NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.67K subscribers
6.64K photos
593 videos
6.79K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

Биз Ҳәзирети Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды таныймыз ба?!

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам көшеде кетип баратырғанын да балаларға сәлем берер еди.

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қол берип көриссе тап сол адам қолын тартып алмағанша қолларын биринши болып алмас еди.

Билемиз бе?
Биреў Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға сөйлесе оған жүзи ҳәм денеси менен жүзленер еди.

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан биреў бир нәрсе сораса ҳеш қашан жоқ демеген.

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қоллары менен ҳеш кимди бир мәрте де урмаған.

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз нәпсиси ушын ҳеш қашан ғәзеп қылмаған.

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ең үлкен мүсийбетлер менен сыналған.
Жетим болған.
Дәслеп кәмбағал болған.
Жақсы көрген ҳаялларынан айырылған.
Ҳәммеси болып 7 перзент көрген, 6 перзентин өз қолы менен қәбирге қойған.

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам палкер, сыйқыршы, жинли, гәззап киби сөгисли сөзлер менен кемситкен душпанларының ҳеш бирин сөкпеген еди.

Билемиз бе?
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам хызметкери Анас ибн Малик разыяллаҳу анҳуға ҳеш қашан "неге бундай қылдың" яки "неге қылмадың" деп кейимеген.


Аллооҳумма солли ўә сәллим ўә бәәрик алайҳи ўә аләә әәлиҳи ўә асҳаабиҳи әжмаъийн.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Қуран #мағлыўмат

ҚУРАН ҚӘЛБКЕ ШЫПА

Бахыт дегенимиз – жүрегиң менен қәлбиңниң тынышлыққа бөлениўи. Қәлбиң дүзелсе, өмир дүзеледи. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Расында, денеде бир бөлек гөш бар, ол дүзиў болса, қалған барлық ағзалар дүзиў болады, ол бузылса қалған дене пүткиллей бузылады. Билип қойың, ол – қәлб», – деген.

(Имам Мүслим рәўияты).

Ал қәлб қашан тынышлық табады?

Бул сораўдың жуўабы да айқын:
«(Мөминлер) ийман келтирип, кеўиллери Аллаҳтың зикири менен ләззетленеди. Билип қойың, Аллаҳтың зикири менен кеўиллер ләззетленеди (ҳәм тынышланады)».

(Раъд сүреси, 28-аят).

Тәфсир илими уламалары аяттағы «Аллаҳтың зикири» дегенди Қуран деп түсиндиреди. Қуран аятлары ҳәм ондағы ҳикметли нәсиятлар менен танысқан қәлб, ол менен тынышлық таўып, жеңил тартады. Өйткени, ол аятлар қатып қалған ҳақыйқатларды, ашық-айдын дәлиллер менен қуўатландырады. Буның ҳәммеси адамның қәлбине тынышлық ҳәм айқын исеним береди. Бул илимди кемшилиги болмаған және камал сыпатларға ийе болған Қураны Кәриймнен табыўға болады.

Солай екен әдиўли достым, егер еле Қуран оқыўды үйренбеген болсаңыз, ҳәр күни тараўиҳ намазларына қатнасыў арқалы да Қуран тыңлаўыңыз мүмкин.

Билип алың! Қуранды оқыған бир саўап алса, тыңлағанға еки саўап бериледи! Қуранды аңсат оқыған бир саўап алса, қыйналып оқығанға еки саўап бериледи!

Аллаҳтың кеңшилиги не деген үлкен!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

АЎҚАТЛАНЫЎ ӘДЕБИ

Аўқат жегенде асықпаў керек. Аўқат әсте жақсылап шайналады, бунда жағымсыз сеслер шығыўына жол қоймаў керек. Сондай-ақ, дастурхан басында даўысын шығарып кекириў, тисин тазалап отырыў ҳәм басқа да усыған уқсас ислер мәдениятсызлық белгиси. Егер кекирик, лық-лық келип калса, өзимизди тыйыўға, яки руқсат пенен дастурхан басынан турып кетиўге ҳәрекет етиўимиз керек. Соң қолларымызды жуўып, аўзымызды шайып, қайта дастурхан басына оралсақ болады. Асығып аўқатланыў әдепсизлик ҳәм ашкөзлик белгиси болыўы менен бирге, саламатлыққа да зыян.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

ПИЯДА ЖҮРИЎДИҢ 7 ПАЙДАСЫ

10 минут: гипертония тынышыңызды алмайды!
Бир күнде 4 мәрте 10 минуттан пияда жүриўге әдетленсеңиз, қан басымыңыз нормада болады.

15 минут: дене тәрбия.
Тез-тез қәдемлер менен күнине 120 адым тасласаңыз, 15 минуттан 100 ккал.дан қутыласыз!
Мине, сизге азыўдың арзан ҳәм қолай усылы!

20 минут: қәтержамлыққа ерисесиз!
Депрессиялы жумыс күниниң «жүк»леринен қутылмақшысыз ба? Онда ҳәр күни 20 минут пияда жүриң. Нәтийже, сизди әлбетте, қуўандырады. Тағы шегиўди таслаўды қәлегенлер, нәше тутқанда, 20 минут пияда жүрсе, бул қәлеў сол ўақытта жоқ болар екен.

25 минут: кейпиятыңыз көтериледи!
Таза ҳаўада, ҳәтте жаўынлы күнде, жалғыз яки кеўилге жақын инсаныңыз бенен тек 25 минут пияда жүрсеңиз, шийрин еслеўлерди еслейсиз, қәлбиңиз жаңа ҳәм ийгиликли арзыўларға толады. Нәтийжеде, өзиңизди бахытлы сезесиз.

35 минут: түскинликти жеңип шығыў ушын өзиңизди аямаң! Сизден не кетти? 35 минут таза ҳаўада пияда жүрсеңиз жетерли!

45 минут: аязламайсыз!
Америкалы алым 45 минут даўамында марафонда қатнасқан қатнасыўшылардың 50 %ти аязлаўды жеңип өткенин атап өтти. Себеби, пияда жүргенимизде микроблар ҳәм вируслар тәслим болады екен.

60 минут: жүрекке пайда
Британиялы алымлардың анықлаўынша, ҳәр күни 1 саат даўамында пияда жүриў қылған адамлар жүрек қәстеликлерине кем дуўшар болар екен.

Еслетпе! Жума намазына ерте, иләжи барынша пияда барыў жума күниниң әдеплеринен.
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам былай деди:
" ...үш каффарат болыўшы әмел бар: Сол үш әмелдиң биреўи жәмәәт намазларына пияда барыў".
Демек, мешит тәрепке қарай ҳәр бир басқан қәдемимиз бенен гүналарымыз кешириледи әзизлер!

https://t.me/niyetuz
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак ислетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#мағлыўмат

МАКРУҲИ ТАҲРИМИЙ

     Макруҳи таҳримий, яғный ҳарамға жақын макруҳ — шәрият тәрепинен қылмаў анық исеним менен талап етилген, бирақ қатаң болмаған дәлил менен бекитилген нәрсе. Мысал ушын, биреўдин саўдасы үстине саўда қылыў, яғный қарыйдар саўданы питирмей турып, басқа бир қарыйдардың саўдаға араласыўы, биреўдиң саўшылығы үстине саўшылық қылыў, еркеклерге алтын ҳәм жипек кийим кийиў ҳарамлығы киби ҳүкимлер. Усы ислерди қылмаў анық исеним менен талап етилген. Бирақ, аҳад ҳәдислер менен бекитилген. Соның ушын ҳарам емес, макруҳи таҳримий ҳүкимин алған. Бул да ҳарам ҳүкиминдеги гәп. Бирақ, бундай ҳүкимди тән алмаған адам кәпир болмайды.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Мағлыўмат  

    Адан қолтығы менен Қызыл теңиз тутасқан Бәб ал-Мандаб буғазында ҳәм Атлантика океаны менен Ақ теңиз (Жер орта теңизи) тутасқан Жабали Ториқ (Гибралтар) буғазында еки теңиз суўы бир-бирине араласпаған ҳалда ағады екен.

    Бул ҳаққында он төрт әсир алдын айтылғанын билгеннен кейин атақлы саяхатшы капитан Кусто да Қураны кәримниң иләҳий мөжиза екенинлигин тән алған.
Бул ҳаққында азғана мағлыўмат келтирип өтсек: «1962-жылы Кусто, – Немис алымлары Бәб ал-Мендеб буғазында Қызыл теңиз ҳәм Ҳинд океаны суўлары бир-бирине қосылмайтуғынын анықлаған еди.

    Биз де Атлантика океаны ҳәм Орта жер теңизи суўларында сынаў өткериўге қарар еттик. Алдын Орта жер теңизиниң шорлығы, тығызлығы ҳәм өзине тән тәреплерин үйрендик.

    Тап усындай излениў Атлантика океанында да өткерилди. Бул еки суў массасы Жәбали Ториқ (Гибралтар) буғазында мың жыллардан бери соқлығысады, үлкен суў массалары бир-бирине қосылып кетиўи, ҳеш болмағанда олардың шорлығы ҳәм тығызлығы уқсас болыўы керек еди.

    Бирақ олар бир-бирине жүдә жақын келген жерлерде де өзине тән өзгешелик сақланған. Басқаша айтқанда, суў массаларын қандай да бир көринбейтуғын перде ажыратып турады.

    Бул мөжиза ҳаққында профессор Морис Бюкалға айтып бердим. Ол болса, бул ҳеш қандай ҳайран қаларлы ўақыя емеслигин, суўлардың қосылмайтуғынлығы ҳаққынла Ислам дининиң Муқәддес Китабы – Қураны кәриймде 1400 жыл алдын адамзатқа анық баян етилгенин айтты.

   Қураны кәриймде:

Ол еки (түрли) теңизди бир-бири менен ушырасатуғын қылып қойды, (бирақ) ол екеўиниң арасында тосық болып, олар (сол тосықтан) асып өте алмайды.

Ар-Роҳман сүреси 19-20 -аятлар

    Бул болса, мен ушын тып-тыныш аспанда бирден «шақмақ» шаққандай болды. Қураны кәрийм мәнилериниң аўдармасын оқып көргенимнен кейин «Ант ишип айтаман, бул–Муқаддес Китап, заманагөй илим 1400 жылға изде қалып атырған усы Қуран инсанның сөзлери болыўы мүмкин емес! Бул жаратқанның Кәламы!», деп бақырып жебердим.

    Усы ўақыядан кейин Ислам динин қабыл еттим, ҳәм күннен-күнге бул динниң ҳақлығын, әдалатлылығын, қолайлығын ҳәм бир қанша пайдаларын сездим. Көзлериме ҳақыйқатты ашып бергени ушын Аллаҳ таалаға шүкир етемен». – деп айтады капитан Кусто.

   Ҳақыйқатында да, бир-бири менен қосылып ағып турса да, суўлары араласпайтуғын теңизлер келтирилген аятта айтылған өзгешелик кейинги жылларда ғана океан изертлеўшилери тәрепинен Жер орта теңизи менен Атлантика океанының қосылған жеринен табылды. Әсирлер даўамында бир-бири менен байланысып турған теңиз суўларының тығызлықларының ҳәр түрли болыўы – екеўиниң суўларын бир-бирине араластырмайды. Бир қараған адам ортада көринбес дийўал бар деп ойлайды...

   Физика илими, суў асты изертлеўлери, тығызлық өлшеми сыяқлы нәрселер еле адамның уйықласа, түсине де кирмейтуғын дәўирде Қуранның бул илими ҳақыйқатты баянлаўын ойланған адамға көп нәрсениң бетин ашары сөзсиз.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz