NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
5.89K photos
532 videos
6.06K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#тәрбия

Бир алымнан: «Неге Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мақталғанда шайқатыла бересиз?» деп сорады.
Ол: «Буны Уҳуд таўынан сора!» деп жуўап берди.

Түсиндирме: Бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Әбиў Бәкир, Умар ҳәм Усман разыяллаҳу анҳум менен бирге Уҳуд таўына көтерилди. Сонда Уҳуд таўы силкине баслады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған «Тыныш тур» дегенинен кейин силкиниўден тоқтады. Уламалар сол сәттеги Уҳудтың силкиниўине себеп, ол Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам үстинде турғаны ушын қуўанғанынан ойнап жиберген, дейди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Араб тилиндеги "меъраж" сөзиниң сөзликтеги мәниси қандай?
Anonymous Quiz
34%
Есик
50%
Зәңги
16%
Кеме
#пуқаралар_қабылы

📌Пуқаралар қабылы өткерилди.

     🔰Нөкис қаласы "Салмен ийшан" жаме мешитинде пуқаралар қабылы болып өтти. Қабыллаў даўамында пуқаралардың мүрәжәтлери тыңланып олардың сораўларына жуўаплар берилди ҳәм мәселелери қанаатландырылды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

СӨГИНИЎ

Сөгиниў динимизде үлкен әдепсизлик есапланады. Әдетте адамлар сөксе не қылыпты деп сөгиниўге оншелли итибар бермейди. Динимизде бул үлкен гүналардан бири болып, ҳәдиси шәрийфте “Мусылманды сөгиў өлимниң жар жағасына келгенлигин аңлатады”, - делинген.
Абдуллаҳ разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам айтты: “Ҳәр қандай еки мусылманның арасында әлбетте Аллаҳ таала тәрепинен тутылған перде болады. Олардан бири екиншисин бир аўыз сөз бенен сөксе Аллаҳ тааланың пердесин жыртқан болады”.
Халық арасындағы “Арамыздағы перде көтерилмесин, бетимиз ашылмасын”, - деген сөзлердиң негизинде усы ҳәдиси шәрийп бар.
«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: “Әлбетте, Аллаҳ таала бузықлықты ҳәм сөгиўди хош көрмейди», - деди».

Муслим рәўият қылған.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Ҳаж_2024

ЖЕРЛЕСЛЕРИМИЗ ҲАЖ ИБАДАТЫНАН ЕЛИМИЗГЕ ЖЕТИП КЕЛДИ

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#нәсият

⚜️ Мен ушын ең жақсы адам қәтелеримди көрсеткен адам.
⚜️ Мен ушын ең абзал адам әдалатқа қарсы ис усынылғанда, өзи пайда көриўине қарамастан, оны бийкар ете алған адам
.


Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
“Расулуллаҳ
саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: түнде жатақханасына барса, еки қолын (алақанына) бирлестирип, оларға дем салып – “Ықлас”, “Фалақ”, “Нас” сүрелерин қираат қылатуғын еди. Соң еки қолын денесиниң қоллары жететуғын жерлерине сүртетуғын еди. Басынан баслап, соң жүзине ҳәм избе-из басқа ағзаларына. Бул исти үш мәрте қылатуғын еди”. 

Имам Бухарий рәўият.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
11-июль күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:50
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:30
  ШАМ — 20:46
  ҚУПТАН — 22:30

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:40
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 21:05
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тилек

АССАЛАМУ АЛАЙКУМ, ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!

Аллаҳ таала күниңизди пайызлы;
Жүзиңизди нурлы;
Ден-саўлығыңызды беккем;
Таңыңызды берекетли қылсын!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң пийшемби күни

11-Июль            2024
   5-Муҳаррам  1446

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден, үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#фатиҳа_сүреси

Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман)..

Фатиҳа сүреси,

1.Барлық ҳамд* әлемлердиң Рәббиси – Аллаҳтики,

2.(Ол –) Меҳрибан ҳәм Рейимли.

3.Ол – қыямет күниниң ийеси .

4.Тек Саған ғана сыйынамыз ҳәм тек Сеннен ғана жәрдем сораймыз.

5.Бизлерди туўры жолға басла.

6.Өзиң неъмат бергенлердиң жолына (басла),

7.ғәзепке ушырағанлардың жолына емес, адасқанлардикине де емес.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
Forwarded from Muslim.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#muftiy_minbari
🌙 МАСЖИДЛАРГА КЕЛИШДА БОШҚАЛАРГА ОЗОР БЕРМАНГ!

🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🌐 https://t.me/+ZgkOZopwJwc3ZWEy

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати

MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

Үш нәрсени ҳәр дайым кылып жүрсең, бахытлы боласаң:

•Неъмат келсе, Аллаҳ таалаға ҳәмд айт.
• Ырысқың кешиксе, истиғфар айт.
•Кыйыншылық келсе «Ләә ҳәўлә ўаләә қуўўәтә илләә билләәҳ»ти көп айт («Аллаҳ таалаадан басқада куўат ҳәм қүдрет жоқ»).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
НАМАЗДАҒЫ ҲАЛАТЛАРДЫҢ ФИЗИКАЛЫҚ ПАЙДАЛАРЫ

 Қыям - Тик турыў:
— Белдеги аўырыўлардың 25% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 52% кемейиўи.
— Алақанлардағы аўырыўлардың 32% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 22% кемейиўи.

 Рукуъ ҳалаты:
— Белдеги аўырыўлардың 18% кемейиўи.
— Таз буўынлардағы аўырыўлардың 31% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 63% кемейиўи.
— Алақанлардағы аўырыўлардың 32% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 22% кемейиўи.

 Сәжде ҳалаты:
— Белдеги аўырыўлардың 24% кемейиўи.
— Алақанлардағы аўырыўлардың 27% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 13% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 53% кемейиўи.
— Билеклердеги аўырыўлардың 28% кемейиўи.

 Қаада ҳалаты:
— Белдеги аўырыўлардың 37% кемейиўи.
— Аяқ бармақларындағы аўырыўлардың 17% кемейиўи.
— Дизелердеги аўырыўлардың 53% кемейиўи

Умытпаң! Намаз оқыўдан негизги мақсет - Аллаҳ таала буйырған әмелди орынлаў арқалы, Оның разылығына ерисиў, жәннетте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам менен бирге болыў!

https://t.me/niyetuz
#ҳәдис

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам: "Жас балаларыңызды түн қараңғылығы кеткенше алып отырың, (себеби) бул шайтанларға берилген ўақыт" деди.

Бухарий рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
‼️ Ашура күниниң оразасын тутыўды умытпаң!!!


2024-жыл, 16-июль, Сийшемби күни Муҳаррам айының 10-күни – Ашура күни

☪️ Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ашура күниниң оразасы – Аллаҳтан үмит қыламан – бир жыл алдынғы гүналарға каффарат болады”, деген.

(Имам Муслим рәўияты).

🕌 Уламаларымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның усы нийетлерине итибар қаратып, Ашура күнине қосып бир күн алдын яки бир күн кейинги күнде де ораза тутыў абзал дейди.

Аўыз жабыў ҳәм ашыў ўақыты (Нөкис қаласы ўақыты менен):

🗓 9 Муҳаррам - 15 июль - дүйшемби
Сәҳәрлик (аўыз жабыў) ўақыты: 03:50
Ифтарлық (аўыз ашыў) ўақыты: 20:43

🗓 10 Муҳаррам - 16 июль - сийшемби
Сәҳәрлик (аўыз жабыў) ўақыты: 03:51
Ифтарлық (аўыз ашыў) ўақыты: 20:43

🗓 11 Муҳаррам - 17 июль - сәршемби
Сәҳәрлик (аўыз жабыў) ўақыты: 03:52
Ифтарлық (аўыз ашыў) ўақыты: 20:42


🤲 Нийети: Ашура күниниң оразасын қалыс Аллаҳ ушын тутыўды нийет еттим. Аллооҳу әкбар!

https://t.me/Niyetuz
УЛ БАЛАНЫ XATHA ҚЫЛДЫРЫЎ - САЛАМАТЛЫҚ УШЫН!

  Ул перзентлерди хатна қылдырыў әкениң ўазыйпасы ҳәм баланың ҳаққы.
«Хатна» сөзи терминологияда «кесиў» мәнисин аңлатады.
Фақиҳлер тәрийплеўинде болса, «Арнаўлы ағзаның белгили бир бөлегин кесиў - хатна» делинеди.
  Ул балаларды хатна қылдырыў сүннет. Сүннет болғанда да, Исламның уранларынан, қәсийетлеринен бири саналған сүннет. Ул балаларды киши пайытында хатна қылдырыў мусылман халықлардың тәрк етпейтуғын әдетине айланғаны жақсы ис. Қалаберсе, бул истиң инсан саламатлығы ушын қаншелли пайдалы әмел екенлигин ҳәзирги заман илими де дәлийлледи.
Соның өзи Ислам шәриятында буйырылған әмеллердиң ҳеш бири ҳикметсиз емеслигин тастыйықлайды.
  Хатнада зәкәрдиң үш бөлегин қаплап турған жумсақ тери кесиледи. Бул тери арабшада «қалафа» делинеди.
  Ҳанафий мәзҳабы бойынша, хатна баланың ҳалына қарап, саламатлығы көтеретуғын болғанда қылынады. Жети күнлик яки оннан үлкен гөдекти хатна қылыў шәрт емес.
Сондай-ақ, әззилиги ушын хатнаға шыдай алмайтуғын үлкенирек жастағы балалар да хатна қылынбайды.
  Хатна қылынбаған адам әлемнен өтсе, ол хатна қылынбайды. Хатна ҳалында туўылған адам да хатна қылынбайды. Егер хатна қылыныўы лазым болған жерде базы бир тери болса, оны алып таслаў лазым болады.
  Үлкен жастағы адам мусылман адам болса да хатна оған зыян келтириў қәўпи болса, тәрк қылынады.
  Бир адам үлкен жаста мусылман болғанлығы үзири ушын хатна қылынбаған болса, әдил болады ҳәм шаҳәдаты қабылланады.
  Хатна шафеъийлер ҳәм ҳанбалийлер нәздинде ўәжиб, ҳанафийлер ҳәм мәликийлер нәздинде сүннет. «Бала туўылғанынан жети күн өткеннен баслап, хатна қылынса бола береди», деген уламалар да бар.
Базылар: «Жети жастан он жасқа шекем хатна қылынса жақсы болады», деген.
  Хатнашының үлкен адамды яки өспиримди хатна қылыў ушын әўретине нәзер салыўы мүмкин.
  Бул истиң баланың саламатлығы ушын қаншелли пайдалы екенлигин мусылман болмаған халықлар да енди-енди аңламақта.

«Саламат бала» китабынан үзинди.

https://t.me/niyetuz
#жума #салаўат

САЛАЎАТ АЙТЫҢ!

Пийшемби күниниң шам ўақтынан баслап жума күниниң шам ўақтына шекем болған ўақыттың ҳәр бир секунды сол дәрежеде көп жақсылықлар ғәзийнесине толтырылған, олардың қанша екенин тек ғана Аллаҳ тааланың Өзи биледи. Әне сол имканяттан үнемли пайдаланып Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўә салламға көп – көп салаўат айтайық!

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўә саллам:
"Маған жума күни көп салаўат айтың. Себеби маған ҳәр жума үмметимниң маған айтқан салаўатлары көрсетиледи. Ким маған көп салаўат айтқан болса, (қыяметте) маған ең жақынлардан болады", – деген.

Байҳақий рәўияты.

🌿Аллооҳуммә солли ўә сәллим ўә бәәрик ъаләә Муҳаммад ўә ъаләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн!

🌿Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube