Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.2K subscribers
11.9K photos
1.03K videos
10 files
1.12K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
ДӨРЕТИЎШИЛИК МӘДЕНИЙ УШЫРАСЫЎ

Нөкис районлық ХББне қараслы 16-санлы мектепте илимпаз, журналист ҳәм жазыўшы, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының әдебий мәсләҳәтшиси Сейдин Әмирлан менен дөретиўшилик мәдений ушырасыў болып өтти.
👇👇👇
Ушырасыўға дөретиўшилик пенен шуғылланыўшы талантлы жаслар, мектеп муғаллимлери ҳәм Республика руўхый ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Нурмағанбет Тойымбетовлар қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлеген Сейдин Әмирлан дәслеп өзиниң дөретиўшилик, журналистлик ҳәм илимпазлық жолы ҳаққында айтып берди. Баспадан шыққан китаплары менен таныстырды.
Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы жанында ҳәрекет етип турған жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаўшы “Жас дөретиўшилер” дөгереги ҳәм “Халық даналығы” фольклор клубы ҳаққында кең түсиник берип талантлы жас дөретиўшилерди бул дөгерек ҳәм клубқа ағза болыўға шақырды. “Халық даналығы” фольклор клубының телеграм каналы да әмелге асыралатуғынлығын айтып өтти.
Оқыўшылар өзлери қызықтырған сораўларын берип ҳәр бир инсан дөретиўши инсан болыўы ушын қандай ислерди әмелге асырыў кереклиги ҳәм бул басқышты С.Әмирланның журналист, илимпаз ҳәм жазыўшы сыпатында қалай басып өткенликлери менен қызықты.

Ушырасыўда шығып сөйлеген мектеп директорының орынбасары Мийуагүл Қарабасова, руўхый ағартыўшылық орайы районлық бөлими баслығы Нурмағанбет Тойымбетов ҳәм мектептиң дөретиўшилик мәдений ислер бойынша үгит-нәсиятшылары бул илаждың мақсети ҳәм әҳмийети ҳаққында ушырасыў қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди.

Илаж соңында мектептиң 7-класс оқыўшысы, Қазақстан Республикасында болып өткен “Burabay Summer Fest” халықаралық фестивалының белсенди катнасыўшысы, хошҳаўаз сазенде Зулқумар Елиўбаева дуўтарда қосық атқарып жыйналғанларға хош кейпият бағышларды.

Илаждан соң Сейдин Әмирлан дөретиўши оқыўшылар менен мектеп китапханасында жеке ушырасып әдебий мәсләҳәтлерин берди. Оқыўшылардың жазған дөретпелери менен танысты.

Илаж қатаң карантин қағыйдаларын сақлаған ҳалда ашық ҳаўада өткерилди.

Әбдималик ХОЖАНАЗАРОВ
“Ақмаңғыт таңы” газетасы редакторы

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
"Махтумқулига эҳтиром айлаб"

Бугун туркман халқининг буюк мутафаккир шоири Махтумқули таваллудининг 297 йиллигига бағишлаб Тўрткўл тумани Халқ таълими бўлимига қарашли 10-сонли умумтаълим мактабида "Махтумқулига эҳтиром айлаб" мавзусида маърифий-маданий тадбир ўтказилди.

Туркий забон халқлар адабиётида ўчмас из қолдирган Махтумқули асарлари асрлар оша мангу яшайверади. Чунки у яратган маънавий мерос бутун дунё аҳли учун бебаҳо меросдир.

Республика Маънавият ва маърифат маркази Тўрткўл туман бўлинмаси

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
“Yosh gvardiyachi” harbiy-sport musobaqasi Respublika bosqichida faxrli 3-o`rinni egallagan jamoa ishtirokchilari munosib kutib olindi.
📚 Шығарма атамасы: "Шерлок Холмс ҳаққында ҳикаялар"
👤 Автор: Артур Конон Дойл
⚙️ Жанр: дедектив ҳикаялар
🔢 Бɵлимлер саны: 24
💾 Кɵлеми: 364,6 MB
Даўамлылығы: 17:17:45
🎤 Оқыған: Ерназар Ёрбеков
📼 "San'at gulshani"

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
НУРАНЫЙ ҲӘМ ЗЫЯЛЫЛАР ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Нөкис районы «Қрантаў» АПЖ аймағындағы районлық ХББне қараслы 3-23-30-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Бир зыялы бир мәҳәллеге руўхый қәўендер» ҳәмде "Бир нураный бес жасқа устаз" принципи тийкарында ушырасыў болып өтти.
👇👇👇
Оған Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкем ўәкиллери қатнасты.

Онда Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы К.Заретдинов, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң кекселер менен ислесиў бойынша орынбасары Ж.Қайыпов, районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыў бөлими басшысы Н.Тоимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар менен өзгерислер, мәҳәллелерде социаллық – руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырган жумысларға айрықша тоқтап өтти. Илажда аймақ нураныйлериде шығып сөйлеп, өзлериниң мийнет ҳәм турмыслық тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда жасларға ақыл нәсият сөзлерин айтып өтти.

Ушырасыў соңында филиал студент-жаслары тәрепинен миллий саз әспабларда жанлы ҳаўазда қосықлар атқарылып, қатнасыўшыларға өзгеше заўық бағышлады.

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Бүгин Тахтакɵпир районы Халық билимлендириў бɵлимине қараслы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде "Үшинши Ренессансқа мениң үлесим"сүрени менен "Мен оқыған мектебиме китап саўға етемен" атамасында илаж болып ɵтти.

Онда районлық 3-сектор баслығы Т.Кыдырбаев пенен бирге бир қатар тараў хызметкерлери қатнасып, мектеп китапханасына 50 ден аслам баҳалы китапларды саўға етти.

Мектеп жәмәәти акция қатнасыўшылары менен шɵлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирди.

Бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Усы жылдың 21-май күни Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Кегейли районлық бѳлими басламасы районлық Халық билимлендириў бѳлимине қараслы 3, 5, ҳәм 9-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң дѳретиўши жаслары пайтахтымызда жайласқан И.Юсупов атындағы дѳретиўшилик мектебинде болды.

Мектептиң дѳретиўши мәдений мәселелери бойынша үгит-нәсиятшылары басшылық еткен ушырасыў даўамында оқыўшыларға мектеп турмысы, онда оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен имканиятлар ҳаққында мағлыматлар берилди.

Илаж соңында И.Юупов қосықларын кѳркемлеп оқып берген ҳәм ҳәм мектеп тәрепинене әмелге асырылып атырған онлайн илажларда белсене қатнасып киятырған Кегейли районлық 3-санлы мектептиң 5-класс оқыўшысы А.Ѳтепбергенов дѳретиўшилик мектеби тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Turkistan avangardınıń jarqın wákilleriniń biri Nikolay Karaxannıń (1900-1970) tuwılǵanına 120 jıl tolıwı múnásibeti menen ashılǵan «Shıǵıs notaları» kórgizbesinen videorolik.

Turkiston avangardning taniqli vakillarining biri Nikolay Karaxan (1900-1970) tavalludiga 120 yil to'lishi munosabati bilan ochilgan “Sharq notalari” nomli ko’rgazmasidan video lavha.
Forwarded from Charjau_Elmuratov
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Медиатур

22-май Пүткил жер жүзилик биологиялық көптүрлиликти сақлаў күни.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў комитети, «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы ҳәм «Сайгачи» комплекс (ландшафт) буйыртпа қорықханасы менен биргеликте «Қарақалпақстан экологиясы» газетасы және жергиликли бир топар ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасында "Устюрт платоси"на 2 күнлик медиатур шөлкемлестирилди.

“Ўзбекистон 24 ” телеканалынан арнаўлы репортаж

Даўамлылығы: 11 минут

Кɵлеми: 58 мб

Канал: @charjau_elmuratov
#Ең_китапкумар_шаңарақ_анықланды

Жиенбаевлар шаңарағы 1-орынға ылайық

Шымбай районы Мәденият бөлиминде районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Шымбай районлық бөлими, Жаслар ислери агентлиги және районлық Мәлимлеме китапхана орайы менен биргеликте «Ең китапкумар шаңарақ» таңлаўы болып өтти.

Әдил тɵрешилер қурамы тәрепинен қадағалап барылған таңлаўда райондағы үлгили шаңарақлардың ағзалары белгиленген таңлаўлар бойынша өзлериниң билим ҳәм зийрекликлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў жуўмағына көре «Пашентаў» аўыл пуқаралар жыйынынан Жиенбаевлар шаңарағы сыйлы 1-орынды ийелеген болса, 2-орынға "Шахтемир" мәкан пуқаралар жыйынынан Сайтовлар шаңарағы, 3-орынға «Қаракөл» мәкан пуқаралар жыйынынан Нурлыбаевлар шаңарағы мүнәсип деп табылды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq