МЕРЎЕРТ
730 subscribers
868 photos
282 videos
12 files
160 links
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Download Telegram
Бахтыяр Генжемуратов болып жасаў аңсат емес, бирақ Бахтыяр Генжемуратов болып жасаў - бахыт.

Сағынбай Ибрагимов

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Audio
#Алпысбай_Султанов_75_жаста

Шайыр қәлемине тийисли "Қарақалпағым" қосығы Мақсет Өтемуратовтың атқарыўында

😊Бирге қосылып айтамыз.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Maxset - Gozzal seni
Maxset O'temuratov
#Алпысбай_Султанов_75__жаста

Шайыр қәлемине тийисли
Мақсет Өтемуратовтың атқарыўындағы "Гөззал, сени мен сүйип қалдым" қосығы.

Бирге қосылып айтамыз.😊


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📹 Талант үшлиги
Алпысбай Султанов, Қәдир Хилалов ҳәм Мақсет Өтемуратов

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Дүзиў жүр, адамлар сеннен қашпасын,
Көзге түссең, мурты жыбырласпасын.
"Пенсияға қашан кетер екен" деп,
Бирге ислеўшилер сыбырласпасын... [Ибрайым Юсупов]

Мына қарардан соң бирге ислеўшилер қәйтип сыбырласса да, енди пайдасы жоқ.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Бүгин Сизлер менен Ибрайым Юсупов поэзиясы арқалы гөззал ҳәм нәўқыран Украина елине саяхат етемиз.

Киев октавалары
I
Алтын гүмбезлерге көзи қамасып,
Жазғы таң азанғы уйқысын ашты...
Жаңлатып жаңадан дослық намасын,
Кел, қарсы алайық, достым, қуяшты!
Арқада көп қалалардың анасы-
Киев, бир улыңдай ийемен басты!
Тәрийпиңди сорап өткен-кеткеннен,
Сени бир көриўди әрман еткенмен.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары
II

Шығыс славянлар бабасы Кийдиң
Мәкан басқан жери, ышқыңыздаман.
Гөззал София ҳәм Печерскийдиң
Алтын гүмбезлери, ышқыңыздаман.
Жаңа турмыс қурған бул үлкен үйдиң
Бүгинги мийнет ери ышқыңыздаман.
Киев, сен ертектей ески қаласаң,
Урыстан соң туўылған ҳәм жас баласаң.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Көпшилик адамлар сөйлегенде иркилип, тутлығып, "ыыы-ы", "ымм-м", "ааа-а" деп тутлығып атады. Ал, И. Юсуповтың бул "ыыы"лары да тап жағымлы қосықтай жүрегиңди бесикке салып тербетип таслайды.

Видео "Пурсат" каналынан алынды

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

III

Алтын дәрўазаңның алдына бардым,
Тарыйх қусы пәрўаз еткендей болды.
Ғарры славяндай ойларға талдым,
Монамах елеслеп кеткендей болды.
“Россия бетке!” деп, ҳәммеден алдын
Богдан Хмельницкий өткендей болды,
Қалың жүрт қуўатлап қайсар гетманды,
Мениң көз алдымда қуўғандай панды.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

IV


Киев! Қандай ысық бул сөз жаныма!
Бул сөз өр беттеги панамның аты.
Сени мегзетемен өз ўатаныма,
Сен мениң екинши анамның аты.
Украин емеспен, бирақ қаныма
Көп сиңген бул жердиң руҳ саўлаты.
Жаралы жәйрандай қарақалпаққа
Сен баспана болдың баяғы ўақта.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

V


Айбатлы Октябрь ескерткишиндей,
Сәлем, әй, оқ тескен жаралы дийўал!
Елеслер тап кеше көрген түсимдей
Мәртлик саўашларың сениң, “Арсенал”
Қаймықпай, тисиңе қойып тисиңди,
Сен әжел бетине түпирген мәҳәл -
Оғы түўесилген сур пулеметти
Тарийх тас үстине орнатып кетти.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

VI

Өртенип өзегин шалған күйикке,
Жүрегин жулып жеп заман ҳазары, -
Патша ескериткиши турған бийикте
Тарас турған шығар талай сапары.
Бул жерде туўылған жанға сүйикли
Максим Рыльский октавалары.
Атасы әжайып көп фильмлердиң
Марҳум Довженконы бир рет көрдим.

Сүўретте: Украина шайыры Тарас Шевченконың ескерткиши

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

VII

Туўысқан солдатлардың қабири басында
Булытқа шаншылып тур ашыўлы минар.
Мәрмер тас астынан атлығып онда
Мәнги сөнбейтуғын от лаўлап жанар
Әзийз Украина топырағында
Ўатан ушын жүрген батыр ағалар!
Теңсиз урыста сиз жығылған ўақта,
Араңызда болғанды қарақалпақ та.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

VIII

“Қатнастым Киевте қырғын саўашқа,-
Деп айтқан да еди туўысқан ағам,-
Көшелер айланды күл менен тасқа.
Қатаң урыс еди жер қалтыраған.
Бир жаралы бүлбүл, тартынбай ҳасла,
Оқтан қашып келип тығылды маған.
Сол қус қайда екен ҳәзирги ўақта?
Киев дөнген шығар қайтадан бағқа! ”

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары



Патон көпиринде өзим қарсы алған
Дарница таңлары, муҳаббатым сизге.
Сылдырлысы саздай ядымда қалған
Киев каштанлары, муҳаббатым сизге.
Күл ишинен тиклеп қалалар салған,
Совет адамлары мухҳббатым сизге.
Урыстан кейин салған саўлатлы жайлар,
Сәлем, жас тереклер, жасыл тоғайлар!

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

Х

Тарқасын десең сен кеўлиң қумары,
Демалыс күнлери Днепрге бар.
О, қумлақ Днепр жайпаўытлары
Аппақ шағаладай адамға толар.
Мейли, бул қаланың азаматлары
Күнде ҳәз етсе де ҳақылы олар.
(Бул сөзлер тийисли емес бирақ та
Гейбир стиляга ҳарам тамаққа...)

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Ибрайым_Юсупов
#Гөззал_Украинаға_саяхат

Киев октавалары

ХI


Бәлки өмирим бойы сени жырларман,
Украина, сәлем гүлбағларыңа;
Кеўлиң шын дослықтық нурына толған.
Гуцулдың* ақ кийген жас дилбарына
Мегзер қалғып турған уйқысыз Шолпан...
Мәўжиреген Днепр қырғақларына,
Әне, жаңа өмир таңы нур шашты.
Кел, қарсы алайық, достым, қуяшты!

*. Гуцул - Карпат таўларында жасаўшы украинлер усылай аталады. [И. Ю]

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы ким?
Anonymous Quiz
8%
Оразбай Әбдирахманов
9%
Халила Дәўлетназаров
74%
Кеңесбай Кәримов
9%
Бахтыяр Генжемуратов
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Композиторлар аўқамының баслығы ким?
Anonymous Quiz
13%
Нәжимаддин Аңсатбаев
12%
Әжинияз Пахратдинов
7%
Бақберген Сырымбетоа
68%
Нәжимаддин Мухаммеддинов
Мақсет Өтемуратовтың атқарыўындағы белгили «Назлы яр» қосығы кимниң қәлемине тийисли?
Anonymous Quiz
55%
Халила Дәўлетназаров
23%
Пердегалий Дабылов
13%
Кеңесбай Рахманов
8%
Байжан Узақов
Maxset Utemuratov - Nazli yar | Махсет Утемуратов - Назлы яр (ARXIV…
ALYONMEDIA
Назлы яр

Халила Дәўлетназаров сөзи,
Шамурат Төлегенов намасы,
Мақсет Өтемуратовтың атқарыўында


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz