NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.77K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#хош_хабар

«Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим ҳәм излениўлер» таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды

Усы жылдың 20-феврал күни Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим ҳәм излениўлер» таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Инсан ҳуқықы бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директоры Акмал Саидов мәресимди ашып берер екен, таңлаў 2022-жыл 10-октябрь күни жәрияланғанына итибар қаратты. Таңлаў Өзбекстан Республикасы Конститутциясының 30 жыллығы, БМШның Инсан ҳуқықлары тараўындағы Жәҳән тәлим дәстүри ҳәм Инсан ҳуқықлары тараўында тәлим - тәрбия туўрысындағы декларацияға бағышланды.
Таңлаў Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми сондай-ақ, БМШның наркотиклер ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша басқармасы менен жақыннан бирге ислесиў арқалы шөлкемлестирилди.
Таңлаў 5 номинация бойынша өткерилип, жәми 72 ҳүжжет келип түсти.

«Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине бағышланған ең жақсы видео ролик» номинация бойынша – Қаракалпақстан Мусылманлары Қазыяты хабар ҳәм медиа қәнигеси Нурмуҳаммед Жумағулов сыйлы 1-орын жеңимпазы деп табылды.

Жеңимпазлар дипломлар ҳәм қымбатбаҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Инсан ҳуқықы бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының баспа сөз хызмети.

https://t.me/paziyletuz
#хош_хабар #рамазан_2023

🌙 РАМАЗАН АЙЫ 23-МАРТТАН БАСЛАНАДЫ

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Оған көре, 2023-жылғы Рамазан айының басланыўы 23-март сәнесине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мағлыўматы дерек сыпатында қабыл қылынды.

🕌 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңеси тәрепинен Ислам дини дереклери ҳәм астрономиялық мағлыўматларға сүйенген ҳалда 2023-жылда Рамазан айының биринши күни усы жылдың 23-март, пийшемби күнине туўра келиўи ҳаққында жуўмақ шығарылған.


Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспа сөз хызмети



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#хош_хабар

     БИЛИМ ЖУРТЫМЫЗ ҚАРЫЙ УСТАЗЫНА АЛҒЫСЛАР БОЛСЫН!

     Пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы ислам билим журтында тәлим алып, соң Ташкент қаласындағы "Имам Бухарий" атындағы Ислам институтын тамамлаған, ҳәзирги күнде "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" медресесинде устаз болып, сабақ берип атырған қирәәт пәни оқытыўшысы Қарый Зулфхор Сапашов Имам Осим қирәәти (Шуъба ҳәм Ҳафс рәўиятынан Шатибия жолы арқалы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламға байланған санад (шежире) менен Имам Бухарый атындағы Ташкент ислам институты Таҳфизул Қуран кафедрасы Қуран ҳәм тәфсир илимлери оқытыўшысы Азимбоев Валихон Зоҳидхон улынан ИЖАЗА алды.

    Усы мүнәсибет пенен бүгин Муҳаммад ибн Аҳмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында илаж болып өтти. Илажды билим журты директоры Устаз Шамсуддин Баҳауддинов кирис сөз бенен ашты ҳәм Қурбан ҳайт байрамы менен қутлықлады.

    Ол өз сөзинде, бүгинги күни елимизде диний тараўда алып барылып атырған өзгерислер, жаңаланыўлар, мәмлекетимиз тәрепинен ислам билим журтларына қаратылып атырған итибар ҳәм олардағы жаратылған шараятлар ҳәм қолайлықлар ҳаққында сөз етти.

   Соңғы жыллары қолға киргизилген билим журтымыздың жетискенликлери, ерискен нәтийжелери әлбетте, бул пүткил халқымыз ушын жоқары жетискенлик, деп айтып өтти. Қарый оқытыўшымыздың алдағы ислеринде де үлкен табыслар тилеп, билим журтымызда сабақ берип, елимизде қарыйлардың көбейиўинде ҳармай-талмай ғайрат көрсетиўине тилеклер тилеп қайырлы дуўалар қылды.

https://t.me/alberuniyuz
#Хош_хабар

Әмиўдәрья районындағы «Ҳажы ийшан баба» мешитиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

Мешитлерди абат етиў таат-ибадатлар менен ҳǝм де усы мешитлерди жақсылап қурып, пǝк сақлап, кѳз қарашығындай етип асыраў менен болады. Аллаҳ таала Қурани кǝриймниң «Нур» сүреси, 36-аятында: «(Ол шыра) Аллаҳ олардың көтерилиўине (қурылыўына) ҳәм оларда Өзиниң атының зикир қылыныўына руқсат берген үй (мешит)лерде. Ол жер (мешитлер)де азанлы-кеш Оған тасбиҳ айтатуғын», деп марҳамат қылынады.
Соңғы қысқа ўақытта елимизде диний тараўда унамлы ѳзгерислер болмақта. Динимиздиң еле де раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Мешитлер саны кѳбейип, имам-хатиблердиң болса диний ҳәм дүньялық илимлери артпақта.
Әмиўдәрья районындағы «Қыпшақ» мәкан пуқаралары жыйыны аймағындағы «Ҳажы ийшан баба» жоме мешитиниң ески имараты 1988-жылларда қурылғанлықтан, бүгинги күнде мешит имараты авария аўҳалына келип қалған. 2021-жылдың август айында жергиликли ҳǝкимият ҳәм тийисли шѳлкемлердиң келисими менен, юридикалық мǝнзили ѳзгермеген ҳалда, усы аймақтан мешиттиң жаңа имаратын қурыў жумыслары басланды.
Арадан 3 жыл ѳтип, «Қыпшақ» мәкан пуқаралары жыйыны турғынларының, жергиликли исбилерменлердиң, Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының ҳǝм район ҳǝкимиятының жақыннан берген әмелий ҳәм материаллық жақтан берген кѳмеги нǝтийжесинде шығыс архитектурасы үлгисинде, бәрше қолайлықларға ийе, ықшам мешиттиң жаңа имараты қурып питкерилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Бүгин усы «Ҳажы ийшан баба» жоме мешитиниң жаңа имәратын тапсырыў мәресими болып ѳтти. Онда Әмиўдәрья районы ҳәкими Собир Ходжаметов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ўәкиллери, имам-хатиблер ҳәм район турғынлары қатнасты. Мешиттиң қурылыс жумысларында жақыннан жәрдем берген инсанларға естелик саўғалары берилди ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының миннетдаршылығы билдирилди.
Хабарыңыз бар, елимиз турмысында унамлы, тарийхый ҳǝм есте қаларлық ўақыялар кѳп болмақта. Ҳүрметли журтбасшымыз тǝрепинен халық мәпи ушын ǝҳимийетли ўазыйпалар белгилеп берилмекте, орайдан алыста жайласқан аймақлардың инфраструктурасын жақсылаў, оларды заманагѳй кѳриниске келтириў, пуқараларымыз ушын ҳǝр тǝреплеме қолай шараят жаратыў ушын ǝҳимийетли жойбарлар ислеп шығылмақта. Мине буларды Әмиўдәрья районы мысалында кѳрсек болады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#хош_хабар

Бир қатар тараў қәнигелери «Диний кеңпейиллик» кѳкирек нышаны менен сыйлықланды ҳәм хошаметленди

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#хош_хабар
#жаңалық

ХЫЗМЕТКЕРИМИЗ ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЫ БОЛДЫ


«9-декабрь – коррупцияға қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен Ѳзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен «Жәмийетте коррупцияға қарсы гүрести үгит-нәсиятлаўшы видеороликлер» атамасында таңлаў шѳлкемлестирилди. Таңлаў нәтийжелерине кѳре Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Медиа орайы қәнигеси Жумағулов Нурмуҳаммад Республика бойынша биринши орын жеңимпазы болып, (70 балл) I дәрежели диплом ҳәм ноутбук пенен сыйлықланды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Хош_хабар
#жаңалық

ИМАМ-ХАТИБЛЕРГЕ ИЖАЗА БЕРИЎ МӘРЕСИМИ

Бүгин 2023 жыл 27-декабрь күни "Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф" комплексиниң мәжлислер залында имам-хатиблерге ижаза бериў мәресими болып өтти.

2023 жыл 7-августтан усы жылдың 27-декабрь күнине шекем даўам еткен бул "Тәжўид" сабақларында Республикамызда ислеп атырған 500 ге жақын имам-хатиблер онлайн ҳәм офлайн тәризде қатнасты.

Бүгин бул имам-хатиблердиң ең уқыплылары санады Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға тутасқан ижаза менен сыйлықланды.

Илажда Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәм "Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў" бөлими баслығы Шайх Алижон қарый уқыплы имам-хатиблерди ижаза менен сыйлықлады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Хош_хабар
#жаңалық

   Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районы бас имамы ҳǝм усы райондағы «Мағзан ийшан» жоме мешити имам-хатиби Юсупов Арзыўбай Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәм «Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў» бөлими баслығы Шайх Алижон қарый тәрепинен ижаза менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, илажда Қоңырат районы «Бердақ баба» жаме мешити имам-хатиби Едилбек Косутов та ижаза менен сыйлықланды

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#Хош_хабар

🗣"БИРДЕН-БИР ОЛИМПИАДА – 2024" ТАҢЛАЎЫ ЖЕҢИМПАЗЫ АНЫҚЛАНДЫ

💬 Өзбекстан мусылманлары басқармасына қараслы орта арнаўлы ислам билим журтлары питкериўши курс талабалары арасында Ташкент ислам институтында "Бирден-бир олимпиада – 2024" таңлаўы болып өтти. Ҳәр жылы өткерилетуғын таңлаўда жәми 10 орта арнаўлы ислам билим журтларының ең билимли талабалары қатнасты. Талабалар араб тили, фиқҳ ҳәм ақоид пәнлери бойынша беллести.

🏆 Қызғын беллесиўлер менен өткен таңлаўда сыйлы 1-орынды Нөкис қаласы "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" орта арнаўлы ислам билим журты талабасы Нажиматдинов Муҳамматдин қолға киритти. Ол "Вақф" қайырқомлық жәмәәтлик фонды гранты тийкарында диний билимлендириў жоқары оқыў орнына конкурссыз оқыўға кириў, Өзбекстан мусылманлары басқармасының биринши дәрежели диплом, 7 миллион сўм ҳәм хошаметлеў сыйлығы ийесине айланды.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#хош_хабар

ЖУРТЫМЫЗ ҚАРЫЙЛАРЫ ИЖАЗА АЛДЫ

🗣 Нөкис қаласында жайласқан "Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний" атындағы ислам билим журтында тәлим берип атырған қарый устазларымыз Аллаяров Исмоил Карамаддинович Имам Ҳафстың Асим ибн Әбун Нажудтан қылған рәўияты Шатибия жолы арқалы ҳәм Жийемуратов Сардарбек Атабай улы Ҳафстың Имам Асымнан ҳәм де Шуъбаның Имам Асымнан қылған рәўиятларынан Шатибия жолы арқалы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға байланған санад (шежире) менен Жаҳонгир ибн Тўлқин ибн Неъматуллоҳ Тошқандийден ИЖАЗА алды.

Түсиндирме: "Ижаза" сөзликте "руқсат бериў" деген мәнини аңлатады. Ал, терминологияда "Ижаза" деп – бир илимди устаздан үйренип, оны үйретиўге руқсат алыў қағазына айтылады. Әдетте, қирәәт илиминде, ҳәдис илиминде сабақ бериў ушын ижаза талап етиледи. Буннан басқа илимлерде де, ижаза бериў жолға қойылған.

😎 Әлбетте, бул пүткил халқымыз ушын жоқары жетискенлик. Қарый устазларымыздың алдағы ислеринде де үлкен табыслар тилеп қаламыз.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM