Көп сөзлери бардай сығалайды ай🌒,
Көзлерим сепкилли жүзине шайда,
Бир нәрсе демекши болған жәнандай,
Мени сол тәрепке шақырар ай да.
Көп сөзлери бардай қарайды қуяш,
Қарасам күлкимди урлап турғандай,
Қыялым бузылар, таппайман уйқас,
Қуяштың нурынан ыссы урғандай.
Көп сөзлери бардай баслайды анам,
Мени хәр қашанда сүйиўин айтып,
Сонда титиркенип бул кеўил ханам,
Ишимде сыбырлар бар-жоғын жойтып.
Көп сөзлери бардай сөйлейди достым,
Сол, рейим көзинде қарап турғандай,
Көзлерим жолынан түспейтин косшым,
Менсизликке жақын шадыр қурғандай.
Көп сөзлерим бардай жазарман қосық,
Жазарман сезимим қағазды бояп,
Жазбасам қосығым болғандай тосық,
Қағазға түскеннен соң тыныш қояр...
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
3-нояб 2023-жыл НӨКИС
Каналға ағза болыў:
https://t.me/apsana_1
Көзлерим сепкилли жүзине шайда,
Бир нәрсе демекши болған жәнандай,
Мени сол тәрепке шақырар ай да.
Көп сөзлери бардай қарайды қуяш,
Қарасам күлкимди урлап турғандай,
Қыялым бузылар, таппайман уйқас,
Қуяштың нурынан ыссы урғандай.
Көп сөзлери бардай баслайды анам,
Мени хәр қашанда сүйиўин айтып,
Сонда титиркенип бул кеўил ханам,
Ишимде сыбырлар бар-жоғын жойтып.
Көп сөзлери бардай сөйлейди достым,
Сол, рейим көзинде қарап турғандай,
Көзлерим жолынан түспейтин косшым,
Менсизликке жақын шадыр қурғандай.
Көп сөзлерим бардай жазарман қосық,
Жазарман сезимим қағазды бояп,
Жазбасам қосығым болғандай тосық,
Қағазға түскеннен соң тыныш қояр...
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
3-нояб 2023-жыл НӨКИС
Каналға ағза болыў:
https://t.me/apsana_1
❤🔥9👍9🕊3💔2
Айтар Шарма: Бул дүнья ең сулыўы,
Туўра мақсет қоя билип жасасаң,
Қәдирлеген ўақтың жанның жылыўы,
Ысрап қылма, талай шыңнан асасаң.
Жылап туўылдың сен, дүнья қуўанды,
Шадлығын көрсетти ашып қулашын,
Сен сондай жасап өт, дүньядан өтсең,
Қуўан сен, бирақ та дүнья жыласын...
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
Каналға ағза болыу:https://t.me/apsana_1
Туўра мақсет қоя билип жасасаң,
Қәдирлеген ўақтың жанның жылыўы,
Ысрап қылма, талай шыңнан асасаң.
Жылап туўылдың сен, дүнья қуўанды,
Шадлығын көрсетти ашып қулашын,
Сен сондай жасап өт, дүньядан өтсең,
Қуўан сен, бирақ та дүнья жыласын...
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
Каналға ағза болыу:https://t.me/apsana_1
👍10💔6🔥5
ФАЛАСТИНЛИ БАЛА ТИЛИНЕН...
Күн туўды Фаластин деген халыққа,
Мен ушын нур түсер, тыныш жер жоқтай,
Биз деген ағалар хеште жалықпаң,
Жолдағы қызыл дақ батады оқтай.
Тап кеше әкемиз турған жерғой ол,
Сумырай! Ушқан оқ барып қоныпты,
Қоныпты деймен-аў, туўры жолғой ол,
Ийеси гөжелеп, танып атыпты.
Әкемиз енди жоқ, қалған қызыл дақ,
Хәр қарап баққанда оқпандай турар,
Еслетер болады ишимди тырнап,
Бул қандай адамлар, бул қандай қарар.
Болғаны тек емес, айтар сөзим көп,
Өзимнен айырды қарындасымды,
Жаў болып келгенди көрер көзим жоқ,
Қып-қызыл қан қылды ишер асымды.
Өлгенин билемиз таппадык бирақ,
Сорлы қарындасым пәк болып кетти,
Излермен, мен оны жан-жақты қарап,
Билемен әр-Рахман жанына жетти.
Ал бүгин анадан жетиммен мине,
Бул душпан жанымды аламан депти,
Ишимде не барын тек Аллах билер,
Заманда ақырлап қаламан депти.
Тынышлық жоқ оны сағынғанлар бар,
Жетимлер көбейген, ерсиз зайыплар,
Сол мектеп тәрепке талпынғанлар бар,
Хәмме хәммесине олар айыпдар.
Өз даўсың естилмес өзиңе қандай,
Шаң-тозан тосады қуяштың нурын,
Хәрким өз Уатанын сүйеди жандай,
Келиңлер, жок қылып қоймастан бурын.
Бул тек сөз, көрсениз жаға услайсыз,
Әзирейил гезип жүр, қарап отырман,
Аз болсада бизге жәрдем қылгайсыз,
Сизлерге мүрәжәт етер мусылман.
(Мусылман баўырларымызға қолымнан келген жәрдемим усы😢 Әттен!)
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
10-нояб 2023-жыл Нөкис
Каналға ағза болыу:https://t.me/apsana_1
Күн туўды Фаластин деген халыққа,
Мен ушын нур түсер, тыныш жер жоқтай,
Биз деген ағалар хеште жалықпаң,
Жолдағы қызыл дақ батады оқтай.
Тап кеше әкемиз турған жерғой ол,
Сумырай! Ушқан оқ барып қоныпты,
Қоныпты деймен-аў, туўры жолғой ол,
Ийеси гөжелеп, танып атыпты.
Әкемиз енди жоқ, қалған қызыл дақ,
Хәр қарап баққанда оқпандай турар,
Еслетер болады ишимди тырнап,
Бул қандай адамлар, бул қандай қарар.
Болғаны тек емес, айтар сөзим көп,
Өзимнен айырды қарындасымды,
Жаў болып келгенди көрер көзим жоқ,
Қып-қызыл қан қылды ишер асымды.
Өлгенин билемиз таппадык бирақ,
Сорлы қарындасым пәк болып кетти,
Излермен, мен оны жан-жақты қарап,
Билемен әр-Рахман жанына жетти.
Ал бүгин анадан жетиммен мине,
Бул душпан жанымды аламан депти,
Ишимде не барын тек Аллах билер,
Заманда ақырлап қаламан депти.
Тынышлық жоқ оны сағынғанлар бар,
Жетимлер көбейген, ерсиз зайыплар,
Сол мектеп тәрепке талпынғанлар бар,
Хәмме хәммесине олар айыпдар.
Өз даўсың естилмес өзиңе қандай,
Шаң-тозан тосады қуяштың нурын,
Хәрким өз Уатанын сүйеди жандай,
Келиңлер, жок қылып қоймастан бурын.
Бул тек сөз, көрсениз жаға услайсыз,
Әзирейил гезип жүр, қарап отырман,
Аз болсада бизге жәрдем қылгайсыз,
Сизлерге мүрәжәт етер мусылман.
(Мусылман баўырларымызға қолымнан келген жәрдемим усы😢 Әттен!)
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
10-нояб 2023-жыл Нөкис
Каналға ағза болыу:https://t.me/apsana_1
Telegram
ӘПСАНА
✍️ НИЕТУЛЛА АДИЛБАЕВ
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
👍20😢3💔3
Тыңлаң сөзим дос-яранлар,
Айтар сөзим жалған емес,
Мен тәрепке бир қараңлар,
Артық сөзим қалған емес.
Бизлер турған бул жер шары,
Бир ноқатта турған емес,
Айланады бардай жаны,
Кетип қайтпай қалған емес.
Жер үстинде жүрген бенде,
Оған батпай қалған емес,
Мен ойлайман бизиң елде,
Шынлық жалған болған емес.
Лаўазымы көтерилсе,
Бенде инсан болған емес,
Хәр сөзине бир керилсе,
Инсанийлық қалған емес.
Инсаннан дос жүз бурғанда,
Сенде хақы қалған емес,
Гейде сени сөз қылғанда,
Сени мақтап қылған емес.
Кеўлим ушын сөз сөйлесе,
Ушып жерге қонған емес,
Бар жоғымды да билмесе,
Олда маған болған емес.
Күтер едим оның сөзин,
Ядым қалган оннан елес,
Сораспаса егер өзи,
Жалынбайман, маған емес.
Сорағанға берилмейтин,
Имканият болған емес,
Және қайта көрилмейтин,
Бизге нызам қалған емес.
Қәтелесип көрмейтуғын,
Инсан инсан болған емес,
Ийман, тәўбе билмейтугын,
Туүры жолда қалған емес.
Қол ушында өлшейтуғын,
Адалатлық болған емес,
Исениңлер бирақ хәзир,
Әдил инсан қалған емес.
24.11.2023 23:10
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
Каналға ағза болыу:https://t.me/apsana_1
Айтар сөзим жалған емес,
Мен тәрепке бир қараңлар,
Артық сөзим қалған емес.
Бизлер турған бул жер шары,
Бир ноқатта турған емес,
Айланады бардай жаны,
Кетип қайтпай қалған емес.
Жер үстинде жүрген бенде,
Оған батпай қалған емес,
Мен ойлайман бизиң елде,
Шынлық жалған болған емес.
Лаўазымы көтерилсе,
Бенде инсан болған емес,
Хәр сөзине бир керилсе,
Инсанийлық қалған емес.
Инсаннан дос жүз бурғанда,
Сенде хақы қалған емес,
Гейде сени сөз қылғанда,
Сени мақтап қылған емес.
Кеўлим ушын сөз сөйлесе,
Ушып жерге қонған емес,
Бар жоғымды да билмесе,
Олда маған болған емес.
Күтер едим оның сөзин,
Ядым қалган оннан елес,
Сораспаса егер өзи,
Жалынбайман, маған емес.
Сорағанға берилмейтин,
Имканият болған емес,
Және қайта көрилмейтин,
Бизге нызам қалған емес.
Қәтелесип көрмейтуғын,
Инсан инсан болған емес,
Ийман, тәўбе билмейтугын,
Туүры жолда қалған емес.
Қол ушында өлшейтуғын,
Адалатлық болған емес,
Исениңлер бирақ хәзир,
Әдил инсан қалған емес.
24.11.2023 23:10
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
Каналға ағза болыу:https://t.me/apsana_1
Telegram
ӘПСАНА
✍️ НИЕТУЛЛА АДИЛБАЕВ
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
🔥17👍5👏4🕊2
Ана тилиме
〰〰〰〰〰〰〰〰〰
Қырылдаған сестиң қобызымдай,
Басымда тажымсаң, уллы пирим,
Анамның күш берер уўызындай,
Бир жасқа үлкейдиң ана тилим.
Таныйды Әпсана сол хәййиўден,
Мақтанар байланыс қуралымсаң,
Жан киргендей болар еситиўден,
Бабалардан қалған уранымсаң.
Сестиңниң алдында бүлбүл хайран,
Албырап қалады тыпыршылап,
Хәр сөзиң тып-тынық, сайрам-сайрам,
Қосықлар жазбаға сөзди қурап.
Мине бүгин және қәлем аламан,
Туўылған күниңде қутлықлаў ушын,
Қалсамда дүняда сен деп қаламан,
Өз ана тилимди бир жоқлаў ушын.
Тилегим әсирлеп мәңгиге жаса,
Сени жандай көрип сүйиўшилер көп,
Сен өрлеген сайын қуўанамыз биз,
Сен ушын жан берип куйиўшилер көп.
〰〰〰〰〰〰〰〰〰
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
〰〰〰〰〰〰〰〰〰
29.11.2023 23:30
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
〰〰〰〰〰〰〰〰〰
Қырылдаған сестиң қобызымдай,
Басымда тажымсаң, уллы пирим,
Анамның күш берер уўызындай,
Бир жасқа үлкейдиң ана тилим.
Таныйды Әпсана сол хәййиўден,
Мақтанар байланыс қуралымсаң,
Жан киргендей болар еситиўден,
Бабалардан қалған уранымсаң.
Сестиңниң алдында бүлбүл хайран,
Албырап қалады тыпыршылап,
Хәр сөзиң тып-тынық, сайрам-сайрам,
Қосықлар жазбаға сөзди қурап.
Мине бүгин және қәлем аламан,
Туўылған күниңде қутлықлаў ушын,
Қалсамда дүняда сен деп қаламан,
Өз ана тилимди бир жоқлаў ушын.
Тилегим әсирлеп мәңгиге жаса,
Сени жандай көрип сүйиўшилер көп,
Сен өрлеген сайын қуўанамыз биз,
Сен ушын жан берип куйиўшилер көп.
〰〰〰〰〰〰〰〰〰
Ниетулла Адилбаев (Әпсана)
〰〰〰〰〰〰〰〰〰
29.11.2023 23:30
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
Telegram
ӘПСАНА
✍️ НИЕТУЛЛА АДИЛБАЕВ
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
❤🔥13👍7🕊2
ҮЛКЕН ҮЙ 🏠
〰〰〰〰〰〰〰
Машинадан түссем жол жағасында,
Гүзар жол, тереклер, таныс кәдирли,
Алыстай көринер еди расында,
Енди қол созымдай таныс хәм сырлы.
〰〰〰〰〰〰〰
Олар мени танып күтип турғандай,
Жағалап жүремен кеўилим тасып,
Тамағым ашыйды бир зат толғандай,
Келемен өзимди мен зорга басып.
〰〰〰〰〰〰〰
Ажағам киятыр машина айдап,
Тоқтатып жуўырып шығар алдыма,
Ал мен болсам байғус анамды ойлап,
Кеўлим толқып кетер қушып алдыда.
〰〰〰〰〰〰〰
Хәммесин сорады жағдайым жайым,
Қалай ахўалларың "кемис екен нең?"
Бәри шүкир Алла, Эх ағатайым!
Кеўлимниң кемисин билгендей әттең.
〰〰〰〰〰〰〰
Бул үйдиң бар-жоғы, барлық дәскеси,
Мен ушын кәдирли әзиз анамдай,
Жыласам қабарман десип "бул неси?",
Сағындым үйимди мен ушын жандай.
〰〰〰〰〰〰〰
Кәдирли бул үйдиң атқан хәр таңы,
Айландым тум-тусты, тым-тырыс жан-жақ,
Анамның тандырға кийген шапаны,
Күйе болсадағы мен ушын аппақ.
〰〰〰〰〰〰〰
Студент ўақтымды азырақ еслесем,
Хәр шемби тандырдан түтин шығады,
Жолдан түсип үйге жақынлап келсем,
Анам шапан кийип былғап турады.
〰〰〰〰〰〰〰
Үйгеде кирместен туўры тандырға,
Барып анам менен көрисер едим,
Үстиңе ийиси урып қалады,
Үйге бар деседе мен кирмес едим.
〰〰〰〰〰〰〰
Ыссы нанды жаўып келип анамыз,
Күлисип отырып ишкен шай барма?
Оны еслегенде кеўил ханамыз,
Тынышлык табардай үйде жай барма?
〰〰〰〰〰〰〰
Толы дастурханда аппак шөреклер,
Биз таласып жеген зағара барма?
Тек еслеймиз, тыным таппас жүреклер,
Орныңнан таппайман, сол дара барма?
〰〰〰〰〰〰〰
Еки этаж имарат, айна акфадан,
Таза жай ийиси сезилип турар,
Ески үйимизде ағаш айнадан,
Анамның көзлери көринип турар.
〰〰〰〰〰〰〰
Бағдың хәр мүйеши анамның орны,
Әкемниң саўлатын сезер хәр адым,
Ағажан кеўлиңде әрманлар толы,
Мен оларды хеште умыталмадым.
〰〰〰〰〰〰〰
Улға мийрас ата-бабаның жолы,
Ағаларым корғанымсыз, батырсыз,
Сиз ата-анамның ядына толы,
Теберик орында жасап атырсыз.
〰〰〰〰〰〰〰
Айыпқа санамаң кыялғой тәубе,
Еркине жиберсем асты-аў асыўды,
Орныңда барыңа шүкир ағажан,
Кешир еркелеген қарындасыңды.
〰〰〰〰〰〰〰
Мени еле үлкейди деп ойламаң,
Кеўлим бала, ата-анамды жойтады,
Әттең! Балалығым өткен сол заман,
Не ислесем және артқа қайтады?
〰〰〰〰〰〰〰
Сизлердиң барыңыз маған жубаныш,
Ата-анамнан қалған жанажанларым,
Тилегим хәмийше болғай қуўаныш,
Биз өскен сол уйде мехрибанларым.
✍✍✍✍✍✍✍
Досымбетова Гулзира Адилбаевна
Каналға ағза болыў: https://t.me/apsana_1
〰〰〰〰〰〰〰
Машинадан түссем жол жағасында,
Гүзар жол, тереклер, таныс кәдирли,
Алыстай көринер еди расында,
Енди қол созымдай таныс хәм сырлы.
〰〰〰〰〰〰〰
Олар мени танып күтип турғандай,
Жағалап жүремен кеўилим тасып,
Тамағым ашыйды бир зат толғандай,
Келемен өзимди мен зорга басып.
〰〰〰〰〰〰〰
Ажағам киятыр машина айдап,
Тоқтатып жуўырып шығар алдыма,
Ал мен болсам байғус анамды ойлап,
Кеўлим толқып кетер қушып алдыда.
〰〰〰〰〰〰〰
Хәммесин сорады жағдайым жайым,
Қалай ахўалларың "кемис екен нең?"
Бәри шүкир Алла, Эх ағатайым!
Кеўлимниң кемисин билгендей әттең.
〰〰〰〰〰〰〰
Бул үйдиң бар-жоғы, барлық дәскеси,
Мен ушын кәдирли әзиз анамдай,
Жыласам қабарман десип "бул неси?",
Сағындым үйимди мен ушын жандай.
〰〰〰〰〰〰〰
Кәдирли бул үйдиң атқан хәр таңы,
Айландым тум-тусты, тым-тырыс жан-жақ,
Анамның тандырға кийген шапаны,
Күйе болсадағы мен ушын аппақ.
〰〰〰〰〰〰〰
Студент ўақтымды азырақ еслесем,
Хәр шемби тандырдан түтин шығады,
Жолдан түсип үйге жақынлап келсем,
Анам шапан кийип былғап турады.
〰〰〰〰〰〰〰
Үйгеде кирместен туўры тандырға,
Барып анам менен көрисер едим,
Үстиңе ийиси урып қалады,
Үйге бар деседе мен кирмес едим.
〰〰〰〰〰〰〰
Ыссы нанды жаўып келип анамыз,
Күлисип отырып ишкен шай барма?
Оны еслегенде кеўил ханамыз,
Тынышлык табардай үйде жай барма?
〰〰〰〰〰〰〰
Толы дастурханда аппак шөреклер,
Биз таласып жеген зағара барма?
Тек еслеймиз, тыным таппас жүреклер,
Орныңнан таппайман, сол дара барма?
〰〰〰〰〰〰〰
Еки этаж имарат, айна акфадан,
Таза жай ийиси сезилип турар,
Ески үйимизде ағаш айнадан,
Анамның көзлери көринип турар.
〰〰〰〰〰〰〰
Бағдың хәр мүйеши анамның орны,
Әкемниң саўлатын сезер хәр адым,
Ағажан кеўлиңде әрманлар толы,
Мен оларды хеште умыталмадым.
〰〰〰〰〰〰〰
Улға мийрас ата-бабаның жолы,
Ағаларым корғанымсыз, батырсыз,
Сиз ата-анамның ядына толы,
Теберик орында жасап атырсыз.
〰〰〰〰〰〰〰
Айыпқа санамаң кыялғой тәубе,
Еркине жиберсем асты-аў асыўды,
Орныңда барыңа шүкир ағажан,
Кешир еркелеген қарындасыңды.
〰〰〰〰〰〰〰
Мени еле үлкейди деп ойламаң,
Кеўлим бала, ата-анамды жойтады,
Әттең! Балалығым өткен сол заман,
Не ислесем және артқа қайтады?
〰〰〰〰〰〰〰
Сизлердиң барыңыз маған жубаныш,
Ата-анамнан қалған жанажанларым,
Тилегим хәмийше болғай қуўаныш,
Биз өскен сол уйде мехрибанларым.
✍✍✍✍✍✍✍
Досымбетова Гулзира Адилбаевна
Каналға ағза болыў: https://t.me/apsana_1
Telegram
ӘПСАНА
✍️ НИЕТУЛЛА АДИЛБАЕВ
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
👍17👏5❤🔥3😢2🕊1
Бахт симфониясы
Сайқалланса тас алмасқа айланар,
Ет хәрекет! Болашағың жайланар,
Тийкарғысы шын жүректен қәлесең,
Келешекке үмит жиби байланар.
〰〰〰〰〰〰〰
Жағдайыңды хәр кимсеге саз етпе,
Қулақ қаққан шийрин сөзғе хәз етпе,
Кел өзиңе! Айғырма хеш жолыңнан,
Тәслим етпе, душпан кеўлин жаз етпе.
〰〰〰〰〰〰〰
Қозғама! Ашпа сен, өтмиш дәптерин,
Бүгинниң ғамын же, бежер шәртлерин,
Өтмиш келешектен семирер екен,
Уақыт өткен сайын түртип хәр жерин.
〰〰〰〰〰〰〰
Келешек мәнзилин бүгин сызып қой,
Керексиз қыялдан өзди үзип қой,
Махсеттиң мойнына үмиттен жип тарт,
Барлық режелерди оған дизип қой.
〰〰〰〰〰〰〰
Дүнья сынағына еңсеңди бүкпе,
Қайтама, сынақты дүньяға жүкле,
Сени адастырған хәр бир мәнзилден,
Қәне, жүзиңди бур, хеш нәрсе күтпе.
〰〰〰〰〰〰〰
Ялғаншының жылўасына алданба,
Айтар сөзим болсын сағаң қолланба,
Арғы дүнья, солғой дүнья дегени,
Бизиң жасап турған дүнья жалған-да...
〰〰〰〰〰〰〰
23-дек. 2023-жыл 23:30
✍✍✍✍✍✍✍
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Канаға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
Сайқалланса тас алмасқа айланар,
Ет хәрекет! Болашағың жайланар,
Тийкарғысы шын жүректен қәлесең,
Келешекке үмит жиби байланар.
〰〰〰〰〰〰〰
Жағдайыңды хәр кимсеге саз етпе,
Қулақ қаққан шийрин сөзғе хәз етпе,
Кел өзиңе! Айғырма хеш жолыңнан,
Тәслим етпе, душпан кеўлин жаз етпе.
〰〰〰〰〰〰〰
Қозғама! Ашпа сен, өтмиш дәптерин,
Бүгинниң ғамын же, бежер шәртлерин,
Өтмиш келешектен семирер екен,
Уақыт өткен сайын түртип хәр жерин.
〰〰〰〰〰〰〰
Келешек мәнзилин бүгин сызып қой,
Керексиз қыялдан өзди үзип қой,
Махсеттиң мойнына үмиттен жип тарт,
Барлық режелерди оған дизип қой.
〰〰〰〰〰〰〰
Дүнья сынағына еңсеңди бүкпе,
Қайтама, сынақты дүньяға жүкле,
Сени адастырған хәр бир мәнзилден,
Қәне, жүзиңди бур, хеш нәрсе күтпе.
〰〰〰〰〰〰〰
Ялғаншының жылўасына алданба,
Айтар сөзим болсын сағаң қолланба,
Арғы дүнья, солғой дүнья дегени,
Бизиң жасап турған дүнья жалған-да...
〰〰〰〰〰〰〰
23-дек. 2023-жыл 23:30
✍✍✍✍✍✍✍
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Канаға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
👍11🔥3🕊1
Ассалаўма әлейкум әзиз заманласлар...
Хәммеңизди кирип киятырған жаңа жыл менен шын жүректен қутлықлайман, Алла жаңа жылды аман-есенликте, аўызбиршиликте, тыныш-татыўлықта өткериўди несип етсин, алдағы жылға дүзген режелериңиз орынланыўын хәм баслаған ислериңиздиң сәтли даўам етиўине тилеклеспен, Алла дәрямызға тасқынлық, малымызға өскинлик берсин, дәртимизге даўа, қәстемизге шыпа берсин, дастурханымыз мол болсын, бәршениң жумысларына табыс тилеймен, хәммеңизге жаңа 2024-жыл қутлы болсын, шексиз хүрмет пенен, барлық жақсы тилеклерди жоллап қалыўшы Адилбаев НИЕТУЛЛА
Хәммеңизди кирип киятырған жаңа жыл менен шын жүректен қутлықлайман, Алла жаңа жылды аман-есенликте, аўызбиршиликте, тыныш-татыўлықта өткериўди несип етсин, алдағы жылға дүзген режелериңиз орынланыўын хәм баслаған ислериңиздиң сәтли даўам етиўине тилеклеспен, Алла дәрямызға тасқынлық, малымызға өскинлик берсин, дәртимизге даўа, қәстемизге шыпа берсин, дастурханымыз мол болсын, бәршениң жумысларына табыс тилеймен, хәммеңизге жаңа 2024-жыл қутлы болсын, шексиз хүрмет пенен, барлық жақсы тилеклерди жоллап қалыўшы Адилбаев НИЕТУЛЛА
👍17🔥3🕊3❤🔥1
Гүл сорасаң бостан қылып әлемди,
Айтқан сөзим кеўлимдики хәржайда,
Қолға алған менен қара қәлемди,
Кеўил қосық сорамаса не пайда?
Айтқан сөзим кеўлимдики хәржайда,
Қолға алған менен қара қәлемди,
Кеўил қосық сорамаса не пайда?
❤🔥3👍2👏1🕊1💯1💔1
SHOIR
G'arib demang shoirni, g'arib,
Yetti ko'kka uchishi mumkin.
Yetti qavat yerni ag'darib,
So'zni-qizdek quchishi mumkin!..
Butun emas shoirning noni,
Shoirlarning yuragi butun.
Qarzin uzmay uzilmas joni,
Haqqini unutishi mumkin.
Dardin tilga ko'chirmas shoir,
Shoir dardin yutishi mumkin.
Hech kimni zor kuttirmas shoir,
Shoir yuz yil kutishi mumkin.
Shoir agar suysa birovni,
Sevilmasa-suyar sevgisin.
Yorga o'zi topib kuyovni,
To'yda o'yin tushishi mumkin...
Hech kimsaga o'xshamas shoir.
Bor sevganin yurakdan lekin.
Ko'zyoshini ko'rsatmas shoir-
Shoir faqat... "ichishi" mumkin!
Muhammad Yusuf
G'arib demang shoirni, g'arib,
Yetti ko'kka uchishi mumkin.
Yetti qavat yerni ag'darib,
So'zni-qizdek quchishi mumkin!..
Butun emas shoirning noni,
Shoirlarning yuragi butun.
Qarzin uzmay uzilmas joni,
Haqqini unutishi mumkin.
Dardin tilga ko'chirmas shoir,
Shoir dardin yutishi mumkin.
Hech kimni zor kuttirmas shoir,
Shoir yuz yil kutishi mumkin.
Shoir agar suysa birovni,
Sevilmasa-suyar sevgisin.
Yorga o'zi topib kuyovni,
To'yda o'yin tushishi mumkin...
Hech kimsaga o'xshamas shoir.
Bor sevganin yurakdan lekin.
Ko'zyoshini ko'rsatmas shoir-
Shoir faqat... "ichishi" mumkin!
Muhammad Yusuf
💔4👍1
Умытпа
Ата-ана сәўбетинде хешқашан,
Олар уллы екенлигин умытпа,
Әке сөзи шыпа берер жыр болса,
Ана кеўли гүл екенин умытпа.
Адам иши сүўретиндей сулыўма?!
Көз алдамшы екенлигин умытпа,
Кеўлиң ушын сен излеген жылыў да,
Сеннен мехир излегенде, умытпа.
Хәр кимдиде жақын алма өзиңе,
Кеўлиңизде оннан тыртық қалмасын,
Машқалалы, сынақ тола дүньяда,
Сол бир инсан бир сынағың болмасын.
Хәзир сениң нур жарытқан жолыңа,
Бираздан соң түн кириўин умытпа,
Жарық әлем рәхәтине талпынба,
Бул дүньяның бес күнлигин умытпа.
22.02.2024 (21:00)
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
Ата-ана сәўбетинде хешқашан,
Олар уллы екенлигин умытпа,
Әке сөзи шыпа берер жыр болса,
Ана кеўли гүл екенин умытпа.
Адам иши сүўретиндей сулыўма?!
Көз алдамшы екенлигин умытпа,
Кеўлиң ушын сен излеген жылыў да,
Сеннен мехир излегенде, умытпа.
Хәр кимдиде жақын алма өзиңе,
Кеўлиңизде оннан тыртық қалмасын,
Машқалалы, сынақ тола дүньяда,
Сол бир инсан бир сынағың болмасын.
Хәзир сениң нур жарытқан жолыңа,
Бираздан соң түн кириўин умытпа,
Жарық әлем рәхәтине талпынба,
Бул дүньяның бес күнлигин умытпа.
22.02.2024 (21:00)
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
Telegram
ӘПСАНА
✍️ НИЕТУЛЛА АДИЛБАЕВ
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
📌 ӘПСАНА
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📝Пикирлер хәмде усынысларыңыз болса комментарияда күтемен...
〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️
📈Каналдың рейтингин көтериў ушын, илтимас қолыңыздан келгенше тарқатың...
❤🔥10👍7👏2
Түн
Мине түн басланды қуптаннан кейин,
Келди даламызға ашып баўырын,
Суў сепкендей қылып, азанға дейин
Шаўқымлы Нөкистиң басар хәўирин.
Хаўа тазарғандай болама деймен,
Бул түн кислородты төгип турғандай,
Аспанда жулдызлар дизилип қатар,
Жерге сәлем айтып қол былғағандай.
Япырмай, тып-тыныш, кең дала пайтахт,
Түнниң жылўасына бөленип жатыр,
Түнде сулыў болып көринбес қайжақ?
Көз тиймесин, елим гүлленип атыр.
Қаранғы көринген бул аспан бизге,
Өзиниң қосығын айтып турады,
Дүньяның кеңлигин еслетип және,
Тынышлық аспанда бәзим қурады.
03.06.2024 (01:00)
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
Мине түн басланды қуптаннан кейин,
Келди даламызға ашып баўырын,
Суў сепкендей қылып, азанға дейин
Шаўқымлы Нөкистиң басар хәўирин.
Хаўа тазарғандай болама деймен,
Бул түн кислородты төгип турғандай,
Аспанда жулдызлар дизилип қатар,
Жерге сәлем айтып қол былғағандай.
Япырмай, тып-тыныш, кең дала пайтахт,
Түнниң жылўасына бөленип жатыр,
Түнде сулыў болып көринбес қайжақ?
Көз тиймесин, елим гүлленип атыр.
Қаранғы көринген бул аспан бизге,
Өзиниң қосығын айтып турады,
Дүньяның кеңлигин еслетип және,
Тынышлық аспанда бәзим қурады.
03.06.2024 (01:00)
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
👍9👏7🔥4🕊1
ЖУБАТЫЎ
Қулағым еситпес деп хеш налыма,
Шаўқымның бәриде мазалы емес,
Биреўлери шөптей әззи жаны бар,
Бирақ тыңлаўшыға жазалы елес.
Көзлерим соқыр деп теппегил жерди,
Бул дүньяда сулыўлық қалыппеди,
Бахытлылар өтти бул сум дүньядан,
Биреўи көзим жоқ деп налыппеди.
Дүньяны көргениңде хәзиргидей,
Адамлардан бул кеўилиң толмас еди,
Қайтама көрмеслигиң сениң бахтың,
Кеўилиң хош, бахтың пүтин болмас еди.
Аяғым жүрмейди деп жылама сен,
Өмирде соныңдай бир мәнзиллер бар,
Базыда сол тәрепке барғанымнан,
Жүралмай қалсам деген ой туўылар.
Нуқсанлыман деп хеш жасырынбаң,
Алла сүйгенине сынақ берер,
Биреўлердиң нуқсаны жасырынған,
Ал биреўдиң нуқсанын хәмме көрер.
28.03.2024 (11:00)
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
Қулағым еситпес деп хеш налыма,
Шаўқымның бәриде мазалы емес,
Биреўлери шөптей әззи жаны бар,
Бирақ тыңлаўшыға жазалы елес.
Көзлерим соқыр деп теппегил жерди,
Бул дүньяда сулыўлық қалыппеди,
Бахытлылар өтти бул сум дүньядан,
Биреўи көзим жоқ деп налыппеди.
Дүньяны көргениңде хәзиргидей,
Адамлардан бул кеўилиң толмас еди,
Қайтама көрмеслигиң сениң бахтың,
Кеўилиң хош, бахтың пүтин болмас еди.
Аяғым жүрмейди деп жылама сен,
Өмирде соныңдай бир мәнзиллер бар,
Базыда сол тәрепке барғанымнан,
Жүралмай қалсам деген ой туўылар.
Нуқсанлыман деп хеш жасырынбаң,
Алла сүйгенине сынақ берер,
Биреўлердиң нуқсаны жасырынған,
Ал биреўдиң нуқсанын хәмме көрер.
28.03.2024 (11:00)
Ниетулла Адилбаев (ӘПСАНА)
Каналға ағза болыў:https://t.me/apsana_1
🔥10👍3🕊3💯1
Өмирге мыйық тартыўды умытатуғын дəрежеде салдаманлы қарамаң...
💯8👍3
Ассалаума алейкум хәммеге,
Хайтлар менен, хижрий 1445-жылдың Қурбан хайты мүбәрек болсын, Алла хәммемизге хайттан хайтқа аман есенликте жетиўди несип етсин...🤲
Хайтлар менен, хижрий 1445-жылдың Қурбан хайты мүбәрек болсын, Алла хәммемизге хайттан хайтқа аман есенликте жетиўди несип етсин...🤲
❤🔥8👍7🕊3🔥1
Нәзер салың кеўиллердиң төрине,
Өзи нәзик сәл-ақ затқа жылыйды,
Тыңлап көрсең тоғайдағы бөри де,
Муңлы налалары менен улыйды.
Өзи нәзик сәл-ақ затқа жылыйды,
Тыңлап көрсең тоғайдағы бөри де,
Муңлы налалары менен улыйды.
👍8🔥3❤🔥1🕊1💔1