KRuz.uz |Рәсмий канал
27.7K subscribers
4.89K photos
1.65K videos
57 files
4.53K links
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Varikozdan qiynalib ketdingizmi?

Undan og'riqsiz, kesmalarsiz va kafolat bilan qutilmoqchimisiz?

Operatsiyadan keyin darhol o'z oyog'ingizda uyga, ishga, o'qishga yoki bozorga ketmoqchimisiz?

Unda Sizni 25 va 27-aprel kunlari Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida kutamiz. 

Qabulga yozilish uchun: 99 511-98-88

TELEGRAM | INSTAGRAM | FASEBOOK
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
500 әскер ҳәм қутқарыўшылар Уралға өткизилди

Қазақстанның Урал қаласы Жайық дәрьясындағы суў критикалық шегара 8,5 метрден асып кеткен. Бул қәўипли шеги есапланады.

Аймақта қутқарыўшылар дәрья бойлап дамбаларды және де көтерип, қутқарыў жумысларын әмелге асырмақта.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Үстирт платосынан динозавр изи табылғаны айтылмақта

Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлимине қараслы Қарақалпақ тәбийий пәнлер илимий изертлеў институтының геология лабораториясы меңгериўшиси Иззет Айымбетов усы хабарларға түсиник берди. Оның сөзлерине бола, Үстирт платосынан динозавр изи табылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️ Ҳеш қашан iPhone менен камераны салыстырмаң — қәниге

Социаллық тармақларда «xusn1yt» аты менен белгили болған Ҳусниддин Гүлмирзаев iPhone телефонында ҳәм VS Conon R6 камерасында түсирилген фотолардың сапасын салыстырып көрди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️⚡️ ЖАҢАЛЫҚ!!! Бул хабарды сиз бенен бөлиспесек болмайды

Өзбекстан бойлап сырлы ҳәм көпшилигиңизге мәлим болмаған мәнзиллерди реал фото-видеолар және анық локация менен бөлисип баратуғын канал силтемесин сизге усынбақшымыз.

Ағза болың!

Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ақыретлегенлик ушын қандай жуўпкершилик бар?

Ақыретлеў, яғный, кимниңдур абырай ҳәм қәдир-қымбатын биле тура кемситиў 13 млн 600 мың сомға шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Сондай-ақ, жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгингенлер 1 млн 700 мың сом жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў менен жазаланыўы мүмкин.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Айдаўшылар газ “заправкалар”дың қайсысы ислеп атырғанын онлайн көриў имканиятына ийе болады

“Ҳудудгазтаъминот” тәрепинен ислеп шығылып атырған бул қосымша арқалы қай жерде, қандай тығылыслық (гезек) бар екенлиги ҳаққындағы мағлыўматлар 24 саат даўамында онлайн түрде узатылады.

Бүгинги күнде пүткил республика бойынша 1329 АГТКС болып, компания менен шәртнама дүзген барлық шақапшалар қосымшаға киритиледи.

“Қосымша усы жылдың гүз-қыс мәўсиминде иске түсиўи күтилмекте. Қыста айдаўшылардың қолында қосымша болады”,- дейди ӨзР Энергетика министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Ҳасан Тошхўжаев.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Тарқатың

❗️Даўыслы хабар: Алдаўшылықтың жаңа түринен абайлы болың

Рәсмий шөлкемлердиң мәлим етиўинше, пул өндириўде алдаўшылықтың жаңа түринен кең пайдаланылмақта.

Бунда сизиң даўысыңыз өзлестирилип, жасалма интеллект жәрдеминде қайта оқылады. Соң даўысыңыздан пайдаланған ҳалда жақынларыңыздан жәрдемге мүтәж екенлигин айтып, пул сорайды. Булардың ең көп жәбирлениўшилери болса үлкен жаслы инсанлар болмақта.

Жоқарыдағы видеода бундай алдаў түринен қалай сақланыў мүмкинлиги ҳаққында түсиник бериледи.

❗️Итибарлы болың! Хабар алмасыўда көбирек текст форматтан пайдаланыўға ҳәрекет етиң.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Темиржолшы етип жумысқа киргизиў есесине 4000 АҚШ доллары муғдарында пара алған қоңыратлы шахс қолға түсти

Төрткүл районында өткерилген оператив илаж даўамында пуқара Д.И.ди жаңадан қурылып атырған темир жол кәрханаларының бирине темиржолшы етип жумысқа киргизип бериўди ўәде еткен шахс (Қоңырат районында туўылған) қолға алынды. Ол буның есесине 4000 АҚШ доллары муғдарында пара талап еткен.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
⚡️Нөкистеги автобусларда пластик карта арқалы төлем системасы енгизилди

Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде жәмийетлик транспортта жол ҳақысын электрон система арқалы әмелге асырыў жолға қойылды.

Ҳәзирги ўақытта Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, жолаўшылар банк картасы арқалы жол ҳақыны тѳлеўи мүмкин.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Енди судтың атқарыў ҳүжжетлери электрон бериледи

Нызамшылыққа муўапық, усы жылдың 1-май сәнесинен:

суд ҳүжжетлери тийкарында атқарыў ҳүжжетлерин электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизиледи;

пуқаралардан қарыздарлықлары ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дарамат белгиленеди;

атқарыў исин жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби почта қәрежетлери бойынша қарыздарлықты өндириўге қолланылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Әмиўдәрьяда дерлик 1.2 млрд қаржы талан-тараж етилгени анықланды

Әмиўдәрья районында 67-санлы улыўма орта билим бериў мектебине ҳәм 40-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жылытыў қазанларын сатып алыў, сондай-ақ, дәслепки қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын жеке меншик шериктиң банктеги есап бетлерине ажыратылған 1 млрд. 184 млн. 507 мың сом қаржы өзлестириў ҳәм растрата етиў жолы менен талан-тараж етилген.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы, 3-бөлими, “а”-бәнти менен жынаят иси ашылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Қарақалпақ шайырларының шығармалары инглиз тилинде жәрияланды

Биринши мәрте уллы шайырлар Бердақ, Әжинияз ҳәм Ибрайым Юсуповтың шығармалар топламынан ибарат улыўма 242 бетли китап инглиз тилинде баспадан шығып, дүнья аудиториясына усынылды.

Бүгинги күнде китап Аmazon.com глобал интернет дүканына сатыўға қойылған. "Қарақалпақтың үш шайыры" деп аталған бул китапқа Аmazon.com интернет дүканында халық аўызеки ҳәм классикалық поезиясына тийкарланған Орайлык Азияның ең уллы әдебиятларының бири деп тәрийп берилген.

Топламнан Бердақтың "Шежире", Әжинияздың "Бозатаў" ҳәм Ибрайым Юсуповтың "Арал элегиясы" шығармалары орын алған.

Китап британиялы шайыр Эндрю Станиланд тәрепинен, Гулбахар Изентаева, Шахноза Кеңесбай қызы, Айнура Назырбаева, Нилуфар Абдуллаева, Наргиза Уразымбетова ҳәм Гулназ Жадигеровалар жәрдеминде инглиз тилине аўдарылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
💰 Төрткүлде 1,5 млрд муғдардағы жеңиллетилген кредит қаржылары талан-тараж етилди

Төрткүл районында «K.N.» ЖШЖның жуўапкер шахслары арнаўлы техника ҳәм қурылыс материалларын сатып алыў ушын коммерциялық банктиң Төрткүл филиалынан ажыратылған кредит қаржылары есабынан 1,5 млрд сом пулды пуқара С.А. атына ашылған пластик картаға өткерип алып, нақластырған.

Сондай-ақ, бул бойынша 2 дана «Вовсат» маркалы экскаватор сатып алынғаны ҳаққында жалған ҳүжжетлерди рәсмийлестирген. Ҳәзирги ўақытта Жынаят кодексиниң 167-статьясы, 192-11-статьясы ҳәм 228-статьясы менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📹 Хожелиде мүддетинен алдын пенсияға шығарыўды ўәде еткен Пенсия қоры хызметкери усланды

Мәлим болыўынша, Бюджеттен тысқары Пенсия қоры Хожели районлық бөлими хызметкери район турғынының анасын мүддетинен алдын пенсияға шығарып бериўин айтқан. Буның есесине пуқарадан 1 млн сом муғдарында пул талап еткен.

Тийисли орган хызметкерлери қатнасында өткерилген оператив илаж даўамында хызметкер пулды алып атырған ўақытта дәлиллер менен қолға алынған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Тайынлаў

Тлеумуратов Мирас Генжемуратович – Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары лаўазымына тайынланды.

М.Тлеумуратов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасының Инвестицияларды тартыў, исбилерменлер менен ислесиў ҳәм олардың жумысын муўапықластырыў секторы баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Наўайыдағы қарақалпақ мектеплерге қарақалпақша китаплар зәрүр

Мәлим болыўынша, Наўайы ўәлаяты Кенимех районындағы 3 мектеп балаларды қарақалпақ тилинде оқытады. Бирақ мектеп китапханалары қарақалпақ тилиндеги көркем-әдебий китапларға мүтәж.

Сонлықтан инстаграм тармағындағы бир қатар кеўилли жаслар буған өз үлесин қосыў мақсетинде баслама менен шықты. Егер ҳәр бир адам өз китапханасынан 1 китаптан ажыратса, 1000 жастан 1000 китап, 2 китаптан ажыратса, 2000 китап жыйналыўы мүмкин. Сонлықтан ийгиликли иске өз үлесиңизди қосың. Қарақалпақ тилинде оқыўшы жаслар ушын әдебий китаплар усының.

Видеода китапларды қай жерге тапсырыў кереклиги түсиндирилген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тармақларда ушырайтуғын шет елге жумысқа жибериў ҳаққындағы хабарларға исениўге болама?

Соңғы жылларда тармақларда Европа мәмлекетлери, Америкаға жумысқа жибериў, буған тил билиў де шәрт емеслиги ҳаққындағы хабарлар, онлайн компаниялар көбейип кетти. Буларға исенип, соралған пулды берип атырған пуқаралар да ушыраспақта.

Пуқараларды шет елге жумысқа жибериў лицензиялы искерлик түри есапланады. Сонлықтан шет елде ислеўге шақырып атырған фирмаларда бундай искерлик пенен шуғылланыўға арнаўлы рухсатнама, лицензия болыўы керек.

Жоқарыдағы видеода онлайн фирмаларға алданып қалсаңыз не қылыў кереклиги, сондай-ақ, рәсмий искерлик жүргизиўши фирмаларды қалай билиў мүмкинлиги ҳаққында мағлыўмат берилген.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Төрткүлде банкти алдап, жеңилликли кредит пулын өзлестиргенлер анықланды

Мәлим болыўынша, “К.n.” ЖШЖ шахслары арнаўлы техника ҳәм қурылыс материалларын сатып алыў ушын коммерция банки Төрткүл филиалына мүрәжат етеди. Ажыратылған жеңилликли кредит пулына 2 дана “Вовсат” маркалы экскаватор сатып алынғандай қылып, жалған ҳүжжетлерди рәсмийлестиргени ҳәм пуқара С.А.ның пластик картасына 1,5 млрд сом кредит пулын өткерип алып, нақлағаны анықланған.

Ҳәзирде жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң арнаўлы статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Қарақалпақстандағы 2 район ҳәкимине орынбасар тайынланды

Шерзод Худайназаров — Төрткүл районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары — экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлими баслығы лаўазымына;

Гүләсен Уббиева — Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары — шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Forwarded from Dr.Nodira Saydalieva
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
G’ilaylikdan kafolatli qutiling

Sizga noqulaylik tug’dirib kelayotgan g’ilaylikdan 40 minutda kafolatli qutilmoqchimisiz?

27 va 28 aprel kunlari Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida doktor Nodira Saydalieva g’ilaylikni bartaraf etish bo’yicha konsultatsiya va operatsiyalarni o’tkazadi.

Doktor Nodira Maxamatovna yordamida Siz ham ushbu nuqsondan xalos bo’lishingiz mumkin bo’ladi.

Ko’rik va operatsiyalar yosh bolalar va kattalarda ham bajariladi.

Qabulga yozilish uchun: 99 511-98-88

Telegram | Instagram