B A X Í T L A N D I Y A 🛸
260 subscribers
2.8K photos
383 videos
83 files
757 links
Психология, жеке раўажланыў ҳаққында Гүлзада Өтениязовадан📎
@Grace_Gulzadaa
Download Telegram
Бахыттың ҳешқандай гилти болмаған.

Есик барқулла ашық.

📝 Ана Тереза


https://t.me/joinchat/StkzSrqCgLts25yx
Súwretke qanday "nadpis" jazǵan bolar edińiz?
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Bir qizdi saylap, ózińiz haqqında bilip alıń! Juwabı silteme arqalı kórsetiledi. Sayttan materialı kóshiriwge ruxsat bolmagan sayt. Awdarmalay almadim sol ushin.
Forwarded from К
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
"Ózińizden basqa heshkim siziń baxıtıńızdıń sebepshisi bola almaydı"
#sensenjaratiwshi🔮
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"ҚУС ЖОЛЫ"МНЫҢ ЖОЛШЫ ЖУЛДЫЗЫ

Бүгин мен кеўлине садық жаратылыс (эзотерик-душавед) болып қәлиплесиўиме балалығым, әсиресе, ағам себепши екенлигин аңладым.

Гейде генже перзент болғаныма, анам мениң ул перзент болыўымды қалегенине, ертеден, 9 айлығымнан жумысқа шығып, оқыўшы әжапаларым гезеклесип мени баққанына қапа болғанман.

Үйде бир өзим қалған ўақытларым көп болған. Көбинесе, достым Гүлпаршын менен ойнап күним өтер, ол оқыўға кеткенде және бир өзим қалатуғын едим. Үй ҳайўанлары, ҳәўлимиз, бағымыз, оның жанындағы "Қаттыағар" мениң ўақтымның мазмунлы өтиўине себеп болған. 5 жасымда ағама китап, папка алдырып, оқыўға умтылыўларымның себепшиси ата-анамның-мениң үйде, басқа ҳеш нәрсеге шалғымай, өзимди бақлаўыма мүмкиншилик жаратқаны деп ойлайман.

Бағшаға бармастан, өмирди, өзимди, өзлигимди үйрениўимде ағамның үлкен даналығы жатырғандай. Еркин, "рамкаларсыз", үйде өзимди бақлаўыма толық мүмкиншилигим болғанлықтан, бүгин бахтымды, өзлигимди таптым, таўып атырман.
Ағам жумыстан бос ўақты болды деўден, дәрҳал жерге айланысатуғын еди. Мендеги тәбиятқа деген айрықша мухаббат сонда пайда болған болса керек. (Қымбат ресторанлардан көре, арзан ғана тәбият бағларын унатаман). Уллы эзотериклер тек тәбиятта күнин өткереди, енди билсем.
Ағам бел менен ой қазса, мен нәлди услап турып, ағам нәл түбин тегислесе, мен суў қуйып жүретуғын едим.
Әкем салған үйимиздиң жанындағы "Қаттыағар" каналы мени кең пикирлеўге, йошып, илҳамланып жүриўге үйретти. Мен лицейди питкерер жылымда ағам сол каналдан өтетуғын "Саранча" ҳәм "Майколхоз" елатларын байланыстырыўшы көпир салдырыў усынысы менен шығып, пияда халықтың алғысына еристи. Үйимизди оқыўға жақынластырып берди. Лицейди питкерген жылым университетке түстим. Көпирдиң арғы жанына өтсем, "27" жөнелисли маршрут мени күтип турар еди.

Тап усындай, ағам мениң өмир жолымдағы ҳәр бир адымыма бағдар берип келмекте.
Ағам жумыстан бос ўақты болды деўден, дәрҳал жерге айланысатуғын еди. Мендеги тәбиятқа деген айрықша мухаббат сонда пайда болған болса керек. (Қымбат ресторанлардан көре, арзан ғана тәбият бағларын унатаман). Уллы эзотериклер тек тәбиятта күнин өткереди, енди билсем.
Ағам бел менен ой қазса, мен нәлди услап турып, ағам нәл түбин тегислесе, мен суў қуйып жүретуғын едим.
Әкем салған үйимиздиң жанындағы "Қаттыағар" каналы мени кең пикирлеўге, йошып, илҳамланып жүриўге үйретти. Мен лицейди питкерер жылымда ағам сол каналдан өтетуғын "Саранча" ҳәм "Майколхоз" елатларын байланыстырыўшы көпир салдырыў усынысы менен шығып, пияда халықтың алғысына еристи. Үйимизди оқыўға жақынластырып берди. Лицейди питкерген жылым университетке түстим. Көпирдиң арғы жанына өтсем, "27" жөнелисли маршрут мени күтип турар еди.

Тап усындай, ағам мениң өмир жолымдағы ҳәр бир адымыма бағдар берип келмекте.
Әсиресе, досларымның, таныс-билислер, ҳәтте имтиханым болса, жақын әғайин-туўысқанлардың тойларына да жибермеўи қаншама дурыс ис болғаны айтыўға ылайық. Кеўилтаныўшылық(эзотерика)та тек ғана жеке раўажланыўға, өзиң бойлап қыдырыўға, өзиң бойлап ойнап-күлиўге итибар қаратылады. Жеке раўажланыў бойынша жақсы блоггер болып жетилисип киятырғаным-барлығы усы әмеллердиң арқасында-, деп билемен. Негизги өзлигиме, өмирлик ўазыйпа(предназначение)ма да жол ашып берген инсаним!
Ең биринши ағамнан: "қайсы қосық ядлап алыў шәрт болған қосық?-деп сорағанымда,
И. Юсуповтың "Беглигиңди бузба сен" қосығын айтқан еди. Бул қосықта әлемниң "өзин жоқары баҳалаў" нызамы берилгенлиги аян.

Ҳәр бир таңлаўға баратырғанымда ең биринши үстим қалыңлығын, қарным тоқлығын тәмийнлеп жибериўи, қандай жағдай болса да, "бәри-жақсылыққа" деп кеўилтаныўшылық илиминдеги "әлем-шебер" нызамын уқтырыўы екен, енди билсем.

Ўатанымыз постларында турып, үйге ярым түнде келип, басымнан сыйпап, сүйместен шайға отырмайтуғын ағама қоңсы-қоба, жора-жолдас юридикалық мәслаҳат сорап келеди. Жәрдем берместен ҳеш бир адамды жибермес. Арза жазыў, қай жерге мүрәжәт етиўи кереклигин еринбестен түсиндириў ағам ушын шаршатар ис емес.

Эзотерикадағы "бериў" нызамы, "бумеранг" нызамы бизге балалығымыздан сиңген екен, бүгин билсем.

Бүгин сол баяғы ағам еккен бағымыздағы нәўше ҳәм тереклер, гүллер көркейди, гүлледи, мийўе де берди. Ағам бес перзентине қоса үлкен бир бағды жаратты, тәрбиялады, тәрбиялап атыр.

Еккен нәўшелериңиздиң, гүллериңиздиң жемисин, рәҳәтин көриў мәўсими енди басланды!
Бахтымызға өмир жолларымызда жолшы жулдызымыз болып, уза-а-а-қ жыллар беккем ден саўлықта мазмунлы өмир сүргейсиз, ӘКЕЖАНЫМ!!!

Гүлзада Өтениязова
-Fast food,
-Gósh
-Energetikaliq ishimlikler,
-Shokalad,
-Mazalı ónimler,
-Kofe,
-Sútli qara chay usaǵan azıqlıqlardı kimler kóbirek unatadı.

-Kópshilik.

Biologiyalıq tárepten adam organizmine qanday zıyanları bar ekenligin bilseńiz kerek.

Men bul ónimlerdi kóp qabıl etiwshilerdi psxiologiyalıq tárepten xarakteristikalap bermekshimen.

Bul ónimler organizmimizde endofrin garmonınıń islep shıǵarılıwına ayrıqsha tásir etedi.
Sonlıqtan, bulardı qabıl etken soń, ózimizde kewillilikti sezemiz.

Keypiyatı tómen, ómirde berilgen sabaqlardı mashqala dep oylap, onnan qashıwdı qálegen waqtımızda usı ónimlerge biziń talap artadı.

Ulli guru ezoterikler hátte bir neshe kúnlep heshnárse jemey, tek suw menen júre aladı.

Rawajlanǵanları vegetarianlıq jeńil awqatlanıw racionında.

Jeke ózim 3 ay ruwxıyligim menen shugillanganim boyi, dárhal gósh jegim kelmey qalǵan.

Házir emiziwli bolıwıma qaramastan, kúnine 3 kese ishetuǵın sútli chayımda awırlıq etip atirganin sezip qaldim.
Emiziwlilik dawirime bul qol kelip atir. Ásirese, tort, pecheniyler jegim kelmeytugini. Ásirese, qant burınnan unamaǵanlıǵı.

Esletip ótemen, bul insanlar májburlep, ózine bul racionlardı qabıl etpegen. Al, ruwxıy dúnyasın negativlerden tazalaw arqalı erisken. Ádette ashıwlı adamǵa qarın toyǵanı haqqındaǵı miydiń signalı dım kesh jetip etedi. Tez semiredi, sol ushın da!

Negativlerden tazalanıw usılları qızıq insanlar, belgi beriń👇👇👇

@Grace_Gulzadaa
👆👆Negativlerdi tazalawdin birrnshi etapi- bul isheklerdi tazalaw. Joqarida ishekti tazalawdin bir usili. Den sawliginizga tuwri kelse isleseniz boladi. Youtube dan, basqa kanallardan ishek tazalaw usillarin korip, ozinizge masin qollasaniz boladi. Ishekti tazalaw qarinnjn ketiwine, gazlesiwdi toqtatiwda tez jardem beriwshi usil.
Alla (2020) (Tarona.net)
Shahzoda
Perzent 14 jasına shekem ananıń sáwlesi.

Ana balası 14 jasqa tolǵanınsha pútkilley onıń ómirin óz oyları, ruwxıylıǵı menen basqara aladı.

Sonlıqtan, ana ózin dúzese, ruwxıy tetik bola alsa, perzentlerinde kesellik te, mashqalalar da bolmaydı.

🌜💫🌟👼
Өзиңе өз-өзиң болыўға рухсат бер!!!

#ozineozkushineisen

@nnneyra
Esińde tut!

Sen bul dúnyanı nurǵa toltıra alatuǵın jaratılıssań!


@baxitland
Вася_Обломов_Живи_Official_lyric
<unknown>
Eń sorawlı minutlarımda ornımnan turıp, júrip ketiwime májbúrlegen qosıq💗🎧🎼🎶
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM