NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.61K photos
594 videos
5.83K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#күн_аяты

Кейин, (жума) намаз таўсылғанда Жер бети бойлап тарқалың ҳәм Аллаҳтың кеңшилигинен талап етиң ҳәм Аллаҳты көп зикир етиң, қәнекей (сонда) утысқа ериссеңиз.

Жума сүреси, 10-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #дуўа

ИБРАҲИМ АЛАЙҲИССАЛАМНЫҢ ДУЎАСЫ

«Роббәнәғфир лий ўәл ўәәлидәйя ўә лил муъминийнә яўмә яқуўмул ҳисәәб».

«Я Рәббимиз! Есап-санақ қылынатуғын (қыямет) Күни мени, ата-анамды ҳәм (бәрше) мөминлерди (гүналарын) кешир»

Ибраҳим сүреси, 41-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Кимниң тили зикирди билмесе, қәлби де шүкирди аңламайды. Әлбетте, тил – қәлб түбиндеги нәрсени сүзип алып, көрсетиўши.

"Солай екен, Мени еслең, (Мен де) сизлерди еслеймен. Маған шүкир қылың, нашүкир болмаң!"

(«Бақара» сүреси, 152-аят).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Әне усылар – Аллаҳтың шегаралары. Ким Аллаҳға ҳәм Оның Пайғамбарына бойсынса, (Аллаҳ) оны астынан дәрьялар ағып турған жәннетлерге киргизеди. (Олар) ол жерде мәңги (қалады). Бул – үлкен утыс.

Ниса сүреси, 13-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

... Сондай-ақ, араларыңыздаға өз ара (қарым-қатнаста) аты соралыўшы Аллаҳтан ҳәм ағайин-туўысқанлықтан (байланысларын үзиўден) қорқың! Әлбетте, Аллаҳ – сизлерди бақлап турыўшы.

Ниса сүреси, 1-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Басыңыз қатып не ислеўди билмей қалғаныңызда, қайғыға түспей төмендеги аяты кәриманы оқың:

(Әлләзий холақоний фәҳўўә йаҳдийн)

Мәниси: Ол мени жаратты. Солай екен, мени ҳидаят қылатуғын да Оның Өзи.

(Шуаро сүреси 78-аят)



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Күн_аяты #Қуранда_келген_дуўалар

Рәббимиз, бизлер жаршының: «Рәббиңизге ийман келтириң» – деп шақырғанын еситтик ҳәм сол ўақытта ийман келтирдик. Рәббимиз, бизлердиң гүналарымызды кешир, жаманлықларымызды өшир ҳәм жақсылар менен бирге жанымызды ал!

Рәббимиз, бизлерге Пайғамбарларыңа ўәде еткен нәрселериңди бер ҳәм бизлерди қыямет күни шерменде қылма! Әлбетте, Сен ўәдеңди бузбайсаң».


Әли Имрон сүреси, 193-194-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Әлбетте, Аллаҳ зәрредей де (муғдарда) зулым қылмайды. Егер (сол муғдар) жақсылық болса, оны (бир неше есе) көбейтеди ҳәм Өзиниң алдында үлкен сыйлық (жәннет) береди.


Ниса сүреси, 40-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Кейин, (жума) намаз таўсылғанда Жер бети бойлап тарқалың ҳәм Аллаҳтың кеңшилигинен талап етиң ҳәм Аллаҳты көп зикир етиң, қәнекей (сонда) утысқа ериссеңиз.

Жума сүреси, 10-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #пикирлеў

«... Биз сизлерди жаманлық ҳәм жақсылық пенен сынап, имтиҳан қыламыз. (Кейин,) Бизге ғана қайтарыласыз».

(Әнбия сүреси, 35-аят).

Көпшилик адамлар байлықты Аллаҳ таала разылығының белгиси деп есаплайды. Кимниңдур мал-дүньясы кем болса, өзин бул разылыққа ылайық көрилмеген деп түсинеди. Ал, негизинде олар Аллаҳ таала алып имтиҳан қылғаны киби, берип те имтиҳан қылыўын умытып қояды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Егер Аллаҳға «жақсы қарыз» берсеңиз (мүтәжлерге иҳсан етсеңиз), Ол сизлерге көбейтип береди ҳәм (гүналарыңызды) кеширеди. Аллаҳ – шүкирди қабыл етиўши, Ҳалийм.

Тағобун сүреси, 17-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Жақсылық – жүзиңизди Шығыс ямаса Батыс тәрепке қаратыўыңызда емес, жақсылық Аллаҳға, ақырет күнине, периштелерге, Китапқа, Пайғамбарларға ийман келтиретуғын ҳәм жақсы көрген мал-дүньясынан ағайинлерине, жетимлерге, мискинлерге, жолаўшыларға, тиленшилерге, қул азат қылыўға беретуғын, намазды кәмил оқып, зәкат беретуғын, келисим қылғанда келисимине опа қылыўшыларға, жарлылық, қыйыншылық ўақтында ҳәм (урыстағы) аўыр ўақытта сабыр етиўшилерге (тән). Әне солар шын ийманлы ҳәм солар тақўалы.


Бақара сүреси, 177-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

(Аллаҳ) өлиден тирини шығарады, тириден өлини шығарады ҳәм Жерди «өлгенинен» кейин «тирилтеди». Соған уқсап (тап шөплер өнгениндей) сизлер де (қыямет күни қәбирлериңизден) шығарыласыз.

Рум сүреси, 19-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌