NIYET.UZ | Рәсмий канал
2.66K subscribers
6.62K photos
592 videos
6.78K links
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити  рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.
Download Telegram
#оразаның_пазыйлети
#рамазан_2023

ҚӘДИР ТҮНИ

Муаўия ибн Әбиў Суфян разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ләйләтул Қодр жигирма жетинши түнде», деди».

Рамазанның ҳәр бир түниниң уллы екенлигин, Аллаҳ таала Ләйләтул Қодр түниниң берекетинен мың айлық ибадаттың саўабынан да жақсырақ саўап беретуғынын аңлаўымыз керек.

Ҳәр бир инсанның Ләйләтул Қодр түнин излеп түнлерин уйқысызлықта өткериўден мақсети ондағы ибадат, Қуран тиләўаты, намаз оқыў, дуўа етиўи гүналарының кеширилиўинен үмитте болыўында. Өйткени, қам сүт емген бендемиз бәршемиз!
Буны ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ туўры ҳалда жолға қойыўы керек. Бундай деўимизге себеп айырым бир жағдайларда Қәдир түнин уйқысыз өткериўге урыныўлар болады, бирақ, сол түнлерде ҳәр түрли аўқатлар, ишимликлер, бийкаршы гәп-сөзлер менен болып, Қыдыр атаны көремиз деген пикир менен шалғып қалады. Тилекке қарсы, әтирапымызда «Қыдыр атаны көрдим», дегенлер соның менен бирге Қыдыр атаны ақ кийимде узын бойлы етип сәўлелендирип атырғанларда бар. Негизинде шәриятымызда Қыдыр ата бул бир заманлары пайғамбар болып өткен Ҳизр алайҳиссалам деген Аллаҳтың бир бендеси. Ол көп жыллар солиҳ жасағаны ушын халқымыз арасында әпсанаға айланып кеткен.

Ҳәр бир ибадатымыздан, Ләйләтул Қодр түнин излеп, ондағы уйқысызлықтан мақсет ибадат, бийбаҳа түн пазыйлетинен саўап алыў. Солай екен, бизге берилген тәкирарланбас, баҳасы теңсиз түнди бийкаршы ислерге сарыплаўға арзый ма? Яқ, ҳасла мүмкин емес.

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам деди: «Қәдир түнин ийман менен саўап үмитинде намаз оқып өткерген адамның гүналары кешириледи».

Рамазан айының ҳәр бир түниниң пазыйлетинен шетте қаламайық десек, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлерине әмел етиўимиз тийис.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ҳәдис
#қәдир_түни

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
«Қәдир түнин Рамазанның ақырғы он күнлигиниң тақ түнлеринен излең...»

❗️Ақырғы он күнлик тақ түнлери

🗓 21-түн – 11-апрельден 12-апрельге өтер түн .

🗓 23-түн – 13-апрельден 14-апрельге өтер түн .

🗓 25-түн – 15-апрельден 16-апрельге өтер түн .

🗓 27-түн – 17-апрельден 18-апрельге өтер түн .

🗓 29-түн – 19-апрельден 20-апрельге өтер түн .



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#Ҳикмет #Рамазан_2023

Қәдир түнинде намаздарды әлбетте жәмәәт пенен оқып, қалған ўақытта нәпил намаз оқыў, Қуран тилаўат қылыў, зикрлер, дуўалар қылыў, диний илим үйрениў менен бәнт болыў лазым.


Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023
#ҳикмет

«Ләйләтул Қодр» қандай түн

«Ләйләтул Қодр» – “белгилеў түни”, яғный жыл даўамында қылынатуғын түрли әмеллер, таўылатуғын ырысқы, бир сөз бенен айтқанда тәғдирлер белгиленетуғын түн.

Бул түн «... мың айдан жақсырақ» (Қодр сүреси, 3-аят).

1000 ай – 83 жылға тең.
83 жыл – 30295 күнге тең.




Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

Мәниси:
Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#рамазан_2023 #тараўиҳ

27-ТАРАЎИҲ, ҚӘДИР ТҮНИ НӨКИС ҚАЛАСЫ «ИМАМ ИЙШАН МУҲАММАД» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ХАТМУЛ ҚУРАН ЖУЎМАҒЫНАН ВИДЕО КӨРИНИСЛЕР.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
#рамазан_2023 #ораза #аўыз_жабыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.


Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube
#рамазан_2023 #питир

Питир садақасын кимге бериўимиз керек?

Абдуллаҳ ибн Масъуд рәўият қылған ҳәдисте: «… мискинлер ушын азық…», – делинген.

Демек, питир садақасын мусылман мискинлер, пақыр-пуқаралар, кем тәмийинленгенлер алыўға ылайық. Питир садақасы жасап турған жериңдеги мискин-пақырларға берилсе, мақсетке муўапық болады.



Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube