МЕРЎЕРТ
730 subscribers
868 photos
282 videos
12 files
160 links
Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қ.]

📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим

Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=

Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi
Download Telegram
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!

Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.

Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.

Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.

Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.

Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.

Ғаз қуўға көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.

Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!

Канал: @X_Dauletnazarov
BAHT TILE+
MIRZAGUL SAPAEVA
#Бахтыяр_Генжемуратов_65_жаста

Ҳәр бир жаңа жылда,
атқан таңларда,
Сен маған
бахыт тиле...



Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ

@a_blognot

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Буклет_Б_Генжемуратов_2024 _(2)3.pdf
332.4 KB
Ҳүрметли, әдебият шайдалары!

Сизлерди 11-май күни саат 11:00де ҚМУ руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында өткерилетуғын Өзбекстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери, шайыр Бахтыяр Генжемуратовтыӊ 65 жыллығына арналып өткерилетуғын «Ерлик, мәртлик, батырлықты улығладым – сөз еттим!» атамасындағы конференцияға мирәт етемиз.


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Бахтыяр_Генжемуратов_65_жаста

БУЛ ЖУРТТЫҢ БАТЫРЛАРЫ ҚАЙДА?!

(Қосықты шайырдың улы Айбарысхан Генжемуратов оқыған)

Безигип сыбыр-сыбыр Гәплерден,
безигип нәўбетши Мәплерден,
көкирек керип турған,
саўлат, көрик болған,
қарақалпаққа айбат берип турған,
кеттим Шылпық қорғанына-
пайыў-пияда.

Силкинип қонған қырандай, уяға
силкинип жеттим.
Қәлбимде саўал,
санмың дәрт:
"Бул журттың батырлары қайда?!
Бул журттың шайырлары қайда?!"

Силкинип оянар бир елес.
Руўҳымды силкилер сол елес:
"Батырлар мың жыллық ғәплетте.
Шайырлар бир әсирлик уйқыда...
Оятыңлар!
Алпамысты...
Шәрьярды оятыңлар...
Жалалатдин Мангубердини оятыңлар!
Ерназар Алакөзди..."

Қәлбимдеги саўал,
санмың дәртлерим
санмиллион жапырақлардай сылдырласады,
шексиз тәшўишлердиң дәрўазасын ашады:
- Мынаў Әмиўдәрья тасып турмаса,
анаў жетим Арал толқып турмаса,
Батырлар мың жыллық ғәплеттен оянбайды -
Шайырлар бир әсирлик уйқыдан...
Оянбайды...

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Salawat Kamalov - Shan'araq | Салауат Камалов - Шаңарақ
ALYONMEDIA
15-май Халықаралық Шаңарақ күни

🎶🎶Шаңарақ
🎤Салаўат Камалов


Ерли-зайыплының урысы,
Жаўмаған булттың қурысы,
Жаўып-жаўып басылар,
Күн жадырап ашылар.

Ибрайым Юсупов


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис жуўынып атыр

Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры
мрамор саўытлы имәратларды,
төрт қатар гәп яңлы панел жайларды,
аеропортты -
реактив темир қанатларды,
муңлы Талларды...

Руўхым аспаны алағада булт:
наўрыз шақмағында гүңиренеди ол:
демиккен кеңликти азада қылып
муқаддес от пенен тебиренеди ол.

Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры
КамАз, автобуслар...
қайқы ВАЗларды да.
Ҳәм дәртли, ҳәм шадлы сигналлары жаңғырып
қәлбимди мәнзиллерге сазлайды ма?! -
Поездлар шыңғырар.

Руўхымды шомылдырып атыр бул Бәҳәр -
руўҳым қайтадан туўылып атыр:
нурлы селде жаўрап қайта оянған
Нөкис жуўынып атыр...

Бахтияр Генжемуратов

@Ssirgabaeva

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Оныншы классты питирген жылы

Халила Дәўлетназаров

Оныншы классты питирген жылы,
Соңғы имтиханды тапсырған күни,
Өткенде қызлардың туңғыш дүркини,
Балалықтың алтын жибин қырққанбыз.

Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди,
"Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди,
Класс балларының соңғы гештеги,
Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз.

Сол нәўше қызлардың билеги аппақ,
Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ,
Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап,
Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз.

Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер,
Өкиниш-шар тас дур, жаның егелер,
Гейбир жаңалықтан абзал гөнелер,
Изге қарайлап көз майын сырққанбыз.

Жалы-жылаўында қайғы ҳәм бахыт,
Шоқлығын услатпас суў тулпар-ўақыт,
Қос аяқлап сәдде берер уқшатып,
Пүтин китапларды сонда жыртқанбыз.

...Қара көз, қәлем қас әрманлардың да,
Соңғы дүркинлери жетип келгендей,
Өмир дәптеринен жулынған жыллар–
Аппақ ақ парақлар ушып кеткендей...

Кеўлим уясының үмит қуслары,
Гүз жақын дегендей безиге берер.
Сол китаплар менен балалығым да,
Жыртылып қалғандай сезиле берер.

15-июнь, 1990-жыл.

@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Audio
Moynaq muz/shkol
#Балалыққа_барып_қайтамыз

Оқыўшы жастың қосығы

Хожамурат Турымбетов

Жарқырайды күн менен,
Мектебимниң айнасы,
Қушағында өспекте,
Ўатанымның көп жасы.

Сол жаслардың биримен,
Қуўанаман сол ушын.
Жумсалса деп ойлайман,
Елим ушын бар күшим.

Муғаллимниң сөзине,
Кеўилимди бөлемен.
Тапсырмасын орынлап,
Питкеремен келемен.

Билим алып, үйренип,
Шынығаман, өсемен.
Билимленип ертең-ақ,
Исте алға түсемен.


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
📣📣📣ДАҒАЗА!

Усы жылдыӊ 28-май күни Шоманай районындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде ϴзбекстан халық бақсысы, Қарақалпақстан халық жыраўы Жумабай жыраў Базаровтыӊ естелигине бағышланған республикалық «Жыраўлар таӊлаўы» болып өтеди.

Таӊлаўда қатнасыўды қәлеўшилер  2024-жыл 27-май күни саат 15:00 ге шекем + 99 890 701-76-71 телефон номерине байланысып, дизимнен өтиўи мүмкин
.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
«ҚАСҚЫРЛАР ХАҚҚЫНДА»

Пүткил тутас тәбият жаратылысы - адамлар, ҳайўанат дүньясы, өсимликлер дүньясы булардың барлығы жер бетиниң бир пүтин балансын сақлап турыўшы тиришилик әлеми. Сол тутас әлемниң бир бөлеги-қасқырлар әлеми.
Қарақалпақстан аймағының шарўашылық хожалығы жайласқан районларында қасқырла еле де көплеп ушырасады, олардың тиришилик әлемине терең нәзер салып қарасақ, көп нәрсени билиўге болады:

1.Қасқыр адам қурған қақпанға түссе, тек қолға түспеў ушын, өзиниң аяғын шайнап, босанып шығып кетеди. Бул жерде оның "душпан" қолына түсип қор болып өлгеннен, бир аяқсыз еркинликте жасаўды жоқары қойыў, еркинликти сүйиў, қуллыққа қарсылық сезимлери бар. Сол ушында, жабайы ҳайўанлар ишинде қасқыр циркте болсын ямаса басқаша жағдайда қолға үйретилмейди, үйренбейди де.
Қасқыр баласын қолда сақласаңда, күнниң күни келгенде тоғайына қарап қашып кетеди. «Бөрини қанша сақласаңда, тоғайға қарап улыйды»,--деген сөз усыннан келип шыққан.
Және бир мысалы: қазақ жазыўшысы Мухтар Әўезовтың «Көксерек» шығармасындағы қолға үйретилген қасқыр баласы Көксерек пенен бала Қурмаштың трагедиялық ўақыялары.
Бунда, қасқырдың қай ўақытта да «өз нызамлылықларына бағынатуғынын» көриўге болады.
2.Қасқыр ҳәр исин ақыл менен ислейди. Дурыс, ҳайўанат дүньясының да, жәнликлердиң де өзине ылайық ақыл өлшеми бар, солайда, қасқырдың балалайтуғын ўақытта инлерин аўылларға жақын әтирапқа қурыўы, өз инине жақын аўылдың малына шаппаўы, ондағы садықлық, өз балаларын жаўыз күшлерден қорғаў сыяқлы түсиниклердиң бар екенлигин билдиреди.
3.Қасқырлар нызамлылықларындағы атап көрсететуғын характерли белгилердиң түрлерине: оның шаңарағына садықлығы, өзлеринен күшли зүррияд қалдырыў түсиниклери, ар-намысты жоқары қойыў сезимлери бар. Атап айтсақ: а) өмириниң ақырына дейин бир жупты менен жасаўы, егер де жуптысы өлсе, жалғыз жасаўы, ямаса қайғыдан набыт болыўы;
б) балаларын тәрбиялаўда қатаңлық пенен жуўапкершиликти баслы орынға қойыўы: олжаны балаларының ортасына әкелип таслап, сырттан бақлап, қайсысы күшли екенлигин, келешек тода баслығын солайынша белгилеў;
в) қолға түсип қалғанда өз жыныс ағзасын шайнап таслаўынан, оның ар-намысты жоқары қойып, жыныс ағзасын басқаларға көрсетпеўи сыяқлы аршыллық турады.
4. Қасқыр баласын урлаған, алған адамнан өш алмай қоймайды. Буның мысалы: қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың «Әжел дастығы» («Плаха») романындағы жупты қасқырлар Тасшайнар ҳәм Ақбараның басынан өткен ўақыялар, қасқыр балаларын урлаған Базарбай мәскүнем бир достының үйине қонып кетеди. Бирақ, Ақбара балаларын сол жерде деп ойлап, сол үйдиң жалғыз нәрестесин урлап қашады. Баланың әкеси қасқырды атқан ўақытта, оқ қасқырдың да, баланың да жүрегин тесип өтеди. Жалғыз баласынан айрылған әке бет алды ылағып кетеди, ал Тасшайнар, Ақбараның әўлады соның менен тамам болады. Себеби, қасқыр өмиринде тек бир рет балалайды(3 тен 12 ге дейин).
Бундай ўақыяларға қарап отырып, ҳәр жер, ҳәр жерден Мауглилердиң шығып туратуғыны өз-өзинен болған ҳәдийсе деп қараўға болмайды.
5. «Қасқыр арқан атламайды» деген сөз де бар, бул да қасқыр нызамлылықларына киретуғын сыпатлы белгилердиң бири.
Қасқыр менен түлки қар жаўған ўақыттағы аң аўлаў «Қансонар» ўақтында жатқан орнынан қозғалмай жатады,--делинеди. Мүмкин, бул сақлық болар.
6. Қасқырдың және бир қәсийети: ерлик, өзи менен күши тең болмаған, ямаса ҳәлсизлик жағдайында қалған адамға тийиспеўи: және Ш.Айтматов романынан: роман қаҳарманы Абдий Калистратовты нашақорлар тодасы терекке аяғынан асып кеткенде, қасқыр келеди, бирақ, тийиспейди, көмеклесиў мүмкинлиги де жоқ еди, себеби, қасқырдың өзине жақсылық ислеген адамға жәрдем бериў де қәсийетлери бар.
Соны да айтып өтиўимиз керек, гейпара ўақытларда адамлардың минез-қулқын, ерлигин «қасқырдай» деп баҳалап сөйлеймиз.
Тәбияттағы барлық элементлердиң адам денесинде бар екенлигин есапқа алсақ, қасқырдың минезиниң де адамда болыўы таң қаларлық қубылыс емес.
Қасқыр ҳаққында буннан да көп нәрселер айта бериўимиз мүмкин, қалай дегенде де, ол тәбиятымыздың байлығы, өз алдына бир дүньясы
.

Таярлаған: Shahzoda Allamuratova


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
М И Р Ә Т Н А М А!

Әдебият шайдалары, Сизди Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ эсселер, сәўбетлер ҳәм мақалалары топламы болған «Сөз ҳәм пикир» атамасындағы китабыныӊ презентациясының сыйлы мийманы болыўға шақырамыз...

Китапты таныстырыў кешеси 2024-жыл 29-май күни саат 10:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде
болып өтеди.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1-жай.
Бағдар: ҚМУ

@QRjas_doretiwshiler

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Дүнья жүзи бойынша жоқары рейтинглерде турыўшы газета-журналларға өз мақалаңызды шығарыўды қәлейсиз бе?

💯 Олай болса сизге Шахноза Тәжимуратова өзиниң «@maqala_baspa» телеграм топарында жәрдем береди. Сиз бундай мақалаларды шығарыў арқалы стипендиатлыққа, магистратураға ҳәм оннан да жоқары шыңларға бир адым жақынлайсыз.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz
Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығын мүнәсип белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.

Қарар менен:

Шайырдың «Таңламалы шығармалары» топламын өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарыў, оның өмири ҳәм дөретиўшилигине арнап жаратылған көркем, илимий-ғалабалық шығармаларды қайта басып шығарыў ҳәм презентацияларын өткериў:

Мәмлекет буйыртпасы менен Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған саҳналық шығармалар ҳәмде «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильмин жаратыў ҳәм олардың презентацияларын шөлкемлестириў;

Нөкис қаласында шайыр дөретиўшилигине арналған «Айт, сен Әжинияздың қосықларынан» атамасында мәмлекетимиз жас дөретиўшилериниң таңлаўын, дөретиўшилик мектеплери оқыўшылары арасында Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған шығармалар таңлаўын өткериў;

2024-жылдың сентябрь айында Көркем академияның Орайлық көргизбелер залында Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған китаплар, сүўретлеў өнери ҳәм халық әмелий көркем өнери үлгилери көргизбесин өткериў;

2024-жылдың октябрь айында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәмде Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде Әжинияз Қосыбай улының әдебий мийрасын үйрениў атамасында халықаралық илимий-әмелий конференциялар шөлкемлестириў;

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик институтында шайыр музейин шөлкемлестириў;

Әжинияз Қосыбай улының Мойнақ районындағы қәбирин абаданластырыў ҳәм оған естелик орнатыў, усы районда Әжинияз Қосыбай улының атындағы экопарк қурыў;

Мәмлекетимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, профессионал, улыўма орта билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде белгили жазыўшы ҳәм шайырлар, илимпазлар қатнасыўында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығына арналған ушырасыў ҳәм әдебий кешелер шөлкемлестириў;

2024-жылдың ноябрь айында Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры ҳәмде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театрында Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығына арналған салтанатлы көркем-әдебий еслеў кешелерин шөлкемлестириў белгиленген.

Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллигини муносиб нишонлаш мақсадида Ўзбекистон Республикаси Президентининг қарори қабул қилинди.

Қарор билан:

шоирнинг “Танланган асарлар” тўпламини ўзбек ва қорақалпоқ тилларида нашр қилиш, унинг ҳаёти ва фаолиятига бағишлаб яратилган бадиий, илмий-оммабоп асарларни қайта чоп этиш ва тақдимотларини ўтказиш;

давлат буюртмасига биноан Ажиниёз Қўсибой ўғлининг ҳаёти ва фаолиятига бағишланган саҳна асарлари ҳамда “Ажиниёз” бадиий-публицистик фильмини яратиш ва уларнинг тақдимотларини уюштириш;

Нукус шаҳрида шоир ижодига бағишланган “Айт, сен Ажиниёзнинг қўшиқларидан” мавзусида мамлакатимиз ёш ижодкорларининг танловини, ижод мактаблари ўқувчилари ўртасида Ажиниёз Қўсибой ўғли ҳаёти ва ижодига бағишланган иншолар танловини ўтказиш;

2024 йилнинг сентябрь ойида Бадиий академиянинг Марказий кўргазмалар залида Ажиниёз Қўсибой ўғлининг ҳаёти ва ижодига бағишланган китоблар, тасвирий санъат асарлари ва халқ амалий санъати намуналари кўргазмасини ўтказиш;

2024 йилнинг октябрь ойида Қорақалпоқ давлат университети ҳамда Алишер Навоий номидаги Тошкент давлат ўзбек тили ва адабиёти университетида Ажиниёз Қўсибой ўғлининг адабий меросини ўрганиш мавзусида халқаро илмий-амалий конференциялар уюштириш;

Ажиниёз номидаги Нукус давлат педагогика институтида шоир музейини ташкил қилиш;

Ажиниёз Қўсибой ўғлининг Мўйноқ туманидаги қабрини ободонлаштириш ва унга ёдгорлик ўрнатиш, мазкур туманда Ажиниёз Қўсибой ўғли номидаги экопарк барпо этиш;

мамлакатимиздаги олий ва ўрта махсус, профессионал, умумий ўрта таълим муассасалари, меҳнат жамоалари ва маҳаллаларда таниқли ёзувчи ва шоирлар, олимлар иштирокида Ажиниёз Қўсибой ўғли таваллудининг 200 йиллигига бағишланган учрашув ва адабий кечалар уюштириш белгиланган.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
БАЛАЛАРҒА БАРМАҚЛАРДЫ ТАНЫСТЫРЫЎ

БАС БАРМАҚ

Бас бармақ—(бас бармақ)
Балаң үйрек—(суқ бармақ)
Ортан терек—(ортан бармақ)
Шүлдир шүмек—(төртинши бармақ)
Кишкене бөбек—(шунатай бармақ)

БАРМАҚЛАРДЫҢ СӨЙЛЕСИЎИ

Бас бармақ: —Урлық етейик,
Балан үйрек: — Етсек етейик,
Ортан терек: — Қудай бар-ғо!
Шүлдир шүмек: — Қудай не қылатуғын еди.
Кишкене бөбек: —Қудайдың ала танасын әкелип, сойып жейик.

Орта бармақ қудайды ядға алғаны ушын ҳәмме бармақлардан узын болыпты. Шунатай бармақ «қудайдың ала танасын» сойып жемекши болғаны ушын да ҳәмме бармақлардан киши болып, өспей қалған екен.

@Tariyxqa_nazer

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
МЕРЎЕРТ
БАЛАЛАРҒА БАРМАҚЛАРДЫ ТАНЫСТЫРЫЎ БАС БАРМАҚ Бас бармақ—(бас бармақ) Балаң үйрек—(суқ бармақ) Ортан терек—(ортан бармақ) Шүлдир шүмек—(төртинши бармақ) Кишкене бөбек—(шунатай бармақ) БАРМАҚЛАРДЫҢ СӨЙЛЕСИЎИ Бас бармақ: —Урлық етейик, Балан үйрек:…
Каналымыз ағзасынан толықтырыў:

Бармақтартпай


Бас бармақ - малға барар,
Балан үйрек - аңға барар,
Ортан терек - отынға барар,
Шүлдир шүмек - суўға барар,
Кишкентай бөбек - үйге қарар

Бас бармақ - бас әкелер,
Балан үйрек - қус әкелер,
Ортан терек - отын жарар,
Шүлдир шүмек - қазанға қарар,
Кишкене бөбек - бала бағар.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Усы жылдың 6-7-8-сентябрь күнлери Қазақстан Республикасының Алматы қаласындағы Мухтар Әўезов атындағы Қазақ миллий драма театры жәмәәти дөретиўшилик сапар менен республикамызда мийманда болады.

Театр жәмәәти Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик  академиялық музыкалы театрында:

⚡️6-сентябрь күни саат 17:00де Г.Мүсиреповтың «Қыз Жипек» музыкалы драмасын;

⚡️7-сентябрь күни саат 17:00де А.Володиниң «Хошласқым келмейди» драмасын;

⚡️8-сентябрь күни саат 17:00де С.Досжанованың «Муҳаббат пенен ҳәсирет»  драмасын тамашагөйлерге усынады.

Барлық театр ықласбентлерин спектакльлерди тамашалаўға мирәт етемиз.


ҚР Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#ПРЕМЬЕРА

#АРАЛЫМ_МЕНИҢ Моноопера 🎼🎹🎼

🎭 Ҳүрметли театр ықласбентлери! Сизлерди 2024-жыл 12-13-14 август күнлери саат 17:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры устаз композитор, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен кѳркем ѳнер ғайраткери Қ.Заретдиновтың "АРАЛЫМ МЕНИҢ" монооперасының премьерасына мирәт етеди. Либретто авторы Ѳзбекстан Қаҳарманы, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И. Юсупов.

Сахналастырған режиссёр Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист М.Усенов.
Сахналастырған художник Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери З.Саипов.
Костьюмлар бойынша художник Б.Серекеев.


Театрдың мәлимлеме хызмети.

Байланыс ушын тел ☎️
93-778-42-21  91-384-70-69

@Krteatr


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
🎬"Qaraqalpaqfilm" kinostudiyası tárepinen qaraqalpaqsha 3d formatta multfilmler jaratıw boyınsha jumıslar alıp barılmaqta…

🌐 instagram ✈️ telegram 🌐web sayt
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM