#интернет_әдеплери
ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 1
Уламалар заманагөй хабар технологияларынан пайдаланғанда төмендегилерге итибар бериўди усыныс етеди:
Биринши қағыйда: медиа қуралларына унамлы қараў ҳәм бул неъматлар ушын Аллаҳ таалаға шүкир етиў керек. Алды менен, бундай қураллар бүгинги турмысымыздың ажыралмас ҳәм зәрүрли бөлегине айланып баратырғанын түсинген ҳалда, оннан пайдаланыўды қадаған етиў яки инсан ҳәм жәмийетке жеткеретуғын пайдаларын инкәр етиў ақылға туўра келмеслигин ҳәр бир ақыллы адам дурыс аңлайды. Соның менен бирге, адамлар аўырын жеңил қылатуғын бул сыяқлы қуралларды инсан хызметине бергени ушын Пәрўардигарға ҳамдлар айтыў ҳәм оның қәдирине жетиў жүдә әҳмийетли. Уламалар айтады, неъматтың шүкири оны қайырлы, жақсы жолда ислетиў, жаманлыққа хызмет еттириўден тыйылыў.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

«Дүнья уламалары мүрәжатынан» китабынан.
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#интернет_әдеплери
ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 2
Екинши қағыйда: мөмин адам бул қураллардан саўап ислерде ҳәм итияжын қанаатландырыўда пайдаланыўды нийет етиўи керек. Яғный, ҳәр бир ис басында қайырлы нийет саўап алыўда әҳмийетли болғаны киби заманагөй хабар технологияларынан пайдаланыўда да нийетти туўрылаў айрықша әҳмийетли. Өз алдына анық мақсет қойып, ол тәлим алыў бола ма, адамларға пайдалы болған басқа әмел бола ма – адам бундай қураллардан туўры пайдаланар екен, әлбетте, саўапқа ериседи.

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 3
Үшинши қағыйда: бул қураллардан пайдаланыўда жуўапкершиликти тереңнен сезиниў лазым. Инсан өз өмиринен, оны нелерге сарплағаны ҳаққында соралыўын ҳеш қашан естен шығармаўы керек. Социаллық тармақ сайтлары яки форумлардан мақсетсиз, бийкарға ўақытты өткериў ушын пайдаланыў ҳасла мүмкин емес. Жуўапкершиликти бир сәт болса да естен шығармаў керек.

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 4
Төртинши қағыйда: медиа қуралларынан пайдаланыўшыларға жақсы тәрептен өрнек болыў зәрүр. Әсиресе, жәмийетте абырай-итибарға ийе, өз артынан көплеген адамларды ерткен адамлардың интернеттеги ҳәр бир ис-ҳәрекети мыңлаған, бәлким миллионлаған адамлар тәрепинен даўамлы бақлап барылады. Бундай инсанлардың бир хабарға билдирген мүнәсибети, жазған пикири, көрген мағлыўматы басқалар тәрепинен еликлеўге мүнәсип деп табылыўын ҳәм кең ен жайыўын умытпаўы керек.

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 6
Алтыншы қағыйда: бул медиа қураллардан пайдаланғанда аманатшыллық ҳәм әдеп-икрамлылық пенен ис тутыў зәрүр. Өзгелерге тийисли жеке хабар яки кимлердур исенип тапсырған мағлыўматларды қандайдур мәп яки жеке мақсетлерди гөзлеп тарқатыў, сол жол менен сол адамға зыян бериў ҳасла мүмкин емес. Соның менен бирге, тармақта бир өзи бола ма, жәмәәт пенен бола ма, өз ара мәмиле ҳәм басқа ис-ҳәрекетлерде әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қатаң әмел етиўи керек. Аллаҳ таала ҳәр бир әмелди көрип, бақлап турыўын умытпаў лазым.

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 7
Жетинши қағыйда: заманагөй медиа қураллардан ҳақ жолына шақырыў ҳәм мәрипат тарқатыў мақсетинде пайдаланыў керек. Аманатшыллыққа үйренген адам жалған-өтирик мағлыўматты тарқатыўдан, сол арқалы адамларға зыян жеткериўден тыйылады. Нийети туўры инсан бундай қураллар арқалы тек жақсы мағлыўматларды жаяды. Әсиресе, адам дин туўрысында өзи билмеген, хабары болмаған мағлыўматларды жазыўдан сақланыўы лазым. Интернет тармағы арқалы адамлардың билимин асыратуғын, оларға пайда келтиретуғын, жаманлықлардан тыйылып, ийгиликке шақыратуғын мағлыўматларды тарқатыў мүмкин.

ЗАМАНАГӨЙ МЕДИА ҚУРАЛЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ – 8
Сегизинши қағыйда: бузғыншы идеялардан аўлақ болыў тийис. Ислам ҳәм мусылманларға зыян келтиретуғын, жасларды ҳақыйқый итиқадтан шалғытатуғын мағлыўматларға дус келгенде, әлбетте, бул ҳаққында басқаларды абайлы болыўға шақырыў, бул мағлыўматтың тарқалыўына қарсы зәрүр болған шараларды тезлик пенен көриў жүдә әҳмийетли.