Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими
1.24K subscribers
10.9K photos
968 videos
10 files
1.08K links
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграмм мессенжериндеги рәсмий каналы
Download Telegram
Онда “Маърифат” үгит-нәсиятшылары жәмийетиниң ағзлары Ш.Аяпов ҳәм М.Мәмбетов, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қаласының баслығы Қ.Нуратдинов, Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамының ағзалары Ə.Өтепбергенов, Ш.Атамуратова ҳәм Б.Атамуратовлар, сондай-ақ, мектеп жәмәәти, мәҳәлле белсендилери ҳәм жаслар қатнасты.

Үгит-нәсияшылар тәрепинен атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде, соның ишинде мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелигини арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда әсиресе, өсип киятырған жас әўлад ўәкиллериниң руўхый дүньясын байытыў бағдарындағы илажлар үлкен әҳмийет ийелейди. Усы орында Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2022-жылдың 19-январь сәнесинде қабыл етилген “Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 92-санлы қарарын атап өтиў орынлы.

Илажда сондай-ақ, жыйналғанларға Президент Ш.Мирзиёевтиң
ПП-60-санлы қарары менен тастыйықланған “Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы” ның мазмун-мәниси ҳаққында да кең түсиниклер берилип, мектеп жәмәәтине Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен таярланған әдебий китаплар топламы саўға етилди.

Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар мектеп имаратында шөлкемлестирилген халық қол өнери үлгилери, соның ишинде қарақалпақ миллий үй-руўызгершилик буйымлары ҳәм талантлы оқыўшылар дөретиўшилигинен қуралған музей экспонатлары менен танысты.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Хожели_районы

Республикалық руҳыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Хожели районлық бөлими тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплериндеги дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар арасында секторлар кесиминде дүзилген топарлар қатнасында "Заковат" билимлилер жарысы өткерилди.

Ҳәр қыйлы логикалық ҳәм сиясий және нақыл мақаллардан қуралған сораўлар тийкарында өткерилген билимлер жарысы жаўмағына бола биринши орынды – 1-сектор, екинши орынды – 3-сектор, үшинши орынды –2-сектор ҳәм төртинши орынды – 4-сектор жеңип алды.

Жеңимпаз топарлар Хожели районлық Кәсиплик аўқамлары бирлеспелери тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
#Шымбай_районы

Район аймағындағы «Көнши» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Академиялық лицейде мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў мақсетине қаратылған руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.

Онда районлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Қ.Мамбеткаримов ҳәм аймақтағы бирге ислесиўши мәкемелердиң баслықлары және аймақ турғынлары қатнасты.

Илаж даўамында раўажланыў стратегиясында жети бағдар бойынша қойылған мақсетлер, оның халқымыз турмысында ҳәм мәмлекетимиздиң раўажланыўындағы әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. Сондай-ақ, халқымыз арасында миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдриятларды кең ен жайдырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер бойынша да түсиниклер берилип, аймақ турғынларының пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
https://kknews.uz/kk/101200.html
Жаӊа министрликке басшылар тайынланды

👉Агентликтиң телеграм каналына ағза болың - https://t.me/kknews_uz
Forwarded from Oyina.uz | Tafakkur
Mashhur yozuvchilarning asl kasblari

Mashhur rus yozuvchilarining ijod namunalarini ko‘pchiligimiz o‘qiganmiz. Ammo ularning asl kasblari haqida hech eshitganmisiz?

O'z: https://oyina.uz/uz/teahause/576

Ўз: https://oyina.uz/kiril/teahause/574

📲 Kanalga ulanish: @oyina_portali
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақ_мәмлекетлик_қуўыршақ_театры

Театр тамашалары даўам етпекте

21-мартта басланған "Театр тамашалары ҳәптелиги"ниң екинши күнинде тамашагөйлер нәзерине "Бағым мениң бостаным" спектакли усынылды ҳәм театр фойесинде қол өнерментшилиги ҳәм сүўретшилик бойынша балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеплери оқыўшылары қатнасыўында "Театр сүўретшилик нәзеринде" атамасында таңлаўы өткерилди.

Жеңимпазлар диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Соның менен бирге театр художниклериниң сүўрет ҳәм эскизлери, қуўыршақлар ҳәм декорациялардың көргизбелери болып өтти.

Мағлыўмат орнында: Ҳәптелик усы жылдың 27-март сәнесине шекем даўам етеди. Тамашалар бийпул.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq
Forwarded from MA’NAVIYAT va MA'RIFAT
#Қорақалпоғистон
#Миллий_қадриятлар_10_кунлиги

Қорақалпоғистон Республикаси Қўнғироқ туманида Миллий қадриятлар ўн кунлиги доирасида ўтказилган тадбир жараёнидан фото лавҳалар.

@manaviyat_uz
Forwarded from MA’NAVIYAT va MA'RIFAT
Республика Маънавият ва маърифат маркази Ўзбекистон Республикаси Халқ таълими вазирлиги, Ўзбекистон Ёзувчилар уюшмаси, Ўзбекистон Журналистлари ижодий уюшмаси билан ҳамкорликда “Ижодий-маданий масалалар бўйича энг фаол тарғиботчи” республика танловини эълон қилади

Бу ҳақда батафсил:
www.manaviyat.uz сайтида танишинг. 👇🏻

https://www.manaviyat.uz/uz/news/detail/dikkat-elon
Мәҳәлллерде үгит-нәсият илажлары даўам етпекте

Нөкис қаласы «Жайхун» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 13-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-2026-жылларға мөлшерленген “Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы”н үгит-нәсиятлаў ҳәм мәҳәллелерде халқымыз, әсиресе жаслар арасында социаллық-руўхыйлық орталықты саламатластырыўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.
👇👇👇