NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#қуран_тиләўәт_қылыў

ДҮНЬЯДАН ӨТКЕН АТА-БАБАЛАРДЫҢ РУЎҲЫНА ҚУРАН ТИЛӘЎӘТ ҚЫЛЫЎ

«НАС» СҮРЕСИ


Әъу'зу биллә'ҳи минәш шәйто'нир рожи'м. Бисмиллә'ҳир роҳмә'нир роҳи'м
«Қул әъуўзу бироббин-нәәс. Мәликин-нәәс. Иләәҳин-нәәс. Миң шәррил ўәсўәәсил хоннәәс. Әлләзий юўәсўису фий судуўрин-нәәс. Минәл жиннәти ўән-нәәс».

Субҳаанә роббикә робил ъиззәти ъаммәә ясифуўн, ўә сәләәмун ъаләл мурсәлийн, Ўәлҳамду лилләәҳи роббил ъаләмийн.


Аяты кәрийманы оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады.

Әдетте былай дуўа етиледи:

Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым-уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, изинде қалған әўладларынан разы болған болсын... бироҳмәтикә йәә әрҳамәр рооҳимийн.

Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube