alberuniy.uz| Rásmiy kanal
5.16K subscribers
17.8K photos
3.41K videos
22 files
15.4K links
Muhammad ibn Ahmad al-Beruniy orta arnawlı islam bilim jurtı rásmiy saytınıń telegram kanalı
Download Telegram
Forwarded from Paziyletuz | Рәсмий канал (Админ)
#сүннетке_әмел_етейик

Тағамды яки ишимликти жүдә суўық ҳәм жүдә ыссы қылып ишпеў

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам жүдә муздай ҳәм жүдә ыссы ишиўден ҳәм жеўден қайтарған. Ал, биз жаздың күнлери музы бар суўларды ишемиз, ал, қыста чайды ямаса аўқатларды ыссы-ыссы ишемиз. Соннан кейин, биз кесел болмай ким кесел болсын?!

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам неден қайтарған болса, сол нәрседе инсан ушын оғада көп жаманлықлар болады. Керисинше неге буйырған болса, сол нәрседе жүдә көп пайдаларды көрсек болады. Ол инсан бизге нени буйырған болса орынласақ, қайтарған нәрселеринен қайтып жасасақ, иншааллаҳ бизлер де кесел болмаймыз
Биз аўқатланып турып аўқат арасында ыссы қара яки көк чайды ишемиз. Ал, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам аўқат пенен суўды араластырып ишиўден қайтарып, аўқатланып болғаннан кейин суўды үш бөлип, отырып ишиўге буйырған.
Буның пайдаларын медицина төмендегише дәлиллейди. Ҳәзир ҳәмме кемқанлықтан шағым етеди. Чайлардың қурамында танин деген элемент болып, ол инсан ишип-жеп атырған азықлықлардағы темирди, тап губка суўды сиңирип алғанындай өзине сиңдирип алады ҳәм бәўл арқалы шығып кетеди. Мине усының ақыбетинде адамларда кемқанлық кеселлиги келип шығады.


https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
#сүннетке_әмел_етейик

УЙҚЫДАН ОЯНҒАН ЎАҚЫТТА ҚЫЛЫНАТУҒЫН СҮННЕТ ӘМЕЛЛЕР

1. Уйқының жүздеги ериншеклигин кетириў ушын қол менен жүзди сыйпалаў;
      Имам Нәўәўий ҳәм ибн Ҳажар раҳимаҳуллаҳ бул истиң сүннет әмел екенине төмендеги ҳәдисти дәлил қылып кедтиреди:
      "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оянды да, отырып жүзлерин сыйпалап, уйқыны кетирди".
Имам Мүслим рәўияты

2. Дуўа;
    "Бизлердиң руўҳымызды алғаннан кейин, қайта өмир бағышлаған Аллаҳ таалаға мақтаўлар болсын. Қайта тирилиў ҳәм қайтыў Оның Өзине".
Имам Бухарый рәўияты

3. Мисўәк ислетиў;
     "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде уйқыдан турғанда аўызын мисўәк пенен тазалайтуғын еди".
Муттафақун алайҳи

4. Мурынды қағыў;
     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Сизлерден бириңиз уйқыдан турса, мурнын үш мәрте шайып тасласын. Себеби, шайтан оның димағында уйқлайды" деди.
Муттафақун алайҳи

      Түсиндирме: "Димағ" сөзи араб тилинен алынған болып: "мурынның ең жоқарғы жери, бас мийге жақын жер" деген мәнини аңлатады.

5. Қолларын үш мәрте жуўыў;
      Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салам: "Сизлерден бириңиз уйқыдан турса, ыдысқа қолын тықпастан алдын қолларын үш мәрте жуўсын", деди. Муттафақун алайҳи.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
alberuniy.uz| youtube| facebook|instagram

Каналға ағза болыўды умытпаң !!!
@alberuniyuz
#сүннетке_әмел_етейик

АЎЫЗДЫ ШАЙЫЎ ҲАҚҚЫНДА

Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам сүт ишип болғаннан соң аўзын шайды ҳәм «оның майы бар», деди».

(Имам Бухарий рәўият қылған).

Түсиник: Майлы нәрсе аўызда турып қалса, зыян жеткизеди. Демек, сүт ҳәм сүтке уқсас майлы нәрселерди ишкеннен кейин аўызды жақсылап шайыў керек екен.

Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф раҳимаҳуллаҳтың «Ҳәдис ҳәм турмыс» китабынан

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌐alberuniy.uz                🟥youtube 
🌐instagram                   🌐facebook

Каналға ағза болыўды умытпаң!
✈️@alberuniyuz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM