NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.63K subscribers
5.41K photos
562 videos
5.6K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ, ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

Аллаҳ таала күниңизди пайызлы;
Жүзиңизди нурлы;
Ден-саўлығыңызды беккем;
Таңыңызды берекетли қылсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

23-май            2024
14-Зулқаъда   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#салаўат_зикр

САЛАЎАТ АЙТЫЎДЫҢ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ

Аллаҳ таала ҳәм оның периштелери ҳәмде инсанлар Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтады.
"Әлбетте, Аллаҳ ҳәм Оның периштелери Пайғамбарға салаўат айтады. Ҳәй ийман келтиргенлер! (Сизлер де) оған салаўат ҳәм сәлем айтың!".
Аҳзаб сүреси, 56-аят.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Ким маған бир салаўат айтса, Аллаҳ таала оған он салаўат айтады", деди.
Имам Мүслим рәўияты.

Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Қыямет күнинде инсанлардың маған ең жақыны олардың маған көп салаўат айтқаны", деди.
Имам Термизий рәўияты.


🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Инсан өз нәпсиниң айыпларынан хабарсыз. Егер ол нәпсине қарсы азғана ҳәрекет қылса, көплеген гүна ислерден қутылады. Бирақ, сол ўақытта ол ойлай баслайды: нәпсим тәрбияланды, минез-қулықым гөззал болды, енди нәпсиге қарсы гүресиўге қәжет жоқ!».

Әбиў Ҳамид Ғаззалий.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ҮЙДЕ ҚУТ-БЕРЕКЕТТИ ҲӘМ ЫРЫСҚЫНЫ КЕҢЕЙТИРИЎШИ (КӨБЕЙТИЎШИ) ДУЎА

Аллооҳуммағфир лий зәнбий ўә ўәссиъ лий фий дәәрий ўә бәәрик лий фий ризқий.
Аллооҳуммәжъалний ми­нәт тәўўәәбийнә ўәжъалний минәл мутәтоҳҳирийн.


Мәниси: Я Аллаҳым! Мениң гүналарымды кешир, үйим­ди кең қыл, ырысқымды берекетли қыл. Я Аллаҳым! Ме­ни (бәрқулла) тәўбе қылыўшылардан ҳәм (бәрқулла) пәк жүриўшилерден қыл.


«Исми аъзам» китабынан.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият

"АЯТУЛ КУРСИЙ"ДИҢ ШАРАПАТЫ

Бир күни Имам Раббаний раҳимаҳуллаҳ ҳаялы менен үйиниң терезесиниң алдында көшеге қарап отырған екен. Сол гезде Имам Раббаний раҳимаҳуллаҳ бир-еки күлимсиреди. Ҳаялы буған таңланып, күлиўиниң себебин сорады. Имам Раббаний раҳимаҳуллаҳ:
– Бир адам көшеде кетип баратырған еди. Шайтан оған оң тәрепинен жақынласты, сонда адамның қасындағы периште шайтанның басына бир урды. Шайтан қашып адамның басқа тәрепинен қәлбине ўасўаса салажақ болды, жаңағы периште және басына берип салды. Шайтан алдынан да жақынласажақ болды, бирақ жақынласа алмады, – деди. Ҳаялы қызығып:
– Неге бундай болды? – деп сорапты.
Ҳәзирети Раббаний:
– Бул киси үйинен көшеге шыққанда "Аятул курсий"ди оқып шыққан екен. "Аятул курсий" оның әтирапын дийўалға уқсап орап алыпты, – деп жуўап берипти.


Имам Раббаний раҳимаҳуллаҳтың "Мукәшәфати ғойбия" китабынан.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Атынайылар ҳәм үгит-нәсиятшылар қатнасында оқыў-семинары ѳткерилди

Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы менен биргеликте республикадағы атынайылар ҳәм үгит-нәсиятшылар қатнасында оқыў-семинары ѳткерилди.
Оқыў-семинарда жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы ҳәм Муҳаммад ибн Ахмад ал-Беруний медресесиниң аға оқытыўшылары диний ҳәм социаллық темаларда кѳргизбе қураллар арқалы баянат жасады.
Семинар шынығыўлары бүгинги күндеги машқалалар, семинар-тренинг, сәўбетлесиў, пикир алысыў, үлкен ҳәм киши топарларда ислеў және де интерактив методлардан пайдаланған ҳалда алып барылды.
Оқыў-семинарға Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы директоры А.Абибуллаевлар қатнасты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#жума #салаўат

САЛАЎАТ АЙТЫҢ!

Пийшемби күниниң шам ўақтынан баслап жума күниниң шам ўақтына шекем болған ўақыттың ҳәр бир секунды сол дәрежеде көп жақсылықлар ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳтың өзи биледи. Әне сол имканяттан үнемли пайдаланып Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға көп – көп салаўат айтайық!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам:
"Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.

Байҳақий рәўияты.

🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак илетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
24-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:50
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:25
  ШАМ — 20:30
  ҚУПТАН — 22:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:50
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Forwarded from Muslim.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | Ҳаж-2024: Ўзбекистон зиёратчиларининг дастлабки гуруҳи Мадинага етиб борди

#hajning_mukofoti_jannat
#haj2024

MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM