NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.68K subscribers
6.66K photos
595 videos
6.82K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#ҳикмет

Еситпестен турып жуўап қайтарыўы, түсинбестен турып бәсекеге кириўи ҳәм билмеген нәрсеси хаққында ҳүким қылыўы наданлықтың белгиси.

Жафар ибн Муҳаммад.

•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

ИСМНИҢ ШАРАПАТЫ

     Ҳәзирети Ашраф Әлий Таҳанаўий айтады, Аллаҳ таала исмлер, лебизлер ҳәм сөзлерге де әжайып тәсирлер жайластырып қойған.
     Бир жигитти ата-анасы Калимуллаҳ деп атаған екен, сол жигит көбинесе бийтап болып жүрер еди. Мен оның атын Салимуллаҳ деп өзгерттим. Сол ўақыттан баслап дүзеле баслады. Себеби, Калимниң мәниси наўқас ҳәм жарадар, дегени.

     ("Мажалиси ҳәкимул-умма")



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Бир алымнан адамлар:
– «Неге турмыс буншелли қыйынласып кетти?» – деп сорапты.

Сонда алым:
– «Себеби, күнин «Бисмиләәҳ» пенен баслайтуғын адамлар кемейип кетти», – деп жуўап берген екен.

Ким күнин «Бисмилләәҳ» пенен басласа, әлбетте Аллаҳ таала сол күнди «Әлҳамдулилләәҳ» менен тамамланыўын несип етеди.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

"Бахыт – инсан өз нәпсиниң үстинен ҳүкимдар бола алыўы.
Бахытсызлық - нәпси оның үстинен ҳүкимдар болыўы.

Сиз бир асаў жәниўарды қолға үйретпекши болсаңыз, оны аш қалдырмай, күшсизлендирмей буны еплей алмайсыз. Себеби, ол тойып турса, күши артып, асаўлығынша қала береди, қолға алыўдың иләжы болмайды.

Нәпси де - тап сондай!



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Алтыннан қымбат сөзлер:

– Өмирде жетискенликке ерискен адамды көрмедим. Егер көрген болсам, ол ата-анасына жақсылық қылыў несип еткен адам болып шықты.☀️

– Ғам-тәшўишсиз адам жоқ. Бирақ, «Бул өткинши дүнья» деп, оны жеңил шетлеп өтетуғын адам табылады.⭐️

– Қыйналған ўақтыңызда жыламаң, ал сәждеге бас қойың.☀️

– Ең жақсы дос дүнья саған күлип баққанда көреалмаслық қылмайды, дүнья сеннен жүз бурса, сени таслап кетпейди.☀️

– Салдамлы ҳәм айбатлы болыўдың сыры аз сөйлеўде. Сулыўлық ҳәм шырайдың сыры күле шырай қылыўда. 🌿

– Инсан тәлим алыўының ең үнемли жолы, ҳәр бир пикирди еситип, оны ҳүрмет қылыўында. Оннан қанәәтлениўи шәрт емес.🌺

– Салиҳ адамлардан бири: «Перзентиңе Қуранды үйрет. Қуран оған бәрше нәрсени үйретеди», деди. 🌼

– Ким анасына жақсылық қылыўдан бийнесип болса, бәрше жақсылықлардан бийнесип болыпты!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/niyetuz
#ҳикмет

Имам Шафеъий раҳматуллаҳи алайҳ айтады: Рияның не екенлигин тек ықласлы адамғана биледи.
Яғный, рияның мәнис-мазмунын ҳәм оның нәзик тәреплерин тек ықласлы инсанғана түсинеди. Себеби ол рияның не екенлигин толық аңлап жеткенге шекем узақ ўақыт изленеди, пикирлейди, өзин тексереди. Соның ушында ҳәммеде рияның не екенлигин түсинебермейди.

(Рия-әмеллерди инсанлар көрсин ушын ислеў)

•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Ҳәмме нәрсениң елеги ўақыт. Ол өтирик пенен расты, қәлбеки менен ҳасылды, жақсылық пенен жаманлықты, опа менен қыянетти бир күни әлбетте ажыратып береди.

•┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Ҳикмет

Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу қолы шал болып қалған кисиден оған не болғанын сорады. Ол адам «Әкем жәҳилият ўақтында мени ғарғады (яғный, ҳаққыма жаман дуўа қылды). Қолым соннан бери сондай», деди. Сонда Ҳәзирети Умар разыяллаҳу анҳу «Әкелердиң жәҳилият ўақтындағы дуўасы соншелли болса, Исламдағы дуўасы қандай екен!» деди.

📚«Ҳикмет мөминниң жоғалтқаны» китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Ҳәзирети Әлий разыяллаҳу анҳу былай деген:

«Аллаҳ таала тилди сол дәрежеде беккем қорған менен орады, басқа ҳеш бир ағза буншелли беккем қорғалмаған. Тилдиң алдында отыз еки тис сап тартқан, тислердиң артынан еки ерин жабылған, иште тилдиң үсти кишкене тил менен қапланған, ал оннан ишкериде қәлб турады. Солай екен, Аллаҳтан қорқ, бул тутқынды қашырып жиберме. Тилдиң бәлесинен сақлана алыўыңа исеним пайда етсең ғана оны еркин қойыўың мүмкин».

«Унўанул баян»



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#ҳикмет

Мүсийбетлер – мийман. Үйде сабырды көрмесе қонып қалады.

Неъматлар да мийман. Үйде шүкирди көрмесе кетип қалады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube