NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң жума күни

28-Июнь            2024
   22-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден, үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
ЖУМА НАМАЗЫ

«Жума» сөзи «жәм болыў, топланыў» деген мәнини аңлатады. Аллаҳ таала мөминлерге жума намазын парыз қылған, буйырған: «Ҳәй ийман келтиргенлер! Жума күнинде, намазға (азан) шақырылса, Аллаҳтың зикрине (имамның хутбасын тыңлаў ушын) асығың ҳәм саўданы қойың!»
(«Жума» сүреси, 9-аят).

Ал, усы күни жәмәәт болып орынланатуғын намаз «жума намазы» делинеди. Аллаҳ таала аспанлар ҳәм жерди жума күни жаратқан, Адам Атаны усы күни жаратқан, оны усы күнде жәннетке киритип, ол жерден шығарған. Қыямет те жума күни келеди. Бул күнде дуўалар қабыл болатуғын айрыкша саат бар, мөминниң Аллаҳ тааладан жақсылықты сорап кылатуғын өтиниши сол ўақытқа туўры келип калса, Аллаҳ оны әлбетте қабыл етеди. Жума намазы мискин-пақырлардың
ҳажына теңлестириледи.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума

     Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жума күни ҳаққында былай деди: "Ол күнде бир ўақыт бар, мусылман бенде сол ўақытқа туўры келип қалса, Аллаҳтан сораған нәрсесин әлбетте береди".
(Муттафақун алайҳи)

     Уламалар сол ўақыт ҳаққында түрли пикирлерди айтқан.
Солардан ең күшлиси:
-имам хутба ушын минбарга шыққанда намаз таўсыламан дегенше;
-аср намазынан кейин қуяш батқанша.

Жума күниңиз мүбәрек болсын!

     🔸Аллаҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик ала Муҳаммад ўә ала әәлиҳи ўә асҳабиҳи әжмаъийн!

     🔸Аллоҳумма солли ала сәййидинәә Муҳаммад!


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

БАЙРАМ

Ибн Мәжа Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты:
«Әлбетте бул (жума күни) байрам күни. Аллаҳ оны мусылманлар ушын (байрам қылған). (Солай екен) Ким жумаға келсе ғусыл қылсын. Егер онда хош ийисли әтир болса оннан сеўип алсын. Мисўәк пенен тис тазалаўға да беккем турсын».

Имам Суютийдиң «Хасоисул жумъа», китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

САЛАЎАТ АЙТЫЎДЫҢ ҚАНДАЙ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ БАР?

1⃣.Салаўат айтыў қызғаншақлықтан узақ қылады.
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Алдында тилге алынсам, маған салаўат жолламаған адам қызғаншақ”, – деди.
(Имам Термизий, Имам Аҳмад рәўияты).

* * *

2⃣.Салаўат айтыў дуўа қабыл болыўының негизи.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ҳәр бир дуўа Пайғамбарға салаўат айтылмағанша, аспан ортасындағы перде себепли жерде тоқтап турады, салаўат айтылса, сол перде көтериледи”, – деди.

* * *

3⃣.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның шәпәәтлерине найыл еристиреди.
Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Маған жума күнинде ҳәм жума түнинде көп салаўат айтыңлар, ким солай етсе, мен оған Қыямет күни гүўа ҳәм шәпәәтши боламан”, – деди.
(Имам Байҳақий рәўияты).

* * *

4⃣.Салаўат айтыў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға жақын қылады.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Қыямет күни маған ең жақын адамлар, әлбетте маған көп салаўат айтқанлары”, – деди.
(Имам Термизий рәўияты)

* * *

5⃣. Аллаҳ таала салаўат айтыўшылардың гүналарын кеширеди, дәрежесин көтереди.
Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким маған бир мәрте салаўат айтса, Аллаҳ оған он мәрте салаўат айтады. Оның он гүнасы өшириледи. Он дәреже жоқарылытады”, – деди.
(Имам Насаий рәўияты)

* * *

6⃣. Салаўат айтыўшыларды Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салам еситеди.
Абдуллаҳ ибн Әбиў Ўафа разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Жума күни маған салаўатты көбейтиң. Әлбетте, маған жеткериледи ҳәм мен еситемен”, – деди.
(Имам Ибн Мажа рәўияты)

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ҚУРАНДА КЕЛГЕН ГӨЗЗАЛ ДУЎАЛАР

🌱«Я Рәббимиз, бизлерди туўры жолға салғаныңнан кейин кеўиллеримизди (сол туўры жолдан) аўдырма»
(Әли Имрон сүреси, 8-аят).

🌱«Я Рәббимиз, бизлерге тақатымыз жетпейтуғын нәрсени жүклеме!»
(Бақара сүреси, 286-аят).

🌱«Бизлерди әпиў ет, кешир ҳәм рейим ет!»
(Бақара сүреси, 286-аят).


🌱«Я Рәббимиз! Бизлердиң гүналарымызды ҳәм ишимиздеги ысырапкершилигимизди (бендешилигимиздеги қәтешиликлерди) Өзиң кешир».
(Әли Имрон сүреси, 147-аят).

🌱«Я Рәббимиз! Саған ғана тәўекел еттик, Саған ғана қайттық ҳәм қайтып баратуғын жер де тек Өзиңниң алдыңда».
(Мумтаҳана сүреси, 4-аят).

🌱«Я Рәббимиз! Өзиң бизлерге нурымызды кәмил етип бер, гүналарымызды кешир, әлбетте, Сен ҳәмме нәрсеге қәдирсең».
(Таҳрим сүреси, 8-аят).

🌱«Рәббимиз, бизлерге сабыр-тақат бер, қәдемлеримизди беккем қыл».
(Бақара сүреси, 250-аят).

🌱«Рәббимиз, әлбетте, бизлер ийман келтирдик, бизлердиң гүналарымызды кешир ҳәм дозақ азабынан сақла».
(Әли Имрон сүреси, 16-аят).

🌱«Я Рәббимиз! Бизлер (өзиңе ғана) ийман келтирдик. Енди Бизлерди кешир ҳәм бизлерге рейим қыл! Сен рейим қылыўшылардың жақсысысаң».
(Муъминун сүреси, 109-аят).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
#пикирлеў

“Қыз бала оқып дүньяны алып берер ме еди!?” деди ашыў менен...

Жыллар өтти. Ҳаялы және жүкли болып, туўыў үйине барды. Ҳәмме шыпакерлер еркек екен. Ҳеш бир ҳаял шыпакер жоқ екен.

"Неге бирде бир ҳаял шыпакер жоқ?!" деди ашыў менен...

Қызларымызды илимли, дыянатлы, ийбели ҳәм әдеп-икрамлы қылайық! Өйткени, бул ҳәр бир еркектиң ўазыйпасы!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».


Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди.

Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ.

📿 СУБҲАНАЛЛОҲ!
📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ!
📿 АЛЛОҲУ АКБАР!
📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ!

📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД!

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
29-июнь күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:40
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:50
  ҚУПТАН — 22:40

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:40
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:05
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

🌤 Ассаламу Алайкум! Және бир таң мүбәрек болсын!

☀️ ☀️ ☀️

Қәлбиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз қайырлы ҳәм жақсы әмеллерге толы болсын.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

29-Июнь            2024
   23-Зулҳижжа   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден, үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Басыңыз қатып не ислеўди билмей қалғаныңызда, қайғыға түспей төмендеги аяты кәриманы оқың:

(Әлләзий холақоний фәҳўўә йаҳдийн)

Мәниси: Ол мени жаратты. Солай екен, мени ҳидаят қылатуғын да Оның Өзи.

(Шуаро сүреси 78-аят)



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ҮЙДЕ ҚУТ-БЕРЕКЕТТИ ҲӘМ ЫРЫСҚЫНЫ КЕҢЕЙТИРИЎШИ (КӨБЕЙТИЎШИ) ДУЎА

Аллооҳуммағфир лий зәнбий ўә ўәәссиъ лий фий дәәрий ўә бәәрик лий фий ризқий.
Аллооҳуммәжъалний ми­нәт тәўўәәбийнә ўәжъалний минәл мутәтоҳҳирийн.


Мәниси: Я Аллаҳым! Мениң гүналарымды кешир, үйим­ди кең қыл, ырысқымды берекетли қыл. Я Аллаҳым! Ме­ни (бәрқулла) тәўбе қылыўшылардан ҳәм (бәрқулла) пәк жүриўшилерден қыл.


«Исми аъзам» китабынан.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

   БЕС НӘРСЕ БЕС НӘРСЕ АРҚАЛЫ БИЛИНЕДИ:

1.Терек - мийўеси пискенде;

2.Ҳаял -күйеўи кәмбағалласып қалғанда;

3.Расгөй адам - қыйыншылық ўақтында;

4.Мөмин - сынаў келгенде;

5.Сақый - оған адамлардың иси түскенде.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube