NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳикмет

Қашан ойыңа бир мусылман ҳаққында жаман пикир келсе, дәрриў оның ҳаққына жақсы дуўа қыл. Себеби бул шайтанның ғәзебин келтиреди. Шайтан сеннен жаман ойды узақластырады. "Және дуўа қылып қоймасын" деген қорқыў менен шайтан сениң ойыңа жаман пикирлерди салмайды.

Ибн Қудома раҳимаҳуллаҳ.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#жума #ҳикмет #Каҳф_сүреси

Ибн Дақиқ ал-Ийд раҳматуллаҳ алайҳ айтты:

Бул дүньядан көз жумған бир достымды түсимде көрдим. Ол маған былай деди:

«Қәбирде мениң қасыма жүдә қорқынышлы бир ийт келди. Тап сол ўақытта шырайлы жүзли бир адам келип сол ийтти қуўып жиберди ҳәм мени жубатты.

Сен кимсең? деп сорадым.

Мен, сен жума күнлери оқыған Каҳф сүресиниң саўабыман, деди».

© Ибн Ҳажар ал-Асқаланий, «Ад-дурарул камина», 5-жүз

Жума мүбәрек болсын!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет
    
     Үйиңизде 7 алтын кағыйдаға келисип алың ҳәм бул қағыйданы бузбаўға ўәделесиң.

1. Үйиңизде үш нәрсени қадаған етиң:
Ғыйбатты;
Тартысыўды;
Өкпе ҳәм гийнени.

2. Шаңарағыңызда үш нәрсени орташа ҳалатта болыўды белгилең:
Телефонды ислетиўде;
Интернетти;
Телевизор көриўде.

3. Үйиңизде үш нәрсени даўамлы қылың:
Қуран тилаўаты;
Илимий сәўбет;
Жәмәәт болып намаз оқыў.

4. Үйиңизде үш нәрсени көбейтиң:
Дуўаны;
Зикирди;
Тәўбени.

5. Үйиңизде үш нәрсени кемейтиң:
Көп жеўди;
Көп уйықлаўды;
Көп сөйлеўди.

6. Үйиңизде үш нәрсеге итибарсыз болмаң:
Үзир сораўға;
Ҳүрмет қылыўға;
Рахмет айтыўға.

7. Үйиңизге усы үш нәрсени киргизбең:
Ҳарам ырысқы;
Биреўдиң ҳақы;
Процент.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

❗️ҲАЯЛДЫ:

Жақсы көриў – Сүннет
Асырап абайлаў – Ўәжип
Зулым қылыў – Ҳарам
Оны қуўанышқа бөлеп разылығын алыў болса саўап!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет                                                            
Бир адам кәмбағал инсанның қәлбине шадлық алып кирсе, Аллаҳ таала усы шадлықтан сондай кеңшилик ҳәм мийрим жаратады, егер сол жақсылық қылған адамға бәле-апат жетсе, Аллаҳ тааланың кеңшилиги ҳәм мийрими суў киби ағып келип, оннан сол бәле апатты кеткизеди.

Имам Әлий ибн Әбиў Талиб разыяллаҳу анҳу



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Еситпестен турып жуўап қайтарыўы, түсинбестен турып бәсекеге кириўи ҳәм билмеген нәрсеси хаққында ҳүким қылыўы наданлықтың белгиси.

Жафар ибн Муҳаммад.

•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

ИСМНИҢ ШАРАПАТЫ

     Ҳәзирети Ашраф Әлий Таҳанаўий айтады, Аллаҳ таала исмлер, лебизлер ҳәм сөзлерге де әжайып тәсирлер жайластырып қойған.
     Бир жигитти ата-анасы Калимуллаҳ деп атаған екен, сол жигит көбинесе бийтап болып жүрер еди. Мен оның атын Салимуллаҳ деп өзгерттим. Сол ўақыттан баслап дүзеле баслады. Себеби, Калимниң мәниси наўқас ҳәм жарадар, дегени.

     ("Мажалиси ҳәкимул-умма")



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Бир алымнан адамлар:
– «Неге турмыс буншелли қыйынласып кетти?» – деп сорапты.

Сонда алым:
– «Себеби, күнин «Бисмиләәҳ» пенен баслайтуғын адамлар кемейип кетти», – деп жуўап берген екен.

Ким күнин «Бисмилләәҳ» пенен басласа, әлбетте Аллаҳ таала сол күнди «Әлҳамдулилләәҳ» менен тамамланыўын несип етеди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

"Бахыт – инсан өз нәпсиниң үстинен ҳүкимдар бола алыўы.
Бахытсызлық - нәпси оның үстинен ҳүкимдар болыўы.

Сиз бир асаў жәниўарды қолға үйретпекши болсаңыз, оны аш қалдырмай, күшсизлендирмей буны еплей алмайсыз. Себеби, ол тойып турса, күши артып, асаўлығынша қала береди, қолға алыўдың иләжы болмайды.

Нәпси де - тап сондай!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Алтыннан қымбат сөзлер:

– Өмирде жетискенликке ерискен адамды көрмедим. Егер көрген болсам, ол ата-анасына жақсылық қылыў несип еткен адам болып шықты.☀️

– Ғам-тәшўишсиз адам жоқ. Бирақ, «Бул өткинши дүнья» деп, оны жеңил шетлеп өтетуғын адам табылады.⭐️

– Қыйналған ўақтыңызда жыламаң, ал сәждеге бас қойың.☀️

– Ең жақсы дос дүнья саған күлип баққанда көреалмаслық қылмайды, дүнья сеннен жүз бурса, сени таслап кетпейди.☀️

– Салдамлы ҳәм айбатлы болыўдың сыры аз сөйлеўде. Сулыўлық ҳәм шырайдың сыры күле шырай қылыўда. 🌿

– Инсан тәлим алыўының ең үнемли жолы, ҳәр бир пикирди еситип, оны ҳүрмет қылыўында. Оннан қанәәтлениўи шәрт емес.🌺

– Салиҳ адамлардан бири: «Перзентиңе Қуранды үйрет. Қуран оған бәрше нәрсени үйретеди», деди. 🌼

– Ким анасына жақсылық қылыўдан бийнесип болса, бәрше жақсылықлардан бийнесип болыпты!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/niyetuz