен сен жума күнлери оқыған Каҳф сүресиниң саўабыман, деди».

© Ибн Ҳажар ал-Асқаланий, «Ад-дурарул камина», 5-жүз

Жума мүбәрек!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

📜10 ең зор тәўип

- Қуяш нуры
- Көп суў ишиў
- Түнде жетерли уйқы
- Ашық таза ҳаўа
- Күнде ярым сағат пияда жүриў
- Күнделикли туўры аўқатланыў
- Бал
- Седана
- Қураны Карийм тилаўаты. Ол руҳтың азығы. 
- Қанаат



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#ҳикмет

Билесиз бе?! Ең жақсы, ең шырайлы ырысқы мал-дүнья емес.

Бәлки...
Тыныш, қанаатлы қәлб,
Анық ақыл, саламат пикир,
Ден-саўлық,
Әкениң дуўасы,
Ананың мийрими,
Аға - ининиң барлығы,
Перзенттиң күлкиси,
Достың итибары,

Аллаҳ ушын жақсы көрип дуўа қылыўшы инсанның барлығы сиз ушын ең абзал ырысқы.

Ана дуўасы ең абзалы...

Аллаҳ бул нематты сизден аямасын! Қайсы бири бул нематтан айырылған болса, орнын оннан жақсысы менен толтырсын!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#ҳикмет

Илим үш қарыстан ибарат:

-Ким илимде бир қарыс алдыға жылжыса, кибирленеди.
-Ким еки қарыс жылжыса, кишипейил болады.
-Ким үш қарыс жылжыса, еле көп нәрсени билмеслигин түсинип жетеди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌