NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#пикирлеў

     Инсан көзлери туўылғаннан баслап бир өлшемде қалады, бирақ мурын ҳәм қулақлар өсиўден тоқтамайды.

«...Әлбетте, бунда ақыл ийелери ушын еслетпе бар».

Зумар сүреси, 21-аят.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#пикирлеў

«Шаңарақ турмысында бир нәрсени ядда тутың! Қай жерде муҳаббат кем болса, айыплар үлкен болып көрине береди. Арзымас киши нәрселерге де жәнжел шыға береди. Соның ушын динимиз ерли-зайыплы өзара меҳир-муҳаббатлы болып өмир сүриўге буйырған».

Шайх Зулфиқар Аҳмад Нақшбандий.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#пикирлеў

Ең уллы неъмат не екенин билесизбе?

Аллаҳ таала сизге қанша неъмат бергенин сезиниўди қәлейсиз бе?

Көзиңизди жумып он адым жүрип көриң!

Жүрип көрдиңиз бе? Нени сезиндиңиз? Бир неъматтың әҳмийети қәншелли екен?
Мениңше түсиндиңиз?!

Қолыңызды қыймылдатпай, дастурқанда турған кеседен суў ишип көриң!

Не деген қыйын екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Бир аяғыңызды ислетпей, тек биреўинде жүрип сол жағдайда ҳәжетханаға кирип көриң!

Нени көз алдыңызға келтирдиңиз?!
Мениңше отырып-турыўдың қәншелли қыйын екенин көз алдыңызға келтирдиңиз?!

Үстиңизде турған кийимиңиз қоңсыларыңыз кийетуғын кийимлерден гөнерек, модасы да артта қалып кеткен бе?

Енди арылаўдағы пәленше қоңсыңыз кийетуғын кийим ҳаққында ойлап көриң! Оның кийиминиң алдында сизиң кийимиңиз кәншелли жаңа екенин ойлап көрдиңиз бе?!

Машинаңыз жоқ екенинен налыйсыз ба?!

Еле машинаңыз жоқ екенине өкинсезиз бе?!

Аллаҳ таала дүньяда жасап атырған миллиардлаған бенделери арасынан сизди таңлап, сизге "ИЙМАН" неъматын берген. Бул сиздеги ең уллы неъмат!Буған шүкир етиң! Өмиримизди ИЙМАН шақыратуғын ибадатлар, жақсы әмеллер менен өткизип, гүна-маъсыятлардан узақ болайық!


https://t.me/niyetuz
#аят #пикирлеў

«... Биз сизлерди жаманлық ҳәм жақсылық пенен сынап, имтиҳан қыламыз. (Кейин,) Бизге ғана қайтарыласыз».
(Әнбия сүреси, 35-аят).

Көпшилик адамлар байлықты Аллаҳ таала разылығының белгиси деп есаплайды. Кимниңдур мал-дүньясы кем болса, өзин бул разылыққа ылайық көрилмеген деп түсинеди. Ал, негизинде олар Аллаҳ таала алып имтиҳан қылғаны киби, берип те имтиҳан қылыўын умытып қояды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#пикирлеў

“Қыз бала оқып дүньяны алып берер ме еди!?” деди ашыў менен...

Жыллар өтти. Ҳаялы және жүкли болып, туўыў үйине барды. Ҳәмме шыпакерлер еркек екен. Ҳеш бир ҳаял шыпакер жоқ екен.

"Неге бирде бир ҳаял шыпакер жоқ?!" деди ашыў менен...

Қызларымызды илимли, дыянатлы, ийбели ҳәм әдеп-икрамлы қылайық! Өйткени, бул ҳәр бир еркектиң ўазыйпасы!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_аяты #пикирлеў

«... Биз сизлерди жаманлық ҳәм жақсылық пенен сынап, имтиҳан қыламыз. (Кейин,) Бизге ғана қайтарыласыз».

(Әнбия сүреси, 35-аят).

Көпшилик адамлар байлықты Аллаҳ таала разылығының белгиси деп есаплайды. Кимниңдур мал-дүньясы кем болса, өзин бул разылыққа ылайық көрилмеген деп түсинеди. Ал, негизинде олар Аллаҳ таала алып имтиҳан қылғаны киби, берип те имтиҳан қылыўын умытып қояды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#пикирлеў

Не ушын ажырасыўлар көп?!

– Келинлер кеўилдегидей емес,
– Қәйин енелер менмен,
– Күйеў балалар мийримсиз,
– Қәйин аталар герең ҳәм сақаў,
– Қәйин апа ҳәм бийкешлер жаўыз...



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳақыйқат #пикирлеў

Инсанлар ҳәмме нәрсениң керисин қылыўға әдетленген…! Неге сондай?!

– Үлкейиўге асығады, кейин балалығын сағынып жасайды…

– Байлық, мал-дүнья топлаў жолында өз ден саўлығынан да кешеди, кейин сол ден саўлықты тиклеў ушын миллионларын сарыплайды…

— Дүньяның бес күнлик екенин биледи, сезеди, еситеди, тәкирар еситеди, және еситеди, бирақ мың жыл жасайтуғындай тәкаббарлана береди…

– Өзи биреўди кешире алмайды, бирақ гүналарын Аллаҳ таала кешириўге үмит етип, гүна қыла береди…

– Жақын адамының киши айыбын үлкен етип көреди, шыбыннан пил жасайды, кишкене кемшилиги ушын жақын болған адамынан да ойламай ўаз кешеди…

Бул иллетлер сол дәрежеде терең тамыр урып кетти, жақын яр-дослар ол жақта турсын ағайин-туўғанлар арасын да суўытып жиберди.

Биз ондай болмайық, Қәдирданым…

Аллаҳтың разылығы ушын бүгин көптен бери хабар алмаған достыңыз, жақынларыңыздан хабар алың, аўҳалын сораң (ҳеш болмағанда телефоннан)! Әпиўайы шийрин сөз бенен саўапларға ерисиң! Ҳәр бир күнимиз ғәниймет…

«Әлбетте, саўаплы ислер гүналарды кеткизеди» (Ҳуд сүреси, 114).



https://t.me/niyetuz
#пикирлеў

Дүйшемби аўыр күн бе?

Айырым Батыс мәмлекетлеринде аўыр күн деп есапланатуғын дүйшемби күни динимизде үлкен әҳмийетке ийе.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өмириндеги көп әжайып ўақыялар әйне усы дүйшемби күнине туўра келеди.

Илим тез пәт пенен раўажланған сайын адамлар, әсиресе, раўажланған мәмлекетлерде халықтың талабы өсип барыўы тәбиий жағдай.

Талапларды қандырыў ушын роботтай ислеўди талап етеди. Бундай тынымсыз мийнет қылыўдың, ҳалдан тайдырыўшы жуўыр-жуўырлардың биринши күни болғаны ушын да дүйшемби күнин онша жақтырмаўы мүмкин.

Ал, биз мусылманлар тәбияттағы бар ҳәмме нәрсени Аллаҳ таала жаратты деп қарап, жаратылысларды Жаратыўшы себепли жақсы көретуғын мәденият ийелеримиз. Сол себепли барлық жаратылыс бизлер ушын ҳикметли ҳәм ийгиликли болады.
Бирақ халқымыз арасында базы нәрселер бахытсызлық ҳәм қайғы алып келеди деген ырымлардың бир неше түри тарқалғаны ҳақыйқат.

Сол ырымлардың ишине, базы адамлар дүйшемби күнин де қосып алған. 

Динимизде өз мийнети менен күн көрип, шаңарақ ағзаларын ҳадал луқма менен тәмийинлеў ўәжиблиги  ҳаққында көплеп аятлар ҳәм ҳәдиси-шәрийфлер бар. Ҳәтте усы мақсет пенен ҳәрекет етиў уллы ибадат есапланады.

Ал, дүйшемби күни усы уллы ибадаттың биринши күни болып есапланады.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
#пикирлеў

Қураны кәриймдеги әжайып бир нәрсеге итибарыңызды қаратың!

– Сеннен таза шыққан ай ҳаққында сорайды оларға айт...
– Сеннен жетимлер ҳаққында сорайды, оларға айт...
– Сеннен ҳайз көрген ҳаяллар ҳаққында сорайды, оларға айт...
– Сеннен хамр ҳәм қумар ҳаққында сорайды, оларға айт...
– Сеннен нени инфақ-иҳсан етиўди (садақа қылыўды) сорайды, оларға айт...
– Адамлар сеннен қыямет ҳаққында сорайды, оларға айт...

Булардың ҳәммеси «Айт, ҳәй Муҳаммад» деген сөзден алдын келмекте. Бирақ, бир аят бар, онда бул тәртип басқаша:
«Егер бенделерим сеннен Мен ҳаққымда сораса, Мен, әлбетте, жақынман. Дуўа қылыўшының дуўасын қабыл етемен...»
(Бақара сүреси, 186-аят).

Аллаҳ таала дуўаларды әмелге асырыўы ҳаққында хошхабарды жеткериўди Өзиниң сүйикли пайғамбарына тапсырмады, «Айт, дуўаны қабыл қыламан», демеди.
Демек, дуўада дәлдәлшылық жоқ екен. Демек, ҳәр биримиз қабыл болыўына исенген ҳалда қәлбтен қалыс дуўа етиўимиз шәрт!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz