NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#рәўият #тәрбия

ИНСАН УШЫН ЕҢ УЛЛЫ НЕЪМАТЛАР

Рәўиятларда келеди, Солиҳ Димашқий деген алым өз улына былай нәсият қылған:
"Ҳәй балам! Егер күниң ҳәм түниң өтсе, онда диниң, денең, малың ҳәм шаңарағың аманлықта болса, Аллаҳ таала ушын шүкирди көбейт! Қаншадан-қанша дини тартып алынған, мал-мүлки талан-тараж етилген, айыбы әшкараланған ҳәм бели сындырылған адамлар бар. Ал, сен аманлықтасаң".

Бул нәсияттан инсан ушын ең әҳмийетли неъматлар не екенин билип алсақ болады. Инсанның дини, денеси, малы ҳәм шаңарағы аманлықта болса, оған дүньядағы ҳәмме жақсылықлар, неъматлар берилген болады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият #тәрбия

Ҳасан Басрий раҳимаҳуллаҳ айтады: «Аллаҳ таала бендеге қәлегенинше неъмат бериўи мүмкин. Егер неъматқа шүкир қылынбаса, Аллаҳ таала неъматты азапқа айландырады. Соның ушын шүкир «сақлаўшы» деп аталған. Себеби, ол инсанда бар неъматларды сақлайды. Және ол «шақырыўшы» деп те аталады. Себеби, ол инсанда жоқ болған неъматларды шақырады».



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият

ҲАДАЛ МИЙНЕТ

   Имам Аўзаий раҳимаҳуллаҳ Байрутта Ибраҳим ибн Адҳам раҳимаҳуллаҳты көрип қалды. Ибраҳим желкесинде бир баў отын көтерип алған еди. Аўзаий оған:
"Ҳәй Әбиў Исҳақ! Қашанға шекем бундай қылып жүресиз?! Бирәдарларыңыз қарап турмаса керек, жәрдемлесер", – деди.

  Ибраҳим ибн Адҳам оған:
"Мени өз ҳалыма қой, ҳәй Әбиў Амр. Мен "Ким ҳадал ырысқы талабында, нәпсин хорласа жәннет оған ўәжиб болады", деген гәпти еситкенмен", – деди.

"Әл-мужәләсә ўә жәўәҳирул илм" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉 Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият

ГҮНАДАН САҚЛАНЫЎ УШЫН...

Бир адам Ибраҳим ибн Адҳамның алдына келип:
– Ҳәй Ибраҳим, нәпсим ҳәддинен асып кетти, гүна ислер қылып қойып атырман, сизде нәпсимди гүна-мәъсиятлардан тоқтатуғын бир нәрсе бар ма? – деди. Ибраҳим:
– Егер меннен бес қәсийетти қабыл етсең ҳәм оларды орынлай алсаң, саған ҳеш бир гүна зыян жеткере алмайды, – деди. Ол адам:
– Айтың, ҳәй Ибраҳим, – деди. Сонда Ибраҳим:
Бириншиси: Егер Аллаҳ таалаға гүна қылмақшы болсаң, Оның ырысқысын жеме, – деди. Ол:
– Онда ырысқыны қай жерден аламан, жер жүзиндеги бәрше нәрсе Аллаҳ тааланың ырысқысынан-ғо! деди.
– Өзиң ойла, Оның берген ырысқысынан жеп турып, және Оған гүна етиўиң жақсы ис пе?! – деди Ибраҳим. Ол адам:
– Яқ. Жақсы емес. Енди екиншисин айтың, – деди. Ибраҳим:
– Егер оған гүна қылмақшы болсаң Оның жеринде жасама, – деди. Ол:
– Ҳәй Ибраҳим, бул алдынғысынан да қыйынырақ-ғо! Қуяш шыққан жерден қуяш бататуғын жерге шекем ҳәмме жер Оныки болса, онда мен қай жерде жасайман?! – деди. Ибраҳим:
– Өзиң ойлап көр, Оның ырысқысынан жеп турып, Оның жеринде жасап турып, және Оған гүнә етиўиң жақсы ма?! – деди. Ол:
– Яқ жақсы емес. Енди үшинсисин айтың, – деди. Ибраҳим:
– Егер Оған гүна қылмақшы болсаң, Ол көрмейтуғын жерди таўып, сол жерде гүна қыл, – деди. Ол:
– Ҳәй Ибраҳим, қандай етип бундай болыўы мүмкин? Ол бәрше сырлардан хабардар, қәлбтеги жасырын нәрселерди де биледи-ғо, Оған ҳеш бир нәрсе жасырын емес-қо! – деди. Ибраҳим:
– Ҳәй бирадар, ойлап көр, Оның берген ырысқысынан жеп турған болсаң, Оның жеринде жасап турған болсаң ҳәм және Ол сени гүзетип турған болса, Оған гүна қылыўың жақсы ма?! – деди. Ол:
– Яқ, төртиншисин айтың, – деди. Ибраҳим:
– Егер жаныңды алыў ушын өлим периштеси келсе, сен оған: «Кешиктирип тур, тәўбе етип алайын», деп айт, – деди. Ол:
– Өлим периштеси мениң бул гәпимди қабыл етпейди, – деди. Ибраҳим:
– Егер өлимниң кешикпестен, тосаттан келиўин билсең ҳәм тәўбе етип алыў ушын оны артқа сүриўге имканың болмаса, қутылып қалыўыңнан қандай үмит етесең?! – деди. Ол:
Бесиншисин де айтың, – деди. Ибраҳим:
– Егер Қыямат күни сени дозаққа алып кетиў ушын зәбаниялар (яғный, азаплаўшы периштелер) келсе, олар менен бармайман деп айт, – деди. Ол:
– Олар буған қарап та еситип те отырмайды-ғо! – деди.
Сонда Ибраҳим:
– Ондай болса, қандай етип утысқа ерисиўден, дозақтан қутылыўдан үмит етесең?! – деди. Ол:
– Ҳәй Ибраҳим, жетерли болды, маған усы жетерли, енди Аллаҳ таалаға истиғфар айтаман ҳәм тәўбе етемен. Нәпсимди тергеп, оны тәрбиялайман, – деди.


https://t.me/niyetuz
#рәўият

Аллаҳтың сыйлықлаўы ҳәм ҳәзирети Әлийдиң жоқары мәртебелилиги

Ҳәзирети Әлий үйден 6 дирҳам алып базарға барды. Енди саўда қылып атырған пайытта еки адамның келиспей, тартысып турғанын көрди. Бири қарызын талап қылар, екиншиси бираз мәўлет сорар еди. Алты дирҳамын оларға берип тынышландырған ҳәзирети Әлий үйине бос қайтыўға мәжбүр болды.
– Әке, мийўе алып келдиңиз бе? Жейтуғын ҳеш нәрсе алмадыңыз ба? Әке, ашпан!
Ҳәзирети Әлийдиң жүреги қыйналды. Көзлерине жас толды. "Ҳәзир алып келемен", - деп үйинен шықты. Не ислерин, қайжерге барарын билмес еди. Сол ўақытта алдынан түйе жетеклеген биреў шықты.
– Әлий, түйе аласаң ба?
– Ҳәзир пулым жоқ.
– Кейин берерсең, саған исенемен.
– Ондай болса аламан, қанша?
– Жүз дирҳам.
– Мейли алдым. Түйени жетеклеп, туўры базарға барды. Ол жерде түйеге дәрриў қарыйдар шықты.
– Түйени сатасаң ба, Әлий?
– Аўа сатаман.
– Үш жүз дирҳамға сатасаң ба?
– Аўа алың.
Пулға дәрриў базарлық қылды. Балаларын жейтуғын мийўелер алып үйине қайтты. Сол күни үйинде байрам болды. Бир тәрептен болып өткен ўақыя додаланар, екинши тәрепте тағам таярланар еди. Сол күни Пайғамбар алайҳиссалам оның үйине келди.
– Саған түйе сатқан адам кимлигин билесең бе, Әлий?
– Яқ, Аллаҳтың Расули.
– Ҳәзирети Жәбрайыл периште еди. Түйеңди ким алғанын билесең бе?
– Яқ, Аллаҳтың Расули.
– Ол ҳәзирети Исрапийл периште еди. Ал, түйе болса, жәннет түйелеринен. Бир мусылманды қыйыншылықтан қутқарғаның ушын уллы Аллаҳ сени сыйлықлады, деди.



https://t.me/niyetuz
#рәўият #тәрбия

АНАҒА БОЛҒАН ҲҮРМЕТТИҢ ЕҢ ЖОҚАРЫ ҮЛГИСИ

Даўыт ибн Қайстан рәўият қылынады:
«Бир адам маған хабар берди. Әбиў Ҳурайра азанда үйинен шықпақшы болса, кийимлерин кийип, анасының алдына келип:
«Ассаламу алайкум, анажан ўа раҳматуллаҳи ўа баракатуҳ! Мени кишкенелигимде тәрбия қылғаныңыз ушын Аллаҳ сизди жақсы сыйлықласын!» – дер еди.
«Балам, қартайғанымда маған жақсылық қылғаның ушын сени де Аллаҳ жақсы сыйлықласын!» – дейтуғын еди анасы.
Кейин шығатуғын еди. Қашан қайтса, және соған уқсаған гәпти айтар еди».

Мине, перзент пенен ананың арасында болатуғын мүнәсибеттиң үлгили бир көриниси. Уллы саҳаба, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның медресесин питкерген Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу ананы ҳүрмет қылыў бойынша дүньядағы бәрше перзентлерге үлгили сабақ өтпекте.


«Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/niyetuz
#рәўият

ТӨРТ ПАЗЫЙЛЕТ

Ҳатамул Асамнан: "Аллаҳқа тәўекел қылып неге еристиң?" деп соралды.
Ол былай жуўап берди:
"Төрт пазыйлетке ийе болдым.
Бириншиси: ырысқымды меннен ҳеш ким тартып ала алмайды екен;
Екиншиси: мен қылатуғын ислерди мен ушын ҳеш ким қылып бермес екен. Соның ушын жақсы әмеллеримди көбейттим.
Үшиншиси: өлимге таярландым. Ол тосаттан келетуғынын түсинип жеттим.
Төртиншиси: қай жерде болсам да, Аллаҳ мени көрип турыпты деп ойлап оннан ҳая қылдым (яғный, Ол көрип турыпты, деп гүна қылыўға батына алмадым)".

"Ески дүнья рәўиятлары" китабынан.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рәўият

ЕР ҚӘДИРИН БИЛГЕН ҲАЯЛ

Кәмбағал бир адам аўылындағы адамлардың малларын жайлаўда бағып беретуғын еди. Ҳеш кимге аўырлығын салмастан шаңарағын усы кәсип арқалы бағатуғын еди. Күйеўиниң кеўлине қарайтуғын, оны түсинетуғын ақыллы, жақсы ҳаялы бар еди. Соның ушын да, аўылда ҳәмме оны ең бахытлы инсан деп есаплайтуғын еди.
Аўылда қайсы бир еркек ҳаялы менен урысып қалса: "Бар, падашының ҳаялынан өрнек ал!" деп айтатуғын екен.
Күнлердиң биринде аўыл ақсақалы ҳаялынан қапа болды. Аўыл ақсақалы ҳаялы менен урысып:
— Ҳәй гәпке түсинбейтуғын надан ҳаял! Бар, аўылымыздағы падашының ҳаялынан өрнек ал. Әне саған күйеўиниң қәдирин билетуғын ҳаял! Өрнек ал соннан!" деди. Сонда ҳаялы:
– Падашының ҳаялынан нени де үйренемен. Күйеўи малбағар болса! Өзи бир қолында өнери жоқ, артықша бир пазыйлети жоқ адам-ғо, деп барыўдан бас тартты.
Ақсақал ашыў менен өз жумысына жөнеп кетти. Ал, ҳаялы ақсақалдың айтқан гәплеринен тынышсызлана баслады. Сонда: "Ҳәмме мақтап атырған падашының ҳаялын бир көрейин" деп орнынан турып, ҳаялдың үйине қарай жол тартты.
Сол ўақытта падашының ҳаялы қуяшта отырып жумысларын ислеп, қуяшта ысып кеткен суўдан суў ишип отыр еди.
Ақсақалдың ҳаялы:
– Усы суўдан маған да азмаз бериң, – деди.
– Бул суў қуяшта турып ысып қалған, сизге муздай суў алып келемен, бир аз күтип турың, деди.
Ақсақалдың ҳаялы:
– Мейли, бирақ неге сиз өзиңиз ысып кеткен суўдан ишип атыр едиңиз? – деп сорады.
– Апа, усы сәтте күйеўим ыссыда жайлаўда жүрипти. Қуяшта ысып кеткен мешинен суў ишип атырған шығар. Күйеўим ол жерде ысыған суў ишседағын, мен бул жерде муздай суў ишип отырсам, оған ҳаял болғаным қайда қалады! – деп жуўап берди.


«Ҳикметлер ғәзинеси» китабынан.



https://t.me/niyetuz
#рәўият

Истиғфар ҳәм тәўбениң пазыйлети

Рәўият қылыныўынша, Муўса алайҳиссалам дәўиринде Бәний Исрайыл қәўимине қәҳәтшилик жетипти. Адамлар Муўсаның алайҳиссалам алдына келип: «Ҳәй Аллаҳтың пайғамбары, Рәббиңе дуўа қыл, бизге жаўын жаўдырсын», – деп өтиниш етти. Муўса алайҳиссалам олар менен бирге саҳраға шықты. Олар жетпис мың яки оннан да көп еди. Муўса алайҳиссалам дуўа қылып: «Илаҳим, бизге жаўыныңды жаўдыр ҳәм мийримиңди түсир, емизиўли нәрестелер, отлайтуғын ҳайўанлар ҳәм қариялардың себебинен бизге рейим қыл», деди. Дуўадан соң қуяш ыссылығы және де күшейди. Муўса алайҳиссалам ҳайран болып, Рәббисинен сораған еди, Аллаҳ ўаҳий қылып: «Араңызда қырық жылдан бери гүна қылып, Маған әси болып киятырған бенде бар, сол бенде саптан шықсын, оның себебинен жаўынды тоқтатып турыпман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳым, мен бир әззи бенде болсам, ҳаўазым да күшсиз болса, қай жерге де жетер еди, олар жетпис мыңнан көп», деди. Аллаҳ таала: «Сен айта бер, даўсыңды жеткизиў бизден», деп ўаҳий қылды. Сонда Муўса алайҳиссалам турып : «Ҳәй қырық жылдан бери гүна қылып, Аллаҳға әси болып киятырған бенде, арамыздан шық, сениң себебиңнен жаўын тоқтап турыпты», деп бақырды.
Гүнакар бенде оң ҳәм сол тәрепине қарады, бирақ ҳеш кимниң шыққанын көрмеди. Талап қылынып атырған адам өзи екенин билди. Илажсыз қалған гүнакар адам егер жәмәәттен шықсам шерменде боламан, шықпасам мениң себебимнен жаўын жаўмайды, деп ойлады ҳәм гүналарына қатты пушайман болып, Аллаҳ таалаға жалбарынды: «Пәрўардигар, қырық жыл гүна қылдым, азап жиберместен, шерменде қылмастан мүддет бердиң. Енди болса саған бойсынып сорайман, тәўбемди қабыл қыл». Бенде еле гәпин тамамламай турып аспанға булт келип, мес аўзынан суў төгилгендей жаўын жаўа баслады.
Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, гүнакар бендең арамыздан шықпады-ғой, не ушын жаўын жаўдырып атырсаң?», деди. Аллаҳ таала: «Ҳәй Муўса, сол тәўбе қылған бенде себебинен жаўын жаўдырып атырман», деди. Муўса алайҳиссалам: «Ҳәй Аллаҳ, маған сол бендеңди көрсет», деди. Аллаҳ таала: «Мен оны гүна қылып жүрген ўақытында шерменде қылмадым енди бойсыныўшы болғанында шерменде қыламан ба?» деп жуўап берген.



https://t.me/niyetuz
#рәўият

СЫРТЫНАН СӨЙЛЕЎ

Үлкен тәбеийнлерден бири болған Ҳасан Басрыйдың алдына бир адам келип: "Ҳәзирет сиз адамларға көп маруза айтасыз, оларға көп жақсылық қыласыз, бирақ олар сиздиң сыртыңыздан жаманлайды, сиз ҳаққыңызда өсек айтады", деди.
Сонда Ҳасан Басрый раҳматуллаҳи алайҳ: "Мен бир әззи бендемен, қолымнан келетуғын жақсылықта аз. Ал Аллаҳ таала оларға сонша жақсылық қылған болса да, түрли гәп-сөз айтады, түрли дөҳмет, жалаларды айтады. Мен Аллаҳ тааланың қасында ким болыппан өкпелейтуғындай", деген екен

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube