NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.64K subscribers
5.58K photos
591 videos
5.8K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳәдис #дуўа

Егер таўлардай қарызыңыз болса да

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуға мынандай деди: “Ҳәй Муаз, саған бир дуўа үйретейин бе? Егер усы дуўаны оқыйтуғын болсаң, Уҳуд таўындай қарызың болса да, Аллаҳ таала ол қарызыңды үзиўиңде жәрдемшиң болады" – деп төмендеги дуўаны үйреткен.

Дуўа: Аллооҳуммә, мәәликәл мулки туътил мулкә мәң тәшәә ўә тәнзиъул мулкә миммәң тәшәә. Ўә туъиззу мәң тәшәә ўә тузиллу мәң тәшәә. Биядикәл хойр. Иннәкә ъаләә кулли шәй-иң қодийр. Роҳмәәнәд дунйәә ўәл аахироҳ. Ўә Роҳиймәҳумәә. Туътий мәң тәшәә минҳәә ўә тәмнаъҳу мәң тәшәә. Ирҳамний роҳмәтән, туғнийний биҳәә ъан роҳмәти мәң сиўәәк.

Мәниси: Аллаҳым, бәрше мал-мүлклердиң жалғыз ийеси Өзиңсең. Қәлегениңе мал-мүлкти бересең, қәлегениңнен оны аласаң. Қәлегениңди әзиз қыласаң. Қәлегениңды хор қыласаң. Жақсылық Сениң қолыңда. Сен бәрше нәрсеге қәдирсең. Сен дүнья ҳәм ақыретте мийрим ийесисең. Қәлеген бендеңди Өз мийримиң менен сыйлайсаң. Қәлеген бендең бул базыттан бос қалады. Аллаҳым, маған Сеннен басқаның раҳметине қәжет қалдырмайтуғын мийримиңди бер.

Тарқатың: https://t.me/niyetuz
#күн_ҳәдиси #дуўа

ШЫПА ДУЎАСЫ

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өз шаңарақ ағзаларынан айрымларына пана тилегенде оң қолы менен сыйпап:

«Аллооҳуммә Роббән-нәәси әзҳибил-бәъсә, ишфи Әнтәш-шәфий ләә шифәә-ә илләә шифәә-укә, шифәән ләә юғоодиру сақоомәә»
.

«Аллаҳым, ҳәй инсанлардың Рәбби, кеселликти кеткизиўши! Изинде кеселликти қалдырмайтуғын шыпа бер. Шыпа бериўши тек Өзиңсең. Сеннен басқа шыпа бериўши жоқ»

Шарҳ: Ҳәр бир дем салыўшы наўқасты оң қолы менен сыйпап турып дем салыўы усыдан алынған. Дуўаны оқып, оң алақанына дем салып, соң сол оң алақаны менен наўқасты сыйпалаў керек.

("Ҳәдис ҳәм Турмыс" китабынан).



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

Ата-ананың өз балалары ҳаққына айтатуғын дуўасы

«Аллооҳуммә бәәрик лий фий әўләәдий ўә ўәффиқҳум литооьатикә йәә Аллооҳ. Роббирзуқ зурриййәтий суҳбәтәл ахйәәри ўә хисооләл атҳәәр. Роббий, бәллиғний фийҳим ғоойәтә әмәлий, роббий мәттиъний би бирриҳим фий ҳайәәтий ўә әсъидний би дуъааиҳим баъдә мәмәәтий».


Мәниси: Я Аллаҳым, перзентлеримде маған берекет бер. Я Аллаҳым оларды ибадатлылардан қыл. Рәббим зүрядларымды жақсы адамлар менен сәўбетлес қыл ҳәм таза адамлардың қәсийетинен бер.
Рәббим олар ҳаққында ойлағанымның ең шоққысына жеткер. Рәббим тири ўақтымда оларды жақсылықлар менен сыйла ҳәм дүньядан өткенимнен кейин олардың дуўалары менен мени қуўандыр.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

АЗАНДА ҲӘМ КЕШҚУРЫН
ОҚЫЛАТУҒЫН ЗИКИР

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким ҳәр күни азанда ҳәм кешқурын "Родийту билләәҳи Роббәә, ўә бил Исләәми дийнәә, ўә би Муҳаммадин соллаллооҳу аләйҳи ўә сәлләмә Нәбиййәә, ўә Росуўләә" деп үш мәрте айтса қыямет күни Аллаҳтың разылығын табады", деди.

Зикирдиң мәниси: "Аллаҳты Рәбб, Исламды дин, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Нәбий ҳәм Расул деп разы болдым".



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ЖАЎЫН ЖАЎЫП ТУРҒАНДА АЙТЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, Ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

АТА-АНАНЫҢ ҲАҚҚЫНА
ОҚЫЛАТУҒЫН
ДУЎА🤲

«Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл»

Исро сүреси, 24-аят.

Оқылыўы: «Рәббир-ҳәмҳумәә кәмәә раббәяний сағийраа»

┉┅━❀🌺❀━┅┉

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

КҮШЛИ САМАЛ БОЛҒАНДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам егер қатты самал болса:
"Аллооҳуммә инний әсәлукә хойроҳәә ўа хойро мәә фийҳәә ўә хойро урсиләт биҳи ўа аъуўзу бикә мин шәрриҳә ўа шәрри мәә фийҳәә ўа шәрри мәә урсиләт биҳи", деп айтатуғын еди.

Мәниси: Я Рәббим, Сеннен оның жақсысын, ондағы жақсылықты ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жақсысын сорайман. Я Рәббим, Сеннен оның жаманлығынан, ондағы жаманлықтан ҳәм ол менен жиберилген нәрсениң жаманлығынан пана сорайман.

Имам Муслим рәўияты.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
"Самал бенделерге жиберилген мийрим. Базыда ол мийрим менен келеди базыда азап пенен. Егер самал ессе, оны сөкпең. Аллаҳтан оның жақсысын сорап, жаманлығынан пана тилең", деди.

Әбиў Даўид ҳәм Ибн Можа рәўиятлары

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳәдис #дуўа

Бир күни Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:

• «Нәпсим қолында болған Аллаҳға ант, бир дуўа бар, оны ким оқыса, әлбетте Аллаҳ таала оның тәшўишин кеткизеди».

«Лә иләәҳә илләә әнтә. Субҳаанака. Инний кунту миназ зоолимийн».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#дуўа

ҮЙДЕ ҚУТ-БЕРЕКЕТТИ ҲӘМ ЫРЫСҚЫНЫ КЕҢЕЙТИРИЎШИ (КӨБЕЙТИЎШИ)
ДУЎА

Аллооҳуммағфир лий зәнбий ўә ўәссиъ лий фий дәәрий ўә бәәрик лий фий ризқий.
Аллооҳуммәжъалний ми­нәт тәўўәәбийнә ўәжъалний минәл мутәтоҳҳирийн.


Мәниси: Я Аллаҳым! Мениң гүналарымды кешир, үйим­ди кең қыл, ырысқымды берекетли қыл. Я Аллаҳым! Ме­ни (бәрқулла) тәўбе қылыўшылардан ҳәм (бәрқулла) пәк жүриўшилерден қыл.


«Исми аъзам» китабынан.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#күн_ҳәдиси #дуўа

БЕС МЫҢ ҚОЙДАН АБЗАЛ

Ҳәзрети Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
"Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, бир күни меннен:
– Ҳәй Әлий, саған бес мың қой берейин бе яки дүнья ҳәм ақырет ушын пайдалы бес кәлийманы үйретейин бе? – деп сорады.
– Я Расулуллаҳ, бес мың қой анаў-мынаў пайда емес. Бирақ маған сол бес пайдалы кәлийманы үйретиўиңизди қәлеймен, – дедим.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам, мына дуўаны үйретти:
– «Аллаҳым, гүналарымды мәғфират қыл. Маған кең пейил ҳәм ҳадал бир дәрамат несип ет. Нәпсимди берген ырысқыңа қанаатлы қыл ҳәм қәлбимди Өзиң қайтарған нәрселерге мейил қылып қойма».

"Ҳикметлер ғәзийнеси" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube