KRuz.uz |Рәсмий канал
28K subscribers
4.84K photos
1.63K videos
57 files
4.5K links
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Download Telegram
❗️Денсаўлықты сақлаў тараўында лаўазымлар қысқарыўы мүмкин

Бул ҳаққында ӨзР Экономика хәм финанс министрлиги усыныс берген.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
🔥 «Арал» «Олимпик-Mobiuz» дәрўазасына 6 гол урды

⚽️ Бүгин Про лиганың 4-тур беллесиўлери жуўмақланды. Бүгинге белгиленген дәслепки ушырасыўда «Арал» командасы «Олимпик-Mobiuz» командасын 6-0 есабында жеңди.

Нәтийжеде, Нағметулла Қутыбаев шәкиртлери очколар санын 6 ға жеткизип, турнир кестесинде 4-орынға көтерилди.

🔵«Арал» 6-0 «Олимпик-Mobiuz»🔴

Саламат Қутыбаев - 1'
Азизбек Өмирбеков - 6'
Обид Журабоев - 22'
Руслан Қалмағанбетов - 49'
Иззетулла Қутыбаев -62'
Шаҳзод Туропов - 90'.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Елликқалада aйдаўшылық гүўалығын 600$ ға алып бермекши болған шахс усланды

Мәлим болыўынша, Елликқала районында жасаўшы пуқара Н.С. арза ийелери Х.А. ҳәм Э.С.лардың исенимине кирип, таныслары арқалы айдаўшылық гуўалығын алып бериўди ўәде еткен. Буның есесине олардың ҳәр биринен 300 АҚШ доллар, жәми 600 АҚШ долларын алдаўшылық жолы менен алған ўақтында иркилген.

Ҳәзирде жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодекси тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️ Мектеплердеги айырым лаўазымларды қысқартыў усыныс етилмекте

📑 Улыўма билим бериў, музыка мектеплери, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериндеги бир қанша лаўазымларды қысқартыў усыныс етилмекте.

➡️ Постты педагог танысларыңызға тарқатың.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Тарқатың

⚡️Финанс министрлиги айырым мәкемелерди жабыў ҳәм лаўазымларды қысқартыўды усыныс етпекте

❗️Оған көре:

🔻ҚР, ўәлаятлар, район (қала) халық қабыллауханаларын сапластырыў;

🔻район (қала) әдиллик бөлимлерин сапластырыў;

🔻аймақлық Қазнашылық хызмети басқармалары хәм бюджеттен тысқары Пенсия басқармаларын сапластырыў;

🔻мектеплер, музыка, спорт мектеплери, орта арнаулы ўәм профессионал билимлендириў мәкемелериндеги айырым лаўазымларды қысқартыў ҳәм үстемелерди азайтыў усыныс етилмекте.

Дерек: "Халық ушын"

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Коммунал ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар бергенлер хошаметленеди

Халық тәрепинен Энергетика министрлигиниң Интернеттеги арнаўлы мәлимлеме системасына жиберилген электр, ыссылық энергиясы, газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фотосуўретлер ҳәм видеожазыўлар белгиленген тәртипте көрип шығылады.

Бунда, ҳуқықбузарлық ҳаққындағы фото ҳәм видеоларды жибергенлер пул сыйлығы менен хошаметлендирилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, фотосуўретлер ҳәм видеожазыўлардағы ҳуқықбузарлар шахсын анықлаў Энергетика министрлигиниң аймақлық уйымлары сораўына тийкарланып ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Президент мектеплериниң жергиликли оқытыўшыларына 350% муғдарында қосымша үстеме төленеди

Үстеме педагоглар тәрепинен төмендеги шәртлер орынланған жағдайда төленеди:

Кембридж халық аралық тәлим бағдарламалары тийкарында сабақ берилетуғын пәнлерди оқытыў бойынша 3 (Introductory, Extension, Marking) курсты табыслы тамамлаў ҳәм сертификат алыў;

— Президент мектеплеринде кеминде 1 жыллық жумыс стажына ҳәм шет тилин билиў бойынша кеминде С1 дәрежедеги ямаса оған теңлестирилген дәрежедеги халық аралық сертификатқа ийе болыў.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Келеси оқыў жылынан сабақларды шет тилинде өткенлер үстеме алады

2024/2025 оқыў жылынан дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде математика, физика, химия, биология, тәбийий пәнлер (science), информатика ҳәм информация технологиялары пәнлеринен сабақларды шет тилинде алып барған оқытыўшыларға тариф ставкасына 100% муғдарында ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Әмиўдарьяда жәрийма майданына түскен автомашинаны шығарыў ушын пара алған шахс усланды

Пуқара Г.У. рухсатсыз қара плёнка орнатылғаны ушын ҳәкимшилик баяннама тийкарында машинасы жәрийма майданына қойылған. Әмиўдарья районында жасаўшы Ш.И. оның исенимине кирип, таныслары арқалы шығарып бериў есесине 3.000.000 сом пулларды талап етип, алған ўақтында иркилген.

Усы жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң 212-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Коммунал ҳуқықбузарлықлар ҳаққында хабар бергенлер хошаметленеди

Халық тәрепинен Энергетика министрлигиниң Интернеттеги арнаўлы мәлимлеме системасына жиберилген электр, ыссылық энергиясы, газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы фотосуўретлер ҳәм видеожазыўлар белгиленген тәртипте көрип шығылады.

Бунда, ҳуқықбузарлық ҳаққындағы фото ҳәм видеоларды жибергенлер пул сыйлығы менен хошаметлендирилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, фотосуўретлер ҳәм видеожазыўлардағы ҳуқықбузарлар шахсын анықлаў Энергетика министрлигиниң аймақлық уйымлары сораўына тийкарланып ишки ислер уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Ишимлик суўы тәмийнатына тийисли машқа ямаса авариялық жағдай жүзеге келгенде кимге мүрәжат етемиз?

☎️ “Қарақалпақ суў тәмийнаты” ЖШЖның 24/7 режиминде жумыс алып барыўшы диспетчерлик номери: 91 226-51-67 

☎️ Қала ҳәм районлық диспетчерлик хызмети телефон номерлери:

📞 Нөкси қаласы: 61-222-88-92 
📞  Әмиўдәрья районы:  61-515-45-98 
📞  Беруний районы:  97-357-58-05
📞  Қараөзек районы: 95-601-66-72
📞  Кегейли районы:  61-421-29-44
📞 Қоңырат районы: 61-312-12-85
📞  Қанлыкөл районы: 55-105-07-41
📞  Мойнақ районы: 61-322-22-61
📞  Тахтакөпир районы: 61-435-19-67
📞  Төрткүл районы: 61-532-27-52
📞  Хожели районы:  61-554-81-15
📞 Шымбай районы: 61-444-02-87
📞  Шоманай районы: 55-101-09-10
📞  Елликқала районы: 55-106-19-05           
📞  Нөкис районы: 55-101-65-46
📞  Тақыятас районы: 95-601-71-44
📞  Бозатаў районы:  95-601-01-31

(#)
👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Исбилерменлер жаратқан жумыс орнына қарап салықлардан жеңиллик алады

Исбилерменлер жаратқан жаңа жумыс орынлары санына қарап айырым салықларды төмендеги мүддетлерде бөлип - бөлип төлеў имканиятын алады:

🔹51 ден 100 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда - 3 айға шекем;

🔹101 ден 200 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда - 6 айға шекем;

🔹200 ден артық жаңа жумыс орны жаратылғанда -12 айға шекем.

Сондай-ақ, “20 мың исбилермен -  500 мың тәжирийбе қәниге” бағдарламасына киритилген исбилерменлик субъектлери мал-мүлк ҳәм жер салығын 2025-жыл 1-январьға шекем төмендеги муғдарда төменлетилген салық ставкалары бойынша төлейди:

🔸51 ден 100 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда - белгиленген салық ставкасының 50%;

🔸101 ден 200 ге шекем жаңа жумыс орны жаратылғанда - белгиленген салық ставкасының 75%;

🔸200 ден артық жаңа жумыс орны жаратылғанда - бул салықларды төлеўден азат етиледи.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Айырым исбилерменлерге субсидия ажыратылады

Усы жылдың 1-апрель күни Президентимиздиң ПҚ-146-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплекс бағдарламасы шеңберинде 2024-жылда жоқары дәраматлы ҳәм экспортбап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, сайлап алыў, қақлаў, қайта ислеў ҳәмде оларды экспорт қылыў менен шуғылланыў менен байланыслы илажларды әмелге асырыў ушын коммерциалық банклер тәрепинен жәми 1,5 трлн. сумға шекемги муғдарда кредит ресурслары бағдарланады.

Жергиликли өнимлер стендлерин аўыл хожалығы өнимлерине қәнигелескен абырайлы халықаралық көргизбе ҳәм ярмаркаларда тартымлы локацияларда жайластырыў ушын арза киргизиў ҳәм Саўдаға көмеклесиў фондына әмелде ажыратылған қаржылар есабынан алдыннан 100 пайыз төлеп бериў тәртиби енгизиледи.

Бунда көргизбе ҳәм ярмарка илажларында қатнасыў қәрежетлери ушын исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтингиндеги категориясына сәйкес түрде субсидиялар ажыратылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Қарақалпақстанның 8 районындағы бос жумыс орынлары жәрияланды

Төменде усы жылдың 3-4-апрель жағдайына, Мойнақ, Қоңырат, Тақыятас, Тахтакөпир, Хожели, Шымбай, Шоманай ҳәм Нөкис районларындағы бос жумыс орынлары келтирилген.

Мойнақ районы

Қоңырат районы

Тақыятас районы

Тахтакөпир районы

Хожели районы

Шымбай районы

Шоманай районы

Нөкис районы

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар