NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.63K photos
593 videos
6.79K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#шаңарақ

Еркек адамның жол қоятуғын қәтелериң бири – ҳаялына басқалардың алдында бақырыў ямаса ескертиў бериўи. Ҳәтте душпанды да басқалардың алдында кемситиўге болмайды, енди қалайынша өз өмирлик жолдасыңызды басқалардың алдында уятқа қоясыз.

Егер ҳаялыңыз алжасып ямаса сизге мақул болмаған қандай да бир ис ҳәрекет қылған болса, үндемей турың. Жақсы гүман қылың, әтейин қылмаған шығараў, мениң шаңарақ ағзаларымның хызметин қылып атыр, бул исти басқашарақ қылыў керек екенин үйретиппедим өзи, үйреткен болсам, умытқан шығар деп ашыўыңызды басың. Бираз ўақыт өтип ашыўыңыз басылған соң әстен жақсы гәплер менен түсиндириң.
Сонда ҳаялыңыз сизди еле де жақсы көрип ҳүрмети асады.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#шаңарақ

ШАҢАРАҚТА 10 СҮННЕТ БАР ЕКЕНИН БИЛЕСИЗБЕ?

1. Жақсы көриўин билдирип турыў.
2. Меҳрибаншылығын, сүйгенин тек тилинде емес, әмелде де көрсетиў.
3. Жубайының жақсы ислерин мақтаў ҳәм рахмет айтыў.
4. Шаңарақта ерли-зайыплы бир-бири менен ойласып, сәўбетлесип турыўы.
5. Ерли-зайыплы бир-бирине итибарлы болыўы.
6. Шаңарақ ағзалары бир-бирин ҳүрмет қылыўы.
7. Сабырлы ҳәм ойласықлы болыў.
8. Ашыўланыўдың ҳәр түрли көринисинен қашыў.
9. Бир-бирине жақсы мәмиледе болыў.
10. Үйин илим ошағына айландырыў.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#шаңарақ

Мусылман адам ҳәр қандай ҳалатта да өз шаңарағын тәмийинлеп қойыўы, перзентлериниң камалы ушын қайғырыўы, олардың салих болып ер жетиўине шын кеўилден ҳәрекет етиўи керек. Себеби, Нәбий алайҳиссалам: «Инсанның өз перзентин шырайлы әдеп-икрам менен тарбиялаўы коп муғдардағы нәпил садақа бериўден жақсырақ», - деген.
Имам Термизий раýияты.
Шаңарағында тынышлық, қәтержамлық ҳүким сүриўин қәлеген адам, дәслеп, ҳадал кәсип пенен шуғылланыўы, шаңарақ қорғанының беккемлиги ушын бәрше қыйыншылыкларды жеңип өтиўи керек. Сонда, оның тапқан-тутқанында берекет болады. Перзентлери де елдиң хызметине жарайтуғын салиҳ инсанлар болып жетиседи иншааллаҳ.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#шаңарақ

Неке дүньядағы ɵлимге шекем ҳәм әқиретте мәңги даўам ететуғын ибадат. Оны бузатуғын сɵз айтыўға себеп болатуғын ис қылмаң. Мәңгилик алдында аз-маз дүнья рәҳәти ямаса қыйыншылығы ҳеш нәрсе емес.

Биз сизлерди жуп-жуп қылып жараттық.

Наба сүреси, 8-аят.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#шаңарақ

Аўқат писириў ушын таярланатуғын азық-аўқатты базардан сатып алыўыңыз мүмкин. Бирақ, оған қосылатуғын меҳир тек үйиңизде.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM