Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.7K photos
1.02K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_Миллий_мақтаныш

Қарақалпақстан телерадиоканалының бүгин (03.11.2022) ги “Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!” таңғы тиккелей эфири

Сәўбет мазмуны:
Миллий ойынлармиллий мақтаныш” атамасындағы грант жойбарының мазмун-мәниси ҳәм Республикалық бөлимдеги соңғы жаңалықлар

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

Бүгин пайтахтымыздағы «Жуўазшы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 38-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен аймақтағы балалар ҳәм жас өспиримлер арасында «Қашарман топ» ҳәм «Асық» миллий ойынлары бойынша беллесиўлер шөлкемлестирилди.

Онда аймақтың жаслар жетекшиси, мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылар қатнасты. Илаж алдынан шөлкемлестириўшилер тәрепинен жасларға миллий ойынларымыздың әҳмийети, соңғы жылларда елимизде этноспорт ҳәм миллий ойынларды кең ен жайдырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар бойынша мағлыўматлар берилди.

Буннан соң мәкан пуқаралар жыйының «Бүркитлер» ҳәм «Алпамыс» топарлары арасында «Қашарман топ» ҳәм «Асық» ойынлары бойынша жарыс басланды.

Беллесиў жуўмағында жеңимпаз топарлар анықланып, Республикалык бөлимниң диплом ҳәм китаплар гүлдәстеси менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

АСЫҚ

Текстти оқыған:
Н.Башбаев

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде “
Миллий ойынлармиллий мақтаныш!” жойбары шеңберинде мектеп оқыўшылары арасында қарақалпақ миллий ойынларынан – “Ҳәкке қайда?”, “Соқыр теке бақ-бақ”, “Маңлай шертпек” ҳәм “Қоразлар урысы” ойынлары бойынша беллесиўлер өткерилди.

Онда Республикалық бөлим хызметкерлери ҳәм мектеп жәмәәти қатнасып, жарыстың басланыўы алдынан оқыўшыларға миллий ойынларымыздың тарийхы ҳәм олардың жас әўладты физикалық ҳәм руўхый жақтан тәрбиялаўдағы әҳмийети ҳаққында кеңнен түсиник берилди ҳәм бул бағдарда елимизде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық илажларға тоқтап өтилди.

Ойынлардың рәң-бәрең шәртлери ҳәм процесслери тамашагөйлер менен балаларға жоқары руўхый заўық бағышлады.

Илаж соңында меетеп жәмәәти ҳәм жеңимпаз топарлар және белсенди қатнасқан оқыўшылар Республикалық бөлим тәрепинен диплом ҳәм китаплар гүлдәстеси менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

“Қоразлар урысы”

Ойында 27-санлы мектептиң 5-Е класс оқыўшылары.

Ойын қағыйдасы 👇👇👇
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

“Соқыр теке бақ-бақ”

Ойын қағыйдасы:

Бул ойында қатнасыўшылар 9 метрлик яки оннан да үлкен шеңберде дөңгеленип турады. Орталықтан бир ойыншының көзи байланып ортаға шығарылып, бир мәрте үш-төрт мәрте айландырылады. Соң оны ҳәмме балалар «соқыр теке бақ-бақ, соқыр теке бақ-бақ», деп айланып услатпай қашап жүреди. Көзи байланып, соқыр теке болған бала олардан бирин услап алыўға талпынады. Услай алмаса, сол қәлпинде, «соқыр теке» болып жүре береди, ал усласа сол бала оның орнына «соқыр теке» болады. Ким көп ўақыт «соқыр теке» болып жүрсе сол утылады.

Ойын балаларды сезгирликке, шыдамлылыққа, шамалап билиўшиликке тәрбиялайды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

Ҳәкке қайда?

Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_миллий_ойынлары

#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

МАҢЛАЙ ШЕРТПЕК

Видеокөринисте Нөкис қалалық 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-е клас оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

“Қоразлар урысы”

Ойында 27-санлы мектептиң 5-Е класс оқыўшылары.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

“Соқыр теке бақ-бақ”

Ойында 27-санлы мектептиң 5-Е класс оқыўшылары.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш

Қараңыз, қарақалпақ балалар миллий ойыны "Аңғалақ"тың ойын қағыйдасы Хоккей спорт түрине жүдә уқсас екен?

Орынлы сораў туўылады, Хоккей биринши пайда болған ба яки Аңғалақ?

Тез арада бул сораўға жуўап бериўге ҳәрекет етемиз.

Көринисте Мойнақ районы Қазақдәрья аўылының балалары.

@charjau_elmuratov

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

Видеокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

Ҳ Ә Ң Ш Е Р – Ҳ Ә Ң Ш Е Р

«Ҳәңшер-ҳәңшер» – балалардың ҳәзил-дәлкекли ойынлары қатарына киреди. «Ҳәңшер» сөзиниң мәниси «ешек» түсинигин аңлатып, бул атама базда марапатлаў, базыда мысқыллаў мағанасында қолланылады. Жайдары халық тилинде: «сыйыр» – «пада», «жылқы» – «бозы», «жолбарыс» – «шер» болып қосалақ атама менен жүритилгениндей, «ҳәңшер» түсиниги де «ешек» аталмыш жәниўардың екинши аты есапланады. Сол себеплерге көре, «ҳәңшер-ҳәңшер» ойыны көпшилик жерлерде «ешек-ешек» деген атама менен белгили. Лекин оның түпки тарийхый атамасы ойынның миллий өзгешелиги менен ескилигине гүўалық береди.

Ойынға жети жастан он жасқа шекемги ер балалар қатнасады. Ойынбасы балаларды бес-бестен еки топарға ажыратады. Баслаў гезеги ойынбасы жоқары ылақтырған түйилмени қақшый алған топарға тийисли болады. Ойынбасы «ҳәңшер-ҳәңшер» дегеннен олар қатар дүзеп, бир-бириниң изинен тиркеседи. Олардың бириншиси берман қараған бойы тикке турса, екинши жетип барған бала еңкейген ҳалда оның аяғының арасынан басын шығарады да балтырын қапсыра қушып, беккем услап турады. Екиншини – үшинши, үшиншини – төртинши, төртиншини – бесинши бала усылайынша жаздырмай услағанынша тура береди. Келеси топардағы бесеў усы «үлик» (көлик) үстине жуўырып келип, ырғып миниўге ҳәрекет етеди.

Биринши жуўырған бала үликтиң басы болып тикейип турған баланың мойынына минип алыўға бойын атады. Егер ол бириншиниң мойнына мине алмай қалса, кейниндегилерге орын жетпей, биреўиниң аяғы жерге тийип қалыўы итимал. Ондай болған жағдайда олардың өзлери «ҳәңшер» ямаса «ешек» болып, үлик көринисин дүзеди.

Ойынды қайтадан баслаў ушын «ҳәрекетли жуўапласыў» исленеди. Онда бир тәрептиң баласы қолларын желкесине жасырып турып қайта шығарғанында бармақ арасын ашып «қайшы» етип көрсетсе, келеси топар ағзасы оған қарсы қолының қырын тутып «балташа» деўи мүмкин. Яки бас бармақ пенен суқ саўсақты бир-бирине тийгизип, ортасын ашы қалдырған ҳалда «қудық» деп көрсеткенинде, қарсы тәреп ағзасы оның үстин шаппат пенен бастыра урып «қақпақ» деген жуўап қайтарады. Ҳәрекетли жуўапты таба алмай қалған тәреп «ҳәңшер» я «ешек» атанып, өз миннетине кирисиўге мәжбүр болады.

С.Əмирлан

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

АҢШЫЛАР, ҮЙРЕКЛЕР

Бул ойында дәслеп балалар аңшылар ҳәм үйреклер болып еки топарға бөлинеди ҳәм шек таслаў жолы менен қайсы топар аңшылар ҳәм қайсы топар үйреклер екени анықланады. Ойын басланыўдан үйреклер ортаға түсип, аңшыларға нышан болмаў ушын еки тәреп алма-гезек урған топлардан қашып, аңшылардан өзлерин қорғайды. Топ тийгени ойыннан шығып барады. Усы тақылетте көп үйректи топ пенен урған топар жеңимпаз есапланады.

Бул ойын кағыйдасына қарай “Ортаға түспек” деп те аталады.

Видеокөринислерде пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

ТЕППЕК

Теппек ойыны тийкарынан қыз балалардың ойыны есапланып, бул ушын жерге 10 кетекшели сызық сызалады ҳәм теппек ушын көлеми алақанның үлкенлигиндей ағаш кеспе ямаса соған сәйкес басқа предмет керек болады.
Ойыншы қыз қолындағы усы теппекти биринши кетекшеге таслап, оны бир аяғы менен ҳәккелеп жүрип, соңғы кетекшеге шекем сызықларға тийгизбестен ысырып және оны өз аяғы менен де басып алмастан айланып келиўи керек. Ойын қағыйдасына бола ойыншы бесинши ҳәм алтыншы кетекшелерде тоқтап дем алыўы мүмкин.

Ойын усылайынша избе-изликте ҳәр бир кетекшеге теппек таслап айланып шығыў менен даўам етеди. Бунда қайсы ойыншы теппекти 10 кетекшениң бәринен ысырып өткерип шықса, сол жеңимпаз есапланады.

Фотокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Миллий_ойынлар_миллий_мақтаныш!

АТ-ЕШЕК

Ат ешек - бул балалар арасында ойналатуғын миллий ойын болып, ол балалардың шаққанлығын ҳәм зийреклигин арттырады.

Ойын шәртлерине көре, дәслеп еки жуп балалар ортаға бир шуқыр қазып сол шуқырдан 3 яки 4 метр қашықлықта турып, қолларына ерик шаңғалағындай келетуғын 4 тасты алып шуқырға ылақтырады. Ылақтырылған таслардың биреўи түссе ешек, екеўи түссе ат, үшеўи түссе ўәзир, ал төрт тастың барлығы түссе патша болады.

Бир тас түсирип ешек болған баланың белине тек ўәзир мине алады. Ал, еки тас түсирип ат болған баланың белине патша мине алады. Ойын усы тақылетте даўам етеди.

Бул ойын балалар арасында «Патша-ўәзир» ойыны деп те аталады.

Фотокөринисте пайтахтымыздағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектептиң оқыўшылары

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq