NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.58K photos
591 videos
5.8K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#тәрбия #әдеп

ТЕЛЕФОННАН ПАЙДАЛАНЫЎ ӘДЕПЛЕРИ...

- Телефон сатып алған ўақытта, оны жақсылықларға, дүнья ҳәм ақырет ушын пайдалы нәрселерге ислетиўди нийет қылыў;

- Телефонды өзиниң мүтәжлигине жараса алыў;

- Ислам дининде тыңлаў ҳәм көриў қадаған етилген нәрселерди телефон қурылмасында сақлаў мүмкин емес.

- Егер телефон басқа адамға тийисли болса, оның руқсатысыз алыў, оннан танысына қоңыраў етиў, оның ишиндеги сақлап қойылған затларды көриў мүмкин емес.

- Телефон қурылмасы менен руқсатсыз биреўди сүўретке алыў яки даўысын жазып алыў мүмкин емес.

- Балаларға телефон алып бериўге асықпаў. Алып берсе де, керек нәрсесин ислетиў ушын арналған телефон алып бериў;

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың "Жәмийетлик әдеплер" китабынан.

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әдеп

Әдептиң тийкары өзин нуқсанлы, ал басқаны кәмил көриўде. Әдеби аз болған өзин кәмил, басқаларды нуқсанлы көреди.

Бенде мына төрт нәрсе менен көтериледи:
- илим;
-
әдеп;
- аманат;
- ийбе.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#әдеп

ҲӘЖЕТХАНАҒА ҚАЙ ТӘРИЗДЕ КИРИЛЕДИ?

Биринши шеп аяк, соң оң аяқ қойылады. Шығарда әўели оң аяқ пенен шығылыды. Хәжетке отырғанда қублаға қарап отырмайды, артын да бурмайды. Қублаға шеп қапталы менен отырады, әўретине, шығындысына қарамайды. Ҳәжети питкен соң хәжетхананы тез тәрк етеди.


“Ибадати Исламия” китабынан

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

https://t.me/Niyetuz
#ҳәдис #әдеп

Көп аўқатланыў

Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Адам баласы толтыратуғын ыдыслардың ең жаманы – асқазан. Адам баласына геўдесин тик тутыўға бир еки луқма аўқат жетеди. Егер көбирек жегиси келсе, онда асқазанның үштен бири аўқатқа, үштен бири ишимликке (суўға), үштен бири ҳаўаға толтырылыўы керек», – деген.

Имам Термизий рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube