KRuz.uz |Рәсмий канал
28.5K subscribers
4.78K photos
1.6K videos
57 files
4.47K links
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Download Telegram
📸 «Газета.uz» журналисти Евгений Сорочин Нөкис қаласынан фоторепортаж таярлады

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Аралдың суўлары теңизге сыймай турған дәўирлер

Арал теңизиниң Мойнақ районына тутасқан жағалары, 1957-жыл.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
#Вакансия

Қарақалпақстанның қала ҳәм районларындағы бос жумыс орынлары жәрияланды

Қарақалпақстанның Нөкис қаласы ҳәм басқа барлық районлар бойынша бос жумыс орынларын жәрияланды. Төменлеги силтемелер үстине басып толық танысыўыңыз мүмкин.

1.Нөкис қаласы 

2.Тахтакөпир районы 

3.Хожели районы 

4.Шымбай районы 

5.Шоманай районы

6.Мойнақ районы

7.Қоңырат районы 

8.Тақыятас районы

9.Нөкис районы

10.Кегейли  районы  

11.Қараөзек районы  

12.Қанлыкөл районы 

13.Бозатаў районы

14.Беруний районы

15.Төрткүл районы

16. Әмиўдәрья районы

17. Елликқала районы

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Қарақалпақстанлы дзюдошы Шарофиддин Болтабоев Астанадағы беллесиўде финалға шықты

Спорттың дзюдо түри бойынша Қазақстанның Астана қаласында болып өтип атырған «Үлкен дубылға» турниринде -81 кг салмақ категориясында қатнасып атырған қарақалпақстанлы жерлесимиз Шарофиддин Болтабоев ярым финалда япониялы Сотаро Фуживараны вазари баҳасы менен жеңип финалға шықты.

Шарофиддин Болтабоев бүгин кеште АЛТЫН медальды жеңип алыў ушын германиялы дзюдошы Тимо Кавелиус пенен беллесиўи күтилмекте.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
imtiyozlar reyestri.pdf
1.3 MB
⁉️Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириў ушын берилетуғын қандай жеңилликлерди билесиз?

2023-жыл басында ЖООларға кириўде берилетуғын жеңилликлер дизими тастыйықланған. Оған бола, кириў имтиханларында 41 түрдеги жеңилликлер бар. Олар арасында мектеп тәрепинен берилетуғын алтын ҳәм гүмис медаллар тилге алынбаған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шарапатдин Балтабаев Астанада болып өткен турнирде чемпион болды

Қарақалпақстанлы спортшы Шарапатдин Балтабаев Астана қаласында өткерилип атырған «Үлкен дубылға» турнириниң финал беллесиўинде германиялы Тимо Кавелиустан үстин келди. Ол алтын медал менен бирге 1000 рейтинг упайын да қолға киргизди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
🧍 Оқыўшылар мектеп формасын кийиў тәртибине әмел етпесе қандай шара қолланылады?

📑 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар,  оқыўшылардың мектеп формасын кийиў тәртибине әмел етпеўи билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртип-қағыйдаларын бузыў деп баҳаланады ҳәм бундай оқыўшыларға төмендеги шаралар қолланылыўы мүмкин:

▪️ ескертиў;
▪️ күнделик дәптерине жазып жибериў;
▪️ түсиндириў жумысларын алып барыў ушын ата-анасына хабар бериў;
▪️ пуқаралардың өзин-өзи басқарыў шөлкемлери ҳәм билимлендириў мәкемесиндеги жыйналысларда ата-аналар қатнасыўында додалаў.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Орайлық Банкиниң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы тайынланды

Исаков Айдос - Өзбекстан Республикасы Орайлық Банкиниң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўға шекем А.Исаков Өзбекстан Республикасы Орайлық Банки системасында бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда бала урылары пайда болды ма?

Әмиўдәрья районы Манғыт қаласында бир топар шахслар мектепке кетип баратырған балаларды тоқтатып, «мектепке алып барып қоямыз, зат алып беремиз», деп алдап машинасына миндирмекши болғаны ҳаққында хабарлар тарқалды. Кейиншелли бул жағдай Беруний районында жүз бергени айтылды.

«KRuz.uz» Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинен хабарларға анықлық киргизип, рәсмий мағлыўмат бериўин сорайды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Аралбойы тәбият бағындағы фотоқақпанға сағалдың балық аўлаў процеси тусти

Бүгинги күнде бул миллий бағда 91 түрдеги омыртқалы ҳайўанлар бар. Олардан 16 түри сут емизиўши, 8 түри жер баўырлаўшы ҳәм 67 түри қуслар есапланады. Булардан 13 түр ҳайўан Қызыл китапқа киритилген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Кегейли районы ҳәкимине орынбасар тайынланды

Жумабай Қайыпназаров — Кегейли районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қазақстанның алдынғы экономика министри ҳаялын өлтиргени ушын қамалды

Ҳаялы Салтанат Нукенованы өлтиргени ушын Қуўандық Бишимбаев 24 жыл мүддетке азатлықтан айрылды.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Балалар напақасы ямаса материаллық жәрдем тайынлаўдың жаңа тәртибин билесиз бе?

Жоқарыдағы видео арқалы онлайн арза бериў тәртиби ҳаққында толық мағлыўмат алың.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар