NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.58K photos
591 videos
5.8K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#Оразаның_пазыйлети
#рамазан_2024

ПИТИР САДАҚАСЫ

Ҳанафий мәзҳабында питир садақасы ўәжиб есапланады. Бул садақа рамазаннан «питир»ге яғный, ендиликте аўзы ашық жүриўге шығыў мүнәсибети менен берилгени ушын да питир садақасы деп аталған. Питир садақасы екинши ҳижрий жылы шариатқа киргизилген. Басқа садақалар мал-дүньядан қылынса, бул садақа адам басына қылынады.

Усы орында соған түсиник берип өтейик. Зәкат, питир, үсир – барлығы да садақаның түрлери. Зәкат ислам дини негизиниң бири болып, парыз әмел. Ал, питир ўәжиб әмел болып, рамазан айында берилетуғын садақа. Үсир болса, араб тилинде ушр деп аталып егиннен алынған зүрәәттиң оннан бирин садақа етиўге айтылады.

Питирди мал-дүньясы нысабқа жеткен адамлар бериўи лазым болады. Бунда бир жыл айланыў ҳәм өсиў шәрт қылынбаған.

Аллаҳ таала: «Ҳақыйқатта, ким зәкаты менен пәкленсе ҳәм Рәббисиниң атын зикир қылса, утысқа ериседи», деген.

Касир ибн Абдуллаҳтан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан бул аят ҳаққында соралған еди. Ол: «Питир садақасы ҳаққында назыл болған», деди».

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: питир садақасын оразадар ушын бийҳуўда гәп-сөз ҳәм ҳәрекетлерден пәклениў ҳәм мискинлер ушын аўқат болсын, деп парыз қылды. Ким оны ҳайыт намазынан алдын қылса, ол қабыл болады. Ким оны намаздан кейин қылса, садақалардан бири болады».

Бул рәўияттаға намаз дегенде Рамазан ҳайыты намазы нәзерде тутылған. Питир садақасын ҳайыт намазынан алдын бериў кереклигин усы ҳәдистен билип аламыз.

Ҳәр бир инсан Рамазан айында ораза тутар екен, арасында билип-билмей айырым бир сөзлер аўызынан шығып кеткен болыўы мүмкин, сондай-ақ айырым бир жаман ислерди де қылып қойған болыўы мүмкин, усыларды жуўып жибериў ушын да питир садақасы еңгизилген.

Даўамы бар....



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #питир

Питир садақасын кимге бериўимиз керек?

Абдуллаҳ ибн Масъуд рәўият қылған ҳәдисте: «… мискинлер ушын азық…», – делинген.

Демек, питир садақасын мусылман мискинлер, пақыр-пуқаралар, кем тәмийинленгенлер алыўға ылайық. Питир садақасы жасап турған жериңдеги мискин-пақырларға берилсе, мақсетке муўапық болады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024

РАМАЗАНДАҒЫ САДАҚА – ЕҢ УЛЛЫ САДАҚА


Аллаҳ таала Өз ғǝзийнесинен бенделерине қанша неъмат берсе де, оннан ҳеш нәрсе кемеймейди. Рәббимиз биз бенделерин де Ѳзиниң сыпатларынан ѳрнек алып, мудамы сақаўатлы болыўға ҳǝм садақа бериўге буйырады. Келиң усы орында тийкарынан “садақа” ѳзи не екенлиги ҳаққында билип алсақ.
“Садақа” дегенде биреўге қандайда материаллық ҳǝм руўхый жǝрдем кѳрсетиў түсиниледи. Бирақ “садақа” сѳзи сѳзликте “жақсылық етиў, жақсы ис кѳрсетиў” мǝнислерин де аңлатады.
Аллаҳ таала Өзиниң уллы кәламы Қураны кǝриймниң бир неше аятларында садақа ҳǝм жақсылық етиўге буйырған.

Ибраҳим сүресиниң 31-аятында: “(Ҳәй Муҳаммад!) Сен ийман келтирген бенделериме айт, намазын кәмил оқысын. Саўда-сатық, таныс-билис болмайтуғын Күн (қыямет) келместен алдын оларға Биз ырысқы етип берген нәрселеримизден жасырын ҳәм ашықтан-ашық садақа қылсын!”, деп айтады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Рамазан_2024 #Тараўиҳ
#Хатмы_Қуран

НӨКИС ҚАЛАСЫ «САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ХАТМУЛ ҚУРАН ҲӘМ ҚЫЛЫНҒАН ДУЎАЛАРДАН ВИДЕО КӨРИНИСЛЕР.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Оразаның_пазыйлети
#рамазан_2024

ПИТИР САДАҚАСЫ

Питир садақасы мискинлерге бериледи, олар оны азық қылып жейди, қуўанады. Ҳайыт күни қуўанышына қуўаныш қосылады. Соның ушын да ҳәр бир журтта сол жердиң ең көп тарқалған азығынан питир берилсин, делинген. Питир садақасы еркеклерге де, ҳаялларға да, жасларға да, қартайғанларға да ўәжиб болады. Яғный, ана қарнындағы ҳәмиледен тысқары бәрше ушын.

Ҳанафий мәзҳабы бойынша мал-дүньясы нысабқа жеткенлер бериўи ўәжиб. Көпшилик уламалар мал-дүньясы нысабқа жетпегенлер де бериўи мүмкин деген. Рәўиятларда айтылыўынша, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның заманында питир садақасы хурма, арпа, кишмиш, торақ ҳәм бийдайдан берилген. Бул нәрселердиң баҳасын пулға шағып, соны берсе де болады.

Ибн Умар разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: питир садақасын хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ муғдарында мусылманлардан қулға да, ҳүргеде, еркеккеде, ҳаялғада, кишиге де, үлкенге де парыз қылды. Оны адамлар намазға шығыўынан алдын бериўин буйырды».

Хурмадан бир соъ, арпадан бир соъ ўәжиб екен. Бир «соъ» қанша болады? Негизинде «соъ» бир ыдыс болып, бийдай ҳәм соған уқсас нәрселер сол ыдыс пенен өлшенген. Кейин аўырлық өлшемлери шыққанда, оған салыстырылған.

Питир садақасын бериў ҳайыт күни таң атыўы менен ўәжиб болады. Бирақ, оны рамазан айы басланыўынан баслап берсе де болады. Ҳайыт намазынан кейинге қалмаўы керек.
Егер ҳайыт намазына шекем бере алмаса, кейин бериўи керек.
Питир садақасына хурма ҳәм арпадан бир соъдан бериледи.

Ибн Аббас: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: бул садақаны хурма ҳәм арпадан бир соъдан ҳәм бийдайдан ярым соъ, деген».

Бул ҳәдисте бийдайдан берилетуғын питир садақасы Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өзи тәрепинен ярым соъ қылып белгиленгени айтылмақта. Бизлердиң мәзҳабымызда усы гәп алынған. Соъ өлшеми ҳәр бир журтта ҳәр түрли алынған. Ҳижазда ол 2400 г. ға тең болса, Ирақта 3594,24 г. ға тең. Демек питир садақасын бийдайдан беретуғын болсақ 1797,12 г берилиўи керек болады екен. Буны халқымыз бурыннан 2 кг бийдай деп қабыл еткен. Әлбетте, садақаның артықшасы тек саўапты ғана келтиреди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2024 #зикир #рәўият

ТӘЎБЕНИҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

Ҳәзирети Умар разияллаҳу анҳу: “Көп тәўбе қылыўшылар менен сәўбетлес болың. Себеби, олар қәлби пәк, жумсақ тәбиятлы адамлар болады”, – деген.

Әлий ибн Әбиў Толиб разияллаҳу анҳу тәўбе қылыўшыларды мақтап: “Утысқа ерискен адамның аўҳалына қараң!”, – дегенинде, “Утысқа ерисиў не?” – деп қасындағылар сорады. Сонда ол: “Тәўбе ҳәм истиғфар”, – деп айтқан екен.

Әбиў Бәкр Ўаситий раҳимаҳуллаҳ: “Ҳәмме нәрседе қәтержамлық, басықлық жақсы, бирақ үш нәрседе қәтержамлық жақсы емес. Олар: намаз ўақты келгенде, мәййитти жерлеўде ҳәм гүнадан тәўбе қылыўда”, – деген.

Билип-билмей қылған гүна ҳәм қәте-кемшиликлеримиз ушын тәўбе етип, истиғар айтайық!

🔹Әстағфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

🔹Әстағфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!

🔹Әстағфируллооҳә ўә әтуўбу иләйҳ!


⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/niyetuz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2024
#әҳмийетли

🔹 ТемаРамазан – сени сағынамыз»

🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱
    
🎤 Устаз Бахрамаддин Разов.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM