1924-жылы Орта Азия, яғный Түркстан Қырғызстан, Қазақстан, Түркменстан, Өзбекстан, Тәжикстан болып бес республика дүзиледи.
Усы 1924-жылдан баслап республикалар мәмлекет болғанын белгилейди. Өз мәмлекетшилигин усыннан баслап есаплайды. «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» (2003-жылғы) китабындағы «Қаракалпақлар патша Россиясы Хийўа ханлығын жаўлап алғанға шекемги дәўирде», «Патша Россиясының Хийўа ханлығын ҳәм қарақалпақлар жерин жаўлап алыўы», «Патша Россиясының Қарақалпақстандағы колониялық сиясаты, оның тийкарғы мәниси ҳәм бағдарлары», «XIX әсирдиң ақыры - XX әсирдиң басында Қарақалпақстанныӊ шеп жағалықтағы халқының аўҳалы» ҳәм «Қарақалпақстан халықларының колониялық езиўге қарсы гүреси (1873-1914)» деген темалардың жаңа тарийх деп аталыўы түсиниксиз.
Бизиң пикиримиз бойынша, «Жаңа тарийхта» 1924-жылдан—Қарақалпақстанның автономиялы область алғанынан, А. Досназаров хызметлеринен бүгинги күнге дейинги дәўирди сүўретлегенимиз дурыс болады. Соның менен бирге, жаңа тарийхты жазғанда тарийхшылар төмендегилерди де есапқа алғаны мақул деп өз пикиримиз бенен ортақласапақшымыз:
Жаңа тарийхымыз А. Досназаровтың қарақалпақ халқына автономиялы область алып бериў хызметлери менен байланыўы тийис.
Ел-халық ортасынан шыққан жанкүйер, патриот — Аллаяр Досназаров қарақалпақларға миллий мәмлекет (автономия) алып бериў үстинде көп хызмет еткен. Ол Ташкентте, Москвада болған үлкен анжуманларда қайта-қайта, тәкирар-тәкирар шығып сөйлеп, Қарақалпақларға миллий автономия бериўди талап етеди.
«Қарақалпақ халық емес, ол я өзбектиң, я қазақтың бир шақапшасы» деген пикирлерди Досназаров ҳасла итибарға алмайды ҳәм айтқанларға өз алдына халық екенимизди дәлиллеп береди. Бундай дискуссиялар көп жыллар даўам етеди.
Ақыр-ақыбетинде Аллаяр Досназаров Москвада 1924-жыл октябрь айында өткен Орайлық атқарыў комитетиниң (ЦИКтиң) II съездинде минберге шығып, тапқырлық пенен «Бозатаў» қосығын намаға салып айтып жиберген. Сонда ЦИК (ОАК) басшылары «усындай қосық (намасы менен) Өзбекте бар ма?» деп саўал кояды. «Жоқ,» — деген жуўап алады.
«Қазақта бар ма?» «Жоқ», — деген жуўап алады. Солай етип, Аллаяр Досназаров Қарақалпақлардың өз алдына миллет екенлигин дәлиллейди. Орыслар Аллаяр бабамызға қол шаппатлайды.
РКП(б) Орта Азия бюросы 1924-жыл октябрь айында қарар қабыл етип, Қарақалпақстан Автономиялы Областы дүзилди. Солай етип, Қарақалпақ халқы өз мәмлекетшилигине ийе болды.
Қарақалпақстан автономиялы областының Ревкомы ҳәм РКП (б) ның биринши шөлкемлестириў мәжилисинде қарақалпақ обкомының бюросы дүзилип, оның жуўаплы секретары етип Аллаяр Досназаров таярланады. Ең әўели автономиялы область төрт округке — Төрткүл (7 волость), Шымбай (9 волость), Хожели (6 волость), Қоңырат (4 волость) қәлиплеседи.
Қарақалпақстан автономиялы областы Атқарыў комитети дүзилип, оның қурамына А. Досназаров, Ә. Қудабаев, И. Бекимбетов, Қ. Әўезов, Е. Кожуров, У.М. Бәкиров ҳ.т. басқалар киреди.
Қаллибек Камаловтыӊ «ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫҢ ТАРИЙХЫ ҲАҚҚЫНДА ЖАҢА ДӘРЕКЛЕР» китабынан.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz

Қарақалпақ Отеллосы!
Белгили талант ийеси дөретиўшилигине бағышланды
...Театр сахнасында дүнья халықлары драматургиясының, миллий драматурглеримиздиң шығармаларын сахналастырып, халқымызға руўхый азық берди. Солардан В.Шекспирдиң «Отелло», Г.Горинниң «Аты өшсин», Иосеалинниң «Арбаң аўдарылмасын», Ж.Аймурзаевтың «Бердақ», К.Рахмановтың «Келин», «Рахмет келин», «Абыйға бабый», С.Балғабаевтың «Бизлерде ашық болғанбыз», А.Уталиевтың «Ерназар Алакөз», Қ.Мәтмуратовтың «Кешиккен муҳаббат» ҳәм басқа да спектакллерин, С.Рахманиновтың «Алеко», Қ.Заретдиновтың «Тумарис» операларын сахналастырып, үлкен табысқа еристи...
Толық оқың.
ҚХА

#Сейдин_Әмирлан_50_жаста
ӘМИРЛАН СЕЙДИН ЕЛСҮЙЕР УЛЫ (Табысқан Қанаатов) 1972-жыл 23-майда Наўайы ўәлаятының ўәлаятының ҳәзирги Тамды районында туўылған. 1995-жылда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин, 2002-жылда болса Ташкент мәмлекетлик экономика университетин тамамлаған.
Сейдин ӘМИРЛАН қарақалпақ фольклорына тийисли көплеген илимий мақалалардың авторы. Оның қәлемине тийисли дөретпелер өзбек, қазақ, әзербайжан, түрк, түркмен, татар, орыс, инглиз, немис, венгер, француз тиллерине аўдарылған.
Журналист, фольклоршы алым, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамлары ағзасы С. Әмирлан бүгинги күнде Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамында әдебий консультант лаўазымында ислеп келмекте.

''Aqmańğıt_tańı''_gazetası_Er_Edige;.pdf
4.5 MB
#Сейдин_Әмирлан_50_жаста
«Ақмаңғыт таңы» газетасының 2018-жыл 11-июнь күнги санында Сейдин ӘМИРЛАН авторлығында шыққан «Ер Едиге тулғасы» атлы мақаланы оқый аласыз.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
«Ақмаңғыт таңы» газетасының 2018-жыл 11-июнь күнги санында Сейдин ӘМИРЛАН авторлығында шыққан «Ер Едиге тулғасы» атлы мақаланы оқый аласыз.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Audio
#Сейдин_Әмирлан_50_жаста
Сейдин ӘМИРЛАН.
Тәўелибай үлкеси ҳаққында
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Сейдин ӘМИРЛАН.
Тәўелибай үлкеси ҳаққында
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
#Сейдин_Әмирлан_50_жаста
"AVANGARD-BASPA" дан китап жаңалығы!
Қарақалпақ халық дөретиушилигинде аталар жыры, аллай, алалай, хәңңай ямаса хаңаңай сыяқлы хәрқыйлы атамалар менен бирге жүритилип келген термишлер елеге шекем өзиниң дәстүрий жолын сақлаған халда атқарылып келмекте. Сейдин Әмирланның бул топламына усы мәселелер илимий тийкарда қарастырылған хәм халықлық термиш үлгилери жәмленип берилген.
Баспамыз атынан авторды бул қунлы мийнети менен қутлықлап, дөретиушилигинде табыслар тилеймиз.
Баспа администрациясы

"Халық даналығы" фолькклубы [2019].
Жазыўшының үй китапханасынан
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
"Халық даналығы" фолькклубы [2019].
Жазыўшының үй китапханасынан
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
#Сейдин_Әмирлан_50_жаста
Беруний ҳәм қарақалпақ күнсанағы
Жазыўшының үй китапханасынан
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Беруний ҳәм қарақалпақ күнсанағы
Жазыўшының үй китапханасынан
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
ӘМИРЛАН СЕЙДИН ЕЛСҮЙЕР УЛЫ ҲАҚҚЫНДА МАҒЛЫЎМАТЛАР
ЖӘМИЙЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕРИ:
1) Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы [1997];
2) Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик аўқамының ағзасы [1997];
3) Өзбекстан Мағрыйпетшилер жәмийетиниң ағзасы [1998];
4) Халықаралық Жаслар Палатасының ағзасы [1999];
5) Халықаралық «Орайлық Азия халықлары мәденияты Ассамблеясы» жәмийетлик ҳәрекетиниң Басқарма ағзасы [2000];
6) Халықаралық Қыпшақтаныў институтының Орта Азия бойынша ўәкили [2008];
7) Халықаралық «АБАЙ» клубының Қарақалпақстан Республикасы бойынша ўәкили [2008];
8) Халықаралық «Мәдияр-Туран» бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили [2010];
9) Халықаралық Әййемги дүнья Илимий Академиясының докторы [2013];
10) Халықаралық «Ер Едиге» жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы бойынша арнаўлы ўәкили [2017];
11) Қаллы Айымбетов атындағы «Халық даналығы» фольклор клубының шөлкемлестириўшиси ҳәм жетекшиси [2018];
12) «Қарақалпақ тили» интерклубының шөлкемлестириўшиси ҳәм жетекшиси [2019];
13) «Шежире» орайының шөлкемлестириўшиси ҳәм жетекшиси [2020];
14) «Жас дөретиўшилер ҳәм үлкетаныўшылар» клубының шөлкемлестириўшиси ҳәм жетекшиси [2020];
15) «Қәлемгер» дөгерегиниң шөлкемлестириўшиси ҳәм жетекшиси [2021].
CЫЙЛЫҚЛАНЫЎЫ:
1) «Жас илимпаз» таңлаўының жеңимпазы [1992];
2) «Студентлер бәҳәри – 1993» жаслар фестивалының қатнасыўшысы ҳәм илимий баянатлар бойынша 1-орын жеңимпазы [1993];
3) «Зәмин сабақлары» семинарының қатнасыўшысы ҳәм проза жанры бойынша 1-орын жеңимпазы [1998];
4) Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы [2001];
5) Халықаралық Биографиялық Орайы «Жыл зиялысы» сыйлығының ийеси [2001].
6) Публицистика жанры бойынша «Жылдың белсенди қәлем ийеси» [2020].

Буқыш бий ҳаққында
Сейдин ӘМИРЛАН
Қарақалпақстан радиоканалы
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Сейдин ӘМИРЛАН
Қарақалпақстан радиоканалы
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Forwarded from Qaraqalpaqstan xabar agentligi
https://kknews.uz/kk/78761.html
«АЙНАНАЙЫН»нан айлансын!
Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

Оныншы классты питирген жылы
Халила Дәўлетназаров
Оныншы классты питирген жылы,
Соңғы имтиханды тапсырған күни,
Өткенде қызлардың туңғыш дүркини,
Балалықтың алтын жибин қырққанбыз.
Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди,
"Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди,
Класс балларының соңғы гештеги,
Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз.
Сол нәўше қызлардың билеги аппақ,
Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ,
Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап,
Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз.
Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер,
Өкиниш-шар тас дур, жаның егелер,
Гейбир жаңалықтан абзал гөнелер,
Изге қарайлап көз майын сырққанбыз.
Жалы-жылаўында қайғы ҳәм бахыт,
Шоқлығын услатпас суў тулпар-ўақыт,
Қос аяқлап сәдде берер уқшатып,
Пүтин китапларды сонда жыртқанбыз.
...Қара көз, қәлем қас әрманлардың да,
Соңғы дүркинлери жетип келгендей,
Өмир дәптеринен жулынған жыллар–
Аппақ ақ парақлар ушып кеткендей...
Кеўлим уясының үмит қуслары,
Гүз жақын дегендей безиге берер.
Сол китаплар менен балалығым да,
Жыртылып қалғандай сезиле берер.
15-июнь, 1990-жыл.
@X_Dauletnazarov
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Халила Дәўлетназаров
Оныншы классты питирген жылы,
Соңғы имтиханды тапсырған күни,
Өткенде қызлардың туңғыш дүркини,
Балалықтың алтын жибин қырққанбыз.
Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди,
"Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди,
Класс балларының соңғы гештеги,
Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз.
Сол нәўше қызлардың билеги аппақ,
Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ,
Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап,
Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз.
Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер,
Өкиниш-шар тас дур, жаның егелер,
Гейбир жаңалықтан абзал гөнелер,
Изге қарайлап көз майын сырққанбыз.
Жалы-жылаўында қайғы ҳәм бахыт,
Шоқлығын услатпас суў тулпар-ўақыт,
Қос аяқлап сәдде берер уқшатып,
Пүтин китапларды сонда жыртқанбыз.
...Қара көз, қәлем қас әрманлардың да,
Соңғы дүркинлери жетип келгендей,
Өмир дәптеринен жулынған жыллар–
Аппақ ақ парақлар ушып кеткендей...
Кеўлим уясының үмит қуслары,
Гүз жақын дегендей безиге берер.
Сол китаплар менен балалығым да,
Жыртылып қалғандай сезиле берер.
15-июнь, 1990-жыл.
@X_Dauletnazarov
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Audio
Moynaq muz/shkol
#Балалыққа_барып_қайтамыз
Оқыўшы жастың қосығы
Хожамурат Турымбетов
Жарқырайды күн менен,
Мектебимниң айнасы,
Қушағында өспекте,
Ўатанымның көп жасы.
Сол жаслардың биримен,
Қуўанаман сол ушын.
Жумсалса деп ойлайман,
Елим ушын бар күшим.
Муғаллимниң сөзине,
Кеўилимди бөлемен.
Тапсырмасын орынлап,
Питкеремен келемен.
Билим алып, үйренип,
Шынығаман, өсемен.
Билимленип ертең-ақ,
Исте алға түсемен.
Қосықтың толық текстин табыўға көмеклескен канал ағзаларына Рахмет айтамыз.

Тойланбай атырған Тоқсанбайлар
Быйыл теберик 90 жасын толтырып, ҳәр жерде ғаўырлы-ғаўырлы болғаны менен, еле салтанатлы түрде белгиленбей, тойланбай атырған тойларымыз баршылық. Мәселен:
1. Нөкис қаласы 90 жаста;
2. «Жеткиншек» газетасы 90 жаста;
3. Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы 90 жаста;
4. «Әмиўдәрья» журналы 90 жаста;
5. Қарақалпақстан радиосы 90 жаста...
Мүмкин, олар жыл ақырына шекем салтанат пенен белгиленер. Тек бир қайтара еске түсирип қойдық. Жаныңды сызлататуғыны, халыққа бир әсирдей зыя таратқан, жақында ғана жаўылып қалған (рәсмий дағазаланбады бирақ) "Қарақалпақстан жаслары» газетасының 90 жыллығы да өткен жылы елеспесиз өтә кеткен еди...
Тез арада бул Тоқсанбайлар туўралы өз алдына тоқталамыз. Сизде де материаллар болса биз бенен бөлисиң.
👉@AllayarDarmen👈

Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тилиндеги әдебий информацияларды көбирек қайсы каналлардан аласыз?
Anonymous Poll
17%
Қарақалпақ байтереклери (Светлана Жәлменова)
5%
Әдебий блоGнот (Абадан Турдымуратова)
3%
Лабиринт (Гүлнара Дәниярова)
27%
Мерўерт (Аллаяр Дарменов)
10%
Қарақалпақ шайырлары (Азамат Нуратдинов)
11%
Қарақалпақ әдебияты (Муҳаррама Оразбаева)
14%
Қарақалпақ әдебияты (Азамат Шамуратов)
12%
Басқа каналлардан (атларын жазып кетсеңиз)
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанға хош келдиңиз!
Welcome to Karakalpakstan!
"Зийўар" фильминиң режиссёры Қудрат Атажановтан жаңа ролик.
Композитор Аяпберген Өтегенов
@charjau_elmuratov
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Welcome to Karakalpakstan!
"Зийўар" фильминиң режиссёры Қудрат Атажановтан жаңа ролик.
Композитор Аяпберген Өтегенов
@charjau_elmuratov
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақ халқының ең әййемги қалаларынан бири Топыраққала ҳаққында "Өзбекстан тарийхы" телеканалы таярлаған көринислер.
@karakalpakstantravel
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
@karakalpakstantravel
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz