Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.28K subscribers
9.91K photos
906 videos
10 files
1.03K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
#Ең_китапкумар_шаңарақ_анықланды

Жиенбаевлар шаңарағы 1-орынға ылайық

Шымбай районы Мәденият бөлиминде районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бөлими, Жаслар ислери агентлиги және районлық Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте «
Ең китапкумар шаңарақ» таңлаўы болып өтти.

Әдил тɵрешилер қурамы тәрепинен қадағалап барылған таңлаўда райондағы үлгили шаңарақлардың ағзалары белгиленген таңлаўлар бойынша өзлериниң билим ҳәм зийрекликлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў жуўмағына көре «Пашентаў» аўыл пуқаралар жыйынынан Жиенбаевлар шаңарағы сыйлы 1-орынды ийелеген болса, 2-орынға "Шахтемир" мәкан пуқаралар жыйынынан Сайтовлар шаңарағы, 3-орынға «Қаракөл» мәкан пуқаралар жыйынынан Нурлыбаевлар шаңарағы мүнәсип деп табылды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq