KRuz.uz |Рәсмий канал
28.4K subscribers
4.78K photos
1.61K videos
57 files
4.48K links
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
❗️«Whats», «Ecovacs», «AIF», «KFC»ларға жынаят иси қозғатылғаны айтылмақта

Мәлим болыўынша, «Whats», «Ecovacs», «AIF» ҳәм «KFC» мәселеси бойынша ҚР ИИМ жанындағы Тергеў басқармасы тарепинен ЖК 188-1 статьясы 3-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси козғатылған.

Тергеў дәўиринде айыпкерлер анықланып, егер пул тигип алданғанлар жәбиркеш деп табылса, пулларын айыпкерлерден өндирип бериў шарасы көриледи.

Енди усы компания ҳәм платформалардан жәбирленген адамлар ҚР ИИМ министрлигиниң Тергеў басқармасына хабарласыўы мүмкин. Ҳәзирде усы мәселе бойынша тергеў топары дүзилген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Енди тәлим кредитине де онлайн арза тапсырыў мүмкин

Жоқарыдағы видеода әйне сол бойынша сөз етилген. Ҳәзирги ўақытта төмендеги банклер тәрепинен тәлим кредити ажыратылмақта:

Xalq banki
Agrobank
O’zsanoatqurilishbank
O‘zmilliybank
Hamkorbank
MKBank
BRB

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Енди адамлар қурылған жайларды тек ғана банк арқалы алады. Турақ жай сатып алыў бойынша кепилликли эскроу системасы енгизиледи – Президент

Бунда девелоперлер өзлери қурып атырған жайлардың сатылыўын шөлкемлестириў бойынша банклер менен шәртнама дүзеди, бул жайларды алыўды қәлеген адамлар пулын қурылысшыға емес, тиккелей банкке тапсырады.

Банклер болса топланған пулды қурылысшыға ресурс сыпатында береди. Сонда банклер қурылысшы ҳәм қарыйдар арасында көпир болып, турақ жайды өз ўақтында ҳәм сапалы қурып, ийесине тапсырыўға кепил болады.

Жаңа система Самарқанд қаласы, Янгиҳаёт ҳәм Сергели районларында бир жыл даўамында тәжирийбеден өткерилиўи белгиленди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Тексерилмеген диний материалларға лайк басыў яки бөлисиў жуўапкершиликке себеп болады

Рәсмий комитет тексерилмеген аудио, фото ҳәм видеоматериалларды интернеттен жүклеп алыўда абайлы болыўға шақырмақта.

Тармақлардағы тексерилмеген диний мазмундаги материалларға “лайк” басыў ямаса “бөлисиў”ден сақланың!

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
📹 Ипотека кредити ушын субсидия алыўға арзаларды қалай жибериў мүмкин?

15-майдан субсидия алыў ушын арзалар қабыллаўы басланды. Хызметтен Бирден-бир портал арқалы бийпул ҳәм ҳешқандай ҳүжжетлерсиз пайдаланыўға болады.

Арзаларды жибериў бойынша жоқарыдағы видеоқолланба арқалы танысыўыңыз мүмкин.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
💰 Кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик бақшаларға жеңиллик тийкарында қабыл етиледи

📑 Президент қарарына бола, төмендегилер әмелге асырылады:

𒊹︎︎︎ 2025-жыл 1-январьдан баслап кәмбағал шаңарақлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллик тийкарында қабыл етиледи;

𒊹︎︎︎ 2025-2026-оқыў жылынан баслап кәмбағал шаңарақлар перзентлериниң мәмлекетлик ЖОО студентлер турақ жайларында жасаў ғәрежетлери мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи;

𒊹︎︎︎ 2025-жылдан баслап «El-yurt umidi» қоры тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын өз алдына квоталар ажыратылады.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
⚡️ Камбағал шаңарақтан шыққан студентлер мәмлекетлик жатақханаларда бийпул жасайды

Президент қарарына муўапық:

🔸2025/2026 оқыў жылынан, камбағал шаңарақ перзентлериниң мәмлекетлик ЖОО студентлер турақ жайларындағы жасаў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджети есабынан қаплап бериледи;

🔸2025-жылдан “Эл-юрт умиди” фонды тәрепинен камбағал шаңарақлардың перзентлери ушын бөлек квоталар ажыратылады.

➡️ Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️ Өзбекстанда 1-октябрьден баслап алимент төлемлери 10-15%ке асырылады

Жумыссыз ата-ана ушын напақаның муғдары төмендегише болады:

▪️1 бала ушын - 1,4 млн сом;
▪️2 бала ушын - 1,9 млн сом;
▪️ҳәм оннан артық балаға - 2,8 млн сом.

Ата-аналардың алимент ушын қарыздарлығы, егер оларды төлей алмаса, мәмлекет есабынан төленеди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
#Тайынлаў

Қабылбек Айтбаев Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министри лаўазымына тайынланды

Қабылбек Айтбаев усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Капитал қурылыс ҳәм коммуникация мәселелери бойынша секретариатының баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда 11 жолаўшы менен ҳәрекетленип баратырған «Damas» басқарыўшысына шара көрилди

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Театр актёры Алишер Акимов және бир саўаплы иске қол урды

Өзиниң тәрбиялық әҳмийетке ийе видеолары менен көпшиликке таныс болған Алишер Акимов ҳәр күни таңда ерте турып қаламыздың тазалығына үлес қоспақта ҳәм бул челленджке барлық ер-азаматларды мирәт етпекте.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қымыз ишип автомобиль басқарсаңыз автотранспорт басқарыў ҳуқықынан айырылыўыңыз мүмкин

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🏆 Қарақалпақстанның «Алмаз» командасы Қазақстанда өткерилген жайдарман ойынында 1-орынды ийеледи

«KRuz.uz»ға мәлим болыўынша, жайдарман ойыны Теңге аўылының 60 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Қарақалпақстанның 6 районына ишимлик суўын жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады

Усы жылдың 27-сентябрь күни саат 09:00 ден 14:00 ге шекем Тақыятас, Хожели, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларына ишимлик суўын жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

Себеби, «Тақыятас-Қоңырат» магистрал ишимлик суў тармағында авариялық жағдайды сапластырыў жумыслары алып барылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Қоңыратта 2 мың литрли дизель талан -тараж етилиўиниң алды алынды

Мәлим болыўынша, “Т.Н.Б.” ЖШЖның Қоңырат филиалы цех басқарыўшысы З.М. ҳәм басқалар өз-ара тил бириктирип, өзиниң материаллық жуўапкерлигинде болған 2 222 л дизельди ҳеш қандай ҳүжжетсиз филиалға тийисли автомашинада басқа шақапшаға (“К.Ш.” ЖШЖ) өткериў мақсетинде алып келген ўақтында усланған.

Жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар