Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
22.7K subscribers
20.6K photos
2.75K videos
54 files
5.9K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 http://t.me/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Қоңырат_районы
#Жыл_сәрдары

Қоңырат районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде 4-5-6-7-класс оқыўшылары арасында "Жыл сәрдары" атамасында "Ең үлгили сәрдар" атлы көрик таңлаў болып өтти.

Репортёр: Ш. Базарбаева

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Қоңырат_районы

Қоңырат районында «Жаслар:1+1» бағдарламасы
Жаслар ислери агентлиги
ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте 18-30 жас аралығындағы окыў қәлеўин билдирген жаслар ушын бийпул 48 саатлық оқыў-семинары өткерилди. Районындағы Әбу Али Ибн Сина атындағы жәмийетшилик техникумында «Жаслар:1+1» бағдарламасы тийкарында жасларды исбилерменликке оқытыў бойынша шөлкемлестирилген окыў-семинары районлық Жаслар ислери агентлиги ҳǝм Исбилерменликке көмеклесыў орайының қатнасында 18-февраль күни исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетин билдирген жәми 50 жасқа оқыў семинарлары басланды.

Онда тараў хызметкерлери тǝрепинен, тараўда исбилерменлик ушын жаратылған имканиятлар ҳǝм жеӊилликлер ҳаққында түсиниклер берилди.

Репортёр: Ш. Базарбаева

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Қоңырат_районы

Исбилерменлигин баслаў нийетиндеги 50 жасқа оқыў семинарлары шөлкемлестирилди
Жаслардың бизнес басламалары, стартап, идеяларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў, бәнт болмаған жасларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелерине оқытыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте 18-30 жас аралығындағы окыў қәлеўин билдирген жасларға бийпул 48 саатлық оқыў-семинары басланды.

Район ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳǝм район прокуратурасы қатнасында кеше, 23-февраль күни жәми 50 жасқа оқыў семинарларын баслап берди.

Онда тараў хызметкерлери тǝрепинен, исбилерменлик ушын жаратылған имканиятлар ҳǝм жеӊилликлер ҳаққында айтып өтилди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Қоңырат_районы

Жаслар менен ушырасыў өткерилди ҳәм онда жаслардан 15 мүрәжат келип түсти

Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаты нәтийжелилигин асырыў бойынша алып барылып атырған жумысларды үйрениў ҳәм бар болған машқалаларды унамлы шешиў бойынша Қоңыратта жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Онда район ҳәкими, ҳәким орынбасарлары, сектор басшылары, бир қатар тараў ўәкиллери ҳәм 150ден артық жас қатнасты.

Ушырасыў даўамында 15 жастан мүрәжат келген болып, соннан 4 жас исбилерменлик баслаў ушын жеңилликли кредит, 3 жас кәсип-өнерге оқыў, 6 жас жумысқа жайластырылыўын, бир жас тигиў машинасын, және бир жас жер сорап мүрәжат еткен. Мүрәжатлар тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен белгилеп алынып, жақын арада унамлы шешилиўи айтылды.

Репортёр: Сапура Темирханова

@jaslar_isleri_agentligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Қоңырат_районы
#Жаслар_форумы

⚡️1000ға жақын жасты қамтыған форумда илажлар менен бир қатарда жаслар мәселелери де шешимин тапты

Толық оқыў

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Онлайн
#Таза_қала
#Қоңырат_районы

Районлық мектеп сәрдарлар кеңеси белсендилери менен биргеликте ЭКОПАТРУЛЬ акциясы шөлкемлестирилмекте.

Қоңырат районы ҳәкими экопатрульшы жаслар менен сәўбетлести ҳәм оларды белсендиликке шақырды.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#онлайн
#Таза_қала_2021
#Қоңырат_районы

Әбу Әли ибн Сино атындағы жәмийетлик медицина техникумында абаданластырыў жумыслары қызғын даўам етпекте.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi