МЕРЎЕРТ
730 subscribers
859 photos
280 videos
11 files
158 links
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин уллы шайыр Төлепберген Мәтмуратовтың туўылған күни. Арамызда болғанда бүгин
85 жыллық юбилейин қарсы алған болар еди.


@Tolepbergen_Matmuratov
@M_Dalibay

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Telegram tarmaǵında  paydası tiyetuǵin  qaraqalpaq tilindegi kanallar endi bir dizimde

📚 Ilim hám dóretiwshilik:
•Arab tilin úyreniw
•Onlayn kitap dúkanı
•Mánili sózler
•Onlayn kitap dúkanı hám túrli sawǵalı viktorınalar birikpesi

📜 Mádeniyat hám tariyx:
Ádebiyat, tariyx, kórkem óner hám ilim birikpesi
Tariyxtan sabaqlar



💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Qırıq qız dástanı túrk tilinde 🇹🇷

Búgin Qırıq qız dástanın túrkshege awdarǵan prof. Ceyhun Vedat Uygur menen kóristim.
Házirgi kúnde kópshilik magistraturaǵa, doktoranturaǵa tapsırıp atırǵan talabanlar túrk tilinen sertifikat alıwǵa háreket etpekte. Túrksheni shet tili sıpatında kóriwdiń ózi men ushın qızıq. Tek sertifikat ushın emes, al túrklerdiń alıp barıp atırǵan ilimiy jańalıqların analizlese, ilimiy dereklerin úyrense basqa gáp.
Bul kitap Amazonda 35 $ eken. 😊Qızıqqanlar alsa boladı.


@Atabekalimov

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Көпшилик тамашагөйлер күтип жүрген "Қаракөз" және сахнада

12-сентябрь күни Жас тамашагөйлер театрында "Қаракөз" спектакли тамашагөйлер нәзерине усынылады

Басланыў ўақты саат 18.00де

Билетлер театр кассасында сатылмақта

@kar_anons

💎
@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Бүгин Қарақалпақ әдебиятының талантлы тулғалары Кәраматдин Султанов ҳәм Тәжетдин Сейтжановлардың туўылғанының 100 жыллығына арналған әдебий кеше болып өтеди.


Мәнзил: Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи
Ўақты: саат 11:00



💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Әжинияз шығармалары түрк тилинде

Түркияның Haci Bayram Veli университетинде “Karakalpak Şairi Acıniyaz Kosıbay Ulı” китабының презентациясы болып өтти. Түрк академиясы тәрепинен баспаға таярланған китапта Әжинияз Қосыбай улының қосықлары қарақалпақ ҳәм түрк тилинде жәрияланған. Презентацияға университет ректоры профессор М.Нажи Бостанжы, Түрк академиясы баслығы Ш.Мустафаев, Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызыстан, Әзербайжан ҳәм Түркменистан мәмлекетлериниң консуллық ўәкиллери, илимпазлар қатнасты. Китапты баспаға таярлаўға үлес қоскан Haci Bayram Veli университети доценти Хүсейн Йылдырым, Бердақ атындағы ҚМУ профессоры Қуўанышбай Оразымбетовлар шығып сөйлеп, қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар берди.

@adebiyat_shaydalari

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
🔖🔖🔖 МИРӘТНАМА❗️

Усы жылдың 3-октябрь сәнесинде саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтыӊ лауреаты, филология илимлериниӊ докторы, профессор Кеӊесбай Алламбергеновтыӊ «Халық аўызеки әдебиятыныӊ ҳақыйқый жанкүйери еди» атамасындағы еслеў кешеси болып өтетуғынлығын хабарлаймыз.

Бәрше Ўатанласларымызды ǝдебий кешеге  мирәт етип қаламыз!

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1 жай. (Бағдар Қарақалпақ мәмлекетлик университети)

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
МИРӘТНАМА

Сизди Қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының Түркия мәмлекетиниң Истанбул қаласында Түрк академиясы профессоры Хусейн Йылдырым тәрепинен түрк тилине аўдарылып, басылып шыққан китаптың презентациясына мирәт етемиз.

Кеше 2024-жыл 4-октябрь күни caaт 16:00 де Университеттиң руўхыйлық мәжилислер залында болып өтеди.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жәҳән_әдебиятынан

3-октябрь Сергей Есенин туўылған күн

Шайыр 1895-жыл 3-октябрде Россияның Константиново қаласында туўылған. 1925-жыл 28-декабрде 30 жасында дүньядан өткен.

Видеода Сергей Есенин ҳәм Владимир Маяковскийдиң әдебий дуэлин көриўиңиз мүмкин.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Қарақалпақ жәдитлери

Сейфүлғәбит МӘЖИТОВ, Қазы Мәўлик Бекмуҳаммед улы, Әсен Айтым улы, Өтениз тилмаш, Аббаз Дабыл улы, Қанаат Меңлибай улы, Сыбай абыз Тай улы, Әсен абыз, Асқар қазы Орынбай улы, Аман қазы, Меңлихожа Ибнәмин улы, Әбдираман Өтеп улы, Қасым Әўез улы, Зәрип Қасым улы, Сәпиўра Жайылбек қызы, Аяпберген Муўса улы, Мәриям Қасым қызы, Ийшанқала мақсымлары, Идирис мақсым, Айымбет ийшан ҳәм т.б. тулғалар.

Ийшанқала қорғанында жәдитшиликти үгит-нәсиятлаған татар және башқурт ағартыўшылары болған.

Сейдин Әмирлан

💎
@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейи шөлкемлестирилмекте

Қарақалпақстан медицина институты аймағында халқымыз мийрасларының кем ушырасатуғын тарийхый объекти болған Қарақалпақстанның дәслепки жоқары оқыў орны - Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының биринши имараты жайласқан. Бул имарат қарақалпақ халқының илим ҳәм билимлендириў тымсалы ҳәм бесиги есапланады. Бул жерде өткен әсирдиң пүткил илимий элитасы, Қарақалпақстан Республикасының ири илимпазлары, белгили шахслары, академиклери ҳәм жазыўшылары, атап айтқанда, Марат Нурмуҳамедов, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов, Сабыр Камалов ҳәм басқалар билим алды.

Жоқарыдағыларды есапқа алған ҳалда, илимпазлар естелигин мәңгилестириў мақсетинде Қарақалпақстан медицина институты тәрепинен ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға болған сапарында Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейин шөлкемлестириў бойынша усыныс билдирилген еди. Усыныс қоллап -қуўатланып, бүгинги күнде музей шөлкемлестириў бойынша тийисли жумыслар алып барылмақта.

Процесстиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы илим ҳәм билимлендириў тарийхы мәмлекетлик мүзейин шөлкемлестириў бойынша жәмийетшилик қадағалаўы топары дүзилген.

Қорақалпоғистон Республикаси Фан ва таълим тарихи давлат музейи ташкил қилинмоқда

Қорақалпоғистон тиббиёт институти ҳудудида жойлашган халқимиз меросларининг кам учрайдиган тарихий объекти ҳисобланган Қорақалпоғистоннинг дастлабки олий ўқув юрти - Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтининг биринчи биноси жойлашган. Бу бино қорақалпоқ халқининг илм ва Фан тимсоли ва бешиги саналади. Бу ерда ўтган асрнинг барча илмий элитаси, Қорақалпоғистон Республикасининг буюк алломалари, таниқли шахслари, академик ва адиблари, хусусан, Марат Нурмуҳамедов, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов, Сабыр Камолов ва бошқалар таҳсил олди.

Юқоридагиларни инобатга олган ҳолда, олимлар хотирасини абадийлаштириш мақсадида Қорақалпоғистон тиббиёт институти томонидан ҳурматли Президентимизнинг республикамизга ташрифида Қорақалпоғистон Республикаси фан ва таълим тарихи давлат музейини ташкиллаштириш бўйича таклиф киритилди. Таклиф қўллаб-қувватланиб, бугунги кунда музей ташкил этиш бўйича тегишли ишлар амалга оширилмоқда.

Жараённинг шаффофлигини таъминлаш мақсадида Қорақалпоғистон Республикаси Фан ва таълим тарихи давлат музейи фаолиятини ташкиллаштириш бўйича жамоатчилик назорати гуруҳи тузилди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Телеграмның қарақалпақша сегментиндеги «Тарийхый дереклер» топарындағы хабар

«Мына көринисти бизиң бала түсирген екен. Қырғызстанның Ош қаласынан мына жигит Хожели трассасында Ҳаж сапарына сапарға шығыпты. Үстиндеги кийими жеңил екен, бизиң бала менен бирге ислесетуғын жигитлер компаниясының жаўын өтпейтуғын қалың жакетин ҳәм зонтик саўға қылған. Түркменистан өз территориясы арқалы өтиўге рухсат бермеген. Енди Қарақалпақстан Үстирти арқалы Қазақстанға өтеди ҳәм жолын даўам етеди...

Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ»

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал