NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қурбан_хайыты_2024

НӨКИС ҚАЛАСЫ «САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ҚУРБАН ХАЙЫТЫ ҲӘМ ҚЫЛЫНҒАН ДУЎАЛАРДАН ВИДЕО КӨРИНИСЛЕР.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#интернет_әдеплери

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 4

Төртинши қағыйда: медиа қуралларынан пайдаланыўшыларға жақсы тәрептен өрнек болыў зәрүр. Әсиресе, жәмийетте абырай-итибарға ийе, өз артынан көплеген адамларды ерткен адамлардың интернеттеги ҳәр бир ис-ҳәрекети мыңлаған, бәлким миллионлаған адамлар тәрепинен даўамлы бақлап барылады. Бундай инсанлардың бир хабарға билдирген мүнәсибети, жазған пикири, көрген мағлыўматы басқалар тәрепинен еликлеўге мүнәсип деп табылыўын ҳәм кең ен жайыўын умытпаўы керек.

«Дүнья уламалары мүрәжатынан» китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қысқа_сораў_жуўаплар

CОРАЎ: Малымыз егиз туўды. Адамлар мал егиз туўса биреўин садақа қылыў керек деп атыр, ҳақыйқатта сондай ма?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Динимизде бундай гәп жоқ. Бул адамлардың ойлап тапқан гәпи. Мал ийеси қәлесе садақа қылады, қәлесе өзинде алып қалады. Ўаллоҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа комиссиясы




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

ҲӘММЕ ЖАҚСЫЛЫҚЛАРДЫ ӨЗИНДЕ ЖӘМЛЕГЕН ДУЎА

Әбиў Умама разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам жүдә көп дуўалар менен Аллаҳға жалбарынатуғын еди. Ал, биз оннан ҳеш биреўин ядлап қала алмайтуғын едик. Сонда мен: « Я Расулуллаҳ, көп дуўалар менен жалбарынасыз. Биз олардан ҳеш бирин ядлай алмаймыз», десем, Ол: «Әне сол дуўалардың бәршесин өзинде жәмлеген дуўаны үйретейин бе? Ол:
«Аллоҳуммә инний әс-әлукә мин хойри мәә сә-әләкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә нәъуўзу бикә миң шәрри мәстаъаазәкә минҳу нәбийюкә Муҳаммадун саллаллаҳу алайҳи ўасаллам. Ўә әнтәл мустаъан. Ўә алайкәл балағ. Ўә ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә иллә билләҳ», деди».

Мәниси: Аллаҳым нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам сораған нәрселердиң жақсысын Сеннен сорайман. Ҳәм нәбийиң Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам пана сораған нәрселердиң жаманынан пана сорайман. Ҳәм Сен жәрдем соралыўшысаң. Жетиклик Саған. Аллаҳтан басқа өзгертиўши ҳәм қуўат жоқ.

Имам Термизий рәўияты



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
26-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:50
  ҚУПТАН — 22:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:05
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тилек

🍃Ассаламу алайкум ўа роҳматуллаҳи ўа бәрокатуҳ!

🌷 Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сәршемби күни

26-Июнь            2024
   20-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Әне усылар – Аллаҳтың шегаралары. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсынса, (Аллаҳ) оны астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. (Олар) ол жерде мәңги (қалады). Бул – үлкен утыс.

Ниса сүреси, 13-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси

МҮЛАЙЫМЛЫҚ

Жабир разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди:
«Кимге мүлайымлықтан несийбе берилген болса, оған дүнья ҳәм ақырет жақсылығынан несийбе берилипти…».

Имам Аҳмад рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 5

Бесинши қағыйда: Мағлыўматларды тарқатыў алдынан қатаң бир позицияға ийе болыў лазым. Яғный, бир хабарлы жазыў яки өзгелер тәрепинен қалдырылған мағлыўматларды тарқатыўдан алдын ҳәр бир адам бул мағлыўмат динине ҳәм диянатына зыян жеткермеди ме, өзгелер абырайын аяқ асты етпейди ме, биреўдиң ҳақын наҳақ жол менен жеўге алып келмейди ме яки шаңарағы, өзи туўылып өскен елине зыян келтирмеди ме, әне солар ҳаққында қалыс пикир жүритиўи керек. Ким не десе, соны мақуллап, дерегин сорастырмай дус келген хабарды тарқатыў мусылман адамға сай ис емес. Ата-ана өз перзентине өмир ушын пайдасы тийетуғын жол-жоба ҳәм кеңеслерди удайына үйретип барғаны киби заманагөй хабар қуралларынан, әсиресе интернеттен пайдааланыў мәдениятын да жаслығынан үйретип барыўы керек. Өзи, шаңарағы ҳәм Ўатанына зыян жеткеретуғын мағлыўмат ҳәм хабарларды излеў, оқыў ҳәм тарқатыў гүна екенин түсиндириўи лазым.

«Дүнья уламалары мүрәжатынан» китабынан.

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси

Аллаҳ тааланың алдында инсанлардың дәрежелери

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
Аллаҳ ҳүзиринде инсанлардың ең жақсысы:
– Басқаларға пайдасы ең көп тийетуғыны.
– Ең жаманы өмири узын, әмели бузық болғаны.
– Инсанлардың ең жағымсызы жалғыз өзи аўқат жеп, қонағына қонып қалыўды усынбаған, қулын урған, байға иззет-икрам көрсетип, жарлыны қорлаған кимсе.
– Буннан да жаманы ҳарамның ишинде жасап, ҳарамның ишинде өлгени.
– Буннан да жаманы өмири узын, әмели жаман ҳәм гүналарынан тәўбе етпеген, ҳәм сол ҳалында Аллаҳтың кешириўин арзыў етиўи.
– Буннан да жаманы мусылман бирадарына өзин садық көрсетип, артынан сатқынлықты жобаластырғаны.
– Буннан да жаманы өмириниң басын ғаплетте өткизип, ақырын Аллаҳқа ибадат қылыўда ериншеклик қылған кимсе.

"Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саламның ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳуға нәсияты". Имам Шаъроний



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #зикир

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:

“Аллаҳ ушын ең сүйкимли төрт сөз бар:
1. “Субҳаанәллооҳ”,
2. “Әлҳамду лилләәҳ”,
3. “Ләә иләәҳә илләллооҳ”,
4. “Аллооҳу акбар”.

Усылардың қайсы биринен басласаңыз да зыяны жоқ”.

Имам Муслим рәўияты

Әзийзлер, усы зикирлерди илажы барынша көп айтып жүриўге әдетленейик. Өйткени, Аллаҳ таала ушын сүйкимли зикирлерде әлбетте, көплеген жақсылықлар ҳәм берекетлер болады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

КЕШ КИРГЕНДЕ НЕ ДЕЛИНЕДИ?

Әбиў Ҳурайрадан рәўият қылынады:
«Әбиў Бәкир:
«Я Аллаҳтың Расулы! Маған азанда ҳәм кешқурын айтатуғын нәрсени үйретиң», – деди.
«Я ғайыпты ҳәм барлықты билиўши, аспанлар ҳәм жерди жаратыўшы Аллаҳым! Ҳәр бир ис Сениң еки алақаныңда! Гүўалық беремен, Сеннен өзге илаҳ жок! Сеннен нәпсимниң жаманлығынан, шайтанның жаманлығынан ҳәм ширк келтириўинен пана тилеймен» - де .
Буны азанда, кешқурын ҳәм уйқылаўға жатқаныңда айт» -
деди».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Forwarded from Muslim.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#muftiy_minbari

🌙 НЕГА ФАРЗАНДИНГИЗГА ИСЛОМНИ ЎРГАТМОҚЧИСИЗ?
🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🌐 https://t.me/+ZgkOZopwJwc3ZWEy

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


#hajning_mukofoti_jannat
#haj2024
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#тилек #қайырлы_түн

🌙🤲🏻 АЛЛАҲЫМ!

🤲🏻 Түнимизди жақсылықлар түни қыл!
🤲🏻 Қәлблеримизди Өзиңнен қорқатуғынлар қәлбинен қыл!
🤲🏻 Әмеллеримизди тақўадарлар әмеллеринен қыл!
🌹 Жәннетиң менен ырысқыландыр!
🤲🏻 Әлемлер Рәббиси!

🍃🌹 Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түслеримизге кирсин!

🌙ҚАЙЫРЛЫ ТҮН
!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
27-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:35
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:50
  ҚУПТАН — 22:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:35
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:05
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ, ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

Аллаҳ таала күниңизди пайызлы;
Жүзиңизди нурлы;
Ден-саўлығыңызды беккем;
Таңыңызды берекетли қылсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

27-Июнь            2024
   21-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

... Сондай-ақ, араларыңыздаға өз ара (қарым-қатнаста) аты соралыўшы Аллаҳтан ҳәм ағайин-туўысқанлықтан (байланысларын үзиўден) қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – сизлерди бақлап турыўшы.

Ниса сүреси, 1-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube