📢📢📢ДЫҚҚАТ!
🎙️🎙️🎙️Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги қарақалпақ эстрада көркем өнериниң тийкарын салыўшылардан бири, белгили қосықшы, марҳум Замира Хожаназарованың естелигине бағышлап, усы жылдың 15-май күни саат 10:00 де Қарақалпақстан көркем өнер сарайында эстрада ҳәм ҳәўескер атқарыўшылардың республикалық таңлаўы болып өтетуғынлығын хабарлайды.
📎Таңлаўға республикамызда дөретиўшилик етип атырған 16-30 жас аралығындағы ҳаял-қызлар қатнасыўы мүмкин.
‼️Еслетпе, қатнасыўшылар Замира Хожаназарованың репертуарынан жанлы бир қосық атқарыўы керек.
‼️Таңлаўда қатнасыў ушын арзалар 10-майға шекем қабылланады.
📞📞Қосымша мағлыўмат ушын:
+998 93 775 07 90
+998 90 652 86 87
ҚР Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал

Х А Б А Р Л А Н Д Ы Р Ы Ў!
Ертең, 3-май күни саат 10:00де Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов туўылғанының 95 жыллығына арналған салтанатлы кеше болып өтеди.
Шайыр дөретиўшилигине қызығыўшы бәршени кешеге мирәт етемиз.

Бүгин, 5-май ХХ әсир қарақалпақ поэзиясының пайғамбар шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күни.
Егер ол арамызда болғанда бүгин өзиниң 95 жасын қарсы алған болар еди.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Егер ол арамызда болғанда бүгин өзиниң 95 жасын қарсы алған болар еди.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Audio
#Ибрайым_Юсупов
#Гимн_авторы
Қарақалпақстан деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz

ҚАРЫЗЫМ КӨП
Устаз Ибрайым Юсупов Жерге берилген күни жазылған қосық ямаса достым Қуўанышбай Оразымбетов пенен сырласыў
Бир Алладан бийжуўап жақсы қосық жазылмайды.
Деми таўсылмағанша бендеге Жай қазылмайды.
Жүректен жақсы қосық жан менен бирге шығады.
Ол – тәнге жанды жетелеген Тәңримниң сазындайды…
Бахтыярда қосық жоқ. Қарақалпақтан жыр кетти…
"Тирилер"ден түңилип, бул дүньядан Тири кетти.
Енди ғана ер жеткен Поэзия жетим қалды.
Шайырларды жылатып Уллы Ибрайым пийрим кетти…
Ўаҳ!.. Жоражан, қәйтейин жүрегим музлап атыр.
Әлле нәрсе сызлатып ҳәм тилкимлеп дузлап атыр…
Өзим ғана аңлайтуғын, өзим ғана түсинген,
Асқар таўын жоғалтқан бир әлем бозлап атыр…
Сум әжел, бул қара жер жақсыларға тоймады бир.
Адамлар Сорша көксин ойғанын ҳеш қоймады бир.
Жүреклердиң төрлеринен орын алған Ағамлар,
Ўаҳ!.. Жоражан! Кең дүньяға неге,неге сыймады бир?!.
Мен бүгин бул Соршада бир кәрамат – Сезим көрдим.
Ағамның Жер Жайында Ҳақыйқаттың Көзин көрдим.
Аршы Әлем Ағласына Периштелер алып ушты,
Пийримди қушағына қолым менен өзим бердим…
Бул дүньяға, жоражан, айтатуғын арызым көп.
Өзим билген ҳәм билмеген өтеўим шәрт парызым көп.
Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар:
Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп…
Бахтыяр Генжемуратов
Нөкис. Сорша. 2008-жыл, 27-июль
@b_genjemuratov

#Архив_пост
Көпшилигимиз май айында туўылған жазыўшы-шайырлардан И. Юсупов пенен Т. Қайыпбергеновты ғана билемиз. Негизи, бул айда қарақалпақ әдебиятындағы көп ғана тулғалар дүньяға келген.
Мәселен:
1. Генжемурат Есемуратов (1932-жылы 3-май);
2. Дәўлен Айтмуратов (1933-жылы 3-май);
3. Мансур Ахмедов (1962-жылы 4-май);
4. Айтбай Бекимбетов (1919-жылы 5-май);
5. Тәжетдин Сейтжанов (1924-жылы 5-май);
6.Жолдасбай Дилмуратов (1928-жылы 5-май);
7. Ибрайым Юсупов (1929-жылы 5-май);
8.Әденбай Тәжимуратов (1930-жылы 5-май);
9. Сағыйдулла Аббазов (1930-жылы 5-май);
10. Мәтибай Бердиев (1951-жылы 5-май);
11. Әбилқасым Өтепбергенов (1951-жылы 5-май);
12. Нәбийра Төрешова (1953-жылы 5-май);
13. Назира Матяқупова (1968-жылы 5-май);
14. Зулайха Нурметова (1950-жылы 6-май);
15. Төлепберген Қайыпбергенов (1929-жылы 7-май);
16. Қалый Жуманиязов (1924-жылы 10-май);
17. Толыбай Қабулов (1939-жылы 10-май);
18. Жубатқан Муратбаев (1939-жылы 10-май);
19. Бахтыяр Генжемуратов (1959-жылы 11-май);
20. Камал Мәмбетов (1940-жылы 14-май);
21. Базарбай Сейтаев (1957-жылы 14-май);
22. Қармыс Досанов (1922-жылы 15-май).
"Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылары" китабынан пайдаланылды.
Таярлаған: А. Сейтназарова ҳәм А. Алланиязова

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қара үйден кең дүньяға қарай!
Т. Қайыпбергенов 93 жаста!
Уллы тулғаның видеотаспаларда мөрленген даналықлары
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Т. Қайыпбергенов 93 жаста!
Уллы тулғаның видеотаспаларда мөрленген даналықлары
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы Төлепберген Қайыпбергенов туўылған күн
1929-жылы 7-май сәнесинде Кегейли районының Шортанбай аўылында (ҳәзирги Нөкис районы аймағында) дүньяға келген.
Оның биринши повести "Секретарь" деген ат пенен басылып шығады. Ең дәслепки гүрриң ҳәм очерклери "Блокнот сөйлейди" деген топламында басылып шықты. Ҳәзирге шекем "Муғаллимге рахмет", "Суўық тамшы", "Уйқысыз түнлер" повестлери, "Қарақалпақ қызы", "Қарақалпақ дәстаны", "Көздиң қарашығы", "Қарақалпақнама" дөретпелери, сондай-ақ ғәрезсизлик дәўирине тийисли "О дүньядағы атама хатлар", "Қәлбимниң қамусы", "Түркийнама" ҳәм тағы басқа дөретпелери ҳәзирги қарақалпақ прозасының буннан былай да раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
1974-жылы "Қарақалпақ халық жазыўшысы" деген атақ берилди. Буннан басқа да Қашқарий атындағы халықаралық сыйлықтың лауреаты болып, бир қатар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
@kitap_sawda

Саат 11:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрында еслеў кешеси болады.

📖 ... - Нонушта деген не, бий ата? - деди Жақсылық былайырақ шыққан соң.
- Хийўаша ҳалқас дегени болса керек.
- Қарақалпақша ҳалқас десе не қылады екен?
- Өйтсе, мәҳрем бола алмайды да!...
(Есенгелди бий Хийўа ханына жаранып, мәҳрем атағын алған соң, Маман бийди "нонуштаға жетсин" деп шақыртып жибереди. Сонда Жақсылықтың берген сораўларына Маман бийдиң жуўаплары)
Т. Қайыпбергеновтың "Маман бий әпсанасы" романынан
@SIZLER_USHIN
Сүўрет Марат Үлпетов тәрепинен жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған.

Forwarded from Халила Дәўлетназаров
Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!
Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.
Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.
Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.
Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.
Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.
Ғаз қуўға көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.
Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!
Канал: @X_Dauletnazarov
Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.
Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.
Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.
Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.
Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.
Ғаз қуўға көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.
Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!
Канал: @X_Dauletnazarov
BAHT TILE+
MIRZAGUL SAPAEVA
#Бахтыяр_Генжемуратов_65_жаста
Ҳәр бир жаңа жылда,
атқан таңларда,
Сен маған
бахыт тиле...
Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ
@a_blognot
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Ҳәр бир жаңа жылда,
атқан таңларда,
Сен маған
бахыт тиле...
Бахтыяр ГЕНЖЕМУРАТОВ
@a_blognot
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Буклет_Б_Генжемуратов_2024 _(2)3.pdf
332.4 KB
Ҳүрметли, әдебият шайдалары!
Сизлерди 11-май күни саат 11:00де ҚМУ руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында өткерилетуғын Өзбекстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери, шайыр Бахтыяр Генжемуратовтыӊ 65 жыллығына арналып өткерилетуғын «Ерлик, мәртлик, батырлықты улығладым – сөз еттим!» атамасындағы конференцияға мирәт етемиз.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
Сизлерди 11-май күни саат 11:00де ҚМУ руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мәжилислер залында өткерилетуғын Өзбекстанға мийнети сиӊген мәденият хызметкери, шайыр Бахтыяр Генжемуратовтыӊ 65 жыллығына арналып өткерилетуғын «Ерлик, мәртлик, батырлықты улығладым – сөз еттим!» атамасындағы конференцияға мирәт етемиз.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Бахтыяр_Генжемуратов_65_жаста
БУЛ ЖУРТТЫҢ БАТЫРЛАРЫ ҚАЙДА?!
(Қосықты шайырдың улы Айбарысхан Генжемуратов оқыған)
Безигип сыбыр-сыбыр Гәплерден,
безигип нәўбетши Мәплерден,
көкирек керип турған,
саўлат, көрик болған,
қарақалпаққа айбат берип турған,
кеттим Шылпық қорғанына-
пайыў-пияда.
Силкинип қонған қырандай, уяға
силкинип жеттим.
Қәлбимде саўал,
санмың дәрт:
"Бул журттың батырлары қайда?!
Бул журттың шайырлары қайда?!"
Силкинип оянар бир елес.
Руўҳымды силкилер сол елес:
"Батырлар мың жыллық ғәплетте.
Шайырлар бир әсирлик уйқыда...
Оятыңлар!
Алпамысты...
Шәрьярды оятыңлар...
Жалалатдин Мангубердини оятыңлар!
Ерназар Алакөзди..."
Қәлбимдеги саўал,
санмың дәртлерим
санмиллион жапырақлардай сылдырласады,
шексиз тәшўишлердиң дәрўазасын ашады:
- Мынаў Әмиўдәрья тасып турмаса,
анаў жетим Арал толқып турмаса,
Батырлар мың жыллық ғәплеттен оянбайды -
Шайырлар бир әсирлик уйқыдан...
Оянбайды...

Salawat Kamalov - Shan'araq | Салауат Камалов - Шаңарақ
ALYONMEDIA
15-май Халықаралық Шаңарақ күни
🎶🎶Шаңарақ
🎤✨Салаўат Камалов
Ерли-зайыплының урысы,
Жаўмаған булттың қурысы,
Жаўып-жаўып басылар,
Күн жадырап ашылар.
Ибрайым Юсупов
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
🎶🎶Шаңарақ
🎤✨Салаўат Камалов
Ерли-зайыплының урысы,
Жаўмаған булттың қурысы,
Жаўып-жаўып басылар,
Күн жадырап ашылар.
Ибрайым Юсупов
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Нөкис жуўынып атыр
Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры
мрамор саўытлы имәратларды,
төрт қатар гәп яңлы панел жайларды,
аеропортты -
реактив темир қанатларды,
муңлы Талларды...
Руўхым аспаны алағада булт:
наўрыз шақмағында гүңиренеди ол:
демиккен кеңликти азада қылып
муқаддес от пенен тебиренеди ол.
Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры
КамАз, автобуслар...
қайқы ВАЗларды да.
Ҳәм дәртли, ҳәм шадлы сигналлары жаңғырып
қәлбимди мәнзиллерге сазлайды ма?! -
Поездлар шыңғырар.
Руўхымды шомылдырып атыр бул Бәҳәр -
руўҳым қайтадан туўылып атыр:
нурлы селде жаўрап қайта оянған
Нөкис жуўынып атыр...
Бахтияр Генжемуратов
@Ssirgabaeva

Оныншы классты питирген жылы
Халила Дәўлетназаров
Оныншы классты питирген жылы,
Соңғы имтиханды тапсырған күни,
Өткенде қызлардың туңғыш дүркини,
Балалықтың алтын жибин қырққанбыз.
Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди,
"Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди,
Класс балларының соңғы гештеги,
Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз.
Сол нәўше қызлардың билеги аппақ,
Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ,
Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап,
Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз.
Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер,
Өкиниш-шар тас дур, жаның егелер,
Гейбир жаңалықтан абзал гөнелер,
Изге қарайлап көз майын сырққанбыз.
Жалы-жылаўында қайғы ҳәм бахыт,
Шоқлығын услатпас суў тулпар-ўақыт,
Қос аяқлап сәдде берер уқшатып,
Пүтин китапларды сонда жыртқанбыз.
...Қара көз, қәлем қас әрманлардың да,
Соңғы дүркинлери жетип келгендей,
Өмир дәптеринен жулынған жыллар–
Аппақ ақ парақлар ушып кеткендей...
Кеўлим уясының үмит қуслары,
Гүз жақын дегендей безиге берер.
Сол китаплар менен балалығым да,
Жыртылып қалғандай сезиле берер.
15-июнь, 1990-жыл.
@X_Dauletnazarov
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Халила Дәўлетназаров
Оныншы классты питирген жылы,
Соңғы имтиханды тапсырған күни,
Өткенде қызлардың туңғыш дүркини,
Балалықтың алтын жибин қырққанбыз.
Ўақыт бизге: "енди буннан көш" деди,
"Қалған сабағыңды өзиң шеш" деди,
Класс балларының соңғы гештеги,
Азырақ-азырақ шарап жутқанбыз.
Сол нәўше қызлардың билеги аппақ,
Тутсақ, сағат баўдай қолымыз шап-шақ,
Тап бир болып қалған жандай ғоддаслап,
Соңыра пушайманлық бағын қаққанбыз.
Ҳәр жаңсақ қәдемге төлем төленер,
Өкиниш-шар тас дур, жаның егелер,
Гейбир жаңалықтан абзал гөнелер,
Изге қарайлап көз майын сырққанбыз.
Жалы-жылаўында қайғы ҳәм бахыт,
Шоқлығын услатпас суў тулпар-ўақыт,
Қос аяқлап сәдде берер уқшатып,
Пүтин китапларды сонда жыртқанбыз.
...Қара көз, қәлем қас әрманлардың да,
Соңғы дүркинлери жетип келгендей,
Өмир дәптеринен жулынған жыллар–
Аппақ ақ парақлар ушып кеткендей...
Кеўлим уясының үмит қуслары,
Гүз жақын дегендей безиге берер.
Сол китаплар менен балалығым да,
Жыртылып қалғандай сезиле берер.
15-июнь, 1990-жыл.
@X_Dauletnazarov
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Audio
Moynaq muz/shkol
#Балалыққа_барып_қайтамыз
Оқыўшы жастың қосығы
Хожамурат Турымбетов
Жарқырайды күн менен,
Мектебимниң айнасы,
Қушағында өспекте,
Ўатанымның көп жасы.
Сол жаслардың биримен,
Қуўанаман сол ушын.
Жумсалса деп ойлайман,
Елим ушын бар күшим.
Муғаллимниң сөзине,
Кеўилимди бөлемен.
Тапсырмасын орынлап,
Питкеремен келемен.
Билим алып, үйренип,
Шынығаман, өсемен.
Билимленип ертең-ақ,
Исте алға түсемен.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
Оқыўшы жастың қосығы
Хожамурат Турымбетов
Жарқырайды күн менен,
Мектебимниң айнасы,
Қушағында өспекте,
Ўатанымның көп жасы.
Сол жаслардың биримен,
Қуўанаман сол ушын.
Жумсалса деп ойлайман,
Елим ушын бар күшим.
Муғаллимниң сөзине,
Кеўилимди бөлемен.
Тапсырмасын орынлап,
Питкеремен келемен.
Билим алып, үйренип,
Шынығаман, өсемен.
Билимленип ертең-ақ,
Исте алға түсемен.
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎@Merwert_uz
📣📣📣ДАҒАЗА!
Усы жылдыӊ 28-май күни Шоманай районындағы 13-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде ϴзбекстан халық бақсысы, Қарақалпақстан халық жыраўы Жумабай жыраў Базаровтыӊ естелигине бағышланған республикалық «Жыраўлар таӊлаўы» болып өтеди.
Таӊлаўда қатнасыўды қәлеўшилер 2024-жыл 27-май күни саат 15:00 ге шекем + 99 890 701-76-71 телефон номерине байланысып, дизимнен өтиўи мүмкин.

«ҚАСҚЫРЛАР ХАҚҚЫНДА»
Пүткил тутас тәбият жаратылысы - адамлар, ҳайўанат дүньясы, өсимликлер дүньясы булардың барлығы жер бетиниң бир пүтин балансын сақлап турыўшы тиришилик әлеми. Сол тутас әлемниң бир бөлеги-қасқырлар әлеми.
Қарақалпақстан аймағының шарўашылық хожалығы жайласқан районларында қасқырла еле де көплеп ушырасады, олардың тиришилик әлемине терең нәзер салып қарасақ, көп нәрсени билиўге болады:
1.Қасқыр адам қурған қақпанға түссе, тек қолға түспеў ушын, өзиниң аяғын шайнап, босанып шығып кетеди. Бул жерде оның "душпан" қолына түсип қор болып өлгеннен, бир аяқсыз еркинликте жасаўды жоқары қойыў, еркинликти сүйиў, қуллыққа қарсылық сезимлери бар. Сол ушында, жабайы ҳайўанлар ишинде қасқыр циркте болсын ямаса басқаша жағдайда қолға үйретилмейди, үйренбейди де.
Қасқыр баласын қолда сақласаңда, күнниң күни келгенде тоғайына қарап қашып кетеди. «Бөрини қанша сақласаңда, тоғайға қарап улыйды»,--деген сөз усыннан келип шыққан.
Және бир мысалы: қазақ жазыўшысы Мухтар Әўезовтың «Көксерек» шығармасындағы қолға үйретилген қасқыр баласы Көксерек пенен бала Қурмаштың трагедиялық ўақыялары.
Бунда, қасқырдың қай ўақытта да «өз нызамлылықларына бағынатуғынын» көриўге болады.
2.Қасқыр ҳәр исин ақыл менен ислейди. Дурыс, ҳайўанат дүньясының да, жәнликлердиң де өзине ылайық ақыл өлшеми бар, солайда, қасқырдың балалайтуғын ўақытта инлерин аўылларға жақын әтирапқа қурыўы, өз инине жақын аўылдың малына шаппаўы, ондағы садықлық, өз балаларын жаўыз күшлерден қорғаў сыяқлы түсиниклердиң бар екенлигин билдиреди.
3.Қасқырлар нызамлылықларындағы атап көрсететуғын характерли белгилердиң түрлерине: оның шаңарағына садықлығы, өзлеринен күшли зүррияд қалдырыў түсиниклери, ар-намысты жоқары қойыў сезимлери бар. Атап айтсақ: а) өмириниң ақырына дейин бир жупты менен жасаўы, егер де жуптысы өлсе, жалғыз жасаўы, ямаса қайғыдан набыт болыўы;
б) балаларын тәрбиялаўда қатаңлық пенен жуўапкершиликти баслы орынға қойыўы: олжаны балаларының ортасына әкелип таслап, сырттан бақлап, қайсысы күшли екенлигин, келешек тода баслығын солайынша белгилеў;
в) қолға түсип қалғанда өз жыныс ағзасын шайнап таслаўынан, оның ар-намысты жоқары қойып, жыныс ағзасын басқаларға көрсетпеўи сыяқлы аршыллық турады.
4. Қасқыр баласын урлаған, алған адамнан өш алмай қоймайды. Буның мысалы: қырғыз жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың «Әжел дастығы» («Плаха») романындағы жупты қасқырлар Тасшайнар ҳәм Ақбараның басынан өткен ўақыялар, қасқыр балаларын урлаған Базарбай мәскүнем бир достының үйине қонып кетеди. Бирақ, Ақбара балаларын сол жерде деп ойлап, сол үйдиң жалғыз нәрестесин урлап қашады. Баланың әкеси қасқырды атқан ўақытта, оқ қасқырдың да, баланың да жүрегин тесип өтеди. Жалғыз баласынан айрылған әке бет алды ылағып кетеди, ал Тасшайнар, Ақбараның әўлады соның менен тамам болады. Себеби, қасқыр өмиринде тек бир рет балалайды(3 тен 12 ге дейин).
Бундай ўақыяларға қарап отырып, ҳәр жер, ҳәр жерден Мауглилердиң шығып туратуғыны өз-өзинен болған ҳәдийсе деп қараўға болмайды.
5. «Қасқыр арқан атламайды» деген сөз де бар, бул да қасқыр нызамлылықларына киретуғын сыпатлы белгилердиң бири.
Қасқыр менен түлки қар жаўған ўақыттағы аң аўлаў «Қансонар» ўақтында жатқан орнынан қозғалмай жатады,--делинеди. Мүмкин, бул сақлық болар.
6. Қасқырдың және бир қәсийети: ерлик, өзи менен күши тең болмаған, ямаса ҳәлсизлик жағдайында қалған адамға тийиспеўи: және Ш.Айтматов романынан: роман қаҳарманы Абдий Калистратовты нашақорлар тодасы терекке аяғынан асып кеткенде, қасқыр келеди, бирақ, тийиспейди, көмеклесиў мүмкинлиги де жоқ еди, себеби, қасқырдың өзине жақсылық ислеген адамға жәрдем бериў де қәсийетлери бар.
Соны да айтып өтиўимиз керек, гейпара ўақытларда адамлардың минез-қулқын, ерлигин «қасқырдай» деп баҳалап сөйлеймиз.
Тәбияттағы барлық элементлердиң адам денесинде бар екенлигин есапқа алсақ, қасқырдың минезиниң де адамда болыўы таң қаларлық қубылыс емес.
Қасқыр ҳаққында буннан да көп нәрселер айта бериўимиз мүмкин, қалай дегенде де, ол тәбиятымыздың байлығы, өз алдына бир дүньясы.
Таярлаған: Shahzoda Allamuratova