NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.59K photos
591 videos
5.81K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
Алыс аймаққа хызмет сапары шѳлкемлестирилди

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы республикадағы мешитлерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыўы, имам-хатиблер менен ушырасыўы, олар менен мәсләҳәтлескен ҳалда ѳзиниң пикир ҳәм усынысларын берип атырғанлығы ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берилмекте.
Бүгин қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаров пенен биргеликте республикамыздың ең шетки аймақларынан бири «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралары жыйынында хызмет сапарында болды.
Посёлкадағы барлық қолайлықларға ийе, заманагѳй үлгиде қурып питкерилген «Бердақ баба» жаме мешитинде жәмәәтке «Ата-анаға жақсылық – үлкен саўап» атамасында жума баянаты менен бирге елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў, жасларымыздың тәрбиясына, илим-билим алыўларына итибар қаратыў, сырт еллерда ўақтынша жумыс ислеп атырған жерлеслеримизди сергекликке шақырыў, миллетлер аралық дослық, сондай-ақ, елимизде алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында айтып ѳтти.
Баянат соңында, «Бердақ баба» жаме мешити имам-хатиби Косутов Едилбекке ҳәм бир қатар нураныйлерге Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.
Жума намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылынды. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәраўан, несийбелеримизди зыяда етсин…

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Қарақалпақстан» посёлкасы турғынлары менен ушырасыў

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов «Қарақалпақстан» посёлкасына еткен хызмет сапары даўамында посёлка турғынлары менен де ушырасып, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең кѳлемли реформалар, сыясий, социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, барлық тараўлардағы соңғы ѳзгерислер, елимизде алып барылып атырған саўаплы ислер сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын илим-билим алыўға бағдарлаў ҳаққында сѳз етти.
Ушырасыў даўамында «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы апа Қошымбетоваға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.
Сапар даўамында посёлкадағы қурылыс-ремонт, кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Посёлкадағы жәрдемге мүтәж 2 шаңарақ ҳалынан хабар алды, олардың турмыс тәризи менен жақыннан танысып, азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер берди.
Хызмет сапары соңында қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаровқа «Қарақалпақстан» посёлкасы район орайынан алыс аймақта жайласқанлығын инабатқа алып, посёлкадағы «Бердақ баба» мешити имам-хатиби пенен тығыз байланыста болыўы кереклиги ҳаққында айтты ҳәм бир қатар тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳикмет

БӘРШЕ ЕСИКЛЕР ГИЛТИ

🗝Әзизлик гилти – Аллаҳ ҳәм Расулине итаат.
🗝 Ырысқы гилти – истиғфар ҳәм тақўа менен биргеликтеги ҳәрекет.
🗝Жәннет гилти – таўҳид.
🗝Ийман гилти – Аллаҳтың мөжизалары ҳәм мақлуқатлары барасында пикирлеў.
🗝Жақсылық гилти – расгөйликте.
🗝Қәлблер өмири гилти – Қуранды түсиниўде.
🗝Илим гилти – шырайлы сораў яки шырайлы тыныш турыў.
🗝Утыстың гилти – сабыр.
🗝Нәжат гилти – тақўа.
🗝Зыядалық гилти – шүкир.
🗝Ақыреттеги мақтаў гилти – дүньяда азына да қанаат қылыўда.
🗝Ижабат гилти – дуўа.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube‌‌
#әҳмийетли #мағлыўмат

Уйқыдан алдын не қылыў керек?

- Таҳәрат алың.
- Мисўак илетиң.
- Қуптан намазын оқың.
- Мүлк сүресин оқың.
- Оң тәреп пенен жатың.
- Тәўбе қылың.
- Жәннет ҳаққында еслең.
- Зикир қылың.
- 33 мәрте Субҳаналлооҳ.
- 33 мәрте Әлҳамдулилләәҳ.
-34 мәрте Аллооҳу әкбар.
- Уйықлайман дегенше “Лә иләәҳә иллаллооҳ” кәлиймасын айтып жатың.

“Бисмилләәҳир Роҳмәәнир Роҳийм”ды бес мәрте, “Әъуўзу билләәҳи минәшшәйтоонир рожим”ды бес мәрте айтасыз. Соң “Я Аллаҳ! Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳүрмети менен маған Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды усы дүньяда да ақыретте де көрсет, деп айтың. Егер уйқыдан алдын усыларды айтсаңыз мен алдыңа келемен ҳасла қалып кетпеймен” - деди”.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#namaz_waqıtları

Нөкис қаласы ўақты менен
4-май күнги намаз ўақытлары

📌«Салмен ийшан» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

  ТАҢ — 05:15
ПЕСИН — 13:30
  НАМАЗЛЫГЕР — 18:10
  ШАМ — 20:10
  ҚУПТАН — 21:45

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 03:10
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 20:25
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

🌤 Ассаламу Алайкум! Және бир таң мүбәрек болсын!

☀️ ☀️ ☀️

Қәлбиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз қайырлы ҳәм жақсы әмеллерге толы болсын.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллоҳи ўә баракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

Бүгин ҳәптениң шемби күни

4-май            2024
25-шәўўәл   1445

🤲🏻
Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Сапар қылың - саламат боласыз ҳәм ырысқыланасыз", деди.

Имам Аҳмад ҳәм Имам Табараний рәўияты.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет #тәрбия

Умар ибн Хаттаб разыяллаҳу анҳу айтады:

Үш нәрсе ҳаққында көп ойға талма:

1. Жарлылық ҳаққында ойлама, өйткени ғамың көбейип кетеди. Бундай ғам адамды ашкөз етип қояды.

2. Саған зулым еткен адам ҳаққында ойлама, өйткени қәлбиң ғәзепке толып, душпаншылығың күшейип, қәҳир-ғәзебиң даўамлы болып қалады.

3. Дүньяда узақ қалыў ҳаққында ойлама, өйткени мал-дүньяға қызығып, өмириңди зая етесең ҳәм жақсы ислерди артқа сүресең.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

17 нәрсе қәбир азабынан сақлайды

1. Ата-анаға жақсылық қылыў.
2. Намаз.
3. Рамазан оразасы.
4. Ҳаж ҳәм Умра.
5. Жақсылыққа буйырып, жаманлықтан қайтарыў.
6. Аллаҳ тааладан қорқыў.
7. Аллаҳтан үмитин үзбеў.
8. Аллаҳ ҳаққында жақсы гүманда болыў.
9. Ҳәр дайым таҳәратли жүриў.
10. Ҳәр дайым Аллаҳтыӊ зикиринде жүриў.
11. Жунубликтен кейин дәрриў ғусл қылыў.
12. Жақын туўысқанлық қатнасықларды тиклеў.
13. Жақсы минез-қулық.
14. Гөдеклигинде дүньядан өткен перзент.
15. Аллаҳтан қорқып жылаў.
16. «Ләә иләәҳә иллаллаҳ»ты көп айтыў.
17. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube