МЕРЎЕРТ
796 subscribers
966 photos
302 videos
16 files
187 links
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қайыпбергенов.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Download Telegram
#Ел_тарийхынан

Тақыятас ГРЭСи болмағанда, бизлер бүгин Қарақалпақстанда, оның пайтахты Нөкистеги өзгерис ҳәм жаңаланыўлар кесгеллем болмас еди. Бизлерге мәлим болғанындай, электр энергиясы бизиң цивилизацияларды ҳәрекетке келтириўши күш есапланады...Ол негизинде, бизиң турмысымызды ҳәр тәреплеме қолайлы етип қоймастан, биринши гезекте, глобаллық тармақ болып есапланады, онысыз адамзат алдағы ўақытлары да бирлесе алмаған болар еди. Ол мейли телеграф, телефон, телевидение, қәлеген заманағөй техника ҳәм технология өндирисиниң негизи екенин билемиз. Бизиң күнделикли өмиримизге қурамалы техникалық системалардың соншелли терең енискенин соннан билиўимизге болады - электр энергиясы өшкенинде, өзиңиз буны жақсы түсинесиз.

Юрий Афанасьевич ЖУРБИН

«КАМАЛОВ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ХАЛҚЫНЫҢ МАҚТАНЫШЫ» (2022) китабынан

Әдебий информациялық канал: 💎@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қара үйден кең дүньяға қарай!
Т. Қайыпбергенов 93 жаста!

Уллы тулғаның видеотаспаларда мөрленген даналықлары

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Қара үйден кең дүньяға қарай!
Т. Қайыпбергенов 93 жаста!


"Әкең саған ат қылып ойна
деп таяқ әкелип береди, сен әкеңе таянып жүр деп таяқ әкелип бересең. Әне, усы өмир"
деген еди буннан саррас 93 жыл бурын шырлап дүньяға келген Төлепберген Қайыпбергенов.

Мынаў телефонға үңилип өтип атырған өмирге буннан артық қандай тәрип бериўди билмедик...

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қара үйден кең дүньяға қарай!
Т. Қайыпбергенов 93 жаста!

Уллы тулғаның видеотаспаларда мөрленген даналықлары

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
📖 ... - Нонушта деген не, бий ата? - деди Жақсылық былайырақ шыққан соң.
- Хийўаша ҳалқас дегени болса керек.
- Қарақалпақша ҳалқас десе не қылады екен?
- Өйтсе, мәҳрем бола алмайды да!...

(Есенгелди бий Хийўа ханына жаранып, мәҳрем атағын алған соң, Маман бийди "нонуштаға жетсин" деп шақыртып жибереди. Сонда Жақсылықтың берген сораўларына Маман бийдиң жуўаплары)

Т. Қайыпбергеновтың "Маман бий әпсанасы" романынан

@SIZLER_USHIN
Фото: karinform.uz

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жеңиске_77_жыл

Жас, талантлы режиссор Айбек Өтеўлиевтен жаңа қысқа метражлы фильм премьерасы:

Мәртлик үлгиси

Рөллерде:
Жигербай Әбдимов;
Көпжурсин Алланазаров;
Әрман Барахов;
Сәрбиназ Азатбаева;
Наргиза Юлдашева;
Қәдирбай Муратбаев;
Дәўлет Қалбаев;
Медет Сейтов;
Рийнат Байназаров.

Премьера телевидение арқалы болады. (Қашан екени белгисиз, бүгин-ертең берип қалар)

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

Дүньяға бир келип кеткен талантлы қосықшы Замира Хожаназарованың атқарыўындағы «Бәхәр самалы» қосығы

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жеңиске_77_жыл

Атақлы радиобаслаўшы Левитанның жеңис ҳаққындағы жалынлы хабары

Аңызларға бола, Левитан 1945-жыл 9-май күни жеңис ҳаққындағы хабарды тезирек жеткериў ушын Кремльге қарай жол алады. Бирақ көшелер адамларға лық толы, ҳәммениң қуўанышы ишине сыймай оны тоқтатып, "Урыс тамам болды, қаяққа асығасаң, ҳәзир радиодан хабарын айтады, бирге байрамлаймыз" деп жолын тоса береди. Себеби, көпшилик Левитанның жағымлы даўысын таныса да, жүзбе-жүз көриспеген еди.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жеңис_жыры


«Талантқа суў қоспай ишкен» Әскербай Әжиниязовтың қәлемине тийисли «Қара қағаз» қосығы.

Талантлы жыраў Саламат Аяповтың атқарыўында.
Намасын композитор
Әжинияз Пахратдинов жазған.

Қосық тексти мына линкте:👉 Қара қағаз

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

Жумабай жыраў Базаровтың атқарыўындағы көкти де гүңирентиўши «Едиге» дәстанынан үзинди

Қосымша: Биз жақында жыраўлар, жыраўшылық ҳаққында марафон постлар, мақалалар таярлаў нийетиндемиз. Ең дәслеп усы Жумабай жыраў Базаровтан баслаўды уйғарып отырмыз. Сонлықтан, Сизде усы жыраў туўралы қандай мағлыўмат (текст, фото, видео, аудио) бар болса биз бенен бөлиссеңиз.
Рахмет.

Байланыс ушын: 👉@AllayarDarmen

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#9_Май_еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

–Ҳақ нийет пенен киятырсаң, алдыңнан "О дүньяға мирәт" деп шығып турса...

–Шамурат аға, сен комедияны көп ойнап кеттиң, сеннен бир трагедия шығаражақпан.
-Ол қалай, шырағым?! Мени көрген адамлар күлип қоймаса, тағы...


Талантлы актёр Шамурат Өтемуратов омыраўлы драматург Кеңесбай Рахманов дөретиўшилиги ҳаққында еске алады.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#9_Май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

Ибрайым Юсуповтың «Халқабадтан қанша адам келмеди» қосығы 1975-жылы 8-майда Халқабадтағы екинши жер жүзилик урыс қурбанлары естелигине арнап салынған естеликтиң ашылыўы мүнәсибети менен жазылады ҳәм биринши рет сол жерде оқылады.

Қосық тексти төменги постта жайластырылады.

Сүўретте: Естелик алдында.
1. Халқабадлы мархум Иниятов Әбдилҳақ (1975);
2. Кегейлиши, Халқабадшы нураныйлар жаслар менен (2022)

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ КЕЛМЕДИ
Ибрайым ЮСУПОВ

Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди...
Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,
Бир елден жигирма миллион азамат
Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.
Айтып берер едим ҳәзир атма ат,
Халқабадтан қанша адам келмеди.

Қайтқан-қайтпағаны ҳәммеси батыр,
Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.
Беларусь жеринде ме,
Днепр бойында ма,
Қай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?
Олар жығылса да алға өрледи.
Жанын берди,
Елин жаўға бермеди,
Кегейлиден қанша азамат кетип,
Халқабаттан қанша жигит келмеди.

Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,
Қурбан бермеген үй табылармекен?
Алыстағы урыстың азабын тартпай,
Баўыры пүтин қалған адам бармекен?
Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,
Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?
Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,
Халқабадтан қанша адам келмеди!

Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз
Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.
Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз
Дүнья турғаншелли есинде сақлар.
Хожелиден қанша жигитлер кетип,
Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.
Олардың руҳын ел таўап етип,
Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.

8-май, 1975-жыл.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Халкабадтан қанша адам келмеди
Ибрайым ЮСУПОВ

Халқабадлы талантлы театр актёры Муҳаммедәли Пийшенбаев атқарады.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Әке хаты
Кеңесбай Рахманов

«Ушқыр почта арқалы хатым,
Қолларыңа тезирек жеткей!
Аман-саў жүр әкең сениң,
Туўған жердиң намысын төкпей.

Тек, сағыныш батар адамға,
Жеңис болмай, қандай шара бар?
Қалайсызлар? Ел-журт аман ба?
Аман-есен жур ме балалар?

Алғы шепке өттик жақында,
Окопларда атырдық таңды.
Сталинград әтирапында,
Жоян еттик талай душпанды.

Жексен етип қала, аўылды,
Адам атыў-не деген ғәлет!
Урыс атлы отлы даўылды,
Шығарғанға мың мәрте нәлет!!

Аспан ҳеш ўақ қалмас күн, айсыз,
Нурын шашпай турмайды ҳәр таң.
Ул-қызларым, аман жасайсыз,
Сизлер ушын боламыз қалқан!

Бахтыңызды қорғап қалмасақ,
Гуресиўдиң бар ма кереги?
Изимизден ермейди насақ,
Изимизден умит келеди.

Бизди жоқлап, бизди сораған
Дос-яранға сәлем тилимде.
Ана журтым, мәңги бол аман,
Ушырасқаймыз жеңис күнинде!»

@kengesbai
@baxtiyarjumataev

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Толыбай_Қабуловтың_83_жыллығы

Толыбай Қабулов
1939-жылы 10-майда Қараөзек районының Қарабуға аўылында туўылған.
1976-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Т. Қабулов тематикалық жақтан бай лирикалық қосықлар жазыў менен
«Қәўендер бала», «Избан қарақшы» балладалары менен «Ашкөзлер» ертек
шығармасын ҳәм «Патулла зор» поэмасын дөретеди.

Халық шайыры Т. Қабуловтың көплеген лирикалық қосықларына, солардан:
«Ассалаўма әлейкум» қосығына Шарапатдин Пахратдинов, «Ең жақсы намаға жаным садаға» қосығына Ғаний Аманиязов, «Кел, Жайҳунның бойларына» қосығына Нәжиматдин Муҳаммединов, «Бир әжайып бостан бул» қосығына Әлимжан Халимов, «Өзбекстансаң» қосығына Қәдир Хилалов,
«Араласам әзиз үлкени» ҳәм «Сени сүйген едим студент ўақта» қосықларына Нурман Муўсаев сыяқлы талантлы композиторларымыз жағымлы намалар жазып, қосықшыларымыз тәрепинен шебер атқарылып киятыр.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
СЕНИ СҮЙГЕН ЕДИМ СТУДЕНТ ЎАҚТА

✍️ Толыбай Қабулов
🎶Нурман Мусаев
🎙Байрам Мәтжанов

Сен онда жас едиң, нәўше гүл едиң,
Гүл емес гүл жүзли бир пери едиң.
Билимниң бағында жайнап жүр едиң,
Сени сүйген едим студент ўақта.

Басқан қәдемиңде бәҳәр бар еди,
Көргенлер ышқыңда аҳыў-зар еди.
Жаўдыр ала көзиң жан алар еди,
Сени сүйген едим студент ўақта.

Көкирегимде әрман талўасы толып,
Жүрдим ақ жүзиңди самалдан қорып,
Сен Шахсәнем едиң, мен Ғәрип болып,
Сени сүйген едим студент ўақта.

Таўыстай таранып доланғаныңда,
Шашларың аш белге шоланғанында,
Бар едим дилбарым мен ҳәм жаныңда,
Сени сүйген едим студент ўақта.

Есиңде бар шығар айлы ақшамлар,
Ақ таллар түбинде сыбырласқанлар?!
Маған шын ышқының нурын шашқан яр,
Сени сүйген едим студент ўақта.

Сен қуўаныш-қайғыма теңдей шериксең,
Сенсиз мен дүньяда мағриб - ғәриппен.
Көзимниң қуңқары әзиз периштем,
Сени сүйген едим студент ўақта
.

@qaraqalpaq_bayterekleri

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Халық шайыры Толыбай Қабуловтың атына аўыл атамасы берилди

Қарақалпақстан халық шайыры Толыбай Қабулов Қараөзек районындағы "А.Досназаров" АПЖ "Қарабуға" аўылында туўылып, кәмалға келген. Халық депутатлары районлық кеңеси депутатлары усынысы ҳәм Жоқарғы Кеңес президум қарары тийкарында шайырдың туўылып өскен аўылына "Толыбай Кабулов" атамасы берилген еди. Усы мүнәсебет пенен 2021-жылы аўылға шайырдың аты менен жазылған ескерткиш белгиси қойылды.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz