NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#қайырлы_түн

Уйқыға кетиўден алдын оқылатуғын дуўа:

"Бисмикәллооҳуммә аҳяә ўә әмўўту"

"Эй Рәббим, сениң атың менен тирилемен ҳәм өлемен".

Баро ибн Азиб разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады " Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қашан уйықлаў ушын жамбасласа, оң алақанын оң жүзине қоятуғын еди. Соң төмендеги дуўаны оқыр еди.

"Эй Рәббим! Бенделериңди есап китап ушын қәбирден турғызатуғын күниңде мени азабыңнан сақла!"

🌙ТҮНИҢИЗ ТЫНЫШ БОЛСЫН!

🌙🌟ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram каналымыз:
https://t.me/niyetuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#тилек

🍃Ассаламу алайкум ўа роҳматуллаҳи ўа бәрокатуҳ!

🌷 Қәлбимизди кең, исимизди оң, тәғдиримизди жақсылықларға бөлесин, күнимизди шырайлы ҳәм мазмунлы қылсын. Әмийн!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң сәршемби күни

22-май            2024
13-Зулқаъда   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты

Ҳаж ҳәм умраны Аллаҳ ушын кәмил атқарың. Егер (кеселлигиңиз ушын ямаса қарақшылар себебинен) қоршаўда қалсаңыз, қурбыңыз жеткенинше қурбанлық қылың! (Сол) қурбанлық өзиниң (сойылатуғын) орнына бармағанша, шашларыңызды алдырмаң. Сизлерден ким аўырса ямаса басларыңызда (бит ямаса басқа бир) дәрт болса, (шашларын ўақтынан ертелеў алдырыўы мүмкин, бирақ бундай қылғаны ушын) ораза тутыў ямаса садақа бериў яки қурбанлық қылыў менен фидясын төлейди. Егер (қоршаўға түсиўден) аманда болғаныңыздан кейин, ким ҳажға (ўақтына) шекем умра қылыўы менен таматтуъ қылса (иҳрамнан ўақтынша шығып алса), онда, олар қолайлы болған қурбанлықты қылсын. Ким (буған имканият) таба алмаса, үш күн ҳажда, жети күн қайтқаныңыздан кейин ораза (тутсын) – ҳәммеси толық он күн. Бул «Масжидул Ҳарам»да жасамайтуғынлар ушын. Аллаҳға тақўа қылың ҳәм билиң, әлбетте, Аллаҳтың азабы қатты.


Бақара сүреси, 196-аят



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

Кәмбағаллық, мүтәжлик ҳәм қәстелик себеплери ҳаққында

1. Мийманға унамсыз мүнәсибетте болыў.

2. Қураны кәриймди таҳәратсыз услаў.

3. Бисмилләҳ айтпай тағам жеў.

4. Тик турып тағам жеў.

5. Ыдыс табақты таза ҳәм пәк тутпаў.

6. Қолды жуўмай аўқатланыў.

7. Намазды қаза қылыў.

8. Мешитте дүньялық сөзлерди айтыў.

9. Уллы адамларға, жасы үлкенлерге ҳәм алымларға ҳүрметсизлик етиў.

10. Босағада отырыўға әдетлениў.

11. Нәмәҳрам ҳаялларға шаҳўат нәзери менен қараў.

12. Жалған сөйлеў.

13. Таң мәҳәли уйықлаў.

14. Шамнан кейин уйқылаў.

15. Жалаңбас ҳәжетханаға кириў.

16. Ҳәжетханада сөйлесиў.

17. Ҳаялы менен жәнжеллесиў.

18. Пақырды кемситиў.

19. Жалғанға муҳаббат қойыў.

20. Ҳәўиз яки ғусылханаға киши дәрет қылыў.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан
#әҳмийетли

📹  "Инсанлардың ҳақысынан абайлы болайық".

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Қайсы пайғамбар әкесиниң емес анасынының аты қосылып айтылады?
Anonymous Quiz
53%
Закария алайҳиссалам
14%
Муўса алайҳиссалам
34%
Ийса алайҳиссалам
Қуяш тутылғанда қандай намаз оқылады?
Anonymous Quiz
49%
Кусуф намазы
34%
Истихара намазы
16%
Қәжет намазы
#Хош_хабар

🗣"БИРДЕН-БИР ОЛИМПИАДА – 2024" ТАҢЛАЎЫ ЖЕҢИМПАЗЫ АНЫҚЛАНДЫ

💬 Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы орта арнаўлы ислам билим журтлары питкериўши курс талабалары арасында Ташкент ислам институтында "Бирден-бир олимпиада – 2024" таңлаўы болып өтти. Ҳәр жылы өткерилетуғын таңлаўда жәми 10 орта арнаўлы ислам билим журтларының ең билимли талабалары қатнасты. Талабалар араб тили, фиқҳ ҳәм ақоид пәнлери бойынша беллести.

🏆 Қызғын беллесиўлер менен өткен таңлаўда сыйлы 1-орынды Нөкис қаласы "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Нажиматдинов Муҳамматдин қолға киритти. Ол "Вақф" қайырқомлық жәмәәтлик фонды гранты тийкарында диний билимлендириў жоқары оқыў орнына конкурссыз оқыўға кириў, Өзбекстан мусылманлары басқармасының биринши дәрежели диплом, 7 миллион сўм ҳәм хошаметлеў сыйлығы ийесине айланды.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мағлыўмат

Үйде даўамлы Қуран аятларын еситип жүриў биз ушын қандай пайданы инам етеди:

1. Тынышлық ҳәм қәтержамлық жүзеге келеди.

2. Шайтанлар қуўылады.

3.
Жәнжел–келиспеўшиликлер кемейеди.

4. Баланың тили туўрыланады, жақсыласады.

5. Ядлаў ҳәм еслеп қалыўы аңсатласады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#тәрбия

«Анам жаслығымда маған нәсият етип, «Балам, өмириңди тек илм үйрениўге бағышла, мал-дүньяға улыўма қызықпа! Егер сен тек илим үйрене берсең, мал-дүньяның өзи сениң артыңнан қуўып жүреди. Егер ҳәзир мал-дүньяға қызығып, оның изинен қуўсаң, өмириңниң ақырына шекем мал-дүньяның арқасынан қуўасаң, бирақ ҳеш қашан оған жете алмайсаң», – деген еди».

Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#видео_ролик

«ЖАНАЗА НАМАЗЫНА ҚАТНАСЫЎДЫҢ САЎАБЫ»

🎤 ТӨРЕБАЕВ КАМАЛБЕК
Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити имам-найыбы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉
Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».


Аллаҳтың зикринде болған инсан - жәннетке күлген ҳалында киреди.

Ибнул Қаййум раҳимаҳуллаҳ.

📿 СУБҲАНАЛЛОҲ!
📿 ӘЛҲӘМДУЛИЛЛАҲ!
📿 АЛЛОҲУ АКБАР!
📿 ЛӘ ИЛӘҲӘ ИЛЛАЛЛОҲ!

📿АЛЛООҲУММА СОЛЛИ ЪАЛӘӘ СӘЙЙИДИНӘӘ МУҲАММАД!

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
23-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 04:50
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:20
  ШАМ — 20:29
  ҚУПТАН — 22:10

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 02:45
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:50
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube