Тойға барсаң егер ўақтыңды бөлип,
Жағдай сораспаса ол сени көрип.
Бундайларға мениң жеке пикирим,
Кеўли соқыр, тири бир жүрген өлик.
Аңсатбай Каражанов
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Жағдай сораспаса ол сени көрип.
Бундайларға мениң жеке пикирим,
Кеўли соқыр, тири бир жүрген өлик.
Аңсатбай Каражанов
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍11👏9❤3
Жаслықтан көз көрип ҳәм ойнап өскен,
Заманласымның дым пәслигин көрдим.
Өмирде пәс пенен пәс болмайын деп.
Өзимниң қымбатлы ўақтымды бөлдим.
Ансатбай Каражанов
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Заманласымның дым пәслигин көрдим.
Өмирде пәс пенен пәс болмайын деп.
Өзимниң қымбатлы ўақтымды бөлдим.
Ансатбай Каражанов
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍9❤3👏2🔥1
ТУРМЫС ШЫНЛЫҒЫ.
Өмирде жеп ишсең ҳарамнан асты,
Бир өмир өтесең қатырып басты.
Шайыр не жазды деп ашыўланғанлар,
Ҳақыйқат болады өмирде ашшы.
Жүрсеңлер өмирде ҳарамнан алыс,
Тийеди хызметиң халыққа қалыс.
Бахытқа қарата жетелеп барар,
Ҳадал жолллар менен табылған
табыс.
Жемектиң бир күни бардур қуспағы,
Пәске түсер бир күн бийик, уштағы.
Бүгинги ыссыда жуўабы билсең,
Қақаман суўықтың өткен қыстағы.
Ҳеш нәрсе жуўапсыз қалмайды билсең,
Алдыңа келеди биреўге күлсең.
Алла жөнсиз мийнет бирмейди екен,
Егер өзиң тыныш жөнеңе жүрсең.
Шайырда әўлиедей келер айтқаным,
Бул қосығым дурыс жолға тартқаным.
Көзим көрди не шириген байлардың,
Мәнзилине кепин кийип қайтқанын.
Сонлықтан жөнленип алайық бизде,
Байлық дүнья малда қалады изде.
Ҳеш бир нәрсе алып кете алмайсаң,
Шықсаңда ҳәттеки, тоқсанға, жүзге.
Буның бәрин алып жаздым турмыстан,
Ашыўланып және маған урыспаң.
Ашыўланып урысқанның орнына,
Ҳей яранлар өзиңизди дурыслаң.
Аңсатбай Каражанов
27.07.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Өмирде жеп ишсең ҳарамнан асты,
Бир өмир өтесең қатырып басты.
Шайыр не жазды деп ашыўланғанлар,
Ҳақыйқат болады өмирде ашшы.
Жүрсеңлер өмирде ҳарамнан алыс,
Тийеди хызметиң халыққа қалыс.
Бахытқа қарата жетелеп барар,
Ҳадал жолллар менен табылған
табыс.
Жемектиң бир күни бардур қуспағы,
Пәске түсер бир күн бийик, уштағы.
Бүгинги ыссыда жуўабы билсең,
Қақаман суўықтың өткен қыстағы.
Ҳеш нәрсе жуўапсыз қалмайды билсең,
Алдыңа келеди биреўге күлсең.
Алла жөнсиз мийнет бирмейди екен,
Егер өзиң тыныш жөнеңе жүрсең.
Шайырда әўлиедей келер айтқаным,
Бул қосығым дурыс жолға тартқаным.
Көзим көрди не шириген байлардың,
Мәнзилине кепин кийип қайтқанын.
Сонлықтан жөнленип алайық бизде,
Байлық дүнья малда қалады изде.
Ҳеш бир нәрсе алып кете алмайсаң,
Шықсаңда ҳәттеки, тоқсанға, жүзге.
Буның бәрин алып жаздым турмыстан,
Ашыўланып және маған урыспаң.
Ашыўланып урысқанның орнына,
Ҳей яранлар өзиңизди дурыслаң.
Аңсатбай Каражанов
27.07.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Telegram
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
👍21❤5👏1
#Қайырлы_таң
Ассалаўма алейкум
Қайырлы таң
Қәдирданларым!!
Бүгинги атқан таң мүбәрек болсын.
Қәдирданларым басланған жаңа күнимиз әўметли ҳәм берекетли болсын, ҳеш бириңиз ҳеш қашан жаманлық көрмегейсиз. Күни бойы не тилегиңиз болса Алла дәргайында қабыл болғай.
Шүкир дейик ийекте бар жанымыз,
Дәстурханда бәрҳә толы нанымыз.
Аңсатбайдың бүгин таңғы тилеги,
Тамырларда ағып турсын қанымыз.
Аңсатбай Қаражанов
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Ассалаўма алейкум
Қайырлы таң
Қәдирданларым!!
Бүгинги атқан таң мүбәрек болсын.
Қәдирданларым басланған жаңа күнимиз әўметли ҳәм берекетли болсын, ҳеш бириңиз ҳеш қашан жаманлық көрмегейсиз. Күни бойы не тилегиңиз болса Алла дәргайында қабыл болғай.
Шүкир дейик ийекте бар жанымыз,
Дәстурханда бәрҳә толы нанымыз.
Аңсатбайдың бүгин таңғы тилеги,
Тамырларда ағып турсын қанымыз.
Аңсатбай Қаражанов
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Telegram
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
👍17❤2
АЛЛАДА ЕСАП БАР
<unknown>
АЛЛАДА ЕСАП БАР
Өзиңше көрсетип қыр ҳәм қыяңды,
Биреўге тийгизбе ҳасла зыянды,
Жүреклерди таза тутпасаңызлар,
Тәңирим бузады билгил уяңды.
Аллаға көрсетсең егер қырыңды,
Ҳеш ким сениң жырламайды жырыңды,
Жүреклерди таза тутпасаңызлар,
Тәңирим ашады барлық сырыңды.
Өзгелерден зыят көрсең қуныңды,
Тәғдир бир күн шашар билгил уныңды,
Сениң қылған жаман ислериң ушын,
Сынамасын Алла қыз ҳәм улыңды.
Созбасаң ҳеш кимге жәрдем қолыңды,
Аңламасаң оңыңды ҳәм солыңды,
Тутпасаңлар ҳасла таза ойыңды,
Тәңирим жаўады билгил жолыңды.
Өзиңди ҳәммеден көрсеңизлер зор,
Бир күн тускен жериң болар билгил тор,
Өзгениң қәдирин билмеген адам,
Күн келип бир күни өзи болар хор.
Умытпаған жақсы адамлар өзин,
Кешириңлер аўыр батса бул сөзим,
Жүреклерди таза тутып ҳәммемиз,
Ашайық жүректен меҳирдиң көзин.
Аллада есап бар умытпаң буны,
Жақсы адамлардың уллыдур қуны,
Бир гәпти айтайын ҳақыйқат, шыны,
Билсеңлер ҳәммемиз Алланың қулы.
Ансатбай Каражанов
25.01.2024
Жиззах қаласы
архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Өзиңше көрсетип қыр ҳәм қыяңды,
Биреўге тийгизбе ҳасла зыянды,
Жүреклерди таза тутпасаңызлар,
Тәңирим бузады билгил уяңды.
Аллаға көрсетсең егер қырыңды,
Ҳеш ким сениң жырламайды жырыңды,
Жүреклерди таза тутпасаңызлар,
Тәңирим ашады барлық сырыңды.
Өзгелерден зыят көрсең қуныңды,
Тәғдир бир күн шашар билгил уныңды,
Сениң қылған жаман ислериң ушын,
Сынамасын Алла қыз ҳәм улыңды.
Созбасаң ҳеш кимге жәрдем қолыңды,
Аңламасаң оңыңды ҳәм солыңды,
Тутпасаңлар ҳасла таза ойыңды,
Тәңирим жаўады билгил жолыңды.
Өзиңди ҳәммеден көрсеңизлер зор,
Бир күн тускен жериң болар билгил тор,
Өзгениң қәдирин билмеген адам,
Күн келип бир күни өзи болар хор.
Умытпаған жақсы адамлар өзин,
Кешириңлер аўыр батса бул сөзим,
Жүреклерди таза тутып ҳәммемиз,
Ашайық жүректен меҳирдиң көзин.
Аллада есап бар умытпаң буны,
Жақсы адамлардың уллыдур қуны,
Бир гәпти айтайын ҳақыйқат, шыны,
Билсеңлер ҳәммемиз Алланың қулы.
Ансатбай Каражанов
25.01.2024
Жиззах қаласы
архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍22❤5
Audio
БӘРИ ЎАҚТЫНША...
Кеўил шөгип қапа болып жүргениң,
Мәңги емес билгил ойнап күлгениң,
Ҳәтте ханлар киби тахтқа мингениң
Бәри ўақтынша...
Бурқасынлап аққан дәрья ағысы,
Айнаға салынған қыраў нағысы,
Қуўаныш шадлығы, урыс қағысы,
Бәри ўақтынша...
Жаслайыңнан әмел атын мингениң,
Әмел атын минип дәўран сүргениң,
Зер шапан ҳәм басыңа таж кийгениң,
Бәри ўақтынша...
Аўмет бизде деп мардыйып турғаның,
Көркем етип зәўлим сарай қурғаның,
Артта қалар дүнья мал ҳәм жыйғаның,
Бәри ўақтынша...
Кеўилиң шад, қуўаныштан толғаның,
Жер жүзине ҳәтте патша болғаның,
Алсаң даға ең жақсысын жорғаның,
Бәри ўақтынша...
Ансатбай Қаражанов
16.12.2023
Жиззах қаласы
Архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Кеўил шөгип қапа болып жүргениң,
Мәңги емес билгил ойнап күлгениң,
Ҳәтте ханлар киби тахтқа мингениң
Бәри ўақтынша...
Бурқасынлап аққан дәрья ағысы,
Айнаға салынған қыраў нағысы,
Қуўаныш шадлығы, урыс қағысы,
Бәри ўақтынша...
Жаслайыңнан әмел атын мингениң,
Әмел атын минип дәўран сүргениң,
Зер шапан ҳәм басыңа таж кийгениң,
Бәри ўақтынша...
Аўмет бизде деп мардыйып турғаның,
Көркем етип зәўлим сарай қурғаның,
Артта қалар дүнья мал ҳәм жыйғаның,
Бәри ўақтынша...
Кеўилиң шад, қуўаныштан толғаның,
Жер жүзине ҳәтте патша болғаның,
Алсаң даға ең жақсысын жорғаның,
Бәри ўақтынша...
Ансатбай Қаражанов
16.12.2023
Жиззах қаласы
Архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
🔥8👍5❤3👏1
Жәмийетте ҳәр түрли адамлар өмир сүреди, биреў туўры болса, биреўи уры, биреўи тар болса, биреўи кең, биреўи гүман менен жасаса, биреўи көз көрген ҳақыйқатына исениўши, булардың ең жаманы уры, тар, гүман менен жасаўшылар, булар барлық нәрсеге өзинен келип шығып баҳа бериўшилер, өзи парахор ҳарамнан пул жыйнаўшы болса басқаларда оған тап сондай көринеди, себеби ол өзи сондай болған соң басқаныда сондай деп гүман менен қарайды, Бундай адам ҳәр бир инсанға өзинен келип шығып баҳа қойыўшы инсан болып есапланады.Ҳәр ким келип шығып өзи өзинен,
Адамның ҳадалы ҳеш қашан ҳарам ойға бармайды, себеби оның руўхый дүньясы таза болады.
Гүманшыл адамның болса руўхый дүньясы патас болғанлықтан оның ойлаўыда өзине усап патас пикирлейди.
Мине усы қосық патас пикирлеўшилерге арналады.
Биреўге баҳаны береди екен.
Адамның билимсиз шаласы ғана,
Өсек ғыйбет сөзди тереди екен.
Мәңгилик жоқ ашық аспан астында,
Ҳәмме бир күн келип өледи екен.
Ҳәмел тийсе қатты кетпе, асқынба,
Бәрин тәңри Алла көреди екен.
Билмей турып ҳеш гуманға берилме,
Ҳәмел тийсе әстерек бол керилме.
Ақыл болса егер ана басыңда,
Мақтаў сөзге марапатқа семирме.
Дана сезсең егер өзиң-өзиңди,
Май басқаны билгил қара көзиңди.
Ҳақыйқаттан дана болсаң егерде,
Айтпа ҳасла тийкары жоқ сөзиңди.
Деди-деди жетелейди жар тәреп,
Өсек айтып ер адамға не ҳәлек.
Өсекшиде шайтанның бир малайы,
Алла оған жаўдырады мың нәлет.
Ансатбай Каражанов
01.08.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Telegram
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
👍7❤2
ҲЕШ КИМ БОЛМАЙ ҚАЛҒАНЫҢДА БИЛЕСЕҢ.
Билсең ақыл парасатқа ийесең,
Өмирде ҳәр түрли жолдан жүресең.
Өзиң ҳәмде өзгелердиң кимлигин,
Ҳеш ким болмай қалғаныңда билесең.
Жоқарыға шықсаң минип зәңгиге,
Тураман деп ойлама ҳеш мәңгиге.
Ақыл емес айтайын бир әңгиме,
Қудай урса айланасаң бәңгиге.
Қанша дана болсаңдағы билмейсең,
Бүгин ертең не боларын алдыңда.
Аламанға ийттей болып ҳүрмейсең,
Сыйың болса егер оның алдында.
Қатты кетип умытқанлар қудайды,
Жоқарыдан төмен қарай қулайды.
Билмесеңлер билип қойың яранлар,
Тәңириме жақсы ғана унайды.
Алла ырза болса егер исиңе,
Тийдирмейди ҳеш бир бенде, кисиге.
Тас батпасын десең егер тисиңе.
Ҳарамшылық ойлама ҳеш кисиге.
Бул дүньяға келип өмир сүресең,
Гейде жылып гейде болса күлесең.
Жақсы яки жаман екенлигиңди,
Ҳеш ким болмай қалғаныңда билесең.
Ансатбай Каражанов
02.08.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Билсең ақыл парасатқа ийесең,
Өмирде ҳәр түрли жолдан жүресең.
Өзиң ҳәмде өзгелердиң кимлигин,
Ҳеш ким болмай қалғаныңда билесең.
Жоқарыға шықсаң минип зәңгиге,
Тураман деп ойлама ҳеш мәңгиге.
Ақыл емес айтайын бир әңгиме,
Қудай урса айланасаң бәңгиге.
Қанша дана болсаңдағы билмейсең,
Бүгин ертең не боларын алдыңда.
Аламанға ийттей болып ҳүрмейсең,
Сыйың болса егер оның алдында.
Қатты кетип умытқанлар қудайды,
Жоқарыдан төмен қарай қулайды.
Билмесеңлер билип қойың яранлар,
Тәңириме жақсы ғана унайды.
Алла ырза болса егер исиңе,
Тийдирмейди ҳеш бир бенде, кисиге.
Тас батпасын десең егер тисиңе.
Ҳарамшылық ойлама ҳеш кисиге.
Бул дүньяға келип өмир сүресең,
Гейде жылып гейде болса күлесең.
Жақсы яки жаман екенлигиңди,
Ҳеш ким болмай қалғаныңда билесең.
Ансатбай Каражанов
02.08.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Telegram
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
👍11❤3🔥1
Әкем КАРАЖАН УЛЫ ЖУМАБАЙдың мәңги естелигине арнайман.
Әкем бүгин арамызда болғанында 79 жасты қарсы алған болар еди.
Асқар таўым едиң Әкежан өзиң,
Өмирден жумылды әттең-ай көзиң,
Өмирде жақсыдан бағ қалар деген,
Ядымнан кетпейди сол айтқан сөзиң.
Ҳеш қашан жүрмедиң қабақты үйип,
Минезиңиз болса еди дым ийик,
Ядымнан кетпейди деп айтқанларың,
Мәртебеңиз болсын ҳәмийше бийик.
Қатарға қосылсақ қуўанар едиң,
Адам болғанда да ҳүжданлы едиң,
Бүгин сиз туўылған сәне Әкежан,
Қәнекей бүгинде болғанда едиң.
Бүгинде әкемен менде сиз киби,
Ақлықларың қаймақ мен болсам гүби,
Алладан сен ушын сорайман Әке,
О дүньяңның жеңил, болғайда жүги.
Сиз мийўалы дарақ мендур жемисиң,
Кешир Әке, болса мениң кемисим,
О дүньяңыз абат болып илайым,
Жәннетлерден жай алыўға ерисиң.
Жатқан жериңиз жайлы топырағыңыз торқа болсын.
Ансатбай Каражанов
03.04.2023
Архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
https://t.me/Ansatbai
Әкем бүгин арамызда болғанында 79 жасты қарсы алған болар еди.
Асқар таўым едиң Әкежан өзиң,
Өмирден жумылды әттең-ай көзиң,
Өмирде жақсыдан бағ қалар деген,
Ядымнан кетпейди сол айтқан сөзиң.
Ҳеш қашан жүрмедиң қабақты үйип,
Минезиңиз болса еди дым ийик,
Ядымнан кетпейди деп айтқанларың,
Мәртебеңиз болсын ҳәмийше бийик.
Қатарға қосылсақ қуўанар едиң,
Адам болғанда да ҳүжданлы едиң,
Бүгин сиз туўылған сәне Әкежан,
Қәнекей бүгинде болғанда едиң.
Бүгинде әкемен менде сиз киби,
Ақлықларың қаймақ мен болсам гүби,
Алладан сен ушын сорайман Әке,
О дүньяңның жеңил, болғайда жүги.
Сиз мийўалы дарақ мендур жемисиң,
Кешир Әке, болса мениң кемисим,
О дүньяңыз абат болып илайым,
Жәннетлерден жай алыўға ерисиң.
Жатқан жериңиз жайлы топырағыңыз торқа болсын.
Ансатбай Каражанов
03.04.2023
Архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
https://t.me/Ansatbai
👍18❤1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Әкем Каражанов Жумабайдың естелигине бағышлайман.
ӘКЕ
Әке деген асқар таў-ғой билгенге,
Ойлама сен әпиўайы жүргенге.
Умытпайман шадлы дәўран сүргенде,
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Билсеңизлер Әке байлық дәўлетиң,
Пәтиясын алсаң келер әўметиң,
Жайына қой бәрҳә оның ҳүрметин,
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Еркелетип алақанда көтерип,
Не сорасақ бәрин бердиң әкелип,
Қыйналдыңыз бизлер қалсақ жөтелип,
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Еркелесек сиз бәрине көндиңиз,
Бизлер ушын ўақытыңды бөлдиңиз,
Енди жеттим дегениңде сөндиңиз
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Ансатбай Каражанов
29.03.2023
архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
ӘКЕ
Әке деген асқар таў-ғой билгенге,
Ойлама сен әпиўайы жүргенге.
Умытпайман шадлы дәўран сүргенде,
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Билсеңизлер Әке байлық дәўлетиң,
Пәтиясын алсаң келер әўметиң,
Жайына қой бәрҳә оның ҳүрметин,
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Еркелетип алақанда көтерип,
Не сорасақ бәрин бердиң әкелип,
Қыйналдыңыз бизлер қалсақ жөтелип,
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Еркелесек сиз бәрине көндиңиз,
Бизлер ушын ўақытыңды бөлдиңиз,
Енди жеттим дегениңде сөндиңиз
Уллы, асқар таўым айбатым Әке.
Ансатбай Каражанов
29.03.2023
архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍12❤4
Бүгин мениң ушын әзийз инсан Әкем [Каражанов Жумабай] дың туўылған күни.
Жайлары жәннеттен рухлары шад болсын.
Әкемниң келиним мусылман болсын деген гәпи бар еди, таң азаннан өмирлик жолдасым турып ийс шығарып атыр екен, мен оған жаман түс көрдиңбе дегенимде яқ бүгин атамның туўылған күни - деди.
Мен өзимнен қатты қапа болып кеттим, өзимниң әкемниң туўылған күни ядымнан көтерилсе,- деп.
Әкемниң келиним мусылман болсын дегини усы екен-дә, - деп қойдым.
Өмир жолларымда устазлық еткен,
Алпыс жети жаста дүньядан өткен,
Бүгин Әкежаным туўылған күни,
Мени алық етип өсирген көптен.
Әкежаным асқар таўым, дәўлетим,
Сиз арқалы келди мениң әўметим,
Жатқан жериң бейиш болғай илайым,
Сизге бәлент бәрҳә мениң ҳүрметим.
Кешир әке! умытыппан мен бүгин,
Сизиң туўылған күн сәне екенин.
Ийис шығарып келиниңиз еслетти,
Бүгин сизиң туўылған күн екенин.
Тәғдирге шара жоқ, қарсы шықпайман,
Тек ғана ҳаққыңа дуўа қыламан,
Әке ҳәзир жоқ болсаңда қасымда,
Сиз айтқан гәплерге әмел қыламан.
Нурға толсын әкежаным қәбириң,
Мениң ушын уллы сизиң қәдириң,
Айтқан сөзиң кешегидей есимде,
Қоллап жүрмен турмыста мен ҳәр бирин.
Ораза ҳайыт жумған едиң көзиңди,
Бир күн алдын айтып жыллы сөзиңди.
Кешир Әке! Кеширесиз билемен,
Кеширалмай турман бирақ өзимди.
Жәннетлерден болғай жайың қудайым,
Ул-қызыңнан шекпе ҳасла уўайым,
О дүньяда әкежаным ҳәмийше,
Периштелер жолдас болсын илайым.
Ансатбай Каражанов
03.08.2024
Жиззах
архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Жайлары жәннеттен рухлары шад болсын.
Әкемниң келиним мусылман болсын деген гәпи бар еди, таң азаннан өмирлик жолдасым турып ийс шығарып атыр екен, мен оған жаман түс көрдиңбе дегенимде яқ бүгин атамның туўылған күни - деди.
Мен өзимнен қатты қапа болып кеттим, өзимниң әкемниң туўылған күни ядымнан көтерилсе,- деп.
Әкемниң келиним мусылман болсын дегини усы екен-дә, - деп қойдым.
Өмир жолларымда устазлық еткен,
Алпыс жети жаста дүньядан өткен,
Бүгин Әкежаным туўылған күни,
Мени алық етип өсирген көптен.
Әкежаным асқар таўым, дәўлетим,
Сиз арқалы келди мениң әўметим,
Жатқан жериң бейиш болғай илайым,
Сизге бәлент бәрҳә мениң ҳүрметим.
Кешир әке! умытыппан мен бүгин,
Сизиң туўылған күн сәне екенин.
Ийис шығарып келиниңиз еслетти,
Бүгин сизиң туўылған күн екенин.
Тәғдирге шара жоқ, қарсы шықпайман,
Тек ғана ҳаққыңа дуўа қыламан,
Әке ҳәзир жоқ болсаңда қасымда,
Сиз айтқан гәплерге әмел қыламан.
Нурға толсын әкежаным қәбириң,
Мениң ушын уллы сизиң қәдириң,
Айтқан сөзиң кешегидей есимде,
Қоллап жүрмен турмыста мен ҳәр бирин.
Ораза ҳайыт жумған едиң көзиңди,
Бир күн алдын айтып жыллы сөзиңди.
Кешир Әке! Кеширесиз билемен,
Кеширалмай турман бирақ өзимди.
Жәннетлерден болғай жайың қудайым,
Ул-қызыңнан шекпе ҳасла уўайым,
О дүньяда әкежаным ҳәмийше,
Периштелер жолдас болсын илайым.
Ансатбай Каражанов
03.08.2024
Жиззах
архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Telegram
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
Өткен өмириңди муғаллим деп бил📖📚📓
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
Каналға өзиңиздиң жақын досларыңызды мирәт етиң!
👏15👍11
АНСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВқа туўылған күн ҚУТЛЫҚЛАЎЫ :
Қутлы болсын...
туўылған күн,
келген күниң дүньяға,
Келмедиңбе...
көл бойына,
дос - яранды жыйнада.
Тилек айтсам...
шын кеўилден,
отырып бир өзиңе,
Жигитлерге...
ымлап жибер,
тост пайымды қуймаға.
Қос қуўаныш...
және бири,
Магистрлик дипломың,
Өмириңше...
айдын болсын,
ҳақыйқатлық деп жолың.
Таң жулдызың...
парлап турсын,
шуғла шашып алысқа,
Жолатпасын...
жаныңызға,
өмирдиң ҳеш циклонын.
Көбеймекте...
көзге түсип,
табысларың көлеми,
Шайырсаң деп...
тән алмақта,
сизди дүнья әлеми.
Бул илҳәмди...
бурқыратып,
тап шақырып турғандай,
Уллы Устаз...
Ибрайымның,
сизге берген қәлеми.
Бәлентлерге...
пәрўаз әйле,
бүркиттей аў аўлаған,
Өмирде де...
өз жолың бар,
нызам жолын таңлаған.
Ер жигитке...
халық гәпи,
қырық өнер де аз деген,
Поэзияда...
бир шайыр бол,
атың елде жаңлаған.
Ҳүрметли Аңсатбай !!!
Туўылған күниң қутлы болсын, жасыңызға - жас қосылып, шаңарағыңызға аманшылық , жумысларыңда ҳәм дөретиўшилигиңизде табыслар тилеп...
Ҳүрмет пенен Е. Наметов.
Қутлы болсын...
туўылған күн,
келген күниң дүньяға,
Келмедиңбе...
көл бойына,
дос - яранды жыйнада.
Тилек айтсам...
шын кеўилден,
отырып бир өзиңе,
Жигитлерге...
ымлап жибер,
тост пайымды қуймаға.
Қос қуўаныш...
және бири,
Магистрлик дипломың,
Өмириңше...
айдын болсын,
ҳақыйқатлық деп жолың.
Таң жулдызың...
парлап турсын,
шуғла шашып алысқа,
Жолатпасын...
жаныңызға,
өмирдиң ҳеш циклонын.
Көбеймекте...
көзге түсип,
табысларың көлеми,
Шайырсаң деп...
тән алмақта,
сизди дүнья әлеми.
Бул илҳәмди...
бурқыратып,
тап шақырып турғандай,
Уллы Устаз...
Ибрайымның,
сизге берген қәлеми.
Бәлентлерге...
пәрўаз әйле,
бүркиттей аў аўлаған,
Өмирде де...
өз жолың бар,
нызам жолын таңлаған.
Ер жигитке...
халық гәпи,
қырық өнер де аз деген,
Поэзияда...
бир шайыр бол,
атың елде жаңлаған.
Ҳүрметли Аңсатбай !!!
Туўылған күниң қутлы болсын, жасыңызға - жас қосылып, шаңарағыңызға аманшылық , жумысларыңда ҳәм дөретиўшилигиңизде табыслар тилеп...
Ҳүрмет пенен Е. Наметов.
👍33👏5❤4
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
АНСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВқа туўылған күн ҚУТЛЫҚЛАЎЫ : Қутлы болсын... туўылған күн, келген күниң дүньяға, Келмедиңбе... көл бойына, дос - яранды жыйнада. Тилек айтсам... шын кеўилден, отырып бир өзиңе, Жигитлерге... ымлап жибер, тост пайымды қуймаға. Қос қуўаныш...…
40 жасың қутлы болсын,
Қаражанов Аңсатбай!
Жолың айдын болсын, әўмет
Келе бергей ҳәр сәтте әй.
Ден саўлығың беккем болып,
Жумысың алға өрлегей.
Қәдириң мудам бәлент болып,
Қәдемиң төрге төрлегей.
Сүринбе сен өмир атлы,
Ойлы шуқыр жоллардан.
Табысың бәрҳә келип сәтли,
Қалтаңда жүргей доллардан.
Перзентлер кәмалын көргейсең,
Келин менен қартайып иләйым.
Саў саламат , аман жүргейсең,
Бир алла яр болғай қудайым.
Аңсатбай иним туўылған күниң қутлы болсын деп Қоңыратшы әжепаң Луна🌹
Қаражанов Аңсатбай!
Жолың айдын болсын, әўмет
Келе бергей ҳәр сәтте әй.
Ден саўлығың беккем болып,
Жумысың алға өрлегей.
Қәдириң мудам бәлент болып,
Қәдемиң төрге төрлегей.
Сүринбе сен өмир атлы,
Ойлы шуқыр жоллардан.
Табысың бәрҳә келип сәтли,
Қалтаңда жүргей доллардан.
Перзентлер кәмалын көргейсең,
Келин менен қартайып иләйым.
Саў саламат , аман жүргейсең,
Бир алла яр болғай қудайым.
Аңсатбай иним туўылған күниң қутлы болсын деп Қоңыратшы әжепаң Луна🌹
👍28❤1
Ансатбай КАРАЖАНОВ📝✍
АНСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВқа туўылған күн ҚУТЛЫҚЛАЎЫ : Қутлы болсын... туўылған күн, келген күниң дүньяға, Келмедиңбе... көл бойына, дос - яранды жыйнада. Тилек айтсам... шын кеўилден, отырып бир өзиңе, Жигитлерге... ымлап жибер, тост пайымды қуймаға. Қос қуўаныш...…
АҢСАТБАЙ ҚАРАЖАНОВқа
ҚУТЛЫҚЛАУ.
Отрыппан тууылған күниңди бүгин
еситип,
Қутлықлайман қалсамда,1,2-и күн
кешигип,
Хәр жыл сайын жасыңа жаслар
қосылсын,
Тилегим жүргейсиз 90, 100-жасларға
жетисип.
Мийримли ақыллы боп жасыңнан,
Жақсылар кетпесин қасыңнан,
Жаратқан өмириңди узын қылып
Бахыт-дәулет таймасын басыңнан.
Қәлемиң жазар хахыйқатлық
анықты,
Таң қалдырсын бәрхә ел-хәм
халықты,
Шайыр бабалардан мийрас А
Қаражановты,
Жазыушы шайырлығың көплерге
танықлы.
Көп ели қутлықлау айтар сизге
сөзлерим,
Көп пәтиясын алып,аяқ-қолың дәрт
көрмесин,
Бала-шаға, перзентлердиң қызығын
көрип,
Табыслар мол боп,жумысың алға
өрлесин.
Хүрметли Аңсатбай Қаражанов
сизди өткен тууылған күниң менен
шын кеуилден қутлықлап,дүньядағя
ең жақсы тилеклерди тилеймен
деп Хожелиден Нәубетбай Искендеров🎂🎂🎂
ҚУТЛЫҚЛАУ.
Отрыппан тууылған күниңди бүгин
еситип,
Қутлықлайман қалсамда,1,2-и күн
кешигип,
Хәр жыл сайын жасыңа жаслар
қосылсын,
Тилегим жүргейсиз 90, 100-жасларға
жетисип.
Мийримли ақыллы боп жасыңнан,
Жақсылар кетпесин қасыңнан,
Жаратқан өмириңди узын қылып
Бахыт-дәулет таймасын басыңнан.
Қәлемиң жазар хахыйқатлық
анықты,
Таң қалдырсын бәрхә ел-хәм
халықты,
Шайыр бабалардан мийрас А
Қаражановты,
Жазыушы шайырлығың көплерге
танықлы.
Көп ели қутлықлау айтар сизге
сөзлерим,
Көп пәтиясын алып,аяқ-қолың дәрт
көрмесин,
Бала-шаға, перзентлердиң қызығын
көрип,
Табыслар мол боп,жумысың алға
өрлесин.
Хүрметли Аңсатбай Қаражанов
сизди өткен тууылған күниң менен
шын кеуилден қутлықлап,дүньядағя
ең жақсы тилеклерди тилеймен
деп Хожелиден Нәубетбай Искендеров🎂🎂🎂
👍8❤2
ӨМИР АЙНАСЫ
Адамлар бар жасы биразға барған,
Бирақта ақылы баладан сайыз.
Ата-бабалардан сөз бар-ғой қалған,
Урыс болған жерде болмайды пайыз.
Қосық жазсам көзим көргенин жаздым,
Жырладым дәртлерин менде бираздың.
Көзим көрип өзим гуўасы болдым,
Қызғаны дым жаман екен-ғой таздың.
Бенде мың қәлесин бирақта Алла,
Қәлемесе ҳеш бир нәрсе болмайды.
Ҳәттеки базы бир ересеклерде,
Өзгеден көбирек өзин ойлайды.
Атқа минсе туўысқаны, жақыны,
Атын минип шапсам дейди базылар.
Аңсатбай ол Қырғыздыңда ақыны,
Көргенлери қосық болып жазылар.
Жыллы сөз болады қәстеге мәлҳәм,
Оның ушын керек парасат ҳәм пәм,
Билмесеңиз билип қойың яранлар,
Урыс-қағыс болса тек жаманға тән.
Өмир айнасында көресең бәрин,
Еккен жақсы бирақ жақсылық нәлин.
Сөйлеген сөзининен билиўге болар,
Адамда бар жоғын парасат, пәмин.
Ансатбай Каражанов
09.08.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Адамлар бар жасы биразға барған,
Бирақта ақылы баладан сайыз.
Ата-бабалардан сөз бар-ғой қалған,
Урыс болған жерде болмайды пайыз.
Қосық жазсам көзим көргенин жаздым,
Жырладым дәртлерин менде бираздың.
Көзим көрип өзим гуўасы болдым,
Қызғаны дым жаман екен-ғой таздың.
Бенде мың қәлесин бирақта Алла,
Қәлемесе ҳеш бир нәрсе болмайды.
Ҳәттеки базы бир ересеклерде,
Өзгеден көбирек өзин ойлайды.
Атқа минсе туўысқаны, жақыны,
Атын минип шапсам дейди базылар.
Аңсатбай ол Қырғыздыңда ақыны,
Көргенлери қосық болып жазылар.
Жыллы сөз болады қәстеге мәлҳәм,
Оның ушын керек парасат ҳәм пәм,
Билмесеңиз билип қойың яранлар,
Урыс-қағыс болса тек жаманға тән.
Өмир айнасында көресең бәрин,
Еккен жақсы бирақ жақсылық нәлин.
Сөйлеген сөзининен билиўге болар,
Адамда бар жоғын парасат, пәмин.
Ансатбай Каражанов
09.08.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍11❤2
Бул қосығым базы бир жасларға
арналады, жаслардың барлығыда усы қосықтағыдай деп айтыўдан аўлақпан, бирақ тилекке қарсы көпшилик жасларымыздың пикирлеўи өзгерип бармақта.
Жаслар өзин ақылман деп ойлайды,
Жас үлкенге ҳийле жолын қоллайды,
Оның менен бул өмирде яранлар,
Билип қойың бириң еки болмайды.
Жас болсада өзин дана сезеди,
Соннан кейин көплер оннан безеди.
Өз орының өз жайыңды билмесең,
Өмир сени сынақ берип езеди.
Дүнья керек байлық керек жасынан,
Қызғанады ҳәтте пулын асынан.
Тап ғаррыдай пикирлейди я Алла,
Көп нәрсени өткергендей басынан.
Сынағанды, сыйлағанды билмейди,
Өзин сүйип, өзгелерди сүймейди.
Соның ушын бул өмирде яранлар,
Бундайларға әўмет бағып күлмейди.
Ансатбай Каражанов
19.07.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍23❤2🔥1
МЕНИҢ ӘКЕМ....
Мениң әкем он баланы асыраған,
Мәмлекеттиң мүлкин үйге тасымаған.
Соның ушын бул өмирде мениң өзим,
Болғым келер ол сыяқлы ҳасыл адам.
Мениң әкем мийнеттен ҳеш қашпаған,
Қыйынлықтан қорқып ҳасла саспаған.
Өзи менен жолдас болған жанларды,
Туўрылыққа жақсылыққа баслаған.
Мениң әкем ҳәммени бир тең көрди,
Ҳеш кимге жаман деп баспады мөрди.
Бизлер шоқлық етип қыйнасақта ол,
Ашыўы келмеди, шыдады көнди.
Мениң әкем өсекшини жек көрди,
Көп нәрсени басынанда өткерди.
Енди еплеп қосылғанда қатарға,
Сизди маған қудай неге көп көрди.
Мениң әкем дурыс жолды таңлады,
Жақсыныда, жамандыда аңлады.
Сизди еслеп бүгин генже балаңыз,
Бул қосықты сизиң ушын арнады.
Ансатбай Каражанов
21.08.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Мениң әкем он баланы асыраған,
Мәмлекеттиң мүлкин үйге тасымаған.
Соның ушын бул өмирде мениң өзим,
Болғым келер ол сыяқлы ҳасыл адам.
Мениң әкем мийнеттен ҳеш қашпаған,
Қыйынлықтан қорқып ҳасла саспаған.
Өзи менен жолдас болған жанларды,
Туўрылыққа жақсылыққа баслаған.
Мениң әкем ҳәммени бир тең көрди,
Ҳеш кимге жаман деп баспады мөрди.
Бизлер шоқлық етип қыйнасақта ол,
Ашыўы келмеди, шыдады көнди.
Мениң әкем өсекшини жек көрди,
Көп нәрсени басынанда өткерди.
Енди еплеп қосылғанда қатарға,
Сизди маған қудай неге көп көрди.
Мениң әкем дурыс жолды таңлады,
Жақсыныда, жамандыда аңлады.
Сизди еслеп бүгин генже балаңыз,
Бул қосықты сизиң ушын арнады.
Ансатбай Каражанов
21.08.2025
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍23🔥7❤4👏3
Устаз Бахтияр Алламбергенович Генжемуратовты Өзбекстан халық шайыры хурметли атағын алғаны менен шын журектен кутлықлаймыз.!
Бул қарақалпақ әдебияты ушын улкен табыс.
Бизлергеде сизиң жолыңызды берсин!
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Бул қарақалпақ әдебияты ушын улкен табыс.
Бизлергеде сизиң жолыңызды берсин!
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍17
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
АРТЫҚ ЕМЕС ӘКЕҢНЕН.
Не десеңиз саған бәрин әперген,
Қорғап бәрҳә сени қәўип қәтерден,
Есте сақлаң барлық ўақыт бул гәпти,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Тәрбиялап усы күнге әкелген,
Сениң ушын ырысқ терген шет елден,
Ядыңыздан шығармаңлар бул гәпти,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Қәте қылсаң урмай сени кеширген,
Тәрбиялап алақанда өсирген,
Ядда сақлаң ҳей жигитлер бул гәпти,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Әкең асқар таўың ҳәмде дәўлетиң,
Қапа етсең келмес сирә әўметиң,
Есте сақлаң умытпаңлар ҳеш қашан,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Миннет қылма ҳеш ўақытта исиңе,
Миннет қылсаң тас батады тисиңе,
Бала ўақты алыңларшы есиңе,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Ҳеш қашан сөйлемең әкеге аўыр,
Аўыр сөйлесеңлер езилер баўыр,
Бул гәпимди умытпаңлар жигитлер,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Ансатбай Каражанов
06.12.2023
Жиззах қаласы
Архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
Не десеңиз саған бәрин әперген,
Қорғап бәрҳә сени қәўип қәтерден,
Есте сақлаң барлық ўақыт бул гәпти,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Тәрбиялап усы күнге әкелген,
Сениң ушын ырысқ терген шет елден,
Ядыңыздан шығармаңлар бул гәпти,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Қәте қылсаң урмай сени кеширген,
Тәрбиялап алақанда өсирген,
Ядда сақлаң ҳей жигитлер бул гәпти,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Әкең асқар таўың ҳәмде дәўлетиң,
Қапа етсең келмес сирә әўметиң,
Есте сақлаң умытпаңлар ҳеш қашан,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Миннет қылма ҳеш ўақытта исиңе,
Миннет қылсаң тас батады тисиңе,
Бала ўақты алыңларшы есиңе,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Ҳеш қашан сөйлемең әкеге аўыр,
Аўыр сөйлесеңлер езилер баўыр,
Бул гәпимди умытпаңлар жигитлер,
Темир-тирсек артық емес әкеңнен.
Ансатбай Каражанов
06.12.2023
Жиззах қаласы
Архивтен
Каналға ағза болыў ушын:
http://t.me/Ansatbai
👍18❤1