KRuz.uz |Рәсмий канал
27.2K subscribers
4.99K photos
1.68K videos
57 files
4.62K links
KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot

Реклама ушын: @Polat_Turganbaev
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ҳәзир даўам етип атырған тема ҳаққында видеолардан бири.

Даўыс бериў 1-апрель күни саат 23:59 ға шекем даўам етеди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Forwarded from Dr.Nodira Saydalieva
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
30-31 mart kunlari Nukus shahrida g'ilaylikni tuzatish bo'yicha operatsiyalar

30 va 31 mart kunlari Nukusdagi Grand Med Servis klinikasida doktor Nodira Saydalieva g'ilaylikni bartaraf etish bo'yicha konsultatsiya va operatsiyalarni o'tkazadi.

Faqatgina 2 kun davomida minglab bemorlarni g'ilaylikdan xalos etgan jarroh doktor Nodira Maxamatovna yordamida Siz ham ushbu nuqsondan xalos bo'lishingiz mumkin bo'ladi.

Ko'rik va operatsiyalar yosh bolalar va kattalarda ham bajariladi.

Qabulga yozilish uchun: 99 511-98-88

https://t.me/kosolog
Автомобиллерди техникалық көриктен өткериў мүддетлерин билесиз бе?

📄 Президенттиң 2022-жыл, 28-июнь күнги ПҚ-298-санлы қарарына бола, физикалық шахсларға тийисли ислеп шығарылғанына 10 жылға шекем болған жеңил автомототранспортлар техникалық көриктен ықтыярлы түрде өткериледи.

☑️ Жеңил автомототранспортлар (коммерциялық тийкарда жолаўшы тасыўда пайдаланылатуғын жеңил автомототранспортлар буған кирмейди) төмендеги мүддетлерде мәжбүрий техникалық көриктен өткериледи:

🔹 ислеп шығарылғанына 11 жылдан 14 жылға шекем болған жеңил автомототранспортлар – 2 жылда бир рет;

🔸 ислеп шығарылғанына 15 жыл ҳәм оннан артық болған жеңил автомототранспортлар – 1 жылда бир рет.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⁉️ Зыянкеслерден қутылыўдың нәтийжели усылын билесиз бе?

Билесиз, зыянлы жәнликлер  атыз өнимлериниң зүрәәтине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетеди. Кейинги ўақытлары буған қарсы гүресиў ушын биологиялық усыллардан кең пайдаланылмақта.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, буған қарсы гүресиўде алтынкөзден пайдаланыў жақсы нәтийже береди.

Толық мағлыўмат пенен жоқарыдағы видео арқалы танысыўыңыз мүмкин.

📹 Видеоны жақынларыңызға тарқатың.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
🤩 texnomartta 0-0-6 akciyası! Tek 2 kún!

BÀRSHE ÒNIMLER:

🔸 baslanǵısh tólemsiz;
🔸 ústeme hám procentlersiz;
🔸 6 aylıq múddetke satıp alıwıńız múmkin!

Akciya tek 30 hám 31-mart kúnleri ámel etedi!

📍Mánzil: Nókis qalası, AllayarDosnazarov kóshesi 8 A.
Bag'dar: №1-akademiyalıq licey qasında

📞 71 209 99 44
teхnomart.uz

@texnomart
❗️1-апрельден баслап «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылады

2024-жылдың 1-апрель сәнесинен баслап «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша авиақатнаўлар жолға қойылады.

Авиақатнаўлар ҳәптениң дүйшемби, жума ҳам екшемби күнлери Нөкистен Мойнаққа жергиликли ўақыт пенен азанғы саат 9:00 де, ал Мойнақтан Нөкиске азанғы саат 10:05 те әмелге асырылады.

Авиабилетлерди Нөкис халықаралық аэропорты ҳәм Мойнақ аэропорты авиакассаларынан алыўыңызға болады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бахадыр Қутлымуратовтан және бир актуал темаға байланыслы ҳәзил

Белгили актёр ҳәм вайнер Бахадыр Қутлымуратов бүгинги күнниң ең актуал темаларынан бири болып турған «Опен бюджет»ке байланыслы вайн иследи. Онда «Опен бюджет» адамлар арасындағы қатнасықты беккемлеп атырғаны ҳаққында сөз етиледи.

Еслетип өтемиз, даўыс бериў процеси 4-апрель күни саат 23:59 ға шекем даўам етеди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️«Метан» газ баҳасы 1-июньға шекем 3 350 сомнан көтерилмейтуғын болды

Автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшаларында тәбийғый газды сатыўда оның ең жоқары усақлап сатыў баҳасы 2024-жыл 1-июньға шекем бир куб метр ушын 3 350 сом етип белгиленбекте.

Яғный, 1-апрельден баслап жуўмағына жетиўи керек болған ең жоқары усақлап сатыў баҳасы ушын белгиленген мүддет және еки ай даўамында азлы-кем өзгерислер менен әмел етеди (алдынғы баҳа 3 250 сом еди).

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Бүгиннен баслап Қарақалпақстанда «мусор» ушын төлем қымбатлайды

Министрлер Кеңесы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы аймағында қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызмети ушын жаңа тарифлер муғдарлары тастыйықланған.

☝️Оған көре хызмет ушын төлемлер:

🔸пуқаралар ушын – 1 адамға бир айға – 4032 сoм (ҚҚС менен);

🔸юридикалық шахслар (мәкеме ҳәм шөлкемлер) ушын – 1м.куб шығынды ушын – 72 240 сoм (ҚҚС менен).

🗓 Қарардың 7-бәнтине тийкар бул тарифлер 2024-жыл 1-апрел, бүгиннен күшке кирди.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Зайнаб Дайыбекова Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынларының лицензиясын қолға киргизди

Бүгин қылышласыў спортында Париж-2024 жазғы Олимпиада ойынлары ушын рейтинг очколарын жыйнаў дәўири рәсмий тәризде жуўмақланды. Қуўанышлы тәрепи, сабля жөнелиси бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Зайнаб Дайыбекова бул рейтинг арқалы тиккелей 4 жыллықтың ең абырайлы спорт жарысына қатнасыў ушын жолланба алды.

Нәтийжеде, Дайыбекова өзиниң усы ўақытқа шекемги спорт карьерасында екинши мәрте Олимпиада ойынларының қатнасыўшысына айланды. Қалған жөнелислердеги қылышпазларымыз болса 27-28-апрель күнлери БАӘның Фужайра қаласында өтетуғын континентлик лицензион турнири арқалы жолланба алыўға ҳәрекет етип көреди.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
#Тарқатың

❗️«Мусор»дан қарызы бар Нөкис турғынлары қарызын толық төлемегенше «свет»сиз отырады

2024-жылдың 1-июнынан баслап Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, сондай-ақ, басқа ўәлаятлар орайларында шығынды хызметлери бойынша 6 ай даўамында қәлиплескен қарыздарлық ушын;

2024-жылдың 1-ноябринен республиканың барлық аймағында шығынды хызметлери бойынша 3 ай даўамында қәлиплескен қарыздарлық ушын;

2025-жылдың 1-январынан баслап республиканың барлық аймағында шығынды хызметлери бойынша 1 айлық қарыздарлық ушын электр энергиясына төлемди әмелге асырыўда шеклеўлер орнатылады.

👉 @KRuzuz Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
❗️Нөкистеги бир қатар көшелерде коммуникация тармақларында үзилислер болады

Нөкис қаласы, АТС-225 ҳәм АТС-229 линия кабель хожалығына қараслы көшелерде телекоммуникация хызметлериниң сапасын жақсылаў мақсетинде оңлаў жумыслары алып барылады.

Оңлаў жумысларының ўақты:
2024-жыл 1-апрельден 15-апрель аралығы;

Оңлаў жумыслары ўақтында телекоммуникация хызметлери сапасы төменлейтуғын ҳәм үзилислер болыўы мүмкин аймақлар:

🌐 “Қызылқум” МПЖ ҳәм “Нәўбаҳар” МПЖ, Тақыятас гүзары, Алма-ата, Әндижан, Байсун, Мрамор, Қалымбетов, Бегелдиев, Алтын-булақ, Нур-булақ, Үш-қудық, Мақмамық, Гороғлы, Сунқарлар, Уллы-бағ, Ел-азат, Үш-сай, Жағласын көшелери;
“Жийдели байсын” МПЖ ҳәм “Амудария” МПЖ, Гулмурат шайыр, Сарыбай шайыр, Бес-перде, Ахымбет бақсы, Төлепберген шайыр, Сапура шайыр, Қуўандәрья, Айтеке-бий ҳәм Көреген;

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өкпе кеселликлеринде ораза тутыў мүмкин бе? Қәниге түсиник берди

Пулмонолог шыпакер Мирғолиб Раҳимов пулмонологиялық кеселликлер менен аўырған наўқасларға ораза тутыў мүмкин ямаса мүмкин емеслиги ҳаққында түсиник берди.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Тамшылатып суўғарыў арқалы көп шығынсыз, 20% артық өним аласыз

Видеодағы усыл арқалы жер майданыңыздың қурғап кетпеўин тәмийинлеп, турақлы түрде бирдей нормада ығалландыра аласыз. Сондай-ақ, 15-20% артығы менен де өним алсаңыз болады.

📹 Видеоны егинлерин көп суўғаратуғын танысларыңызға жиберип қойың.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
🗓 1-апрельден нелер өзгереди?

🔹Газлы ҳәм энергетик ишимликлер баҳасы көтериледитолық

🔹Мийманханаларда майыплығы болған шахсларға ажыратылған ҳәр бир қолайлы хана ушын 2 млн сумға шекем субсидия бериў тәртиби енгизиледи – толық

🔹Қосымша қун салығы (ҚҚС) бойынша айырым жеңилликлер бийкар етиледи – толық

🔹 Банк устав капиталының ең кем муғдары асырылады толық

🔹 Айырым жалғыз кекселерге поездға бийпул билетлер ажратылады толық

🔹Автотранспортты дизимнен өткериў 68 есеге қымбатлайдытолық

🔹Қарақалпақстанда «мусор» ушын төлем қымбатлайдытолық

🔹«Мусор»дан қарызы бар пуқара машинасын ҳәм жайын сата алмайды - толық

🔹Метан «максимум» 3350 сомнан сатылатуғын болдытолық

🔹Нөкистен Бухара, Самарқанд, Үргениш, Ферғана ҳәм Мойнаққа самолёт қойылады – толық

🔹«Жөргек пулы» екинши ҳәм оннан кейинги балалар ушын берилмейдитолық

🔹Истанбул-Нөкис-Ташкент, Самарқанд-Нөкис-Истанбул бағдарлары бойынша самолётлар жолға қойылады – толық

🔹 Социаллық қоллап-қуўатлаў орайларында эксперимент есабында айырым хызметлер көрсетиледи толық

🔹 Материаллық емес мәдений мийрас үлгилерин сақлаўшы шахслар ҳәр айда хошаметленеди толық

🔹 Район (қала) ҳәм ўәлаят архитекторлары сертификатланады толық

🔹 Айырым исбилерменлерге субсидия бериледи толық

🔹 “Көше көркем өнери ҳәм музыкасы” жойбары әмелге асырылады толық

🔹 “Мәденият толқынлары” медиа жойбары шеңберинде ең жақсы медиа өнимлерге пул сыйлығы бериледи толық

🔹 Мәмлекетлик саўдалар шеңберинде жергиликли ислеп шығарыўшыларға преференциясы бериледи толық

🔹 Жүк ҳәм жолаўшыларды тасыўда автотранспортларға жол бетлери электрон жүргизиледи толық

🔹 Исбилерменлерге субсидия, жеңиллик ҳәм преференциялар олардың рейтингине қарай бериледи толық

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Қанлыкөлдеги 8872 хожалыққа газ жеткерип бериў 4 саатқа шекленеди

Қанлыкөл районындағы «Қанлыкөл» газ бөлистириў станциясында оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы, усы ГРСтен газ алыўшы 8872 хожалыққа 2-апрель күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🛫 Узақ мүддеттен соң Мойнаққа рейслер және әмелге асырылмақта

Мәлим болыўынша, кеше Silk Avia компаниясының самолёты Мойнаққа дәслепки рейсин әмелге асырды.

Өткен жыллар даўамында да Мойнаққа ҳәптесине рейслер қойылған еди. Бирақ район аэропортынадағы қәўипсизлик қағыйдалары себеп етип көрсетилип, рейслер тоқтатылған еди.

Ендиликте барлығы өз изине түсип, қайтадан әмелге асырылып атырған авиапәрўазлар Мойнаққа үзликсиз кесте тийкарында әмелге асырылып турады деген үмиттемиз.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Турақ жайды «ремонт»лаў ушын қайсы банклер кредит ажыратып атыр?

🏦 Ҳамкорбанк
Проценти – 16.5%
Мүддети – 10 жыл
Муғдары - 80 млн сом
Басланғыш төлеми – белгиленбеген
Толық мағлыўмат
Телефон: 1256

🏦 Алоқабанк
Проценти – 19%
Мүддети – 20 жылға шекем
Муғдары – 327.2 млн сомға шекем
Басланғыш төлеми – 15%
Толық мағлыўмат
Телефон: 71-230-77-77

🏦 Бизнести раўажландырыў банки
Проценти – 19%
Мүддети – 20 жылға шекем
Муғдары – 327.2 млн сомға шекем
Басланғыш төлем – 15%
Толық мағлыўмат
Телефон: 1254

🏦 Микрокредитбанк
Проценти – 18%
Мүддети – 20 жылға шекем
Муғдары – 327,2 млн сомға шекем
Басланғыш төлем – 15%
Толық мағлыўмат
Телефон: 1285

(#)

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
«NEXIA 2» легенда 😂

«Instagram» социаллық тармағындағы «gizapro» аккаунтында «NEXIA 2» автомобили, тәбият ҳәм Шылпық естелиги сәўлеленген өзгеше стильдеги видео жәрияланды. Сизлерге де усыныўды мақул көрдик.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
Ески автомашиналарды жаңасына алмастырыў ушын субсидия бериледи

Экологияны жақсылаў ҳәм ҳаўаны тазалаў мақсетинде ески машина ийелерине жаңасын сатып алыў ушын субсидия бериледи. Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарары (166-санлы, 29.03.2024) қабыл етилген.

Қарарда айтылыўынша, Экономика ҳәм финанс министрлиги бир ай мүддетте халыққа «зыянлы» категориядағы транспорт қуралларын «таза» категориядағы транспорт қуралларына алмастырыў ушын субсидия бериў системасын енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизеди.

Субсидия бул мәмлекет тәрепинен қайтарып алынбаў шәрти менен берилетуғын пул.

Ески машинасы бар танысларыңызға бул хабарды жеткерип қойың.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар
💰 «Telegram» монетизацияны иске түсирмекте. Бул Өзбекстанда да ислейди

Енди 1000 ҳәм оннан артық ағзаға ийе «Telegram» каналы ийелери өз каналында көрсетилген рекламадан түскен пайданың 50 процентин алыўы мүмкин.

Монетизациядан алынған дәраматты комиссиясыз алыў, «Telegram»дағы рекламаларға жумсаў ямаса Premium алыў ушын ислетиў мүмкин. Төлемлер «TON» криптовалютасында әмелге асырылады.

👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар