NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.63K subscribers
5.41K photos
562 videos
5.6K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак илетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

МАКРУҲИ ТАҲРИМИЙ

     Макруҳи таҳримий, яғный ҳарамға жақын макруҳ — шәрият тәрепинен қылмаў анық исеним менен талап етилген, бирақ қатаң болмаған дәлийл менен бекитилген нәрсе. Мысал ушын, биреўдиң саўдасы үстине саўда қылыў, яғный қарыйдар саўданы питирмей турып, басқа бир қарыйдардың саўдаға араласыўы, биреўдиң саўшылығы үстине саўшылық қылыў, еркеклерге алтын ҳәм жипек кийим кийиў ҳарамлығы киби ҳүкимлер. Усы ислерди қылмаў анық исеним менен талап етилген. Бирақ, аҳад ҳәдислер менен бекитилген. Соның ушын ҳарам емес, макруҳи таҳримий ҳүкимин алған. Бул да ҳарам ҳүкиминдеги гәп. Бирақ, бундай ҳүкимди тән алмаған адам кәпир болмайды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат #еслетпе

Азан айтатуғынлар ушын хош хабарлар!

Қыстың суўығында, жаздың қысқа түнлеринде ҳәммеден алдын бир инсан мешитке ерте келеди. Әтирапқа Уллы Аллаҳтың исмин айтып нида қылады. Аллаҳтың раҳметинен үмити барларды, нәжат қәлегенлер, ибадатқа асыққанларын, бес күнлик дүньясы ушын бес ўақыт ибадатын алмастырмағанларды уллы ис – намазға шақырады.

Олардың даўсы менен түн шығып, таң атқанын, ибадат ўақты киргенин аңлаймыз. Оған қосылып Рәббимизди зикр қыламыз, Расулимизди тастыйқлаймыз, шәҳәдат келтиремиз, салаўат айтамыз!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат #қурбанлық

ҚУРБАНЛЫҚТЫҢ ТАРИЙХЫ

Қурбанлық ибадатының тарийхы жүдә ески болып, бүгинги көриниси ҳәзирети Ибраҳим алайҳиссалам ҳәм оның баласы Исмайыл алайҳиссаламға барып тақалады.
Ҳәзирети Ибраҳим бир күни баласы Исмайылды қурбанлық қылып атырғанын түсинде көреди, бул — иләҳий ўаҳий болады. Ҳәзирети Ибраҳим жағдайды баласына түсиндиреди, баласы да буған таяр, разы екенин айтады.
Ҳәзирети Ибраҳим баласы Исмайылды қурбанлық қылыўға таярланып атырғанда Аллаҳ таала олардың бул шын кеўилден иләҳий буйрыққа бойсынғаны себепли Исмайылдың орнына бир қой жибереди.
Ҳәзирети Ибраҳим Исмайылдың орнына бул қойды қурбанлық қылады.
Соннан бери қурбанлық сол тәризде Ибраҳим алайҳиссаламның сүннети есапланып келинген.


Бизлердиң шәриятымызға қурбанлық ибадаты ҳижрий 2-жылдан баслап енгизилген.



https://t.me/niyetuz
#мағлыўмат

НАМАЗ УЙҚЫДАН ЖАҚСЫРАҚ!

Не ушын намаз уйқыдан жақсырақ?

1. Себеби, уйқы нәпстиң шақырығына жуўап бериў, намаз болса, Аллаҳ тааланың шақырығына жуўап бериў.
2. Себеби, уйқы өлим, намаз болса өмир.
3. Себеби, уйқы денеге рәҳәт, намаз болса руҳқа рәҳәт.
4. Себеби, мөмин ҳәм кәпир ҳәм уйқыда шерик, намазды болса, тек мөмин оқыйды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам инсанлардың ең уллысы!

«Егер адамлардың уллылығы оның ислеген ислерине, ерискен утысларына, имканияты аз болсада, көп ис қылғанына қарап баҳаланатуғын болса, Муҳаммад алайҳиссалам инсанлардың ең уллысы. Муҳаммад алайҳиссалам, Пайғамбар, натық, даўатшы, әскербасы, қәлблер қорғаўшысы, идеялар шақырыўшысы, имам-баслық, жер жүзиниң көп жерлеринде исламый салтанат қурған Муҳаммад алайҳиссалам әне сондай инсан еди! Оған ҳеш қайсы уллы инсан теңлесе алмайды! Қалайынша ол өлшеўлерге сыя алса?!»

✍️Францияның атақлы алымы Ламартин



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

Мүбәрек ҳаж сапарына таярлық көрип атырған адамға ҳаж китабында төмендеги көрсетпелер бериледи:

1. Ҳаж сапарына шықпақшы болған адам қәлби ренжиген адамлардың қәлбин көтериўи:

2. Адамлар менен мүнәсәбетин туўрылаўы:

3. Бир адамға зулым қылған болса, оннан кеширим сораўы;

4. Бир адамның малын жеп қойған болса, оны өзине яки мийрасхорларына қайтарып бериўи;

5. Бәрше қылған гүналарына тәўбе қылыўы;

6. Ата-анасын разы қылып сапарға шығыўы;

7. Бала-шағасын қәтержам қылып сапар қылыўы;

8. Қарызларын төлеп сапар қылыўы;

9. Солиҳ адамлар менен сапар қылыўы;

10. Хаждың парыз ҳәм ўәжиб әмеллерин жақсылап үйренип алыўы;

11. Ҳаж китабын өзи менен алып жүриўи;

12. Сапарға тижәрат мақсетлерин араластырмай, қалыс ибадат мақсетинде сапар қылыўы;

13. Хожакөрсинлик ҳәм мәртебеге ерисисўден узақ болыўы;

14. Сапар даўамында өзин кемтар ҳәм кишипейил тутыўы;

15. Керекли нәрселерди сатып аларда ҳәдден зыят сатыўшы менен тартыспаўы.

(даўамы бар.....)



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

ЗУЛҲИЖЖА АЙЫНДА ҚАНДАЙ ӘМЕЛЛЕР ОРЫНЛАНАДЫ?

"Зулҳижжа" сөзи қандай мәнисти аңлатады?
«Ҳаж ийеси» деген мәнисти билдиреди.

Зулҳижжа айы қандай ай?
Бул ай Аллаҳ таала урыс, қан төгиўди ҳарам қылған (Зулҳижжа, Зулқаъда, Муҳаррам, Ражаб) төрт айдың бири, ҳижрий-қамарий айдың ақырғы айы.

Зулҳижжа айы қандай пазыйлетлерге ийе?
Ҳаж ибадаты орынланатуғын, қурбанлық қылынатуғын, Арафа ҳәм Қурбан ҳайыты белгиленетуғын ай. Бул айда, әсиресе оның дәслепки он күнинде қылынған ибадатлар Аллаҳ таала ушын ең сүйкимли әмеллерден болып есапланады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Зулҳижжа айының он күниндеги әмелден көре абзалрақ әмел жоқ», деген. (Имам Ибн Ҳиббан рәўияты).

Бул айда тутылатуғын ораза еки жыллық гүналарға каффарат болады.

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Арафа күниниң оразасы өзинен алдынғы бир жыл ҳәм өзинен кейинги бир жылдың гүналарына каффарат болыўын Аллаҳтан үмит қыламан», деген. (Имам Муслим рәўияты).

Зулҳижжа айын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қалай өткеретуғын еди?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Зулҳижжа айының дәслепки тоғыз күнинде, Ашуро күнинде ҳәм ҳәр айдан үш күн – айдың әўелги дүйшембиси менен менен еки пийшембисинде – ораза тутатуғын еди. (Имам Аҳмад рәўияты).

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам еледе көбирек зикир қылатуғын еди ҳәм: «…Бул күнлерде таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллаҳ Муҳаммадур Расулуллаҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбар) ҳәм таҳмид (Әлҳәмдүлилләҳ) айтыўды көбейтиң!» дейтуғын еди. (Имам Аҳмад, Имам Байҳақий рәўияты).

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам усы дуўаны көп айтатуғын еди: «Ләә иләәҳә иллаллаҳу ўаҳдаҳу ләә шәәрийкә ләҳў, ләҳўл мүлкў ўә ләҳўл ҳәмдў ўә ҳүўә ъалә күлли шәйиң қодийр». (Имам Термизий рәўияты).


https://t.me/Niyetuz
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube