Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
22.7K subscribers
20.6K photos
2.75K videos
54 files
5.9K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 http://t.me/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Қанлыкөл

Семинар: Жаслар ушын енгизилген жаңа имканиятлар ҳаққында

Қанлыкөл районындағы Жаслар орайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий Мажлиске Мүрәжатнамасы ҳәм 2020-жыл 25-декабрь күнги мәмлекет жаслары менен видеоселектор тәризинде өткерилген “Өзбекстан жаслары” форумында жасларға берилген имканиятларды аймақлардағы жасларға жеткериў ҳәм үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде өткерилген семинардан фоторепортаж.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Онлайн
#Қанлыкөл

Әйне ўақытта, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров Қанлыкөл районындағы Жасларға тийисли мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын қадағалаўшы штабта болып, ол жердеги штаб ағзалары менен сәўбетлеспекте.

Қанлыкөлде бүгинги күн ҳалатына 5 жасқа 106 млн сўм кредит, 121 жасқа 74,5 гектар жер ажыратылды. Жумыссыз 40 жас жумыс пенен бәнтленди. 19 жас кәсип-өнерге оқытылмақта.31 жас исбилерменликке оқытылды.

Сәўбетте райондағы пробация дизиминдеги 3 жасты кәсип-өнерге оқытыў илажлары усыныс етилди.


Каналға ағза болыў👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Жаслар_форумы
#Қанлыкөл

Бүгин, Қанлыкөл районында «Жаслар форумы» өткерилмекте.

Форум «Саламатлық ушын 5000 қәдем!» ураны астындағы жүриў марафоны менен басланды.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Жаслар_форумы
#Қанлыкөл

Қанлыкөл педагогика колледжинде «Заковат» интеллектуал ойыны шөлкемлестирилди. Бунда жәми 15 топарда 100ге жақын оқыўшы жас қатнасты. Жеңимпаз командаларға «Диплом» ҳәм баҳалы сауғалар тапсырылды.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Жаслар_форумы
#Қанлыкөл

Қанлыкөл районы ҳәкими А.Ибрагимов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм районлық Медицина бирлеспеси тәрепинен «Қанлыкөл» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны, "Жаслар дәптери" дизиминде турыўшы А.Сәрсенбаеваның ҳал-жағдайынан хабар алынып, майыплар арабашасы тапсырылды.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi